Ибрайымның урпағы, Даўыттың урпағы Ийса Масихтың шежиреси мынадай: Ибрайымнан Ысақ туўылды. Ысақтан Яқып туўылды. Яқыптан Яҳуда ҳәм оның аға-инилери туўылды. Яҳуда менен Тамарадан Парес ҳәм Зара туўылды. Парестен Ҳесрон туўылды. Ҳесроннан Рам туўылды. Рамнан Аминадаб туўылды. Аминадабтан Наҳшон туўылды. Наҳшоннан Салмон туўылды. Салмон менен Раҳабтан Боаз туўылды. Боаз бенен Руттан Обид туўылды. Обидтен Ишай туўылды. Ишайдан Даўыт патша туўылды. Даўыт пенен бурын Урияның жубайы болған ҳаялдан Сулайман туўылды. Сулайманнан Реҳабам туўылды. Реҳабамнан Абия туўылды. Абиядан Аса туўылды. Асадан Ешофат туўылды. Ешофаттан Иорам туўылды. Иорамнан Узия туўылды. Узиядан Иоатам туўылды. Иоатамнан Аҳаз туўылды. Аҳаздан Езекия туўылды. Езекиядан Манасия туўылды. Манасиядан Амон туўылды. Амоннан Иосия туўылды. Бабилонға сүргин етилгенде, Иосиядан Ехония ҳәм оның инилери туўылды. Бабилонға сүргин етилгеннен кейин, Ехониядан Шалтиел туўылды; Шалтиелден Зерубабел туўылды. Зерубабелден Абиҳуд туўылды; Абиҳудтан Елиаким туўылды; Елиакимнен Азор туўылды. Азордан Садоқ туўылды; Садоқтан Ахим туўылды; Ахимнен Елихуд туўылды. Елихудтан Елиазар туўылды; Елиазардан Маттан туўылды; Маттаннан Яқып туўылды. Яқыптан Мәриямның күйеўи Юсуп туўылды. Мәриямнан Масих деп аталған Ийса туўылды. Солай етип, ҳәммеси болып: Ибрайымнан Даўытқа дейин он төрт урпақ, Даўыттан Бабилонға сүргин етилиўге дейин он төрт урпақ, Бабилонға сүргин етилгеннен Масихқа дейин он төрт урпақ. Ийса Масихтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан ҳәмледар екенлиги билинди. Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады. Ол усылай ойлап жүргенде, Қудайдың бир периштеси оның түсине енип: – Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды өзиңе ҳаяллыққа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Баласы Мухаддес Руўхтан. Мәриям Ул туўады. Сен оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады, – деди. Булардың ҳәммеси Қудайдың пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сөзлериниң орынланыўы ушын болды: «Мине, қыз ҳәмледар болып, Ул туўады. Оның атын Иммануел деп қояды». Иммануел – «Қудай бизлер менен бирге» деген мәнисте. Уйқыдан турған Юсуп Қудайдың периштесиниң буйырғанын ислеп, Мәриямға үйленди. Бирақ Мәриям Улын туўғанша, Юсуп оған жақынлаған емес. Ол Баланың атын Ийса деп қойды. Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылғаннан соң, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип: – Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қая қта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады. Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды. Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масихтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорастырды. Олар былай деди: – Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сөзлер жазылған: «Ҳәй, Яҳудия жериндеги Бейтлеҳем! Яҳудияның баслы қалаларынан сен ҳеш кем емессең! Өйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Көсем сеннен шығады». Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын сорастырып билип алды. Оларды Бейтлеҳемге жиберип: – Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алыңлар. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериңлер, мен де барып Оған табынайын, – деди. Олар патшаның сөзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда өзлери күншығыста көрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол көрсетти ҳәм Нәресте болған жердиң үстинде тоқтады. Жулдызды көргенде, олар қатты қуўанды. Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды көрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Өзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра деген хош ийисли затларды сыйға берди. Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен өз еллерине қайтып кетти. Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Юсуптың түсине енип: – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға қаш! Саған өзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени өлтириў ушын излемекте, – деди. Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти. Ҳиродтың өлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Қудайдың: «Улымды Мысырдан шақырып алдым», – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сөзлери орынланды. Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды. Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды: «Рамада бир даўыс еситиледи, Қатты зарлап жылаған. Балаларын жоқлап жылар Раҳила. Жубанғысы келмес, өйткени жоқ енди олар». Ҳирод өлгеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Мысырда Юсуптың түсине енип: – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени өлтирмекши болғанлар өлди, – деди. Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты. Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип, Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол Насыралы деп аталады», – деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды. Сол күнлери Шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шөл даласында: – Тәўбе етиңлер! Өйткени Аспан Патшалығы жақынлап қалды, – деп жәриялады. Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди: «Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“» Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди. Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дөгерегиниң турғынлары оған барды ҳәм өзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды. Яқыя өзине көп парисейлер менен саддукейлердиң шомылдырылыўға киятырғанын көрип, оларға: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер! Және: «Бизлердиң ата тегимиз – Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Себеби сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да балалар жасап бере алады. Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди. Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. Бирақ Яқыя Оны иркип: – Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди. Бирақ, Ийса оған жуўап берип: – Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз-ғо, – деди. Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди. Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептердей түсип киятырғанын көрди. Сонда аспаннан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди. Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды. Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди. Ийса жуўап қайтарып: «Адам тек ғана нан менен емес, Ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сөз бенен жасайды», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди. Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секирши. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған-ғо: «Ол Өзиниң периштелерине буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында көтерип алып кетеди», – деди. Ийса оған: – «Қудай-Ийеңди сынама!» – деп те Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди. Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатларын көрсетип: – Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди. Сонда Ийса оған: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! «Қудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет!» – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди. Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти. Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти. Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафтали дөгерегиндеги теңиздиң жағасында жайласқан Капарнаҳумға келип орналасты. Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды: «Ҳәй, Зебулон жери ҳәм Нафтали жери, теңизге баратуғын жолдағы, Иорданның арғы жағасындағы, басқа миллетлердиң Галила ели! Қараңғылықта жасаған халық үлкен бир жарықты көрди. Өлим қараңғысында жасағанлар ушын, жақтылық нуры түсти». Сол ўақыттан баслап, Ийса: – Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады. Ийса Галила теңизиниң жағасында жүргенде, теңизге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Симонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Қудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди. Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди. Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды. Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди. Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди. Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди. Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген көп халық ерип жүрди. Ийса халықты көрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди. Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады: – Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики! Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады. Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди. Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Қудай оларды толық қанаатландырады. Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады. Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Қудайды көреди. Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады. Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики. Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған. – Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады. Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды. Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине өз жақтысын түсиреди. Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин! – Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим. Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис. Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады. Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз. – «Адам өлтирме! Ким де ким адам өлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли», – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўге тийисли. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўге тийисли. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўге тийисли. Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық шалынатуғын орынға алып келгениңде, жақын адамыңның саған өкпели екени сол жерде есиңе түссе, қурбанлығыңды сол жердиң алдында қалдырып, әўели жақын адамыңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Қудайға бер. Сен даўласың менен бирге ҳүким етилиўге баратырған ўақтыңда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды. Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң. – Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!» – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады. Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. Тағы да: «Ким де ким өз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин», – делинген. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады. – Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Қудай алдында антыңды орынла!» – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, өйткени ол – Қудайдың тахты. Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, өйткени ол – уллы Патшаның қаласы. Өз басың менен де ант ишпе, себеби сен бир тал шашыңды да ағарта ямаса қарайта алмайсаң. Сизлердиң: «аўа» сөзиңиз «аўа» ямаса «яқ» сөзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан. – Сизлер: «Көзге көз, тиске тис», – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаңлар. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут. Биреў сениң менен даўласып көйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер. Биреў сени өзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр. Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма. – Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек көр», – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер. Сонда аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады. Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме? Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешеликлериңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме? Солай етип, аспандағы Әкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар! – Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди адамларға көрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Әкеңизден сыйлық болмайды. Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы өз-өзиңнен жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм көшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин. Сонда сениң қайыр бериўиң жасырын болады ҳәм жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады. – Дуўа еткениңизде, адамларға көрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм көшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы көретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Ал сен дуўа еткениңде бөлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, көзге көринбейтуғын Әкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады. Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар көп сөйлесек тыңлар деп ойлайды. Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Әкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи. Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер: Аспандағы Әкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, жерде де Сениң еркиң орынлансын. Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр. Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей, бизлердиң де гүналарымызды кешире гөр. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гөр. Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин. Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди. – Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып көриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап, бетиңди жуў. Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал көзге көринбейтуғын Әкеңе көринсин. Жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады. – Өзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды. Ал өзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды. Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады. Көз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер көзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың өзи қаншелли тас түнек болады! Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар. – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не ишип, не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе? Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Әкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме? Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. Егер бүгин бар болып, ертең ошаққа тасланатуғын даладағы шөпти Қудай солай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар? Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер. Өйткени усылардың ҳәммесин бутқа табыныўшылар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Әкеңиз биледи. Ең алды менен Қудайдың Патшалығын ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи. Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн өзи ушын өзи ғам жейди. Ҳәр күнниң өз ғамы өзине жетеди. – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер. Өйткени сизлер басқаларды қалай ҳүким етсеңлер, Қудай да сизлерди солай ҳүким етеди. Қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? Өз көзиңде қада бола тура, қалай: «Қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айтасаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң. Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Оларды аяқлары менен басқылап, айланып келип сизлерди тилкимлеп таслайды. – Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. Себеби сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма? Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма? Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди! Солай етип, ҳәмме исте адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы. – Тар қапыдан кириңлер. Өйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да үлкен, оның менен жүретуғынлар көп. Ал өмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз. – Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар. Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба? Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Маған: «Ийем! Ийем!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Әкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди. Заманның ақырғы күнинде көбиси Маған: «Ийем! Ийем! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен көп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди. Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман. – Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды. Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жар тас үстине салынғанлықтан қуламады. Ал Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынламаўшылардың ҳәр бири өз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды. Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди суў басқанда, ол қулап, қатты қыйралды. Ийса усы сөзлерди айтып болғанда, халық Оның тәлимине таң қалды. Себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен адамларға тәлим берди. Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди. Сонда Оның қасына мақаў кесел адам келип, аяғына жығылды да: – Ийем, егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деди. Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланып шыпа тапты. Ийса оған: – Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди. Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип: – Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады. Ийса оған: – Мен барып, оған шыпа беремен, – деди. Ал жүзбасы: – Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сөз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди. Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды. Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға: – Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим. Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады. Ал Патшалықтың мийрасхорлары сыртқы қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди, – деди. Соннан соң, Ийса жүзбасыға: – Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди. Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти. Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырғанын көрди. Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти. Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған көп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Өзиниң сөзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Ол ҳәлсизликлеримизди Өзине алды, Аўырыўларымызды Өзине жүкледи». Ийса дөгерегине жыйналған көп халықты көргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына өтиўди буйырды. Сонда бир диний муғаллим келип, Оған: – Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди. Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди. Және бир шәкирти Оған: – Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди. Бирақ Ийса оған: – Маған ер. Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр, – деди. Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди. Теңизде тосаттан күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди. Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып: – Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди. Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм теңизге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады. Адамлар таң қалысып: – Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести. Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен өтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди. Олар қышқырысып: – Қудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди. Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсаға: – Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды. Сонда Ийса оларға: – Барыңлар, – деди. Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жағадан теңизге түсти де, суўда набыт болды. Падашылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди. Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны көргенде, үлкеден шығып кетиўин өтинди. Соңынан Ийса қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасына өтти де, Өз қаласына қайтып келди. Сонда адамлар төсегинде жатырған бир ләң адамды көтерип, Оған алып келди. Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: – Балам, жигерли бол, гүналарың кеширилди! – деди. Сонда диний муғаллимлердиң гейбиреўлери ишлеринен: «Бул Қудайға тил тийгизип тур-ғо!» – деди. Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге жаманлық ойлап турсызлар? Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып жүре бер», – деў ме? Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Орныңнан турып төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди. Ләң адам орнынан турып, үйине кетти. Буны көрген адамларды қорқыныш бийлеп, адамларға усындай бийлик берген Қудайды мақтады. Ийса сол жерден кетип баратырып салық кеңсесинде отырған Матта атлы адамды көрди де, оған: – Мениң изиме ер, – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди. Ийса оның үйинде дастурхан басында отырғанда, көплеген салықшылар менен гүнакарлар келип, Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге дастурханлас болды. Парисейлер буны көрип, Оның шәкиртлеринен: – Сизлердиң Устазыңыз неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деп сорады. Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Сизлер барып: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сөзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди. Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан: – Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады. Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды, өйткени жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады. Жаңа шарапты да ҳеш ким ески меске қуймайды. Олай етсе, мес жарылып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылады, сонда екеўи де сақланады, – деди. Ийса оларға усыларды айтып турғанда қасына бир мәжилисхананың басшысы келип, Оның аяғына жығылды да: – Мениң қызым жаңа ғана өлди. Сен келип оған қолыңды тийгиз, сонда ол тириледи, – деди. Ийса орнынан турып, шәкиртлери менен бирге оған ерди. Сонда он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Себеби ҳаял ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди. Ийса бурылып, оны көрди де: – Қызым, жигерли бол, исенимиң сени қутқарды! – деди. Ҳаял сол ўақытта-ақ шыпа тапты. Ийса басшының үйине келгенде, сыбызғышыларды ҳәм тынышсызланып турған адамларды көрип, оларға: – Шығыңлар! Қыз өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. Олар Ийсаның үстинен күлди. Адамлар сыртқа шығарылғаннан кейин, Ийса ишке кирип қыздың қолын услағанда, қыз орнынан турды. Бул ўақыя туўралы хабар пүткил дөгерекке жайылды. Ийса сол жерден кетип баратырғанда Оның изине еки соқыр адам ерип, Оған: – Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырысты. Ол үйге киргенде, Оның қасына соқырлар да келди. Ийса оларға: – Мениң буны ислей алатуғыныма исенесизлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, исенемиз, – деп жуўап берди. Сонда Ийса олардың көзлерине қолын тийгизип: – Сизлерге исенимиңиз бойынша болсын, – дегенде, олардың көзлери көре баслады. Ийса оларға: – Абайлаң, буны ҳеш ким билмесин! – деп қатаң тапсырды. Бирақ олар сыртқа шығып, Ийса туўралы хабарды пүткил дөгерекке жайды. Олар шығып кетейин деп атырған ўақытта адамлар Ийсаға жин урғаны себепли гүңелек болған бир адамды алып келди. Жин қуўып шығарылғаннан кейин, гүңелек адам сөйлей баслады. Адамлар таң қалысып: – Бундай ўақыя Израилда ҳеш қашан болған емес еди, – дести. Бирақ парисейлер: – Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести. Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Яҳудийлердиң мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди. Ол көп халықты көрип, оларға жаны ашыды, өйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди. Сонда Ол шәкиртлерине: – Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди. Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериўге бийлик берди. Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң баласы Яқып ҳәм оның иниси Юхан. Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң баласы Яқып ҳәм Тадей. Ўатансүйер Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот. Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди: – Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер. Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар. Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер. Аўырыўларға шыпа бериңлер, өлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер. Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер. Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши өз нанын табады. Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар. Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер. Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз өзлериңизге қайтады. Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сөзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады. – Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар. Адамлардан сақ болыңлар, олар сизлерди ҳүким етиўшилерге услап береди, мәжилисханаларында қамшылап сабайды. Мен себепли сизлер ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарыласызлар. Усылайынша сизлер оларға ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы гүўалық бересизлер. Сизлерди услап берген ўақытта қалай ямаса не айтыў ҳаққында қайғырмаңлар: өйткени айтатуғын сөзлериңиз сол ўақытта сизлерге бериледи. Себеби сизлер емес, ал сизлер арқалы Әкеңиздиң Мухаддес Руўхы сөйлейди. Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады. Сизлерди бир қалада қуўдаласа, екинши қалаға қашыңлар. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер Израил елиниң қалаларын аралап болмай-ақ, Адам Улы жетип келеди. Шәкирт устазынан, хызметши хожасынан уллы емес. Шәкирт устазы сыяқлы болса, хызметши де хожасы сыяқлы болса, оларға жеткиликли. Адамлар үй ийесин Белзебүл-шайтан деп атаған болса, оның үй-ишине оннан да жаманырақ ат тақпай ма?! – Солай етип, олардан қорқпаңлар. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Қулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй төбесинен жәриялаңлар. Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар. Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Әкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди. Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо. Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән аламан. Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән алмайман. – Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим. Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим. Адамның душпанлары өзиниң үй-иши болады. Ким де ким Меннен артық әкесин ямаса анасын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким Меннен артық улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес. Өз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады. – Ким де ким сизлерди қабыл алса, оның Мени қабыл алғаны болады, ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. Ким де ким пайғамбарды пайғамбар болғаны ушын қабыл алса, ол пайғамбар алатуғын сыйлықты алады. Ким де ким ҳақ адамды ҳақ болғаны ушын қабыл алса, ол ҳақ адам алатуғын сыйлықты алады. Мен сизлерге шынын айтып турман: ким де ким усылардың ишиндеги ең қарапайымына шәкиртлеримниң бири болғаны ушын тек бир кесе суўық суў ишкизсе де, ол сыйсыз қалмайды. Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды. Яқыя қамақта отырып, Масихтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде өз шәкиртлерин жиберип: «Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты. Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди. Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады: – Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? Айтыңлар, нени көриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо. Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды», деп айтылған адам – усы. Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр. Барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Яқыя келиўге дейин Аспан Патшалығы ҳаққында болжап келген. Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар – усы Яқыя. Қулағы бар жақсылап еситип алсын! Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп бақырып отырған балаларға уқсайды. Себеби Яқыя келип, ишип жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести. Адам Улы келип, ишип жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Қудайдың даналығы ислер арқалы ақланады. Соннан соң, Ийса кәраматларын көбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады: – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Өйткени сенде болған кәрамат ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди. Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады. Сол ўақытта Ийса сөзин даўам етип: – О, Әкем, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман! Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди. Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Әкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Әкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи. Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен. Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады. Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди. Сонда бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады. Буны парисейлер көрип, Оған: – Қара, Сениң шәкиртлериң дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди. Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? Ол Қудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа өзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, Қудайға арналған нанларды жеген емес пе? Дем алыс күнинде руўханийлер Ибадатханада дем алыс күни ҳаққында Мухаддес Нызамды бузса да гүнасыз болатуғынларын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма? Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар. Егер сизлер: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сөздиң мәнисин түсинсеңлер, гүнасызларды айыпламас едиңлер. Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди. Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди. Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды: – Дем алыс күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме? Ийса оларға: – Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол дем алыс күни бир шуқырға түсип кеткенде, оны шығарып алмай ма? Адам қойдан гөре, анағурлым артық емес пе? Демек, дем алыс күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди. Соңынан Ол қолы ләң адамға: – Қолыңды соз! – деди. Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды. Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады. Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине көп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип, Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди. Бул Қудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды: «Бул – таңлап алған Хызметшим, Кеўлим унатқан Сүйиклим. Мен Өз Руўхымды Оған беремен. Ол ҳәмме халықларға әдилликти жәриялайды. Тартыспайды да, бақырмайды да, Оның даўысы көшелерде еситилмейди. Әдиллик жеңиске ериспегенше, Ол бүгилген қамысты сындырмайды ҳәм пысқып турған пиликти өширмейди. Халықлар Оның атынан үмит етип жасайды». Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады. Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып: – Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести. Буны еситкен парисейлер: – Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – дести. Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды. Ал егер шайтан өзин өзи қуўып шығарса, онда оның өз ара қарсы болып бөлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады? Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. Бирақ Мен жинлерди Қудайдың Руўхы менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени. Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо. Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди. Ким де ким Адам Улына қарсы бир сөз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сөйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди. Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди. Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт. Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да. Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға: – Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди. Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды: – Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди. Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады. Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. Қубладағы ҳаял патша да ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени ол Сулайманның даналығын еситиў ушын жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. – Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды. Сонда ол өзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди. Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады! Ийса халыққа сөйлеп турғанда, анасы менен туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сөйлеспекши болды. Сонда биреў Оған: – Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сөйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди. Ол буны айтқан адамға қарап: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, Өзиниң шәкиртлерин қолы менен көрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! Себеби ким де ким Мениң аспандағы Әкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол. Сол күни Ийса үйден шығып, теңиздиң жағасына барып отырды. Оның жанына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды. Ол тымсаллар менен оларға көп нәрселерди айтып, былай деди: – Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты. Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты. Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты. Ал басқалары өнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти. Қулағы бар жақсылап еситип алсын! Ийсаның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Халыққа не ушын тымсаллар менен сөйлеп турсаң? – деп сорады. Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Аспан Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, бирақ оларға берилмеген. Себеби кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оннан бары да тартып алынады. Сонлықтан да оларға тымсаллар менен сөйлеп турман. Өйткени: «Олар қараса да көрмейди, Тыңласа да еситпейди ҳәм түсинбейди». Ийшая пайғамбардың алдын ала олар ҳаққында айтқаны дурыс келди: «Тыңлап еситесизлер, бирақ түсинбейсизлер, Қарайсызлар, бирақ көрмейсизлер! Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар көзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди, Қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим». Бирақ, сизлердиң көрип турған көзлериңиз, еситип турған қулақларыңыз бахытлы! Сизлерге шынын айтып турман: көплеген пайғамбарлар менен ҳақ адамлар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди. – Енди сизлер туқым себиўши туўралы тымсалдың мәнисин тыңлаңлар. Аспан Патшалығы туўралы айтылған сөзди еситкен, бирақ оны түсинбеген адамға шайтан келип, оның кеўлине себилген сөзди тартып әкетеди. Жол бойына себилген туқымның мәниси усы. Ал таслаққа себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситкен ўақытта-ақ, оны қуўаныш пенен қабыл алады. Бирақ тамырсыз болғанлықтан, турақсызлық етеди. Сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады. Тикенлер арасына себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситеди, бирақ бул дүньяның тәшиўишлери ҳәм байлыққа алданыў сөзди туншықтырады. Сонлықтан ол зүрәәт бермейди. Ал өнимли жерге себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситип, оны түсинеди ҳәм биреўлери жүз еседен, биреўлери алпыс еседен, биреўлери отыз еседен зүрәәт береди. Ийса басқа тымсал келтирип, оларға былай деди: – Аспан Патшалығы өзиниң егислик жерине жақсы туқым сепкен адамға уқсайды. Түнде, адамлар уйықлаған ўақытта душпаны келип, оның бийдайының арасына ҳарам шөп егип кетипти. Бийдай көгерип масақ шығарғанда, ҳарам шөп те пайда бола баслапты. Сонда хызметшилери хожасына келип: «Хожайын! Сиз егислик жериңизге жақсы туқым сеппеген бе едиңиз? Онда ҳарам шөп қаяқтан пайда болды?» – депти. Ол: «Буны душпан иследи», – депти. Сонда хызметшилери: «Бизлердиң барып, оларды суўырып таслаўымызды қәлейсиз бе?» – деп сорапты. Ол: «Яқ, сизлер ҳарам шөплерди суўырғаныңызда, олар менен бирге бийдайды да суўырып алыўыңыз мүмкин. Орыў мәўсими жеткенше, екеўи қатар өсе берсин. Орыў мәўсиминде мен орақшыларға: „Дәслеп ҳарам шөпти жыйнаңлар ҳәм баўлап өртеңлер, ал бийдайды телегиме қуйыңлар“, – деймен», – депти. Ийса оларға өзге бир тымсал келтирип, былай деди: – Аспан Патшалығы бир адамның өз егислик жерине еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол туқымлардың ишиндеги ең кишкенеси болса да, өсип шыққаннан соң барлық шөплерден үлкейип, терек болады. Шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады. Ийса оларға басқа тымсал айтып: – Аспан Патшалығы бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды, – деди. Ийса булардың ҳәммесин халыққа тымсаллар менен айтты. Тымсалсыз оларға ҳеш нәрсе айтпады. Солай етип, пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды: «Аўзымды тымсаллар айтыў ушын ашып, дүнья жаратылғаннан бери жасырын болғанларды сөйлеймен». Соңынан Ийса халықты қалдырып, үйге кирди. Шәкиртлери Оның қасына келип: – Егислик жердеги ҳарам шөп туўралы тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди. Ийса былай деп жуўап берди: – Жақсы туқым себиўши – Адам Улы. Егислик жер – дүнья, жақсы туқымлар – Аспан Патшалығының балалары. Ал ҳарам шөплер – шайтанның балалары. Ҳарам шөплерди сепкен душпан – шайтан. Орыў мәўсими – ақырзаман, орақшылар – периштелер болады. Солай етип, ҳарам шөплерди қалай жыйнап алып, отқа жақса, бул дүньяның ақырында да сондай болады. Адам Улы периштелерин жибереди, Оның Патшалығынан олар барлық азғырыўшылар менен нызамды бузыўшыларды жыйнап алады да, жанып турған ошаққа таслайды: олар сол жерде жылап, пушайман жейди. Сонда ҳақ адамлар өзлериниң Әкесиниң Патшалығында күн сыяқлы жарқырап турады. Қулағы бар жақсылап еситип алсын! – Аспан Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Оны биреў таўып алып, және жасырып қойыпты да, қуўанғанынан барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол егислик жерди сатып алыпты. Және Аспан Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды. Ол жүдә қымбат бир ҳинжини тапқанда, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол ҳинжини сатып алыпты. – Және Аспан Патшалығы теңизге салынып, әлўан түрли балықлар түскен аўға уқсайды. Толғаннан кейин, балықшылар оны жағаға сүйреп шығарыпты. Соңынан отырып, жақсыларын таңлап ыдысларға салып, ал жаманларын ылақтырып таслапты. Ақырзаманда да солай болады: периштелер келип, жаман адамларды ҳақ адамлардан айырып алып, жанып турған ошаққа таслайды. Олар сол жерде жылап, пушайман жейди. Соннан соң, Ийса олардан: – Булардың ҳәммесин түсиндиңлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, түсиндик, – деди. Ийса оларға: – Сонлықтан Аспан Патшалығынан үйренген ҳәр бир диний муғаллим өз ғәзийнесинен жаңаны да, гөнени де шығарыўшы үй ийесине уқсайды, – деди. Ийса усы тымсалларды айтып болғаннан соң, сол жерден кетип қалды. Өзи өскен қалаға келип, сол жердеги мәжилисханада халыққа тәлим бере баслады. Халық таң қалысып: – Ол бундай даналықты ҳәм кәрамат ислеў қүдиретин қаяқтан алған? Ол – ағаш устасының баласы емес пе? Оның анасының аты Мәриям, инилериниң атлары Яқып, Юсуп, Симон, Яҳуда емес пе? Оның ҳәмме қарындаслары да бизиң арамызда емес пе? Ал булардың ҳәммеси Онда қаяқтан пайда болды екен? – деди де, Оны тән алмады. Сонда Ийса оларға: – Пайғамбардың барлық жерде қәдири бар, ол тек өз ўатаны менен үйинде ғана қәдирсиз, – деди. Олар исенбегени себепли, Ийса ол жерде көп кәраматларды ислемеди. Сол ўақытта Ийса ҳаққында хабарды Галила үлкесиниң патшасы Ҳирод та еситип, өз хызметкерлерине: – Бул адам – Шомылдырыўшы Яқыя. Ол өлимнен қайта тирилипти, сонлықтан да усындай кәраматлар ислемекте, – деди. Буннан бурын Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродия себепли Яқыяны услап алып байлатып, қаматып таслаған еди. Өйткени Яқыя оған: «Оны ҳаял қылып алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. Ҳирод Яқыяны өлтирмекши де болып еди, бирақ халықтан қорқты. Себеби халық Яқыяны пайғамбар деп санайтуғын еди. Ал Ҳирод туўылған күнин тойлағанда, Ҳиродияның қызы жыйналған қонақлардың алдында ойынға түсип, Ҳиродтың кеўлинен шықты. Соның ушын ол қыз не тилесе де бермекши болып, ўәде берип, ант ишти. Қыз анасының кеңеси бойынша: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, маған ҳәзир табаққа салып бериң, – деди. Патша буған қыйналса да, өзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қызға сорағанын бериўди буйырды. Солай етип, патша адам жиберип, қамақта Яқыяның басын кестирди. Табаққа салып әкелинген бас қызға берилди. Қыз оны анасына апарып берди. Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетип жерледи. Соннан соң барып, Ийсаға хабарлады. Ийса буны еситкеннен кейин қайыққа минип, елсиз бир жерге жалғыз кетип қалды. Бул туўралы еситкен халық өз қалаларынан шығып, пиядалап Оның изине ерди. Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрди, оларға жаны ашып, аўырыўларына шыпа берди. Кеш болғанда шәкиртлери қасына келип, Оған: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Халықты тарқатып жибер, олар аўылларға барып, өзлерине аўқат сатып алсын, – деди. Бирақ Ийса: – Олар кетпеўи керек, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар. Ийса: – Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди. Соңынан халыққа шөпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен он еки себет толтырды. Ал жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа бес мыңдай адам еди. Буннан соң дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. Халықты тарқатып жибергеннен соң, Ийса дуўа етиў ушын жалғыз Өзи таўға шықты, кеште де сол жерде жалғыз қалды. Ал сол ўақытта теңиздиң жағасынан узақласқан қайықты толқынлар соққылай баслады, өйткени күшли самал қайыққа қарсы есип тур еди. Ерте таңда Ийса теңиздиң үсти менен жүрип, олардың қасына барды. Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны көргенде зәррелери ушып: – Бул әрўақ, – деп қатты қорқып бақырысты. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар, – деди. Петр Оған жуўап берип: – Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди. Ийса: – Кел, – деди. Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти. Бирақ ол самалдың күшли екенин көргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды. Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған: – Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди. Олар қайыққа мингенде, самал тынып қалды. Қайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып: – Сен шынында да, Қудайдың Улысаң! – дести. Олар теңиздиң арғы жағасына өтип, Генесарет жерине келип тоқтады. Сол жердиң турғынлары Ийсаны танып, пүткил дөгерекке хабарлады ҳәм аўырған адамлардың ҳәммесин Оған алып келди. Олар Ийсадан тек кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты. Сонда Ийсаның қасына Ерусалимнен парисейлер менен диний муғаллимлер келип, Оған: – Не ушын Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған дәстүрлерди бузып жүр? Олар нан жеўден алдын қолларын жуўмайды-ғо, – деди. Ийса оларға жуўап берип, былай деди: – Сизлер не ушын дәстүрлериңиз себепли Қудайдың буйрығын бузасызлар? Себеби Қудай: «Ата-анаңды сыйла» ҳәм: «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сөз айтса, ол өлтирилсин» деп буйрық берген. Ал сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Сизлерге беретуғынымды Қудай жолына қурбан етип бағышлайман“, десе, ол әкесин ямаса анасын сыйламаса да болады», – дейсизлер. Солай етип, дәстүрлериңиз себепли, сизлер Қудайдың сөзин бийкар етип атырсызлар. Ҳәй, еки жүзлилер! Ийшая пайғамбар сизлер туўралы алдын ала дурыс айтқан: «Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс. Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер». Соңынан Ийса халықты шақырып алып, оларға: – Тыңлап, түсинип алыңлар: адамды оның аўзына енген нәрсе емес, ал аўзынан шыққан нәрсе ҳарамлайды, – деди. Сонда Оның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Бул сөзди еситкенде, парисейлердиң ашыўланып қалғанын билдиң бе? – деп сорады. Ийса оларға: – Аспандағы Әкем екпеген ҳәр бир өсимлик түп-тамыры менен жулып тасланады. Оларды қойыңлар. Олар – соқырлардың соқыр жетелеўшилери. Егер соқырды соқыр жетелесе, екеўи де шуқырға қулап түседи, – деди. Петр Оған: – Бул тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди. Ийса оларға: – Сизлер еле түсинбей турсызлар ма? Аўызға енгенниң ҳәммеси қарынға баратуғынын, оннан соң сыртқа шығып қалатуғынын түсинбейсизлер ме? Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы. Өйткени жаманлық ойлаў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, бузық болыў, урлық ислеў, жалған гүўалық бериў ҳәм масқаралаў кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усылар. Ал қол жуўмай аўқат ишиў адамды ҳарамламайды, – деди. Ийса сол жерден шығып, Тир ҳәм Сидон үлкесине кетти. Сол үлкелерден кананлы бир ҳаял келип, Оған: – Ийем, Даўыттың Урпағы, маған реҳим ете гөр! Мениң қызымды жин урып, қатты қыйналып атыр, – деп бақырды. Бирақ Ийса оған ҳеш нәрсе айтпады. Сонда шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Оны жибер, изимизден бақырып киятыр-ғо, – деп өтинди. Ийса: – Мен тек Израилдың жоғалған қойларына жиберилгенмен, – деп жуўап қайтарды. Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да: – Ийем! Маған жәрдем ете гөр! – деп жалынды. Ийса оған жуўап берип: – Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди. Ҳаял: – Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди. Сонда Ийса оған: – Ҳәй, ҳаял, сениң исенимиң күшли екен, тилегениң болсын, – деди. Оның қызы сол ўақытта-ақ жазылып кетти. Ийса сол жерден кетип, Галила теңизине келди ҳәм таўға шығып отырды. Сонда Оның қасына көп халық жыйналып қалды. Олар өзлери менен бирге ақсақларды, соқырларды, майыпларды, гүңелеклерди ҳәм басқа да аўырыў адамларды Ийсаның алдына алып келди. Ийса оларға шыпа берди. Солай етип, гүңелеклердиң тиллери шығып, майыплардың жазылып, ақсақ болғанлардың жүрип, соқырлардың көзлери ашылып кеткенлигин көрген халық аң-таң болысып, Израилдың Қудайына алғыс айтты. Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып, оларға: – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Оларды аш ҳалында жибергим келмейди, себеби жолда ҳәлсиреп қалыўы мүмкин, – деди. Шәкиртлери: – Усыншама халықты тойғыза аларлықтай, бир елсиз далада нанды қаяқтан табамыз? – дести. Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, және бир неше киши балық та бар, – деп жуўап берди. Соңынан Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды ҳәм балықларды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен жети себет толтырды. Жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа төрт мың адам еди. Соннан соң, Ийса халықты тарқатып жиберди де, қайыққа минип, Магдала дөгерегине кетти. Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин сорады. Ийса оларға жуўап қайтарып: – Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер. Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар? Жаман ҳәм опасыз әўлад бир кәраматлы белги талап етеди. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы көрсетилмейди, – деди. Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды. Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға өткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди. Ийса оларға: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар! – деди. Сонда олар: – Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп өз ара айтыса баслады. Ийса буны билип, оларға: – Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге өз ара нан әкелмегениңизди айтысып турсызлар? Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? Және де жети нан төрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди. Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлийматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди. Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Өз шәкиртлеринен: – Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады. Олар: – Гейбиреўлери Шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди. Ийса оларға: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди. Симон Петр жуўап қайтарып: – Сен – Масихсаң, тири Қудайдың Улысаң, – деди. Ийса оған: – Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Әкем ашып билдирди. Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең, Мен мына тастың үстине Өз жәмәәтимди орнатаман, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайды. Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди. Соннан соң, Ийса шәкиртлерине Өзиниң Масих екенлигин ҳеш кимге айтпаўларын буйырды. Сол ўақыттан баслап Ийса Өзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен көп азап шегиўи ҳәм өлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады. Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған: – Қудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола көрмесин! – деп қарсы сөйлей баслады. Ийса бурылып, Петрге: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди. Сонда Ийса Өз шәкиртлерине: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. Өйткени ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады. Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? Адам Улы Әкесиниң салтанатында Өз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады. Сизлерге шынын айтып турман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Өз Патшалығында келиўин көрмегенше, өлмейди, – деди. Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды. Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сөйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар көринди. Сонда Петр Ийсаға: – Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. Ол еле сөйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди. Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды. Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де: – Турыңлар, қорқпаңлар! – деди. Олар көзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди. Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы өлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды. Сонда олар: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады. Ийса оларға: – Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди. Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди. Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады. Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди. Ийса жуўап қайтарып: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди. Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты. Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип: – Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады. Ийса оларға: – Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. [ ] Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи. Олар Оны өлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Буған олар қатты қапа болды. Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан: – Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын төлемей ме екен? – деп сорады. Петр: – Аўа, төлейди, – деди. Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын: – Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Өз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады. Петр: – Басқа адамлардан, – деди. Ийса: – Олай болса, патшаның балалары салық төлеўден азат. Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, төрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен өзиң ушын оларға төле, – деди. Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип: – Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады. Ийса бир баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди: – Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди өзгертип, балалар сыяқлы болмасаңлар, Аспан Патшалығына кире алмайсызлар. Солай етип, ким де ким өзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады. Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Бирақ ким де ким Маған исенип турған мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди. Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гөре, бир қолың ямаса аяғың менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ. Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ. Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Әкемниң жүзин ҳәмме ўақыт көрип турады. [ ] – Сизлер қалай ойлайсызлар? Егер биреўдиң жүз қойы болып, оның биреўи жойтылып кетсе, ол тоқсан тоғыз қойын таўда қалдырып, жойтылған бир қойын излемес пе еди? Сизлерге шынын айтып турман: егер оны таўып алса, жойтылмаған тоқсан тоғыз қойынан гөре, таўып алған жалғыз қойына көбирек қуўанады. Сол сыяқлы, сизлердиң аспандағы Әкеңиз мына кишкенелердиң биреўиниң де жойтылыўын қәлемейди. – Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған бар да, аўлақта сөйлесип, айыбын бетине ашық айт. Егер ол сөзиңди тыңласа, онда туўысқаныңды өзиңе қайтарып алғаның болады. Егер ол сөзиңди тыңламаса, өзиң менен бирге бир ямаса еки адамды ертип оған бар, өйткени айтылған барлық сөзлериңе еки ямаса үш гүўа болыўы тийис. Егер олардың да сөзин тыңлағысы келмесе, онда исениўшилер жәмәәтине айт. Ал исениўшилер жәмәәтин де тыңлағысы келмесе, онда оны бутқа табыныўшы ҳәм салықшы деп сана. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи. Сизлерге және шынын айтаман: жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Әкем соны береди. Себеби қай жерде еки ямаса үш адам Мениң атым менен жыйналса, Мен олар менен биргемен. Сонда Петр Ийсаға келип: – Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? – деп сорады. Ийса оған: – Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен. Солай етип, Аспан Патшалығы өз хызметшилери менен қарызын есапласқысы келген бир патшаға уқсайды. Ол есапласа баслағанда, оның алдына оннан он мың талант қарыздар болған биреўди алып келипти. Бирақ ол қарызын төлей алмайтуғын болғанлықтан, патша оған оның өзи менен қосып ҳаялын, балаларын ҳәм барлық мал-мүлкин сатып, қарызын төлеўди буйырыпты. Сонда хызметши оның аяғына жығылып: «Тақсыр, шыдап турың, мен барлық қарызымды төлеймен!» – деп жалыныпты. Хызметшиге жаны ашыған патша оны босатып, қарызынан кешипти. Ал хызметши сыртқа шығып, өзине жүз динар қарыздар болған бир хызметши жолдасын ушыратып: «Маған беретуғын қарызыңды бер», – деп оны буўындыра баслапты. Сонда оның жолдасы аяғына жығылып: «Шыдап тур, мен қарызымды төлеймен», – деп жалыныпты. Бирақ ол жолдасының сөзин тыңламай, өзине беретуғын қарызын төлемегенше, оны қаматтырып таслапты. Оның басқа хызметши жолдаслары бул ўақыяны көрип, қатты қапа болыпты ҳәм патшаға барып, болған истиң бәрин айтып берипти. Сонда патша оны шақыртып алып, оған: «Ҳәй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызыңнан кешкен едим. Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де өз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» – депти. Патша қәҳәрленип, өзине берилетуғын қарыздың бәрин төлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты. Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди, – деди. Ийса усы сөзлерди айтып болғаннан соң Галиладан жолға шығып, Иорданның арғы жағасындағы Яҳудия үлкесине барды. Оның изине көп халық ерди, Ол сол жерде оларға шыпа берди. Ийсаның қасына парисейлер келип, Оны сынап көриў ушын: – Ер адамның ҳәр қыйлы себеп пенен ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп Оннан сорады. Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын сизлер оқымағансызлар ма? Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады». Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын. Олар Ийсаға: – Сонда неге Муўса пайғамбар ер адамның ҳаялына талақ хат берип ажырасыўын буйырған? – деди. Ийса оларға: – Муўса сизлер тас баўыр болғанлықтан, ҳаялларыңыз бенен ажырасыўға рухсат берген. Бирақ баста олай емес еди. Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким өз ҳаялы менен некеге ҳадалсызлығынан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады, – деди. Сонда Ийсаның шәкиртлери Оған: – Егер ер адамның ҳаялына деген ўазыйпасы усындай болса, онда үйленбегенниң өзи жақсырақ-ғо, – деди. Ийса оларға: – Буны ҳәр бир адам қабыл ете алмайды, бирақ кимге Қудайдан берилсе, сол ғана қабыл ете алады. Өйткени үйленбейтуғын ҳәр түрли адамлар бар: гейбиреўлери ақта болып туўылады, гейбиреўлерин адамлар ақта қылып таслайды, ал базылары Аспан Патшалығына хызмет етиў ушын өз ерки менен үйлениўден бас тартады. Ким бул сөзди қабыл ете алса, сол қабыл етсин, – деди. Сол ўақытта адамлар Ийсаға олардың үстине қолын қойып дуўа етсин деп, балаларын алып келди. Ал шәкиртлер оларға кейиди. Бирақ Ийса: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Себеби Аспан Патшалығы усындайлардики, – деди. Соңынан Ол балалардың үстине қолын қойып дуўа етти де, сол жерден кетип қалды. Сонда бир жигит Ийсадан: – Устаз! Мәңгилик өмирге ийе болыўым ушын қандай ийгиликли ислер ислеўим керек? – деп сорады. Ийса оған: – Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Қудай ғана ийгиликли-ғо. Ал мәңгилик өмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди. Жигит Ийсадан: – Қандай буйрықларды? – деп сорады. Ийса: – «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй! », – деди. Жас жигит Оған: – Мен булардың ҳәммесин орынлап киятырман, және не жетиспейди? – деди. Ийса оған: – Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. Бул сөзлерди еситкен жас жигит қапа болып, сол жерден кетип қалды. Өйткени оның байлығы көп еди. Ийса Өз шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын. Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди. Буны еситкен шәкиртлери қатты таң қалысып: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады. Ал Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди. Сонда Петр жуўап қайтарып, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик. Бизлер неге ерисемиз? – деди. Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: дүнья жаңаланғаннан соң, Адам Улы Өзиниң салтанатлы тахтына отырғанда, Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўын ҳүким етесизлер. Сонда Мениң атым ушын өз үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жер-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик өмирге ийе болады. Бирақ бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди. Ийса және былай деди: – Аспан Патшалығы өзиниң жүзим бағына жумысшыларды жаллап алыў ушын таң азанда шыққан үй ийесине уқсайды. Ол жумысшылар менен күнине бир динар төлеўге келисип, оларды өзиниң жүзим бағына жиберипти. Саат тоғызлар шамасында шығып, базарда жумыссыз турған адамларды көрип, оларға: – Сизлер де мениң жүзим бағыма барыңлар, мен сизлерге тийисли ҳақыларыңызды беремен, – дегенде, олар барыпты. Ол саат он екилер шамасында да, түстен кейин үшлер шамасында да шығып, тағы усылай ислепти. Кешки беслер шамасында да шығып, еле жумыссыз турған басқа адамларды көрип, оларға: «Неге бул жерде күн бойы жумыссыз турсызлар?» – деп сорапты. Олар: «Себеби бизлерди ҳеш ким жаллап алған жоқ», – деп жуўап берипти. Ол: «Сизлер де мениң жүзим бағыма барып, мийнет етиңлер», – депти. Күн кеш болғанда, бағдың ийеси өзиниң басқарыўшы хызметкерине: «Жумысшыларды шақырып алып, мийнет ҳақыларын бер. Ең соңғы келгенлеринен баслап, ең алдыңғы келгенлери менен жуўмақла», – депти. Сонда кешки беслер шамасында келгенлер бир динардан алыпты. Ал ең алды менен келгенлер: «Бизлер көбирек алармыз», – деп ойлапты, бирақ олар да бир динардан алыпты. Ис ҳақыларын алған олар үй ийесине тоңқылдап: «Мына ең соңында келгенлер бир саат ғана жумыс иследи. Ал сиз оларды күни бойы азапланып, ыссыға күйип жумыс ислеген бизлер менен тең еттиңиз», – депти. Бирақ бағдың ийеси жуўап қайтарып, олардың биреўине: «Ҳәй, достым, мен саған әдилсизлик етип турған жоқпан. Сен мениң менен бир динарға келискен жоқ па едиң? Ҳақыңды алып, жөниңе кет. Мен мына соңғы адамға да саған бергенимдей бергим келеди. Мениң өз ақшам менен қәлегенимди ислеўиме ерким жоқ па? Мениң сақыйлығыма иши тарлық қылып турсаң ба?» – депти. Солай етип, соңғылар бириншилер, бириншилер соңғылар болады. Ерусалимге баратырғанда, Ийса жолда он еки шәкиртин аўлақта шақырып алып, оларға: – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер менен диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, Оны масқаралаў, сабаў, атанақ ағашқа шегелеп таслаў ушын, басқа миллет адамларына услап береди. Бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Сол ўақытта Зебедейдиң улларының анасы уллары менен Ийсаның қасына келди. Оның аяғына жығылып, бир нәрсе сорамақшы болды. Ийса оннан: – Тилегиң не? – деп сорады. Ҳаял Оған: – Өз патшалығыңда усы еки улымның биреўин оң жағыңа, екиншисин сол жағыңа отырғызыўды ўәде ет, – деди. Ал Ийса жуўап қайтарып: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? – деди. Олар: – Аўа, ише аламыз, – деди. Ийса оларға: – Мениң кесемнен ишесизлер. Бирақ, Өзимниң оң жағым менен сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Әкем кимлерге арнаған болса, солар отырады, – деди. Буны еситкен он шәкирти ағалы-инили екеўине ашыўланып қалды. Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, былай деди: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, сол сизлерге хызметши болыўы шәрт. Араңызда ким биринши болғысы келсе, сол сизлерге қул болыўы шәрт. Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын, Өз жанын қурбан етиўге келди. Олар Ерихо қаласынан шыққанда, көп халық Ийсаның изине ерди. Сонда жолдың шетинде отырған еки соқыр адам Ийсаның өтип баратырғанын еситип: – Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырысты. Халық үнлерин шығармаўды айтып, оларға кейиди. Бирақ олар оннан да бетер қатты бақырысып: – Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – дести. Ийса тоқтап, оларды шақырып алды да: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Ийем, көзлеримизди ашыўыңды, – деп жуўап берди. Ийса оларға жаны ашып, көзлерине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ олардың көзлери ашылып, Оның изине ерди. Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге деген аўылға келгенде, Ийса еки шәкиртин жумсап, оларға былай деди: – Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, байлаўлы турған ешек пенен гүррени табасызлар. Оларды шешип алып, Маған әкелиңлер. Егер биреў сизлерге бир нәрсе десе, сизлер: «Олар Ийемизге керек», – деп жуўап берсеңлер, ол оларды сол ўақытта-ақ жибереди. Бул пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сион қызына айтыңлар: Мине, сениң Патшаң жас ешекке, яғный гүрреге минип, кишипейиллик пенен саған киятыр!» Шәкиртлери барып, Ийсаның буйырғанын иследи. Олар ешекти гүрреси менен алып келип, шапанларын үстине салғанда, Ийса гүрреге минип алды. Халықтың көпшилиги өз шапанларын жолға төсеп, басқалары тереклерден шақа кесип алып жолға жайды. Алдында ҳәм изде ерип киятырған халық қуўанысып: – Даўыттың Урпағына ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна! – деп бақырысты. Ийса Ерусалимге кирип келгенде, пүткил қала жанланып: – Бул ким? – деп сорады. Халық: – Бул – Ийса, Галиладағы Насырадан шыққан пайғамбар, – дести. Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап, оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй деп аталады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди. Ибадатханада Ийсаның қасына соқырлар ҳәм ақсақлар келгенде, Ол оларға шыпа берди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ол ислеген кәраматларды ҳәм Ибадатханада: «Даўыттың Урпағына ҳосанна!» – деп бақырысқан балаларды көрип, ашыўланып қалды да, Оған: – Олардың не деп атырғанын еситип турсаң ба? – деди. Ийса оларға: – Аўа! Сизлер: «Нәрестелер менен емизиўли балалардың аўзынан Өзиңе мақтаўлар айтқыздың», – деп Мухаддес Жазыўда айтылғанды ҳеш оқымағансызлар ма? – деди. Соннан соң, Ийса оларды қалдырып, қаладан шығып кетти ҳәм Бетанияға барып, сол жерде түнеди. Ерте азанда Ийса қалаға қайтып киятырғанда, аш болды. Жол бойында бир әнжир ағашын көрип, оның қасына барды. Бирақ онда жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппағаннан соң, ағашқа: – Буннан былай, сенде мәңгиге ҳеш жемис өспесин, – деди. Әнжир ағашы сол ўақытта-ақ қуўрап қалды. Шәкиртлери буны көргенде таң қалысып: – Бул әнжир ағашы қалайынша дәрриў қуўрап қалды? – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ал мына таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула!» – десеңлер, сондай болады. Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди. Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим берип отырғанда, Оған бас руўханийлер менен халық ақсақаллары келип: – Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады. Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерге бир сораў берейин. Егер оның жуўабын берсеңлер, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. Яқыя адамларды шомылдырыў ушын қаяқтан бийлик алды? Аспаннан ба ямаса адамлардан ба? – деди. Олар өз ара ойласып: «Егер „аспаннан“ десек, Ол бизлерге: „Сонда неге сизлер оған исенбедиңлер“, – дейди. Ал егер „Адамлардан“ деўге халықтан қорқамыз: ҳәммеси де Яқыяны пайғамбар деп есаплайды-ғо!» – дести. Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ол: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди. – Сизлер қалай ойлайсызлар: бир адамның еки улы болыпты. Ол бириншисине барып: «Балам, сен бүгин барып, жүзим бағында исле», – депти. Ол: «Бармайман», – деп жуўап берипти. Бирақ соңынан өкинип, барыпты. Соң әкеси екинши улына барып, оған да солай депти. Ол: «Яқшы, тақсыр, бараман», – деп жуўап берипти, бирақ бармапты. Усы екеўиниң қайсысы әкесиниң тилегин орынлаған болады? – деп сорады Ийса. – Бириншиси, – деп жуўап қайтарды олар. Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын айтып турман: салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар Қудайдың Патшалығына сизлерден бурын киреди. Өйткени Яқыя сизлерге ҳақ жолды көрсетиў ушын келген еди, бирақ сизлер оған исенбедиңлер. Ал салықшылар менен бузық ҳаяллар оған исенди, бирақ сизлер буны көргеннен кейин де тәўбе етпедиңлер ҳәм исенбедиңлер. – Енди басқа бир тымсалды тыңлаңлар: бир үй ийеси болыпты. Ол жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты, жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. Зүрәәт жыйнайтуғын мәўсим жақынлағанда, ол өзине тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға хызметшилерин жиберипти. Дийханлар оның хызметшилерин услап алып, олардың биреўин сабап, екиншисин өлтирип, ал және биреўин тас пенен урыпты. Соңынан бағдың ийеси бурынғыдан да көп басқа хызметшилерин жибергенде, оларға да солай ислепти. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. Бирақ дийханлар оның улын көрип, бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирип, мийрас мүлкине ийе болайық», – десипти. Олар оны услап алып, жүзим бағынан сыртқа шығарып өлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси келгенде, сол дийханларға не қылады? Олар Ийсаға: – Ол бул жаўызларды реҳимсиз өлим менен өлтиреди де, жүзим бағын ўақтында жемисин берип туратуғын басқа дийханларға ижараға береди, – деди. Ийса оларға былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сөзлерди оқымағансызлар ма? «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды. Ийемиз қылған бул ис, Көзимизге әжайып көринди!» Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Өз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди. Сол тасқа түскен адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды. Бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаның айтқан тымсалларын еситкеннен соң, Оның өзлери ҳаққында айтқанын түсинип, Оны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорқты, себеби халық Оны пайғамбар деп санайтуғын еди. Ийса оларға тымсаллар менен сөзин даўам еттирип, былай деди: – Аспан Патшалығы бир патшаның өз баласына үйлениў тойын бериўине уқсайды. Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти. Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты. Бирақ, мирәт етилгенлер оның сөзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти. Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап өлтирипти. Буны еситкен патша қәҳәрленип, өзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды өлтиртип, олардың қалаларын өртетип жиберипти. Сонда ол өзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды. Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти. Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты. Патша қонақларды көриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге көзи түсип, оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти. Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқы қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди». Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз. Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сөзинен тутыў туўралы ойласа баслады. Оған Ҳиродтың адамлары менен бирге өзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Себеби Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң. Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға: – Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар? Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди. Олар Оған бир динар әкелип берди. Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим патшасы-Қайсардың, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды. Қайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды: – Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай өлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», – деген-ғо. Бизде жети ағайинли жигит бар еди. Солардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды. Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды. Бәринен кейин ҳаялдың өзи де қайтыс болды. Ал енди қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо. Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. Өйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Қудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма? Қудай: «Мен Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман», – деген-ғо. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Буны еситкен халық Оның тәлийматына таң қалды. Ийсаның саддукейлерди сөйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналысты. Олардың арасынан бир диний муғаллим Ийсаны сынамақшы болып, Оннан: – Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады. Ийса оған: – «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй». Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди. Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан: – Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол – кимниң урпағы? – деп сорады. – Ол – Даўыттың Урпағы, – деди олар. Ийса олардан: – Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масихты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады. Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады. Сонда Ийса халыққа ҳәм Өзиниң шәкиртлерине былай деди: – Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды. Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын өзлери ислемейди. Олар көтере алмайтуғын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийинлерине жүклейди. Ал өзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди. Олар барлық ислерин адамлардың көзине түсиў ушын ғана ислейди. Маңлайларына ишлеринде Мухаддес Нызам аятлары жазылған қутыларын үлкен етип байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды. Олар тойларда төрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы көреди. Базарда адамлардың өзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм өзлерин «устаз» деп атаўын унатады. Ал сизлер өзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз. Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Әкеңиз бар, Ол аспанда. Өзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масих. Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын. Өйткени ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады. Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Өзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер. [ ] Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер өз диниңизге бир адамды болса да енгизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Егер биреў енген болса, оны өзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар. Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер-ғо: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли». Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Қайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма? Және де: «Ким де ким қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер. Ҳәй, соқырлар! Қайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық шалынатуғын орын ба? Солай етип, қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады. Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Қудай менен де ант еткен болады. Аспан менен ант етиўши адам Қудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Қудай менен де ант еткен болады. Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зийре сыяқлы өсимликлердиң оннан бирин Қудайға бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бөлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер! Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кеселердиң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған-ғо. Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады. Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып көринсе де, иши өликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған-ғо. Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға өзлериңизди ҳақ адам етип көрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен жаўызлыққа толы. – Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп: «Егер де ата-бабаларымыздың заманында өмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын төгиўлерине оларға шериклес болмас едик», – дейсизлер. Солай етип, өзлериңиздиң пайғамбарларды өлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер. Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мөлшерин толықтыра бериңлер! Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар? Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин өлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар. Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер өлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде төгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди. Сизлерге шынын айтып турман: булардың ҳәммеси ушын усы әўлад жазаға тартылады. – Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Қудайдың атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып көрмейсизлер. Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди. Сонда Ийса оларға: – Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди. Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип: – Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды. Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, көп адамларды алдайды. Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады. Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўындай болады. Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди. Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек көреди. Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды. Жаўызлық көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды. Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады. Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди. – Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран етиўши жеркенишлиниң мухаддес орында турғанын көргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин!), Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Ким де ким үйиниң төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алайын деп төменге түспесин. Ким де ким атызда болса, шапанын алайын деп изине қайтпасын. Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса дем алыс күнине туўра келмесин деп, Қудайға дуўа етиңлер. Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады. Егер сол күнлердиң саны қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ Қудай Өзиниң таңлап алған адамлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартады. Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масих бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер. Өйткени жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, Қудайдың таңлап алғанларын да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман. Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шөлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бөлмелерде» десе, исенбеңлер. Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап өткен жылдырымдай болады. Өлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады. – Сол күнлердиң апатынан соң, «бирден күн қараңғыланады, ай өз жақтысын түсирмейди, жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди». Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултларда киятырғанын көреди. Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди. – Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин көргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер! Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жойылып кетпесинен бурын усылардың ҳәммеси болады. Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды. – Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. Өйткени суў тасқынынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Суў тасқыны басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады. Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер. Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди. Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди. Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким? Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши бахытлы! Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап, хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе, сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны қатты жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди. – Сол күни Аспан Патшалығы шыраларын алып, күйеўди қарсы алыўға шыққан он қызға уқсайды. Олардың бесеўи ақылсыз, ал бесеўи ақыллы болыпты. Ақылсыз қызлар шыраларын алыпты да, бирақ аўысық май алмай шығыпты. Ал ақыллы қызлар шыралары менен қоса май қуйылған ыдысларын да алып шығыпты. Күйеў кешиккеннен соң олардың ҳәммеси қалғып, уйықлап қалыпты. Бирақ түн ортасы болғанда: «Күйеў киятыр, оны қарсы алыўға шығыңлар», – деп бақырған даўыс еситилипти. Сонда қызлардың ҳәммеси турып, өзлериниң шыраларын таярлапты. Ақылсыз қызлар ақыллыларға: «Бизлерге майларыңыздан аз-маз бериңлер, шыраларымыз сөнип атыр», – депти. Ал ақыллы қызлар: «Бизлерге де, сизлерге де жетпей қалыўы мүмкин, жақсысы, сатыўшыларға барып сатып алыңлар», – деп жуўап берипти. Олар май сатып алыўға кеткен ўақытта күйеў келип, таяр турған қызлар оның менен бирге тойханаға киргеннен соң, қапы бекитилипти. Соңынан қалған қызлар да келип: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – деп жалыныпты. Бирақ ол: «Сизлерге шынын айтып турман: мен сизлерди танымайман!» – деп жуўап қайтарыпты. Солай етип, сергек болыңлар, себеби Адам Улының келетуғын күнин ҳәм ўақтын билмейсизлер-ғо. – Аспан Патшалығы бир адамның узақ жолға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға өзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды. Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты. Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты. Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты. Бир талант алғаны барып, ийесиниң ақшасын жерге көмип жасырыпты. Арадан көп ўақыт өткеннен соң хызметшилердиң ийеси қайтып келип, олардан есап талап етипти. Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Ийем, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти. Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти. Еки талант алғаны да келип: «Ийем, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти. Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти. Соңынан бир талант алғаны да келип: «Ийем, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз өзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз. Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге көмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти. Ал ийеси оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң өзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды сен билипсең. Сонлықтан да, мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде өзимдикин пайдасы менен алар едим-ғо. Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер! Өйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқы қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди». – Адам Улы Өз салтанатында ҳәм барлық периштелери менен бирге келгенде, Өзиниң салтанатлы тахтына отырады. Сонда барлық халықлар Оның алдына жыйналады ҳәм Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, оларды айырып бөледи. Қойларды оң жағына, ешкилерди сол жағына қояды. Сонда патша оң жағындағыларға: «Келиңлер, Әкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыңлар. Себеби Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бердиңлер, шөллегенимде, суў бердиңлер, жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алдыңлар. Жалаңаш болғанымда, Маған кийим бердиңлер, наўқас болғанымда, Мени күттиңлер, қамақта болғанымда, Маған келдиңлер», – дейди. Сонда ҳақ адамлар Оған: «Ийем! Бизлер қашан аш болғаныңды көрип, Саған аўқат бердик, қашан шөллегениңди көрип, суў бердик? Қашан жат жерде жүргениңди көрип, Сени қабыл еттик, қашан жалаңаш болғаныңда, Саған кийим бердик? Қашан наўқас ямаса қамақта болғаныңды көрип, Саған бардық?» – дейди. Патша оларға жуўап берип: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди Мениң мына ең қарапайым туўысқанларымның биреўине ислегениңиз – Маған ислегениңиз болады», – дейди. Соннан кейин, Ол сол жағындағыларға: «Ҳәй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳәм оның хызметшилери ушын таярланып қойылған мәңгилик отқа кетиңлер! Өйткени Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бермедиңлер, шөллегенимде, суў бермедиңлер. Жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алмадыңлар, жалаңаш болғанымда, Маған кийим бермедиңлер, наўқас, қамақта болғанымда, Маған келмедиңлер», – дейди. Сонда олар жуўап берип: «Ийем! Бизлер Сениң қашан я аш болғаныңды, я шөллегениңди, я жат жерде жүргениңди, я жалаңаш, я наўқас, я қамақта болғаныңды көрип, Саған хызмет етпедик?» – дейди. Сонда патша жуўап қайтарып: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер усы ислерди мына ең қарапайым биреўине ислемегениңиз – Маған ислемегениңиз болады», – дейди. Солай етип, олар мәңгилик азапқа жибериледи, ал ҳақ адамлар мәңгилик өмирге ериседи. Ийса усы сөзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Өз шәкиртлерине: – Енди еки күннен соң, Қутқарылыў байрамы болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди. Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды. Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип алып өлтириў ҳаққында тил бириктирди. Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести. Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатлы әтир майға толған мәрмер ыдысы бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды. Буны көрген шәкиртлери ашыўланып: – Бундай ысырапкершиликтиң неге кереги бар? Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестириўге болар еди-ғо, – дести. Бирақ Ийса буны еситип, оларға: – Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады. Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди. Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири болған Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып: – Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады. Олар оған отыз гүмис теңге усынды. Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи. Ашытқысыз нан байрамының биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип: – Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық көриўимизди қәлейсең? – деп сорады. Ол жуўап берип былай деди: – Қаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам аўқатын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар. Шәкиртлери Ийсаның тапсырғанын ислеп, байрам аўқатын таярлады. Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды. Олар аўқатланып отырғанда, Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди. Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады. Ийса оларға жуўап берип: – Мениң менен бирге табаққа қолын салғанның өзи Маған сатқынлық ислейди. Деген менен, Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди. Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда: – Мен емеспен бе, Устаз? – деди. Ийса оған: – Буны сен өзиң айттың, – деп жуўап берди. Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди. Соңынан Ол кесени қолына алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди: – Ҳәммеңиз буннан ишиңлер! Себеби бул – көп адамның гүналарының кеширилиўи ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. Сизлерге айтатуғыным: Әкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен. Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти. Сонда Ийса оларға: – Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды урғанымда, Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди». Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди. Петр Оған жуўап берип: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди. Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди. Петр Оған: – Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди. Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға: – Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди. Өзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады. Сонда Ийса оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди. Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады: – Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын! Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма? Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди. Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти: – Әкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен өте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын. Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сөзлерин қайталап дуўа етти. Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди. Ийса еле сөйлеп турғанда, он екиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә көп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. Ийсаға сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди. Ол дәрриў Ийсаның қасына барып: – Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди. Ийса оған: – Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди. Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған қол салып услап алды. Сол ўақытта-ақ Ийса менен бирге болғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. Бирақ Ийса оған: – Қылышыңды қынабына салып қой! Қылыш көтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады. Сен егер Мен ҳәзир Әкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба? Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сөзлер қалайынша орынланар еди? – деди. Сонда Ийса халыққа: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар. Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди. Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти. Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын көриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды. Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи. Көплеген жалған гүўалар келсе де, таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип: – Ол: «Қудайдың Ибадатханасын бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди. Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады. Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған: – Мен Саған тири Қудайдың аты менен буйыраман. Бизлерге айтшы: Қудайдың Улы, Масих – Сенбисең? – деп сорады. Ийса оған: – Өзиң айттың. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көресизлер, – деди. Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: – Ол Қудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Сизлер ҳәзир Оның Қудайға тил тийгизгенин өзлериңиз еситтиңиз-ғо! Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады. Олар жуўап қайтарып: – Ол өлим жазасына тартылыўы тийис, – деди. Сонда олар Оның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып, Оған: – Ҳәй, Масих! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди. Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип: – Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди. Бирақ ол ҳәммениң алдында танып: – Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге: – Мына адам Насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди. Ол ант ишип: – Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды. Бираздан кейин, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған: – Шынында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур-ғо, – деди. Сонда Петр: – Шынын айтып турман, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишип, өзин өзи ғарғай баслады. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады. Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны өлтириў туўралы кеңести де, Оны байлатып, римли ҳәким Понтий Пилатқа апарып тапсырды. Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин көрип өкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип: – Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим, – деди. Олар оған: – Бизлерге не? Өзиң бил, – деди. Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып өлди. Бас руўханийлер гүмисти алып: – Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны-ғо, – деди. Олар өз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады. Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Қан жери» деп аталады. Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды: «Олар отыз гүмис теңгени, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған Оның қунын алып, Жаратқан Ийемниң маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди». Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди. Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди. Сонда Пилат Оған: – Саған қарсы қаншама гүўалықлар айтып атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди. Бирақ Ийсаның өзиниң бирде бир сөзине жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды. Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў – ҳәкимниң әдети еди. Сол ўақытта қамақта Бараба деген белгили бир жынаятшы бар еди. Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди: – Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Барабаны ма ямаса Масих деп аталатуғын Ийсаны ма? Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди. Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим». Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп: – Барабаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди. Ҳәким олардан және: – Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Барабаны, – деди. Пилат оларға: – Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди. Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар бурынғысынан бетер: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты. Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып: – Бул Адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди. Пүткил халық: – Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды. Сонда Пилат оларға Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәкимниң ҳәўлисине алып барып, оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады. Оның кийимлерин шешип, үстине шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына салды. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдында дизелерин бүгип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти. Оған түкирип, қамысты алып, Оның басына урды. Оны мазақ қылып болғаннан соң, үстиндеги шым қызыл кийимди шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти. Әскерлер шығып баратырғанда Симон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде, олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты. Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти, соңынан отырып, Оны қараўыллады. Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды бас бетиндеги ағашқа қағып қойды. Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашларға шегеледи. Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оны мазақ етип: – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқар! Атанақ ағаштан түсип көрши! – дести. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди: – Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз. Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо. Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти. Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?») – деп бақырды. Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ол Илиясты шақырып атыр, – дести. Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына сиңдирди де, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди. Ал басқалары: – Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести. Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың көбиси қайта тирилди. Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди. Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести. Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди. Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптың анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди. Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди. Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды. Юсуп денени алып, оны таза кепинликке орады да, өзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды. Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди. Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен кейинги дем алыс күни бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып, оған: – Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти. Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди. Пилат оларға: – Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди. Олар барып, тасқа мөр басты да, қәбирге сақшы қойды. Яҳудийлердиң дем алыс күни өткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди көриўге келди. Бирден жер қатты силкинип, Қудайдың периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди. Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм өли сыяқлы болып, жаны қалмады. Периште ҳаялларға: – Қорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгенлериңизди билемен. Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер. Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып: «Ийса өлимнен қайта тирилипти! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде көресизлер!» – деп айтып барыңлар. Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди. Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти. Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып: – Ассалаўма әлейкум! – деди. Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған табынды. Сонда Ийса оларға: – Қорқпаңлар! Мениң туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде көреди, – деди. Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди. Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип: – «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар. Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди. Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған. Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның өзлерине айтқан таўына барды. Олар Ийсаны көргенде, Оған табынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды. Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген. Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди. Қудайдың Улы Ийса Масихтың Хош Хабарының басланыўы. Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған: «Мине, Мен хабаршымды алдыңнан жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды. Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жолларын дүзетиңлер!“» Яқыя шөл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды. Яқыя түйе жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди. Ол халыққа жәриялап: – Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди. Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды. Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептердей Өзиниң үстине түскенин көрди. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди. Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге апарды. Ийса шөлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти. Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Қудайдың Хош Хабарын жәриялап: – Ўақыт болды, Қудай Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип, Хош Хабарға исениңлер! – деди. Ийса Галила теңизиниң жағасы менен баратырғанда, теңизге аў салып жүрген Симонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Қудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди. Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди. Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди. Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни болғанда Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, адамларға тәлим бере баслады. Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди. Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол: – Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. Ҳәмме таң қалысып, өз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести. Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды. Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Симон ҳәм Андрейдиң үйине келди. Симонның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди. Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти. Қуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди. Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды. Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған көп адамларға шыпа берди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сөйлеўине рухсат бермеди, өйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди. Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты. Бир Өзи аўлақ жерге кетип, сол жерде дуўа етти. Симон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты. Оны тапқаннан соң, Оған: – Ҳәмме Сени излемекте, – дести. Ол жуўап берип: – Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди. Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды. Мақаў кесел болған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан: – Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп өтинди. Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Дәрҳал сол адамның мақаў кесели кетип, тазаланды. Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де: – Абайла, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди. Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмайтуғын болды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди. Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти. Көп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтты. Сонда Оған төрт адам бир ләң адамды көтерип алып келди. Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди. Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: – Балам, гүналарың кеширилди! – деди. Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен: «Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады. Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», – деў ме? Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан тур да, төсегиңди алып, үйиңе бар! – деди. Адам орнынан турды да, дәрриў төсегин алып, адамлардың көз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Қудайды мақтап: – Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени көрген жоқпыз, – дести. Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди. Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди көрди де, оған: – Мениң изиме ер! – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди. Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, көп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Өйткени Оның изине ериўши бундай адамлар көп еди. Парисейлер арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын көрип, Оның шәкиртлерине: – Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди. Буны еситкен Ийса: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди. Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў өзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды. Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады. Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады. Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди. Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады. Парисейлер Ийсаға: – Қара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди. Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма? Ол бас руўханий Абиятардың заманында Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Қудайға арналған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди. Ол және: – Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған. Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди. Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди. Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, дем алыс күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди. Соңынан олардан: – Нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди. Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. Бирақ парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың адамлары менен дәрриў тил бириктире баслады. Ийса Өз шәкиртлери менен теңиздиң жағасына шықты. Оған Галиладан көп халық ерип жүрди. Яҳудиядан, Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә көп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди. Халық көп жыйналғанлықтан, Өзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды. Себеби Ол көп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылысты. Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны көргенде, Оның алдына жығылып: – Сен – Қудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди. Бирақ Ол Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди. Ийса таўға шығып, Өзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди. Өзи менен бирге болыў ушын, Қудайдың сөзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады. Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Симон, Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан, Андрей, Филип, Бартоломей, Матта, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Тадей, ўатансүйер Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот. Соңынан Ийса үйге киргенде, және көп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды. Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын келди. Өйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди. Ерусалимнен келген диний муғаллимлер: – Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести. Сонда Ийса оларды Өзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады? Егер бир патшалық өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. Бир үй өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. Егер шайтан өзине өзи қарсы шығып, өз ара бөлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени. Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо. Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи. Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады. Ийса бул сөзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты. Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты. Әтирапында отырған аламан Ийсаға: – Сениң анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – дести. Ийса оларға жуўап қайтарып: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! Ким де ким Қудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди. Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды. Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди: – Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты. Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти. Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти. Қулағы бар жақсылап еситип алсын! Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады. Ийса оларға былай деди: – Қудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады. Солай етип: «Олар қараса да көрмейди, еситсе де түсинбейди, қайтып келип, кеширилмейди». Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер? Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди. Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди. Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди. Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады. Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди. Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди. Ийса оларға және былай деди: – Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме? Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. Еситиўге қулағы бар еситсин! Ийса даўам етип, оларға былай деди: – Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди. Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. Соң Ийса: – Аспан Патшалығы мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти. Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай көгерип өскенин билмепти. Өйткени жер өз-өзинен зүрәәт береди: дәслеп көк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән өнеди. Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди. Ийса тағы былай деди: – Қудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады? Ол қышқыл туқымға уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады. Бирақ ол себилгеннен соң өсип, шақалары жайылып, барлық шөплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады. Ийса усындай көп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сөз айтты. Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди. Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине: – Теңиздиң арғы жағасына өтейик, – деди. Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди. Сонда күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады. Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып: – Устаз! Бизлер өлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди. Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге: – Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды. Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады. Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди. Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине: – Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести. Олар теңиздиң арғы жағасындағы Гадара үлкесине келди. Ийса қайықтан түскенде, дәрриў Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты. Бул адам қәбирлер арасында жасап, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап таслай алмаған еди. Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди. Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып, өзин таслар менен жарақатлайтуғын еди. Узақтан Ийсаны көрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып: – Қүдиретли Қудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Қудай ушын өтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды. Өйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди. Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер көппиз, – деди ҳәм өзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин өтинип, Оған қатты жалынды. Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып: – Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди. Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан теңизге түсти де, батып кетти. Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын көриў ушын келди. Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын көргенде қорқып қалысты. Болған ўақыяны көргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди. Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин өтине баслады. Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған: – Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды. Бирақ Ийса оған рухсат етпей: – Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт көрсеткенин оларға айтып бер, – деди. Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты. Ийса қайық пенен және арғы жағаға өткенде, әтирапына көп адам жыйналды. Ол жағада турғанда, Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да: – Кишкене қызым өлим төсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды. Ийса оның менен бирге кетти. Изине көп халық ерип, тығылыстырып жүрди. Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял бар еди. Ол талай шыпакерлерден көп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди. Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның арқа бетинен келди де, кийимине қолын тийгизди. Өйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қол тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди. Сонда Ийса Өзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да: – Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады. Шәкиртлери Оған: – Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын көрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди. Бирақ Ийса буны ким ислегенин көриў ушын, әтирапына қарай баслады. Сонда өзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди. Ийса оған: – Қызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди. Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип: – Қызыңыз өлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди. Бирақ Ийса бул сөзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына: – Қорқпа, тек исен, – деди. Ийса Өзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди. Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жыласып турған адамларды көрди. Ийса ишке кирип: – Неге қайғырып, жылап турсызлар? Қыз өлген жоқ, ол тек уйықлап атыр, – деди. Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Өзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бөлмеге кирди. Қыздың қолынан услап, оған: – Талита куми! – деди. Бул: «Қызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди. Қыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады: оның жасы он екиде еди. Буны көргенлер қатты таң қалысты. Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўларын қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды. Ийса сол жерден шығып, Өзи өскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди. Дем алыс күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған көп адамлар таң қалысып: – Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте? Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады. Ийса оларға: – Қәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек өз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди. Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды. Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди. Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди. Оларға: – Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар, аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды. Ол және: – Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар. Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сөзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер, – деди. Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарып, көп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди. Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – өлимнен қайта тирилген Шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе, базылар: «Бул – Илияс», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести. Ал буны еситкен Ҳирод: – Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди. Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли, адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслады. Өйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны өлтириўди ойлап еди, бирақ өлтире алмады. Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сөзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди. Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди. Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға: – Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди. Және де, қызға ант ишип: – Не тилесең де, ҳәммесин беремен, патшалығымның ярымын да беремен, – деди. Қыз сыртқа шығып, анасына: – Не сорайын? – деди. Анасы: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди. Қыз дәрриў асығыслық пенен патшаға келди де: – Маған тап ҳәзир Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди. Патша буған қатты қыйналса да, өзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады. Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кести де, табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди. Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды. Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм нелерди үйреткенин айтып берди. Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Өйткени келип-кетиўшилер көп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди. Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз өзлери елсиз жерге кетти. Бирақ көп адамлар олардың кетип баратырғанын көрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди. Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға көп нәрселерди үйрете баслады. Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, өзлерине азық сатып алсын, – деди. Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Расында да, еки жүз динарға нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди. Ийса оларға: – Қанша наныңыз бар? Барып көриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан, еки балық бар екен, – дести. Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бөлип, жасыл шөптиң үстине отырғызыўды буйырды. Халық жүзден, елиўден топарға бөлинип отырды. Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди. Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан нан бөлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди. Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты. Кеш болғанда қайық теңиздиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Өзи жағада еди. Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң есиўге қыйналып атырғанын көрди. Таңғы төртлер шамасы Ийса теңиздиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан өтейин деп те қалды. Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны көргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди. Өйткени ҳәммеси Оны көрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар! – деди. Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты. Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди. Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына өтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды. Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып, пүткил дөгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды төсеклери менен әкеле баслады. Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты. Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды. Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымлары ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин көрди. Өйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да көп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады. Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан: – Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған: «Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс. Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер». Сизлер Қудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер, – деди. Ийса оларға және: – Сизлер өз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Қудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар. Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле, ким де ким ата-анасына жаман сөз айтса, өлтирилсин», – деген. Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Қудайға қурбан (Қудайға арналған сый) еттим“, десе, сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер. Солай етип, сизлер өз үрп-әдетлериңиз бенен Қудайдың сөзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы көп ислерди ислейсизлер, – деди. Ийса халықты және Өзине шақырып алып былай деди: – Мени ҳәммеңиз тыңлап, түсинип алыңлар. Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайды, ал адамды оның ишинен шығатуғын нәрсе ҳарамлайды. [ ] Ол халықтың қасынан кетип, үйге киргенде, шәкиртлери сол тымсал ҳаққында сорады. Ийса оларға: – Еле сизлер де түсинбедиңлер ме? Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайтуғынын түсинбейсизлер ме? Себеби ол оның кеўлине емес, ал қарынына барып, соңынан сыртқа шығады, – деди. Солай етип, Ийса ҳәр қандай азық-аўқаттың ҳадал екенин айтты. Ол және: – Адамды оның ишинен шыққан нәрселер ҳарамлайды. Өйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, нәпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады. Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды, – деди. Ийса сол жерден шығып, Тир үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады. Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды. Бул – Сирофиникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды өтинди. Ал Ийса оған: – Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди. Ҳаял жуўап берип: – Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди. Ийса оған: – Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди. Ҳаял үйине келгенде, қызының төсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин көрди. Ийса Тир үлкесинен шығып, Сидон арқалы Декаполистиң үсти менен Галила теңизине қайтып келди. Сол жерде адамлар Оған ҳәм герең, ҳәм сақаў болған адамды алып келип, оның үстине қолын қойыўын өтинди. Ийса оны шетирек шығарып, қулақларына бармақларын тықты да, түкирип, қолын оның тилине тийгизди. Аспанға қарап гүрсинди де, оған: – Еффата! – деди. Бул «ашыл» дегенди билдиреди. Сол ўақытта-ақ адамның қулақлары ашылды ҳәм ол тилге кирип, дурыс сөйлей баслады. Ийса адамларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды. Бирақ Ол оларға қанша тыйым салса да, олар және де көбирек жая берди. Адамлар қатты таң қалысып: – Ол ҳәммесин жақсы ислейди: гереңлерди еситетуғын, гүңелеклерди сөйлейтуғын қылады, – дести. Сол күнлери көп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген-ғо, – деди. Шәкиртлери Оған жуўап берип: – Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди. Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, – деп жуўап берди. Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты. Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Қудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды. Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бөлеклерди жыйнап, жети себет толтырды. Ол жерде төрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти. Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап көриў ушын, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин талап етти. Ийса аўыр гүрсинип: – Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги көрсетилмейди, – деди. Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти. Шәкиртлери өзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди. Ийса оларды ескертип: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди. Олар: – Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, өз ара сөйлесе баслады. Ийса буны билип, олардан: – Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин көрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма? Неге көзлериңиз бола тура көрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па? Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Он еки, – деп жуўап берди олар. Ийса және: – Мен жети нанды сындырып, төрт мың адамға бөлистиргенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Жети, – деп жуўап берди олар. Ийса оларға: – Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди. Ийса шәкиртлери менен Бетсайдаға келгенде, адамлар Ийсаға бир соқыр адамды әкелип, оған қолын тийгизиўин өтинди. Ийса соқыр адамның қолынан услап, оны аўылдың сыртына алып шықты. Оның көзлерине түкирип, оның үстине қолларын қойды да: – Бир нәрсе көрип турсаң ба? – деп сорады. Ол қарап: – Адамларды көрип турман. Олар жүрип баратырған тереклерге уқсайды, – деди. Сонда Ийса оның көзлерине және қолларын қойғанда, ол тигилип қарады да, шыпа таўып, ҳәммесин анық көре баслады. Ийса оны үйине жиберип, оған: – Аўылға барма! – деди. Ийса Өз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен: – Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Биреўлер Шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди. Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр жуўап берип: – Сен – Масихсаң, – деди. Сонда Ийса оларға Өзи ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды ескертти. Ийса Адам Улының көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилетуғынын ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады. Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сөйлей баслады. Ийса бурылып, Өзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди. Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Өзине шақырып алып: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. Себеби ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Әкесиниң салтанатында Өзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди. Ийса оларға және: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудай Патшалығының Өз қүдирети менен келгенин көрмегенше, өлмейди, – деди. Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди. Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди. Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды. Петр Ийсаға: – Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди. Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди. Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, өзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди. Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы өлимнен қайта тирилгенше, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды. Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «өлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди. Шәкиртлери Ийсадан: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы көп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған? Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди. Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған көп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди көрди. Пүткил халық Ийсаны көриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди. Ийса олардан: – Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады. Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: – Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим. Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында көбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын өтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, – деди. Сонда Ийса оларға: – Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди. Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны көриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан көбик шығып, аўнап жатты. Сонда Ийса баланың әкесинен: – Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады. Әкеси: – Кишкене бала ўақтынан усындай. Руўх оны өлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гөр, – деди. Ийса оған: – Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди. Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип: – Мен исенемен: аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды. Халықтың жуўырып киятырғанын көргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди. Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала өлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың көбиси: – Ол өлип қалды, – дести. Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды. Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан: – Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди. Сол жерден шығып, олар Галила арқалы өтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи. Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны өлтиреди ҳәм өлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Бирақ шәкиртлери бул сөзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты. Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди. Өйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди. Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға: – Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди. Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап: – Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди. Юхан Ийсаға: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди. Ал Ийса былай деди: – Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат көрсеткенниң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сөз айта алмайды. Өйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз. Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масихқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды. – Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады. Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен дозаққа, сөнбес отқа барғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [ ] Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [ ] Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен Қудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ. «Дозақта олардың қурты да өлмейди, оты да өшпейди». Себеби ҳәр бир адам от пенен дузланады. Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Өзлериңизде дуз болып, бир-бириңиз бенен татыўлықта жасаңлар, – деди. Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және көп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди. Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап көрмекши болып: – Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады. Ийса сораўға сораў менен жуўап берип: – Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди. Олар: – Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди. Ийса оларға: – Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди. «Бирақ жаратылыстың басында Қудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан». «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады». Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди. Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады. Ийса оларға: – Ким де ким өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады. Ҳаял да өз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди. Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди. Буны көргенде Ийса оларға ашыўланып: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики. Шынын айтып турман: – Ким де ким Қудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди. Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди. Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. Оның буйрықларын өзиң билесең-ғо: «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле». Ол Ийсаға: – Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди. Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап: – Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. Бирақ жигит бул сөзлерди еситкенде түри өзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы көп еди. Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине: – Байлығы барларға Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди. Шәкиртлери бул сөзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және: – Балаларым! Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди. Олар қатты таң қалысып, бир-бирине: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди. Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудайдың қолынан келеди. Өйткени Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди. Сонда Петр сөз баслап, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди. Ийса жуўап берип: – Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса, ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады. Бирақ, бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди. Олар Ерусалимге көтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Өзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди: – Минекей, бизлер Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады. Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи. Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди. Ийса олардан: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Өзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести. Ийса: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди. Олар: – Аўа, аламыз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар. Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди. Қалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды. Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт. Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт. Себеби Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди, – деди. Олар Ерихоға келди. Ийса Өз шәкиртлери ҳәм көп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди. Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақыра баслады. Көп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди. Ийса тоқтап: – Оны шақырың, – деди. Адамлар соқырды шақырып: – Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди. Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди. Ийса оннан: – Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. Соқыр адам Оған: – Устаз! Көзлерим көретуғын болсын, – деди. Ийса оған: – Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди. Сол ўақытта-ақ соқырдың көзи қайтадан көретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти. Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап, оларға былай деди: – Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер. Олар барып, көшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды. Сол жерде турған гейбиреўлер оларға: – Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады. Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди. Гүррени Ийсаға алып келип, өзлериниң шапанларын оның үстине салғанда, Ийса минип алды. Көп адамлар шапанларын жолға төсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды. Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты: – «Ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған! Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған патшалығы жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна!» Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени көзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти. Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды. Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын көрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады. Сонда Ол ағашқа: – Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди. Буны шәкиртлери де еситти. Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып өтиўге рухсат етпеди. Соңынан халыққа тәлим берип: – «Мениң үйим ҳәмме халықлар ушын, дуўа етиў үйи деп аталады», – деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар, – деди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыў жолын излестире баслады. Өйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди. Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти. Олар ерте азанда өтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын көрди. Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға: – Устаз! Қара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди. Ийса оларға жуўап берип: – Қудайға исениңлер. Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады. Сонлықтан да, сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи. Дуўа етип турғаныңызда, биреўге өкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, – деди. [ ] Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип, Оннан: – Сен буларды қандай бийлик пенен ислеп жүрсең? Саған бул ислерди ислеўге ким бийлик берген? – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де буларды қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди. Олар өз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“ десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди. „Адамлардан“ дейик пе?» Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди. Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди. Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты. Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты. Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны өлтирипти. Ол және де көп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин өлтирипти. Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти. Солай етип, оны услап алып өлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты. Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. Сизлер мына Мухаддес Жазыўды оқымағансызлар ма: «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды. Ийемиз қылған бул ис, Көзимизге әжайып көринди!» Олар бул тымсалдың өзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды. Соңынан олар Ийсаны сөзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың адамларының гейбиреўлерин Оған жиберди. Олар Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? Төлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады. Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип: – Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, көрейин, – деди. Олар алып келгенде, Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим патшасы-Қайсардың, – деди. Сонда Ийса оларға жуўап берип: – Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. Олар Оған таң қалысты. Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң бир нешеси Ийсаға келип: – Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған. Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай өлип кетти. Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай өлип кетти. Үшиншисине де солай болды. Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан өлип кетти. Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған-ғо, – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. Өйткени адамлар өлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында аятта, Қудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Қудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман», – деген-ғо. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди. Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин көрип, Оннан: – Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады. Ийса оған: – Ең баслы буйрық бул: «Тыңла, Израил! Қудайымыз болған Ийемиз – жалғыз Ийемиз. Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳәм пүткил күшиң менен сүй». Екиншиси мынадай: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Булардан уллы буйрық жоқ, – деди. Диний муғаллим Оған: – Аўа, Устаз! «Қудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың. Қудайды пүткил кеўлиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – жағылған ҳәмме қурбанлықлардан ҳәм Қудай жолына берилген садақалардан артық, – деди. Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин көрип: – Сен Қудай Патшалығынан алыс емессең, – деди. Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады. Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып: – Қалайынша диний муғаллимлер Масихты Даўыттың Урпағы дейди? Даўыттың өзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген-ғо: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» Даўыттың өзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? – деп сорады. Көп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады. Ийса тәлим берип: – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүриўди, базар майданларында өзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырыўды жақсы көреди. Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди. Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың көбиси көп ақша салды. Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды. Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен көп салды. Себеби олардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди. Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлериниң бири: – Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди. Ийса оған: – Мына саўлатлы имаратларды көрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди. Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан: – Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады. Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! Өйткени көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, көп адамларды алдайды. Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи. Көп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўындай болады. Өзлериңизге сақ болыңлар! Өйткени сизлер ҳүким етилиўге услап берилесизлер ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарылып, оларға гүўалық бересизлер. Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт. Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сөйлейди. Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады. – Ўайран етиўши жеркенишлиниң турыўға болмайтуғын жерде турғанын көргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин), Яҳудиядағылар таўларға қашсын! Ким де ким үйиниң төбесинде болса, төменге түспесин ҳәм бир нәрсе алайын деп үйине кирмесин. Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер. Өйткени сол күнлери Қудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады. Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким аман қалмас еди. Бирақ Ол Өзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты. Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масих бул жерде» ямаса: «Қараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер. Себеби жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман. – Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин, «күн қараңғыланады, ай өз жақтысын түсирмейди. Жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди». Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын көреди. Ол Өз периштелерин жиберип, дүньяның төрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Өзиниң таңлап алғанларын жыйнап алады. – Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. Сол сыяқлы, усы ўақыялардың орынланып атырғанын көрсеңлер, Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер. Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпестен бурын булардың ҳәммеси болады. Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды. – Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар, өйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер. Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғаны сыяқлы. Солай етип, сизлер де сергек болыңлар. Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер. Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды көрмесин. Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар! Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен услап алып, өлтириўдиң жолын излестирди. Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести. Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста сап нардтан исленген қымбат баҳалы әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды. Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине: – Бул май неге бийкарға ысырап етилди? Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болар еди-ғо, – десип, ҳаялды айыплай баслады. Бирақ Ийса: – Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. Өйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады. Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди. Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды. Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи. Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Қутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға: – Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық көриўимизди қәлейсең? – дести. Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға: – Қалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў көтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер. Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлме қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер. Ол сизлерге төсеклер төселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди. Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларын таўып, байрам асын таярлады. Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди. Олар аўқатланып отырғанда, Ийса: – Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди. Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады. Ийса оларға жуўап берип: – Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол. Адам Улы Өзи ҳаққында жазылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди. Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нан алып, Қудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди. Соң кесени алып, Қудайға шүкирлик етти де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти. Оларға: – Бул – көп адамлар ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. Сизлерге шынын айтып турман: Қудай Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди. Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти. Ийса оларға: – Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Себеби былай деп жазылған: «Шопанды урғанымда, Қойлар тарқап кетеди». Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди. Петр Оған: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди. Сонда Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди. Бирақ Петр қызып кетип: – Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Қалғанларының ҳәммеси де солай деди. Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине: – Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди. Өзи менен бирге Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, қатты қәўетерленип, қыйнала баслады. Оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди. Шетирек шығып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Өзинен өтиўин сорап, дуўа ете баслады. – Әке, Әкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди. Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Симон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба? Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди. Ол және барып, сол сөзлерин айтып, дуўа етти. Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди. Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди. Тап сол ўақытта, Ийса еле сөйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди. Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған: – Устаз! – деп, Оны сүйди. Ал адамлар Ийсаға қол салып, услап алды. Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. Сонда Ийса оларға: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди. Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти. Жалаңаш денесине таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда, ол оранған таўарын таслап, жалаңаш қашып кетти. Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды. Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды. Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады. Себеби көп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди. Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип: – Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслап, үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди. Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди. Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады. Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: – Алғыслының Улы – Масих Сенбисең? – деп сорады. Ийса: – Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретли Қудайдың оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер, – деди. Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: – Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти. Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған: – Қәнекей, ўәлийлик ет, – дести. Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды. Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди. Ол отқа жылынып отырған Петрди көрип, оған тигилип қарады да: – Сен де сол Насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди. Бирақ Петр танып: – Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти. Шоры қыз оны көрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады. Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Расында да, сен солардың бирисең, өйткени галилалысаң-ғо, – деди. Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, – деп ант ишип, өзин өзи ғарғай баслады. Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның өзине: «Қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи есине түсип, жылап жиберди. Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды. Пилат Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди. Бас руўханийлер Оны көп нәрселерде айыплады. Пилат және Ийсадан сорап: – Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Қара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди. Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермегенликтен, Пилат ҳайран қалды. Ҳәр Қутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди. Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында өзиниң шериклери менен адам өлтирген Бараба деген бир адам бар еди. Халық Пилатқа келип, әдеттегидей ислейтуғын исин олар ушын ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады. Пилат олардан: – Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады. Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди. Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Барабаны босатып бериўди талап еттирди. Пилат оларға және: – Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған Адамға не ислейин? – деди. Олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты. Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар қаттырақ бақырысып: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди. Сонда Пилат халықты қанаатландырыў ушын Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. Әскерлер Ийсаны ҳүкимет сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады. Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж өрип, басына салды. Соңынан: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады. Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти. Масқаралап болғаннан соң, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти. Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Симон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден өтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди. Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты. Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, өз ара Оның кийимлерин бөлисти. Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди. Оның бас бетинде айыбын көрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи. [ ] Өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип: – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – деди. Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине: – Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды! Израилдың Патшасы Масих ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер көрип, Оған исенемиз, – дести. Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти. Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Саат үште Ийса қатты даўыс пенен: – Елой, Елой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады. Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Қараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – дести. Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына сиңдирди ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип: – Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, көрейик! – деди. Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды. Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын көрип: – Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Қудайдың Улы екен, – деди. Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаял бар еди. Олардың арасында: магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды. Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа көп ҳаяллар да бар еди. Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный шемби күнинен алдыңғы жума күни еди. Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Қудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келди. Ол батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады. Пилат Ийсаның әлле қашан өлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да: – Өлгенине көп ўақыт болды ма? – деп сорады. Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди. Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепин менен орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды. Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын көрди. Дем алыс күни өткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды. Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди. Өз ара: – Қәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сөйлести. Бирақ басларын көтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын көрди. Тас жүдә үлкен еди. Қәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти көрип, қорқып кетти. Жигит оларға: – Қорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери. Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Өзиниң айтқанындай, Оны сол жерде көресизлер», – деп айтыңлар, – деди. Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Қорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады. Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға көринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди. Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди. Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны көргенин еситсе де, исенбеди. Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде көринди. Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди. Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине көринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Өйткени олар Оның тирилгенин көргенлерге исенбеген еди. Ийса оларға былай деди: – Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар. Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи. Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сөйлейди. Қоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады. Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Қудайдың оң тәрепине отырды. Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Өз сөзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди. Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым. Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди. Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди. Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди. Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зекерия Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда, руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти. Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди. Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға көринди. Оны көрген Зекерия қорқып, албырап қалды. Бирақ периште оған былай деди: – Қорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң. Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады. Себеби ол Қудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады. Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Жаратқан Ийеси – Қудайға қайтарады. Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди. Сонда Зекерия периштеге: – Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди. Периште оған жуўап берип: – Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен. Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди. Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды. Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян көргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сөйлести. Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты. Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди. «Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол. Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына, Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди. Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди. Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды. Периште оған былай деди: – Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң! Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң. Ол уллы болып, Қүдиретли Қудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Қудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди. Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды. Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады. Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қүдиретли Қудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Қудайдың Улы деп аталады. Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды. Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди. Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти. Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти. Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди. Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып, даўыслап былай деди: – Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған! Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен? Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди. Исенген ҳаял қандай бахытлы! Өйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады. Сонда Мәриям былай деди: «Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар. Қутқарыўшым Қудайға руўхым шадланар. Себеби Ол Өзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды. Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды. Өйткени Қүдиретли Қудай маған уллы ислер иследи. Ол әўладтан-әўладқа, Өзинен қорққанларға Өз қолы менен қүдиретин көрсетип, кеўиллеринде Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, ғәрип-қәсерлерди Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, бай болғанларды қуры қол қайтарды. Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти. Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды. Қоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт көрсеткенин еситип, оның қуўанышын бөлисти. Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды. Бирақ баланың анасы: – Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди. Олар Елизабетаға: – Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп, әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады. Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты. Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Қудайды алғыслап сөйлей баслады. Әтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сөз тарқады. Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди. Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди: «Израилдың Жаратқан Ийеси – Қудай алғыслансын! Өйткени Ол келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны Өзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен Ол бизлер ушын Өз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Қутқарыўшыны берди. Қудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин Өз мухаддес келисимин, бабамыз Ибрайымға берген Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып, қорқпастан, өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди. Ал сен, балам, Қүдиретли Қудайдың пайғамбары деп Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң. Қараңғыда ҳәм өлим саясында жасап атырғанларға нур ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол көрсетиў ушын, Қудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады». Ал нәресте өсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында көринетуғын күнге дейин шөл далада жасады. Сол күнлери Рим патшасы Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды. Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды. Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды. Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди. Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды. Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып, туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди. Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди. Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти. Периште оларға: – Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман. Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Қутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масих. Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди. Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Қудайды алғыслады: «Аспанда Қудай алғыслансын, Қудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!» Периштелер аспанға көтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине: – Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны көрейик, – дести. Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупты ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты. Оны көрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди. Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сөзлерине таң қалысты. Ал Мәриям бул сөзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди. Шопанлар өзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-көргенлери ушын Қудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти. Арадан сегиз күн өтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди. Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери тамам болғанда, Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийемизге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди. Өйткени Жаратқан Ийемиздиң Нызамында: «Туўылған ҳәр бир туңғыш ул Жаратқан Ийемизге арналсын», – деп жазылған. Және Жаратқан Ийемиздиң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса кептердиң еки палапанын» қурбан етпекши болды. Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди. Жаратқан Ийемиз жиберген Масихты көрмегенше өлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди. Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде, Шимон Оны қолына алып, Қудайды алғыслап былай деди: «О, Қүдиретли Ийем, Өзиң айтқаныңдай, енди қулыңды бул дүньядан тынышлық пенен жибересең. Себеби көзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын таярлап қойған қутқарыўыңды көрди: Ол басқа миллетлердиң көзин ашатуғын нур болып, Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди». Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сөзлерге таң қалысты. Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға: – Мине, бул Нәресте Израилда көп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли көп талас-тартыслар келип шығады. Сонда көп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди. Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады. Соңынан сексен төрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Қудайға сыйынатуғын еди. Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди. Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийемиздиң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы өз қаласы Насыраға қайтып келди. Нәресте өсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Қудайдың мийрими Оның үстинде еди. Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Қутқарылыў байрамында Ерусалимге баратуғын еди. Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди. Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас өспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди. Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып өткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи. Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды. Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сөзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди. Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты. Ата-анасы Ийсаны көрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған: – Балам, Сен неге бизлерге бундай иследиң? Әкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди. Ийса оларға: – Мени излеўдиң неге кереги бар еди? Әкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди. Бирақ олар Ийсаның айтқан сөзлерин түсинбеди. Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады. Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да өсип, Қудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бөленип барды. Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды. Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти. Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылғанға туўры келеди: «Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер! Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-төбелер пәске шөксин, Қыйсық жоллар дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин. Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди». Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? Егер сизлер тәўбе еткен болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады. Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. Сонда халық оннан: – Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди. Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан: – Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди. Әскерлер де оннан: – Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди. Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масих емес пе екен? – деп ойлады. Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди. Яқыя халыққа басқа да көп нәсият айтып, Хош Хабарды жәриялап жүрди. Үлке ҳүкимдары Ҳирод өз инисиниң ҳаялы Ҳиродия себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди. Ҳирод бурынғы ислеген жаманлықларына қоса Яқыяны қаматып таслады. Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып, Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, – деген саза еситилди. Ийса Өз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптың улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Ели улы, Ели Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Янай улы, Янай Юсуп улы, Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳесли улы, Ҳесли Нагай улы, Нагай Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимий улы, Шимий Юсех улы, Юсех Юда улы, Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зерубабел улы, Зерубабел Шалтиел улы, Шалтиел Нерий улы, Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Қосам улы, Қосам Елмадам улы, Елмадам Ер улы, Ер Ешу улы, Ешу Елиезер улы, Елиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Елиаким улы, Елиаким Мала улы, Мала Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы, Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Салмон улы, Салмон Наҳшон улы, Наҳшон Аминадаб улы, Аминадаб Рам улы, Рам Ҳесрон улы, Ҳесрон Парес улы, Парес Яҳуда улы, Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы, Нахор Серук улы, Серук Реу улы, Реу Пелек улы, Пелек Ебер улы, Ебер Шалаҳ улы, Шалаҳ Кенан улы, Кенан Арпакшат улы, Арпакшат Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламек улы, Ламек Метушелах улы, Метушелах Енок улы, Енок Ярет улы, Ярет Махалалел улы, Махалалел Кенан улы, Кенан Енош улы, Енош Шит улы, Шит Адам-ата улы, ал Адам-ата Қудай улы. Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды. Оны шайтан сол жерде қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Олар өткеннен соң, ақыры аш болды. Сонда шайтан Ийсаға: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди. Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Адам тек ғана нан менен жасамайды», – деп айтылған, – деди. Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, Оған: – Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен. Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди. Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Қудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған-ғо, – деди. Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла, себеби былай деп жазылған-ғо: «Ол Өз периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында көтерип алып кетеди», – деди. Ийса шайтанға: – «Қудай-Ийеңди сынама!», – деп айтылған-ғо, – деди. Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти. Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дөгерекке тарқады. Ийса олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды. Ийса Өзи өскен Насыра қаласына келип, Өз әдети бойынша дем алыс күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда, Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына аятлар жазылған жерди тапты: «Жаратқан Ийемниң Руўхы Мениң үстимде. Өйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын тайынлады. Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын, соқырлардың көретуғынын хабарлаўға, азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди». Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды. Ийса оларға сөйлей баслап: – Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди. Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан шешен сөзлерине ҳайран қалысып: – Бул – Юсуптың баласы емес пе? – дести. Ийса оларға былай деди: – Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, өзиңди өзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Өз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер. Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар өз ўатанында қабыл алынбайды. Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде көп жесир ҳаяллар бар еди. Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди. Сол сыяқлы, Елиша пайғамбардың заманында да Израилда мақаў кесел болып аўырғанлар көп еди. Бирақ, тек сириялы Наманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди. Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди. Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды. Бирақ Ийса олардың арасынан өтип, Өз жолына түсти. Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм дем алыс күни халыққа тәлим берди. Халық Ийсаның тәлимине ҳайран қалды, себеби Оның сөзинде бийлик бар еди. Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып: – О, Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деди. Ийса оған кейип: – Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди. Сонда жин адамды ҳәммениң көз алдында жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти. Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине: – Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди-ғо, – дести. Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды. Ийса мәжилисханадан шығып, Симонның үйине барды. Симонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны көриўди өтиниш етти. Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти. Қуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди. Көп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Қудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сөйлеўге тыйым салды. Өйткени олар Оның Масих екенин билетуғын еди. Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм оларды таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды. Бирақ Ийса оларға: – Қудай Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди. Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди. Бир күни Ийса Генесарет көлиниң жағасында турғанда, халық Қудайдың сөзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды. Сонда Ийса көлдиң жағасында турған еки қайықты көрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди. Қайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын өтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады. Сөзин тамамлағаннан соң, Симонға: – Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди. Симон Оған жуўап берип: – Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди. Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады. Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды. Буны көрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып: – Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман, – деди. Себеби өзлериниң буншама көп балық аўлағанына өзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди. Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға: – Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын боласаң, – деди. Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди. Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да: – Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды. Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды. Ийса оған: – Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды. Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да көбирек жайылды. Көп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди. Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди. Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди. Сонда биреўлер ләң болған адамды төсеги менен көтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты. Адамлардың көплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды төсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди. Ийса олардың исенимин көрип: – Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди. Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Қудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады. Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме? Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди. Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты. Ҳәмме қатты таң қалысып, Қудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып: – Бизлер бүгин таң қаларлық ислер көрдик, – дести. Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны көрди де, оған: – Изиме ер! – деди. Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди. Лебий өз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге көплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды. Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: – Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди. Ийса оларға жуўап берип: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди. Олар Ийсаға: – Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди. Ийса оларға: – Күйеў өзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма? Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди. Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди: – Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди. Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек. Ҳеш ким ески шарапты ишип көрип, жаңасын қәлемейди: өйткени «ескиси жақсырақ», – дейди. Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасы менен өтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады. Гейпара парисейлер оларға: – Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? – деди. Ийса оларға жуўап берип: – Өзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? Ол Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Қудайға арналған нанларды өзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? – деди. Және оларға: – Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди. Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди. Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: – Орныңнан турып, ортаға шық, – деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты. Сонда Ийса оларға: – Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди. Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин өз ара кеңесе баслады. Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Қудайға дуўа етиў менен өткизди. Таң атқанда, Өз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады. Олар: Ийса Петр деп атаған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей, Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Симон, Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот. Ийса олар менен бирге таўдан төмен түсип, бир тегислик жерге келип турды. Сол жерде Оның көплеген шәкиртлери, пүткил Яҳудия ҳәм Ерусалимнен, Тир ҳәм Сидондағы үлкен теңиз жағасынан келген көп халық бар еди. Олар Ийсаны тыңлаўға ҳәм өз кеселликлерине шыпа табыўға келген еди. Жаўыз руўхлардан азап шеккен адамлар да келип, шыпа тапты. Пүткил халық Ийсаға қол тийгизиўге тырысатуғын еди. Себеби Оннан күш шығып, ҳәммеге шыпа беретуғын еди. Ийса шәкиртлерине қарап былай деди: – Жарлы болғанлар, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың Патшалығы сизлердики. Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби тоқ боласызлар. Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби күлесизлер. Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек көрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар! Сол күни қуўанып, шадлыққа бөлениңлер! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген. Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер өз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар. Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер аш қаласызлар. Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер өкирип жылайсызлар. Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген. – Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер. Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер. Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет! Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма! Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер! Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да өзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо. Егер өзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо. Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо. Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Қудайдың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли. Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар. – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз. Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып төгилген мөлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Ийса оларға және бир тымсал айтты: – Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме? Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, өз устазындай болады. Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? Өз көзиңдеги қаданы көрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң. – Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ. Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди. Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар? Маған келип, сөзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын: ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды. Бирақ сөзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады. Ийса Өзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сөзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти. Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, өлим төсегинде жатырған еди. Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, өтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди. Олар Ийсаның қасына келди де, қатты өтиниш етип: – Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип. Себеби ол халқымызды жақсы көреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди. Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: – Әўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма: «мынаны исле» десем, ислейди. Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди. Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин көрди. Арадан көп өтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм көп халық бирге жүрди. Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының өлигин көтерип шығарып атыр еди. Қаланың көп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди. Ийемиз ҳаялды көргенде жаны ашып: – Жылама! – деди. Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт көтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол: – Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди. Өли тикейип отырды да, сөйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды. Ҳәммени қорқыныш бийлеп: – Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Қудай Өз халқына жәрдемге келди, – деп Қудайға алғыс айтты. Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дөгеректеги жерлерге жайылды. Шәкиртлери Яқыяға болып өткен ўақыялар ҳаққында хабарлады. Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди. Олар Ийсаға келип: – Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Қутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди. Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған көплеген адамларға шыпа берип, көп соқырлардың көзин ашқан еди. Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди. Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады: – Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? Нени көриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо. Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды». Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Қудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Қудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди. Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Қудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Өйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди. Ийса және: – Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди? Олар базарда бир-бирине қышқырысып: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп отырған балаларға уқсайды. Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер. Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер. Ал Қудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди. Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды. Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди. Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, көз жасларын Ийсаның аяқларына төге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады. Ийсаны мирәт еткен парисей буны көрип, ишинен: – Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди. Ийса оған: – Симон, саған айтатуғын бир аўыз сөзим бар, – деди. – Айта бер, Устаз! – деди Симон. Ийса оған: – Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар қарызы болыпты. Бирақ олардың төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Қәне, айтшы, олардың қайсысы оны көбирек сүйеди? – деди. Симон: – Мениң ойымша: қарызы көбирек кеширилгени, – деп жуўап берди. – Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған. Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға: – Бул ҳаялды көрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол көз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти. Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр. Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты. Сонлықтан саған айтатуғыным: оның көп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди. Соңынан ҳаялға: – Гүналарың кеширилди, – деди. Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар өз ара: – Гүналарды да кеширетуғын бул ким өзи? – дести. Ал Ийса ҳаялға: – Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди. Соңынан Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, Қудай Патшалығының Хош Хабарын жәриялап жүрди. Ийса менен бирге он еки шәкирти, және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям, Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да көплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине өз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди. Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, көп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сөз баслады: – Бир туқым себиўши өз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты. Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, көгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге өсип, туншықтырып таслапты. Ал басқалары өнимли жерге түсип, өсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: – Қулағы бар жақсылап еситип алсын! – деди. Шәкиртлери Ийсадан: – Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады. Ийса оларға былай деди: – Қудай Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да: «Олар қараса да, көрмейди, Еситсе де, түсинбейди». – Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Қудайдың сөзи. Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сөзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды. Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады. Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ өмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады. Ал өнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди. Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның өзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады. Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық көп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады. Адамлар Ийсаға: – Анаң менен туўысқанларың Сени көрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады. Ийса оларға жуўап берип: – Кимлер Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди. Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға: – Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди. Солай етип, олар жөнеп кетти. Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Көлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды. Шәкиртлери Ийсаның қасына барып: – Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты. Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды. Ийса шәкиртлерине: – Исенимиңиз қәне? – деди. Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине: – Бул ким Өзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести. Олар Галиланың қарсысында жайласқан Гадара үлкесине қайық пенен жүзип барды. Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам көп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди. Ол Ийсаны көргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен: – Қүдиретли Қудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Өтинемен, мени қыйнама! – деди. Өйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шөлистанға айдап алып кетилетуғын еди. Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. – Үлкен топар, – деп жуўап берди ол. Себеби оның ишине көп жин кирген еди. Жинлер Ийсадан өзлерин туңғыйыққа жибермеўин өтинди. Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин өтинди. Ийса оларға рухсат етти. Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, батып кетти. Болған ўақыяны көрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады. Адамлар болған ўақыяны көриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын көргенде қорқып қалысты. Ўақыяны өз көзлери менен көргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди. Сонда Гадара әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин өтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти. Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға: – Сениң менен бирге болайын, – деп жалынды. Бирақ Ийса оған: – Үйиңе қайтып, Қудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди. Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады. Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Өйткени ҳәмме Оны күтип турған еди. Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин өтинди. Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы өлим төсегинде жатыр еди. Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди. Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырып, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди. Ҳаял Ийсаның арт бетинен жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады. Сонда Ийса: – Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады. Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр: – Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо, – деди. Бирақ Ийса оған: – Маған биреў қолын тийгизди, өйткени Мен Өзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди. Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Өзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди. Ийса оған: – Қызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди. Ийса усы сөзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирға: – Қызыңыз өлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди. Бирақ Ийса буны еситип, оған: – Қорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди. Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Өзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди. Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса: – Жыламаңлар, ол өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. Олар қыздың өлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди. Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап: – Қызалақ, орныңнан тур! – деди. Қыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды. Қыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўын буйырды. Ийса қасына он еки елшисин шақырып алып, оларға барлық жинлерди қуўып шығарыўға ҳәм аўырыўларға шыпа бериўге күш ҳәм бийлик берди. Қудай Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип, Ийса былай деди: – Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар. Қайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар. Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди. Үлке ҳүкимдары Ҳирод болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында еситип, тынышсызланып қалды. Себеби гейбиреўлер: «Яқыя өлимнен қайта тирилипти» десе, басқалар: «Илияс пайда болыпты» деп, және биреўлер: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилипти», – дейтуғын еди. Ал Ҳирод: «Яқыяның басын кестирген едим-ғо. Енди мынадай ислерди ислеп атыр деп, мен еситкен Адам ким болды екен?» – деп Ийсаны көриўдиң жолын излестирди. Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Өзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға кетти. Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Қудай Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди. Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип: – Халықты жибер. Әтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Өйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди. Бирақ Ийса оларға: – Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери. Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди. Ийса шәкиртлерине: – Оларды елиў-елиўден топқа бөлип отырғызыңлар, – деди. Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды. Ийса бес нан менен еки балықты алды да, аспанға қарап, олар ушын Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди. Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан: – Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады. Шәкиртлери жуўап берип былай деди: – Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи. Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр Оған: – Сен – Қудайдың жиберген Масихысаң, – деп жуўап берди. Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де: – Адам Улы көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди. Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады. Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, өз жанын жойтып, өзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда? Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Өзиниң, Әкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады. Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудай Патшалығын көрмегенше, өлмейди. Бул сөзлерди айтқаннан соң сегиз күндей өткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты. Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси өзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти. Сонда еки ер адам Оның менен сөйлесип турған еди. Олар: Муўса менен Илияс еди. Олар уллы салтанат пенен көринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан өтип, Қудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сөйлести. Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды көрди. Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға: – Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. Ол не айтқанын өзи билмеди. Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды. Сонда булттан: – Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди. Даўыс тынып қалғаннан соң, Ийсаның жалғыз Өзи қалды. Шәкиртлери тис жарып, көргенлери ҳаққында сол күнлери ҳеш кимге айтпады. Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны көп халық күтип алды. Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып: – Устаз, Сеннен өтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гөр! Ол мениң жалғыз балам еди. Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан көбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди. Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды өтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди. Ийса жуўап берип: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди. Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды. Ҳәмме Қудайдың уллылығына таң қалысты. Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалысып турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине: – Мына сөзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди. Бирақ олар бул сөздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сөз туўралы Ийсадан сораўға қорқты. Шәкиртлер өз ара: – Қайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады. Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып, оларға былай деди: – Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Өйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады. Сонда Юхан: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлер менен бирге Саған ермегенликтен, оған тыйым салдық, – деди. Ийса Юханға: – Оған тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз, – деди. Ийсаның бул дүньядан аспанға алынатуғын күнлери жақынлағанда, Ол Ерусалимге барыўға қарар етти. Ол алдынан хабаршыларын жиберди. Олар барып, Ийсаның келиўине таярлық көриў ушын, Самарияның бир аўылына кирди. Бирақ Ийса Ерусалимге қарай баратырғанлықтан, ол жерде Оны қабыл етпеди. Шәкиртлери Яқып пенен Юхан буны көрип: – Ийем! Буларды жоқ қылып жибериў ушын, аспаннан от түсиўин буйырыўымызды қәлейсең бе? – деди. Бирақ Ийса бурылып, оларға кейиди. Соңынан олар басқа аўылға кетти. Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға: – Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди. Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди. Ал басқа биреўине: – Мениң изиме ер, – деди. Бирақ ол: – Ийем! Дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди. Ийса оған: – Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр. Ал сен барып, Қудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди. Және биреў Ийсаға: – Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди. Бирақ Ийса оған: – Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Қудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди. Буннан кейин, Ийемиз Ийса басқа жетпис еки шәкиртин таңлап алып, Өзи барғысы келип жүрген ҳәр бир қала ҳәм орынларға оларды екеў-екеўден Өзинен бурын жиберип атырып былай деди: – Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар. Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман. Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер. Қайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер. Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, өзлериңизге қайтады. Сол үйде қалып, бергенин ишип жеңлер. Өйткени мийнет еткен адам өз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге көшип жүрмеңлер. Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер. Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Қудай Патшалығы жақынлады», – деңлер. Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, көшеге шығып: «Қалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Қудай Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар. Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады. – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди. Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Ийса шәкиртлерине және былай деди: – Ким де ким сизлерди тыңласа, оның Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, оның Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип: – Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди. Ийса оларға: – Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин көрдим. Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды. Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди. Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди: – О, Әке, аспан ҳәм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди. Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Улдың ким екенин Әкеден басқа ҳеш ким билмейди. Әкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи. Соңынан Ийса бурылып, шәкиртлерине аўлақта былай деди: – Сизлердиң көрип атырғаныңызды көрип турған көзлер бахытлы! Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди. Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап көриў ушын, Оннан: – Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады. Ийса оған: – Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди. Ол жуўап берип: – «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Және де: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй», – делинген, – деди. Ийса оған: – Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди. Бирақ ол өзин ақлағысы келип, Ийсадан: – Мениң жақыным ким? – деп сорады. Ийса оған былай деп жуўап қайтарды: – Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Қарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, өлимши етип таслап кетипти. Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. Бир лебийли де сол жерге келип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. Бирақ сол жерден өтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны көргенде жаны ашыпты ҳәм жанына барып, жарақатларын май ҳәм шарап пенен жуўып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, оған ғамхорлық көрсетипти. Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық ғәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», – депти. Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң? Нызам муғаллими: – Оған мийримлилик көрсеткени, – деди. Ийса оған: – Бар, сен де усылай исле, – деди. Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти. Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сөзлерин тыңлады. Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип: – Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир өзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди. Бирақ Ийса оған жуўап берип: – Марта, Марта, сен көп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең. Тек бир нәрсе ғана зәрүр-ғо. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди. Күнлердиң биринде Ийса бир жерде дуўа етип турған еди. Дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлериниң бири Оған: – Ийем! Яқыя өз шәкиртлерине дуўа етиўди үйреткениндей, Сен де бизлерге дуўа етиўди үйрет, – деди. Ийса оларға былай деди: – Дуўа еткениңизде былай деңлер: Әке! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин. Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гөр. Гүналарымызды кешире гөр. Өйткени бизлер де өзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма. Ийса оларға және былай деди: – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур. Себеби сапарда жүрген бир достым келип еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти. Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге төсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти. Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди. Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. Араңызда қайсы әке баласы балық сораса, оған балық орнына жылан береди? Мәйек сораса, оған шаян береди? Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, өз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз. Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сөйлей баслағанда, халық ҳайран қалды. Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести. Ал басқалары Ийсаны сынап көрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин талап етти. Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир үй қулайды. Егер шайтан өз ара қарсы болып бөлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер. Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. Бирақ, егер Мен жинлерди Қудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени. Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам өз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады. Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бөлистиреди. Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди. Қайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди. Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған: – Сени көтерген қурсақ ҳәм Сени емизген көкиреклер қандай бахытлы! – деди. Бирақ Ийса оған: – Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди. Халық жыйналып, көбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады: – Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди. Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады. Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўладтың адамлары пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. – Ҳеш ким де шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астында қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды. Көзиң – денеңниң шырағы. Егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер көзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады. Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын! Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени өз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады. Ийса усы сөзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатланыўға шақырды. Ийса оның үйине кирип, аўқатланыўға отырды. Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын көрип, парисей таң қалды. Сонда Ийемиз оған: – Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ өз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы. Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе? Жақсысы, ишиңиздегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады. Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шөп ҳәм ҳәр түрли палыз өнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Қудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда төрде отырыўды, базарда өзлериңизге сәлем берилиўин жақсы көресизлер. Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып өтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди. Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға: – Устаз! Сен бул сөзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди. Бирақ Ийса: – Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер көтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға артып, өзлериңиз оларды көтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар. Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз өлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды өлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар. Сонлықтан да, Қудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин өлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады». Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық шалынатуғын орын менен Ибадатхана арасында өлтирилген Зекерияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери төгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи! Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан өзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди. Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, көп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи. Олар Ийсаны сөзинен тутып айыплаў ушын, Оны аңлыды. Соның арасында көп мыңлаған адамлар жыйналып, бир-бирине тығылысып турды. Ийса алды менен Өз шәкиртлерине сөз баслап, былай деди: – Парисейлердиң ашытқысынан, яғный еки жүзлиликтен сақ болыңлар! Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың төбесинен жәрияланады. Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени өлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар! Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: өлтиргеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар. Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Қудай умытпайды. Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо. Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Қудайдың периштелериниң алдында тән алады. Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның өзи де Қудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды. Адам Улына қарсы бир сөз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди. Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар. Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта-ақ Мухаддес Руўх үйретеди. Халық арасынан биреў Ийсаға: – Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бөлиссин, – деди. Ийса оған: – Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бөлиўши етип қойды? – деди. Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Өйткени адамның өмири оның мал-мүлкиниң көплигине байланыслы емес, – деп, оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти. Ол өз-өзине: «Не ислесем екен? Өнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти. Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман. Соңынан өз жаныма былай деймен: «Жаным, көп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти. Бирақ Қудай оған: – Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти. Өзи ушын байлық жыйнап, Қудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады. Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер! Жан аўқаттан, дене кийимнен артық-ғо. Ғарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Қудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар! Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар? Лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Бирақ сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар! Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер. Себеби усылардың бәрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Әкеңиз биледи. Оның орнына, Қудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи. Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Әкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты. Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Өзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўсылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди. Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады. – Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын! Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар. Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын көрсе, сол хызметшилер қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, өзи оларға хызмет етеди. Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын көрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы! Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди. Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди. Сонда Петр: – Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди. Ийемиз былай деди: – Ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким? Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа, онда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады. Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши көп таяқ жейди. Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге көп берилген болса, оннан көп талап етиледи. Кимге көп исенип тапсырылса, оннан көбирек соралады. – Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим! Мен жүдә аўыр азап-ҳәсиретти басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман! Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен. Өйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар өз ара бөлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады. Әкеси баласына, баласы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бөлинеди. Соңынан Ийса халыққа да былай деди: – Сизлер батыстан бир булттың көтерилгенин көргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. Қубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алсаңлар да, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар? Нениң дурыс екенин неге өзлериңиз шеше алмайсызлар? Сен өз даўласың менен бирге басшының алдына баратырғаныңда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды. Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳеш шыға алмайсаң. Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды өлтирткени ҳәм олардың қанын өзлери сойған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди. Ийса оларға: – Сизлер: «Усындай апатқа ушырағаны ушын, бул галилалылар басқа барлық галилалылардан гүналырақ», – деп ойлайсызлар ма? Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар. Үстилерине Силоҳа минарасы қулап өлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма? Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди. Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди: – Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты. Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти. Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый төгейин. Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз, – депти. Бир дем алыс күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди. Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди. Ийса оны көрип, жанына шақырып алды да, оған: – Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп, оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Қудайға алғыслар айта баслады. Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның дем алыс күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа: – Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға дем алыс күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди. Ийемиз Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ҳәй, еки жүзлилер! Дем алыс күни ҳәр бириңиз өгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба? Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын дем алыс күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди? Ийса усы сөзлерди айтқанда, Оған қарсылық көрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды. Соңынан Ийса: – Қудай Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин? Ол – бир адамның алып, өз бағына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол өсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди. Ийса және былай деди: – Қудай Патшалығын неге уқсатайын? Ол – бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды. Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди. Бир адам Ийсадан: – Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады. Сонда Ийса халыққа былай деди: – Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: көплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды. Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди. Сонда сизлер: «Бизлер Сениң көз алдыңда ишип жедик. Сен бизлердиң көшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар. Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди. Сизлер Ибрайымды, Ысақты, Яқыпты ҳәм барлық пайғамбарларды Қудай Патшалығында, ал өзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды көргениңизде жылап, пушайман жейсизлер. Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Қудай Патшалығында дастурхан әтирапына отырады. Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады. Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға: – Бул жерден кет, Ҳирод Сени өлтирмекши, – деди. Ийса оларға былай деди: – Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман. Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Өз жолым менен жүриўим керек. Өйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде өлиўге болмайды. Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени көрмейсизлер. Бир дем алыс күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды. Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди. Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден: – Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады. Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди. Соңынан оларға былай деди: – Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса өгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма? Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады. Қонақлардың өзлерине төрдеги орынларды таңлап атырғанын көрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты: – Сени биреў неке тойына шақырғанда, төрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин. Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң. Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, төрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, өзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң. Себеби ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ал ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады. Соңынан Ийса Өзин шақырған үй ийесине: – Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Өйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады. Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр. Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Қудай саған қайтарады, – деди. Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сөзлерди еситип, Оған: – Қудай Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди. Ийса оған былай деди: – Бир адам үлкен зыяпат берип, көп қонақ шақырыпты. Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге өз хызметшисин жиберипти. Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып көриўим керек, өтинемен, мени кешир», – депти. Ал екиншиси: «Мен бес жуп өгиз сатып алдым, соларды сынап көриўге баратырман. Өтинемен, мени кешир», – депти. Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан келе алмайман», – депти. Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши көшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты. Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти. Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге көндир. Сонда үйим адамларға толы болады. Өйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды», – депти. Ийса менен бирге көп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди: – Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, аға-инисин, апа-қарындасларын, ҳәтте, өз өмирин де жек көрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма? Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны көргенлер оның үстинен күлип: «Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди. Қайсы бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, өзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма? Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды. Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз өзине тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесе, Мениң шәкиртим бола алмайды. Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Ол жерге де, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Қулағы бар жақсылап еситип алсын! Ийсаны тыңлаў ушын көп салықшылар менен гүнакарлар Оның қасына жақынлап келген еди. Парисейлер менен диний муғаллимлер буны көрип: – Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди. Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шөл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе еди? Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине көтерип алады да, үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таўып алдым», – дейди. Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гөре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда көбирек қуўанады. – Айтайық, бир ҳаялдың он гүмис теңгеси болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди? Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған теңгемди таўып алдым», – дейди. Сизлерге айтатуғыным: Қудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады. Ийса және былай деди: – Бир адамның еки улы бар екен. Олардың генжетайы әкесине: – Әке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бөлегин бер, – депти. Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бөлип берипти. Бир неше күн өткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти. Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты. Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти. Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти. Оның ақылы енип: – Әкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан өлейин деп атырман. Турып әкеме барайын, оған: «Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти. Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты. Улы оған: – Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти. Бирақ әкеси хызметшилерине: – Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Қолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер. Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил көтерейик. Себеби мениң бул улым өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Солай етип, олар тойлай баслапты. Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Қайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти. Хызметшилериниң биреўин шақырып алып: – Бул не? – деп сорапты. Хызметши оған: – Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти. Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди өтинипти. Бирақ ол әкесине былай депти: – Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң. Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң. Әкеси оған: – Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники-ғо. Бирақ бүгин қуўанып, кеўил көтериўимиз керек. Өйткени сениң бул иниң өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди: – Бир бай адамның үй басқарыўшысы бар екен. Байдың қулағына: «Үйиңди басқарыўшы мал-мүлкиңди сарп етип жүрипти», – деген шағым жетипти. Бай оны шақырып алып: – Сен туўралы еситип атырғаным не гәп? Өз жумысың бойынша есап бер. Сен буннан былай үй басқарыўшы бола алмайсаң, – депти. Сонда үй басқарыўшы өз-өзине: – Не қылсам екен? Хожайыным мени жумыстан босатып атыр. Жер қазыўға күшим жетпейди, садақа сораўға уяламан. Басқарыўшылықтан босатылғанымнан соң, адамлар мени үйлерине қабыл қылыўы ушын не ислесем екен? Ҳе, таптым, – депти де, хожайынына қарыздар адамларды бирим-бирим шақырып алып, олардың бириншисинен: – Хожайынымнан қанша қарызың бар? – деп сорапты. Ол: – Жүз батпан май, – деп жуўап берипти. – Тил хатыңды ал да, тез отырып, елиў батпан деп жаз, – депти басқарыўшы. Соңынан басқасынан: – Сениң қанша қарызың бар? – деп сорапты. – Мың қап бийдай, – деп жуўап берипти ол. Оған да: – Тил хатыңды ал да, сегиз жүз қап деп жаз, – депти. Хожайыны наҳақ үй басқарыўшыны ақыллы ис қылғаны ушын мақтапты. Себеби бул дүньяның адамлары өзи сыяқлылар арасында Нурдың балаларынан гөре ақыллырақ ҳәрекет қылады. Мениң сизлерге айтатуғыным: бул дүньяның байлығынан пайдаланып дос арттырыңлар, бул байлық таўсылғанда, олар сизлерди мәңгилик мәканға қабыл қылсын. Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды. Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады? Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге өзлериңиздикин береди? Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Өйткени ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар. Булардың ҳәммесин дүньяхор парисейлер еситип, Ийсаны мазақ қылды. Ийса оларға былай деди: – Сизлер өзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып көрсетесизлер, бирақ Қудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нәрсе Қудай алдында жеркенишли. Яқыяға дейин Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлар дәўири болды. Сол ўақыттан баслап, Қудай Патшалығы ҳаққында Хош Хабар жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр бир адам оған кириўге күш салып жүр. Бирақ Мухаддес Нызамнан бир ноқат жоғалғанынан гөре, аспан ҳәм жердиң жоқ болып кетиўи аңсатырақ. Өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады. – Қымбат баҳалы сәнли кийимлер кийип, ҳәр күни үлкен зыяпатлар беретуғын бир бай адам болыпты. Байдың дәрўазасы алдында пүткил денесин жара басқан Лазар атлы бир тиленши жатады екен. Ол байдың дастурханынан түскен усақлар менен қарнын тойдырыўды әрман етипти. Ийтлер де келип, оның жараларын жалап кетеди екен. Ўақты келгенде тиленши қайтыс болып, периштелер оны Ибрайымның жанына алып барыпты. Бай адам да қайтыс болып, оны жерлепти. Бай дозақ отында азап шегип атырып, басын көтерип қарағанда, алыста Ибрайымды ҳәм оның қасындағы Лазарды көрипти. Ол қатты бақырып: «Ибрайым ата, маған реҳим ете гөр! Лазарды жибер, ол бармағының ушын суўға басып, мениң тилиме суў тамызсын. Себеби мен бул от ишинде қатты қыйналып атырман», – депти. Бирақ Ибрайым оған: «Балам, сен өмириңде тек жақсылық көргениңди, ал Лазардың жаманлық көргенин умытпа. Енди болса, ол бул жерде жубаныш таўып, ал сен қыйналып атырсаң. Буның үстине, сизлер менен бизлердиң арамызға үлкен туңғыйық орнатылған. Сонлықтан бул жерден сизлерге өтпекши болғанлар өте алмайды ҳәм ол жерден де бизлерге ҳеш ким өте алмайды», – депти. Сонда бай адам: «Ата, олай болса, сеннен өтинемен, Лазарды мениң әкемниң үйине жибер. Өйткени мениң бес аға-иним бар. Олар да бул азап шегетуғын жерге түспеўи ушын ол барып, оларды ескертсин», – депти. Бирақ Ибрайым оған: «Оларда Муўса ҳәм басқа пайғамбарлардың Жазыўлары бар-ғо. Оларды тыңласын», – депти. Ал бай адам: «Яқ, Ибрайым ата! Бирақ егер өлгенлердиң биреўи тирилип оларға барса, тәўбе етеди», – депти. Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, өлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти. Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди. Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир. Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир. Сонда елшилер Ийемиз Ийсаға: – Исенимимизди арттыр, – деди. Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды. Араңызда қайсы бириңиздиң жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиси даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейди? Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан өзиң ишип жейсең», – деп айтпай ма? Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен? Сол сыяқлы сизлер де өзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер. Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди. Ол бир аўылға кирип киятырғанда мақаў кесел болған он адам гезлести. Олар узақта турып, қатты даўыслап: – Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди. Ийса оларды көрип: – Барып, өзлериңизди руўханийлерге көрсетиңлер, – деди. Олар кетип баратырғанда мақаў кеселден жазылып кетти. Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де, Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди. Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта? Қудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди. Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди. Парисейлер Қудай Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Қудай Патшалығы көзге көринип келмейди. «Мине, бул жерде» ямаса «Әне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Қудай Патшалығы сизлердиң ишиңизде, – деди. Соң Ийса шәкиртлерине былай деди: – Адам Улының күнлериниң бирин болса да көриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, көре алмайсызлар. Сизлерге: «Әне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер. Өйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Өз күнинде солай пайда болады. Бирақ дәслеп Ол көп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис. Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады. Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды. Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды. Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды. Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады. Сол күни тамның төбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алайын деп төменге түспесин. Ким де ким атызда болса, үйине қайтпасын. Луттың ҳаялын еске түсириңлер! Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды. Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир төсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. [ ] Сонда шәкиртлери Ийсадан: – Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады. Ийса оларға: – Өлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди. Ийса шәкиртлерине бәрқулла дуўа етип, үмит үзбеў кереклигин билдириў ушын бир тымсал айтып берди. Ол былай деди: – Бир қалада Қудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты. Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп өтине береди екен. Бирақ қазы көп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан өз өзине: «Мен Қудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман. Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти. Ийемиз Ийса сөзин даўам етип былай деди: – Әдилсиз қазының сөзлерине қулақ салыңлар. Қудай Өзине күни-түни жалбарынып атырған, Өзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды көп күттирип қоя ма? Сизлерге айтатуғыным: көп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен? Өзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди: – Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен. Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Қудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен. Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен». Ал салықшы алыста турып, көзин аспанға көтериўге де батылы бармай, қатты өкинип: «О, Қудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти. Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби өзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал өзин пәс тутқан адам жоқары болады. Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бөбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны көрип, оларға кейиди. Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики. Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди. Бир басшы Ийсадан: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле», – деди. Бирақ ол: – Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди. Буны еситкен Ийса оған: – Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди. Ийса оның қапа болғанын көрип: – Байлығы барлардың Қудай Патшалығына кириўи қандай қыйын! Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди. Буны еситкенлер: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады. – Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Қудайдың қолынан келеди, – деди Ийса. Сонда Петр: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди. Ийса шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтаман: Қудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады, – деди. Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди: – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады. Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи. Бирақ шәкиртлери бул сөзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сөзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады. Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди. Қасынан адамлардың өтип баратырғанын еситкен ол: – Не болып атыр? – деп сорады. – Насыралы Ийса өтип баратыр, – дести адамлар оған. Сонда ол: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақырып жиберди. Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди. Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан: – Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. – Ийем, көзлерим көретуғын болсын, – деди ол. Ийса оған: – Көзлериң көретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди. Сол ўақытта-ақ соқыр адамның көзлери көре баслады ҳәм Қудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны көрген пүткил халық та Қудайды мақтады. Ийса Ерихо қаласына кирип, оның ишинен өтти. Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Өзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди. Ол Ийсаның қандай екенлигин көриўге умтылатуғын еди. Бирақ адамлар көп болғанлықтан, көре алмады. Өйткени оның бойы пәс еди. Ийсаны көриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден өтиўи керек еди. Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған: – Зақай, тезирек төмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди. Ол тезлик пенен төмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды. Буны көргенлердиң ҳәммеси: – Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады. Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге: – Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, төрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди. Сонда Ийса: – Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Өйткени бул адам да Ибрайымның урпағы-ғо. Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди. Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сөзин даўам етти. Өйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Қудай Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди. Сонлықтан Ийса былай деди: – Бир ақсүйек адам өзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты. Ол өзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа жибериңлер», – деп, оларға он мина берипти. Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек көретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп айтып қалыпты. Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, өзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин өзине шақыртыпты. Бириншиси келип: «Хожайын! Сениң бир минаң және он мина арттырды», – депти. Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти. Екиншиси келип: «Хожайын, сениң бир минаң және бес мина арттырды», – депти. Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти. Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сениң минаң. Мен оны бет орамалға түйип сақладым. Мен сеннен қорқтым. Себеби сен қоймаған жериңнен алып, екпеген жериңнен оратуғын қатал адамсаң», – депти. Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени өз аўзыңнан шыққан сөзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең, неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим-ғо», – депти. Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти. «Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар. Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, көзимниң алдында өлтириңлер, – депти патша. Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди. Ол Зәйтүн деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап, оларға былай деди: – Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар. Жиберилгенлер барып, Ийсаның өзлерине айтқанларын анық тапты. Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери: – Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады. Олар: – Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди. Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине өзлериниң шапанларын салып, оған Ийсаны миндирди. Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын төседи. Ийса Зәйтүн таўынан төмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары өзлери көрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Қудайға мақтаўлар айта баслады: «Ийемиздиң атынан келиўши Патша жарылқанған! Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Қудайға алғыс болсын!» Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға: – Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди. Ийса оларға: – Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди. Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны көрип жылап жиберди де: – Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң көзлериңнен жасырылған. Душпанларың бекинислер жасап, сени қоршап, жән-жақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи. Олар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Өйткени сен Қудайдың саған келген ўақтын билмедиң, – деди. Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады. Оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй болады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди. Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сөзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди. Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип, Оннан: – Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады. Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы: Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди. Олар өз ара ойласып: – Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Онда неге сизлер оған исенбедиңлер», – деп айтар. Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, өйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести. Сонлықтан олар Ийсаға: – Қаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди. Сонда Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди. Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди: – Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, өзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты. Терим мәўсими келгенде, бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, ол дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты. Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты. Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти. Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти. Бирақ дийханлар оны көрип, өз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де, оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, өлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди? Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. Буны еситкенлер: – Қудай сақласын! – дести. Бирақ Ийса көзлерин оларға тигип: – Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы: «Қурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды», – деген сөзлер нени аңлатады? Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди. Ийсаның бул тымсалды өзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты. Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сөзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған өзлерин ҳақ нийетли қылып көрсететуғын жансызларды жиберди. Жансызлар Ийсадан: – Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Айтшы, бизлердиң Рим патшасы-Қайсарға салық төлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады. Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға: – Маған бир динар көрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди. Олар: – Қайсардың, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сөзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды. Қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң айырымлары Ийсаға келип, Оннан: – Устаз, Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған. Жети ағайинли бар еди: бириншиси үйленип, баласыз өлди. Екиншиси де, үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай өлип кетти. Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. Ал қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады. Ийса жуўап берип былай деди: – Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады. Ал келеси дүньяға ҳәм өлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды. Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди өлмейди. Өлимнен қайта тирилгенликтен, Қудайдың балалары болады. Муўса да өлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында аятта көрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийемизди: «Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы» деп атаған. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири. Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери: – Устаз, Сен дурыс айттың, – деди. Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады. Ийса оларға былай деди: – Неге Масихты Даўыттың Урпағы деседи? Даўыттың өзи Забурда: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» – деген-ғо. Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине: – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийиўди, базар майданларында өзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырыўды жақсы көреди. Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди. Ийса нәзер салып, Ибадатхананың садақа қутысына Қудайға арналған сыйларын салып атырған байларды көрди. Ол бир ғәрип жесир ҳаялдың да еки тийин салғанын көрип: – Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: бул жарлы жесир ҳаял ҳәммеден көп салды. Өйткени булардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди. Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Қудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса: – Сизлер усы жерде көрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди. Олар Ийсадан: – Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады. Ийса оларға: – Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер. Урыслар ҳәм көтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Өйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди. Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи. Күшли жер силкиниўлер, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспаннан қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди. Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады. Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады. Сонлықтан өзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар. Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады. Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди өлтиреди. Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды. Сабырлық пенен өз жаныңызды қутқарасызлар. – Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын көргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер. Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Қаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин. Өйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады. Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Қудайдың ғәзебине ушырайды. Олар қылыш жүзинен өткерилип, барлық еллерге тутқын етилип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады. – Қуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды. Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Өйткени аспан күшлери силкинеди. Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын көреди. Бул ўақыялар бола баслағанда турып, басларыңызды көтериңлер. Себеби қутқарылыўыңыз жақын. Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: – Әнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар. Олардың жапырақ шығара баслағанын көргениңизде, жаздың жақынлағанын өзлериңиз билесизлер. Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын көргениңизде, Қудай Патшалығының жақын екенин билиңлер. Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады. Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш жойылмайды. Сақ болыңлар! Шағал мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин. Өйткени сол күн пүткил жер жүзинде жасаўшылардың басына түседи. Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер. Ийса күндиз Ибадатханада тәлим берип, ал түнлерин болса қаладан шығып, Зәйтүн таўында өткизетуғын еди. Таң атыўдан пүткил халық Ийсаны тыңлаў ушын Ибадатханаға келетуғын еди. Қутқарылыў байрамы деп аталатуғын Ашытқысыз нан байрамы жақынлап қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде өлтириўдиң жолын изледи. Сонда он еки елшиниң бири – Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды. Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты. Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди. Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи. Қутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди. Ийса Петр менен Юханды жиберип: – Барыңлар, бизлер ушын Қутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди. Олар: – Қай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады. Ийса оларға былай деди: – Қалаға киргениңизде, гүзе менен суў көтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлмем қәне?“ – деп сеннен сорап атыр», – деңлер. Ол сизлерге төсеклер төселген жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Сол жерде таярлаңлар. Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады. Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды. Оларға: – Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим. Сизлерге айтатуғыным: бул Қудай Патшалығында орынланбағанша, Мен бул асты енди жемеймен, – деди. Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де: – Буны алып, өз ара бөлисип ишиңлер. Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди. Соң нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, оларға берди де: – Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди. Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып: – Бул – Мениң сизлер ушын төгилетуғын қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бирге дастурханда. Адам Улы Қудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди. Шәкиртлер бир-биринен: – Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады. Шәкиртлер арасында қайсысының ең уллы болып есапланыўы керек екени ҳаққында бир тартыс та пайда болды. Ийса оларға былай деди: – Миллетлердиң патшалары өз халықлары үстинен үстемлик етеди, оларға бийлик етиўшилер «халықтың қайырқомлары» деп аталады. Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын. Қайсы бири уллы: дастурхан басында отырған ба ямаса хызмет етип турған ба? Дастурхан басында отырған емес пе? Бирақ Мен сизлердиң араңызда хызметшидеймен. Сынаўдан өткен ўақтымда сизлер Мениң менен бирге болдыңлар. Әкем Маған патшалық бийлигин бергени сыяқлы, Мен де сизлерге патшалық бийлигин беремен. Солай етип, сизлер Мениң Патшалығымның дастурханы әтирапында ишип жейсизлер, тахтларда отырып, Израилдың он еки урыўын ҳүким етесизлер. Ийса Петрге: – Симон, Симон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди. Бирақ Мен исенимиң таўсылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди. Симон Ийсаға: – Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, өлимге де барыўға таярман, – деди. Бирақ Ийса оған: – Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди. Соң Ийса шәкиртлерине: – Мен сизлерди шыжлансыз, дорбасыз, аяқ кийимсиз жибергенимде, не нәрседен кемшилик көрдиңлер? – деди. – Ҳеш нәрседен, – деп жуўап берди олар. Сонда Ийса оларға: – Ал енди кимниң шыжланы болса, оны алып жүрсин. Және дорбасын да алсын. Кимниң қылышы болмаса, кийимин сатып, қылыш алсын. Өйткени сизлерге айтатуғыным: Мухаддес Жазыўдағы: «Ол жынаятшыларға қосып саналды», – деген аят Менде әмелге асыўы керек. Аўа, Мен туўралы жазылғанлар орынланып атыр, – деди. – Ийем! Қара, бул жерде еки қылыш бар, – деди олар. – Сол жетеди, – деди Ийса. Ийса шығып, Өз әдети бойынша Зәйтүн таўына кетти. Шәкиртлери де Оның изине ерди. Сол жерге келгенде, Ийса оларға: – Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди. Өзи олардан тас ылақтырым жердей аўлағырақ барып, дизерлеп отырды да, былай деп дуўа етти: – О, Әкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын. Сонда аспаннан бир периште Ийсаға көринип, Оған күш берди. Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди. Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, шәкиртлериниң қасына келди. Олардың қайғыдан шаршап, уйықлап атырғанын көрди. Оларға: – Неге уйықлап атырсызлар? Турыңлар, азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди. Ийса еле сөйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты. Ийса оған: – Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди. Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип: – Ийем, қылышты иске салайық па? – деди. Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Бирақ Ийса: – Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди. Соң Ийса Өзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди: – Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол көтермедиңлер. Бирақ енди заман сизики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт. Олар Ийсаны услап, бас руўханийдиң үйине алып барды. Ал Петр узақтан ерип келди. Ҳәўлиниң ортасына от жағып, ҳәммеси бирге отырғанда, Петр де олардың арасында отырған еди. Бир шоры қыз Петрдиң оттың қасында отырғанын көрип, оған тигилип қарады да: – Бул адам да Оның менен бирге еди, – деди. Бирақ Петр қызға: – Яқ, қарындасым, мен Оны танымайман, – деп Ийсадан танды. Бираздан кейин басқа биреў де Петрди көрип: – Сен де солардың бирисең, – деди. Бирақ Петр оған: – Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди. Бир сааттай өткеннен соң, тағы биреў: – Расында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен. Бирақ Петр оған да: – Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. Тап сол ўақытта, ол сөйлеп турғанда, қораз шақырды. Ийемиз Ийса бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзин есине түсирди. Сыртқа шығып кетип, өкирип жылады. Ийсаны услап турған адамлар Оны масқаралап ура баслады. Оның көзлерин байлап, Оннан: – Ўәлийлик етип айт, Сени ким урды? – деп сорады. Оған және басқа да көп жаман сөзлер айтты. Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер бирге жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны өзлериниң жоқарғы кеңесине апарды. Оннан: – Бизлерге айт, Сен Масихпысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер. Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер. Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Қудайдың оң жағында отырады, – деди. Сонда ҳәммеси: – Демек, Сен Қудайдың Улымысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мениң Сол екенимди өзлериңиз айттыңыз, – деп жуўап берди. Сонда олар: – Бизлерге және қандай гүўалық керек? Өз аўзынан еситтик-ғо, – дести. Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да, Оны былай деп айыплай баслады: – Бизлер бул Адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим патшасы-Қайсарға салық төлеўге қарсы шығып, Өзин Масихпан, яғный Патшаман деп атайды. Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди. Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул Адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди. Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Өз тәлийматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – дести. Пилат буны еситкенде: – Бул Адам галилалы ма? – деп сорады. Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың өзи де Ерусалимде еди. Ҳирод Ийсаны көргенде қатты қуўанды. Өйткени Ол туўралы көп еситкенликтен, Оны бурыннан көргиси келетуғын ҳәм бир кәрамат көрсетер деп үмитленетуғын еди. Ол Ийсаға көп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди. Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады. Ҳирод та өз әскерлери менен бирге Оны кемситип масқаралады да, Оған патшаның липасын кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди. Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды. Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып, оларға: – Сизлер маған бул Адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң көз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де Оннан таппадым. Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, Оны бизлерге қайтарып жиберди. Көрип турғаныңыздай, Ол өлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген. Сонлықтан Оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. [ ] Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул Адамды жоқ қыл! Бизлерге Барабаны босатып бер! – деп бақырысты. Бараба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам өлтиргени ушын қамалған еди. Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сөйледи. Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты. Пилат үшинши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? Мен Оннан өлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди. Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында өз дегенлерине еристи. Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти. Олардың сораған адамын, қозғалаң көтергени ҳәм адам өлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды. Әскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Симон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи. Ийсаның изине жүдә көп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди. Ийса оларға бурылып былай деди: – Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ өзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар. Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген көкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди. Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», төбешиклерге: «Бизлерди бастырыңлар!» – деседи. Өйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен? Ийса менен бирге еки жынаятшыны да өлимге алып барды. «Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди. Ийса: – Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Әскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бөлисти. Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип: – Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Қудайдың жиберген Масихы, Қудайдың Таңлағаны болса, Өзин Өзи қутқарсын, – деди. Әскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип: – Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Өзиңди Өзиң қутқар, – дести. Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири: – Сен Масих емессең бе? Қәне, онда Өзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти. Ал екиншиси оған кейип: – Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба? Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди. Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди. Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди. Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти. Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Әке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды. Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди. Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды көрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты. Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды. Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Қудай Патшалығын күтип жүрген еди. Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Оны атанақ ағаштан түсирип алып, кепинлик таўарға орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды. Бул яҳудийлердиң таярлық күни болып, дем алыс күни кирип киятырған еди. Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын көрди. Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды. Ал дем алыс күни Қудайдың буйрығы бойынша дем алды. Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди. Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди. Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады. Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды. Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди: – Тирини өлилердиң арасынан неге излейсизлер? Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер. Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди-ғо. Сонда олар Ийсаның сөзлерин еслерине түсирди. Қәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады. Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди. Бирақ бул сөзлер елшилерге бос гәп болып көринип, олар ҳаялларға исенбеди. Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке еңкейип қарағанда, тек жатырған кепинликти ғана көрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты. Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Еммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып, болған усы ўақыялар ҳаққында өз ара сөйлести. Олар өз ара сөйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Өзи оларға жақынлап, қатар жүрди. Бирақ олардың көзлери байланғандай болып, Оны танымады. Ийса олардан: – Сизлер өз ара нелер ҳаққында сөйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар қапалы пишинде тоқтап қалды. Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди. Ийса олардан: – Қандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққында ўақыялар да. Ол Қудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сөзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди. Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны өлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. Ал бизлер Оны Израилды қутқарады деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды. Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып, Оның денесин таппай келди. Қайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди көргенин айтып берди. Және бизлердиң ишимиздеги айырымлар қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин көрипти. Бирақ Ийсаның Өзин көрмепти, – дести. Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар! Масих усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди? Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди. Олар өзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Өзин жолын даўам ететуғын қылып көрсетти. Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан өтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди. Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди. Сонда ғана олардың көзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса көзден ғайып болды. Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди. Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты. Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Симонға көринипти, – дести. Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди. Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Өзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. Бирақ шәкиртлер әрўақ көрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты. Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди? Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Өзиммен. Маған қол тийгизип көриңлер. Әрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ көрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди. Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын көрсетти. Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болысып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады. Олар Оған писирилген балықтың бир бөлегин берди. Ийса оны алып, олардың көз алдында жеди. Сонда Ийса оларға былай деди: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим. Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты ҳәм оларға және: – Былай деп жазылған: «Масих азап шегип, үшинши күни өлимнен қайта тириледи. Ерусалимнен баслап, ҳәмме халықларға Оның аты менен гүналарының кеширилиўи ушын, тәўбеге шақырыўды жәриялаў тийис». Ал сизлер булардың гүўасысызлар. Мине, Мен Әкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди. Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Қолларын көтерип, оларға пәтиясын берди. Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды. Шәкиртлер Ийсаға табынып, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди. Қудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды. Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады. Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди. Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди. Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды. Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик. Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди: – «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы. Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық. Өйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди. Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ Оны Әкениң қушағындағы Өзи Қудай болған жалғыз Ул танытты. Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды. Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады. Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол. Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Өзиң ҳаққында не дейсең? – деди. Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер», – деп шөлде бақырған даўыспан, – деди. Парисейлерден жиберилгенлер Яқыядан: – Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады. Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты. Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды. Ертеңине Яқыя өзине қарай киятырған Ийсаны көргенде былай деди: – Мине, Бул – дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы! «Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы. Мениң өзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға келдим. Яқыя гүўалық берип және былай деди: – Мухаддес Руўхтың кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын көрдим. Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Қудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын көрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди. Мен буны көрип: «Бул – Қудайдың Улы» деп гүўалық бердим. Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди. Ол өтип баратырған Ийсаны көрип: – Мине, Қудайдың Қозысы! – деди. Еки шәкирт оның бул сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерди. Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Қай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.) – Келип көриңлер, – деди Ийса. Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын көрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат төртлер шамасында еди. Яқыяның сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди. Андрей дәслеп өз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған: – Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.) Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап: – Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.) Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған: – Изиме ер, – деди. Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди. Филип Натаниелди таўып, оған: – Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди. Натаниел оған: – Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди. – Келип көр, – деди Филип. Ийса Натаниелдиң Өзине жақынласып киятырғанын көрип, ол ҳаққында былай деди: – Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы. Натаниел Ийсадан: – Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады. – Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында көрдим, – деп жуўап берди Ийса. Натаниел Ийсаға: – Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди. Ийса оған: – Сени әнжир ағашының астында көргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди көресең! – деди. Ийса және: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Қудайдың периштелериниң Адам Улының жоқарысында минип-түскенлерин көресизлер, – деди. Еки күн өткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди. Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди. Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған: – Олардың шарабы таўсылды, – деди. Ийса оған: – Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди. Ийсаның анасы хызметшилерге: – Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди. Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди. Ийса хызметшилерге: – Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди. Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды. Сонда Ийса хызметшилерге: – Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди. Олар алып барды. Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып көрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып: – Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди. Ийса бул биринши кәраматын Галиланың Кана қаласында ислеп, Өз уллылығын көрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди. Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды. Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти. Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди. Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. Ол кептер сатыўшыларға: – Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди. Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди», – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди. Яҳудий басшылары Ийсадан: – Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди. Олар Ийсаға: – Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди. Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди. Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди. Ийса Ерусалимде, Қутқарылыў байрамында болғанда, көплер Ол ислеген кәраматларды көрип, Оның атына исенди. Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди. Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Өйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди. Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди. Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды ислей алмайды, – деди. Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди. Никодим Ийсадан: – Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады. Ийса оған жуўап берип былай деди: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Қудай Патшалығына кире алмайды. Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады. Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма. Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай. Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сөйлеймиз, көргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар. Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер? Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес. Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис. Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик өмирге ийе болады. Себеби Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады. Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди. Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди. Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди. Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Қудай алдында исленгени көринсин деп, нурға келеди. Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды. Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди. Өйткени Яқыя еле қамалмаған еди. Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды. Олар Яқыяға келип: – Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди. Яқыя былай деп жуўап берди: – Қудайдан берилмесе, адам өзине ҳеш нәрсе ала алмайды. «Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар. Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым. Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис. Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сөйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы. Ол көргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди. Оның гүўалығын қабыл еткен Қудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды. Қудай тәрепинен жиберилген Қудайдың сөзлерин сөйлейди. Себеби Қудай Руўхын өлшеўсиз береди. Әке Өз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған. Улға исенген адам мәңгилик өмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам өмир көрмейди, ал Қудайдың ғәзеби оның үстинде қалады. Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда көп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти. Ҳақыйқатында Ийсаның Өзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди. Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти. Баратырып, Самария арқалы өтиўи керек еди. Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың өз баласы Юсупке берген жерине жақын еди. Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди. Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған: – Маған ишиўге суў бер, – деди. Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди. Самариялы ҳаял: – Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Қалай меннен суў сорап турсаң? – деди. Өйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды. Ийса ҳаялға: – Егер сен Қудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң өзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди. – Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң? Сен бул қудықты бизлерге берген, өзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял. Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди: – Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шөллейди. Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шөллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик өмир беретуғын тири булаққа айланады. Ҳаял Ийсаға: – Мырза, енди шөллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди. – Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса. Ҳаял Оған: – Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди. – Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың. Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса. Ҳаял Оған: – Мырза, Сениң пайғамбар екениңе көзим жетип тур. Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди. Ийса оған былай деди: – Ҳаял, Маған исен, Қудай Әкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр. Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден. Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис. Ҳаял Ийсаға: – Қутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди. Ийса оған: – Сениң менен сөйлесип турған Мен – Солман, – деди. Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сөйлесип турғанын көрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сөйлесип турсаң?» – деп сорамады. Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға: – Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды көриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди. Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди. Соның арасында шәкиртлери Ийсадан өтинип: – Устаз, аўқат же! – деди. Бирақ Ийса оларға: – Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди. Шәкиртлер бир-бирине: – Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести. Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў. Сизлер: «Жыйын-теримге еле төрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: көзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур. Орақшы өз ҳақын алады ҳәм мәңгилик өмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады. «Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди. Мен сизлерди өзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар. «Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың көбиси Ийсаға исенди. Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, өзлери менен қалыўды өтинди. Ол сол жерде еки күн қалды. Ийсаның сөзин еситип, және де көбирек адамлар исенди. Олар ҳаялға: – Бизлер енди сениң сөзлериң себепли емес, ал Оның сөзлерин өзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Қутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести. Еки күн өткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти. Ийсаның Өзи: «Пайғамбар өз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди. Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Өйткени олар да Ерусалимдеги Қутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин көрген еди. Ийса және Өзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди. Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, өлим төсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан өтинди. Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди. Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым өлип қалмастан бурын келе гөр! – деди. Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сөзине исенип, кетти. Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты. Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести. Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның өзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди. Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы еди. Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти. Ерусалимдеги Қой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди. Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә көп кесел адамлар жататуғын еди. Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди. Ийса оның жатырғанын көргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан: – Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады. Кесел адам Оған: – Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди. Ийса оған: – Орныңнан тур, төсегиңди ал да, жүр, – деди. Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм төсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни еди. Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға: – Бүгин дем алыс күни-ғо, төсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди. Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди: – Маған шыпа берген Адам: «Төсегиңди ал да, жүр», – деди. – Саған: «Төсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар. Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында көринбей қалған еди. Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған: – Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди. Сол адам барып, өзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди. Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады. Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Әкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман. Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди. Ийса яҳудийлерге былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Әкениң қылған ислерин көрмегенше, Өзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Әке нени ислесе, Улы да соны ислейди. Себеби Әке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған көрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған көрсетеди. Әкениң өлилерди тирилтип, оларға өмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына өмир береди. Әке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған. Солай етип, ҳәмме адам Әкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Әкени де ҳүрмет етпеген болады. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сөзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик өмир бар. Ол ҳүким етилмей, өлимнен өмирге өтти. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: өлилердиң Қудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи. Өйткени Әкениң Өзи өмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Өзине де өмирдиң тийкары болыўды рухсат етти. Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы. Буған ҳайран қалмаңлар. Қәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр. Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи. Мен Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Қалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени жиберген Әкемниң еркин орынлаўға тырысаман. Егер Мен Өзим туўралы Өзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды. Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен. Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди. Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман. Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер. Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Әкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң өзи Мени Әкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр. Мени жиберген Әкемниң Өзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де көрмегенсизлер. Оның сөзлери де сизлерде жай алмайды, өйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар. Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик өмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди. Бирақ сизлер мәңгилик өмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо. Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман. Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Қудайдың сүйиспеншилиги жоқ. Мен Әкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў өз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер. Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы көресизлер, бирақ жалғыз Қудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар? Мени Әкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы өзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады. Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Өйткени ол Мен туўралы жазған еди. Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сөзлериме қалай исенесизлер? Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына өтти. Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын көргенликтен, көп халық изине ерди. Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды. Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Ийса басын көтерип, Өзине қарай көп халықтың киятырғанын көрип, Филиптен: – Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады. Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Өзи билетуғын еди. Филип Оған: – Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди. Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға: – Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди. Ийса: – Халықты жерге отырғызыңлар, – деди. Ол жерде шөп көп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады. Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди. Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди. Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бөлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. Халық Ийсаның ислеген кәраматын көрип: – Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести. Ийса олардың келип, Өзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Өзи таўға шығып кетти. Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды. Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Қараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди. Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады. Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди. Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Қайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады. Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Өзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң өзлери кеткенин билди. Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди. Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин көрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти. Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан: – Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады. Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар көргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар. Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди. Олар Ийсадан: – Қудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады. – Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса. Олар Ийсаға: – Бизлер көрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат көрсетежақсаң? Не ислейжақсаң? «Жеў ушын оларға аспаннан нан берди», – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шөлде манна жеген, – деди. Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Әкем. Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди. Халық Ийсаға: – Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди. Ийса оларға былай деди: – Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди. Бирақ Мен сизлерге: «Мени көрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо. Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман. Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим. Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки. Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен. Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады. – Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар. Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Өз ара наразы болмаңлар. Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен. Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Қудай тәрепинен үйретиледи», – деп жазылған. Әкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди. Қудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Әкени көрген емес, Әкени тек ғана Ол көрген. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик өмирге ийе. Мен – өмир наныман. Ата-бабаларыңыз шөлде манна жесе де, өлип кетти. Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам өлмейди. Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем. Сонда яҳудийлер: – Ол қалай бизлерге Өз денесин жеўге бере алады? – деп өз ара тартыса баслады. Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде өмир болмайды. Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик өмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен. Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик. Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман. Мени тири Әкем жибергендей ҳәм Мениң Әкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды. Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар өлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды. Ийса бул сөзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты. Шәкиртлериниң көбиси буны еситип: – Қандай қыйын сөзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди. Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди: – Бул сөзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма? Егер Адам Улының бурын болған жерине көтерилгенин көрсеңиз ше? Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир. Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар. Өйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Өзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди. Ийса және: – «Әкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди. Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды. Сонда Ийса он еки шәкиртинен: – Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады. Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар. Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Қудайдың Мухаддесисең, – деди. Ийса оларға: – Сизлерди, он екини таңлап алған Өзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди. Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи. Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, өйткени яҳудий басшылары Оны өлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди. Яҳудийлердиң Қос байрамы жақынлап қалған еди. Сонда Ийсаның инилери Оған: – Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де көрсин. Себеби өзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Өзиңди дүньяға көрсет, – дести. Өйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди. Ийса оларға: – Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы. Дүнья сизлерди жек көре алмайды, бирақ Мени жек көреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен. Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, өйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди. Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды. Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Өзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды. Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады. Халық арасында Ол ҳаққында көп сыбырлы сөзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди. Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сөйлей алмайтуғын еди. Байрамның ярымы өткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады. Яҳудий басшылары: – Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мениң тәлийматым Өзимдики емес, ал Мени Жибергендики. Ким де ким Қудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлийматтың Қудайдан ба ямаса Мен Өзлигимнен айтып атырман ба, билип алады. Өз атынан сөйлеўши өзине уллылық излейди, ал Өзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ. Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын өлтирмекшисизлер? Халық: – Сени жин урған ба? Ким Сени өлтирмекши? – деди. Ийса сөзин даўам етип, оларға былай деди: – Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар. Муўса сизлерге сүннетти буйырғанлықтан, сизлер дем алыс күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал бабаңыз Ибрайымнан қалған еди. Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала дем алыс күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған дем алыс күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар? Сыртқы көриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар. Сонда айырым ерусалимлилер: – Өлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе? Мине, Ол ашық сөйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масих екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар? Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масих келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести. Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Өз Өзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер. Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди. Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Өйткени Оның ўақты еле келмеген еди. Ал халық арасында көп адамлар Оған исенип: – Масих келгенде, бул Адамнан да көбирек кәраматлар ислер ме екен? – деди. Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сөзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди. Ийса былай деди: – Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман. Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар. Сонда яҳудий басшылары өз ара: – Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме? «Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сөзлер нени аңлатады екен? – дести. Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди: – Ким де ким шөллесе, Маған келип ишсин. Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрьясы ағады. Ийса бундай деп, Өзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди. Халық арасынан айырымлар бул сөзлерди еситип: – Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди. Басқалары: «Бул – Масих», – дести. Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масих Галиладан келетуғын ба еди? Мухаддес Жазыўда: „Масих Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келеди“, – деп жазылған емес пе?» – дести. Солай етип, Ийса себепли халық арасында бөлиниў пайда болды. Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан: – Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады. Сақшылар жуўап берип: – Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сөйлеген емес, – деди. Парисейлер оларға: – Сизлер де алдандыңыз ба? Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә? Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди. Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға: – Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди. Оған: – Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – дести олар. Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты. Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти. Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады. Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып: – Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды. Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған. Сен не дейсең? – деди. Олар бул сөзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты. Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди. Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип: – Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди. Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди. Олар бул сөзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды. Ийса орнынан турып, ҳаялға: – Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди. – Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял. Ийса оған: – Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди. Ийса және халыққа былай деди: – Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады. Сонда парисейлер Ийсаға: – Сен Өзиң ҳаққында Өзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Өйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер. Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен. Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Әкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз. Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс», – деп жазылған-ғо. Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Әкем де гүўалық береди. Сонда олар Ийсадан: – Сениң Әкең қаяқта? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер Мени де, Мениң Әкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Әкемди де билер едиңлер, – деди. Ийса бул сөзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, өйткени Оның ўақты еле келмеген еди. Ийса оларға және: – Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди. Сонда яҳудий басшылары өз ара: – Ол Өзин Өзи өлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести. Ийса оларға былай деди: – Сизлер төменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен. Сонлықтан Мен: «Сизлер өз гүналарыңыз бенен өлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол екениме исенбесеңлер, өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. Сонда олар Ийсадан: – Сен кимсең? – деп сорады. Ийса оларға: – Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман. Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын көп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сөйлеймен, – деди. Олар Ийсаның Әке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди. Солай етип, Ийса былай деди: – Адам Улын жоқары көтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Әкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар. Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Өйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен. Ийса бул сөзлерди айтқанда, Оған көп адамлар исенди. Сол ўақытта Ийса Өзине исенген яҳудийлерге: – Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар. Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди. – Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы. Қул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады. Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар. Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени өлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сөзим кеўлиңизден жай алмайды. Мен Әкемнен көргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер. Олар Ийсаға жуўап берип: – Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести. Ийса оларға: – Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер. Бирақ енди Мени, Қудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды өлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди. Сизлер өз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди. – Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Әкемиз бар, Ол – Қудай, – деп жуўап берди олар. Ийса оларға былай деди: – Егер Қудай сизлердиң Әкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Өйткени Мен Қудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Өзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди. Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сөзимди тыңлай алмайсызлар. Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси. Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар. Қайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар? Ким Қудайдан болса, Қудайдың сөзлерин тыңлайды. Ал сизлер Қудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар. Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип: – Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди. Ийса жуўап берип былай деди: – Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Әкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар. Мен Өзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди. Яҳудийлер Ийсаға: – Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар өлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди», – деп атырсаң. Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да өлип кеткен. Сен Өзиңди ким деп санайсаң? – деди. Ийса жуўап берип былай деди: – Егер Мен Өзимди Өзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Қудайымыз» деп атайтуғын Мениң Әкем. Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы өтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сөзин орынлайман. Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳәм көрип шадланды. Яҳудийлер Ийсаға: – Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды көрдиң бе? – деди. Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди. Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти. Ийса өтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды көрди. Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады. Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды. Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды. Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман. Ийса бул сөзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың көзлерине жақты ҳәм оған: – Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди. Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм көзлери көретуғын болып, қайтып келди. Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын көргенлер: – Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди. Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның өзи: «Мен сол адамман», деди. – Олай болса, көзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар. Ол жуўап берип: – Ийса деген Адам ылай ислеп, көзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм көзлерим көретуғын болды, – деди. Олар: – Ол қаяқта? – деп сорады. – Билмеймен, – деди ол. Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды. Ийсаның ылай ислеп, соқырдың көзин ашқан күн дем алыс күни еди. Сонда парисейлер де оннан көзлериниң қалай көретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға: – Ийса мениң көзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди көретуғын болдым, – деди. Сонда гейбир парисейлер: – Бул Адам Қудайдан емес. Өйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди. Бирақ басқалары: – Гүнакар адам бундай кәраматларды қалай ислей алады? – деди. Солай етип, олардың арасында бөлиниў пайда болды. Олар және бурын соқыр болған сол адамнан: – Көзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады. – Ол пайғамбар, – деди ол. Бирақ яҳудий басшылары көзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди көзлериниң көретуғынына исенбеди. Олар оның ата-анасынан: – Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай көретуғын болды? – деп сорады. Оның ата-анасы жуўап берип: – Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз. Бирақ, енди қалай оның көретуғын болғанын ҳәм оның көзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Өзинен сораң, ол ержеткен, өзи ушын өзи сөйлесин, – деди. Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди. Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, өзинен сораң», – деген еди. Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған: – Ҳақыйқатын айтып, Қудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди. – Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди көретуғын болдым, – деп жуўап берди ол. Олар және оннан: – Ол саған не иследи? Көзлериңди қалай ашты? – деп сорады. – Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол. Сонда яҳудийлер оған жекиринип: – Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз! Қудайдың Муўса менен сөйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди. Көзи ашылған адам оларға: – Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң көзлеримди ашты. Бизлер Қудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Қудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды. Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның көзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп. Егер бул Адам Қудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди. Яҳудийлер оған жуўап берип: – Өзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды. Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып: – Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады. Ол жуўап берип: – Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди. Ийса оған: – Сен Оны көрдиң. Мине, сениң менен сөйлесип турған – Оның Өзи, – деди. Сонда ол: – Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды. Ийса: – Соқырлар көрсин, көретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди. Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сөзлерди еситип, Оған: – Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди. Ийса оларға: – Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Көзлеримиз көреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы. Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны. Қараўыл оған қапыны ашып береди. Қойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол өз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады. Ол өз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Қойлар да оның изине ереди, өйткени олар шопанның даўысын таныйды. Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды. Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди. Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман. Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады. Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады. Уры тек урлаў, өлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим. Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди. Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын көрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди. Өйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди. Мен – жақсы шопанман. Әкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Әкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен. Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады. Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Әкем Мени сүйеди. Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Өзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Әкемнен алдым. Усы сөзлер себепли, яҳудийлер арасында және бөлиниў пайда болды. Олардың көбиси: – Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди. Ал басқалары: – Бул жинли адамның сөзлери емес. Жин соқырдың көзлерин аша ала ма? – деди. Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы болды. Қыс еди. Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди. Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып: – Қашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Әкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр. Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер. Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди. Мен оларға мәңгилик өмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды. Оларды Маған берген Әкем – ҳәммеден уллы. Әкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды. Мен ҳәм Әкем бирмиз. Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды. Ийса олардан: – Мен сизлерге Әкем тапсырған көп жақсы ислерди көрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады. Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: – Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Қудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Өзиңди «Қудайман», – деп атырсаң, – деди. Ийса оларға былай деди: – «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим», – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе? Қудай Өз сөзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды. Әкениң Өзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Қудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Қудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер? Егер Әкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер. Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Әкениң Менде, Мениң Әкеде екенимди түсинип, билип аласызлар. Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды. Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды. Оған көп адамлар келип: – Яқыя ҳеш қандай кәрамат ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди. Сол жерде көп адамлар Ийсаға исенди. Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди. Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди. Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди. Ийса буны еситип: – Бул аўырыўдың изи өлим менен жуўмақланбайды, ал Қудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Қудайдың Улы да уллыланады, – деди. Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди. Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Өзи болып атырған жерде және еки күн қалды. Соңынан шәкиртлерине: – Және Яҳудияға барайық, – деди. Шәкиртлери Оған: – Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди. Ийса жуўап берип: – Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, өйткени ол бул дүньяның нурын көреди. Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди. Ийса бул сөзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди: – Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман. – Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери. Ийса Лазардың өлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады. Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар өлди. Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди. Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге өлемиз, – деди. Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына төрт күн болғанын билди. Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан, көп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының өлими себепли кеўил айтыўға келди. Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды. Марта Ийсаға: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. Бирақ ҳәзир де Сен Қудайдан не сорасаң да, Қудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди. Ийса оған: – Сениң әжағаң тириледи, – деди. – Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта. Ийса оған: – Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды. Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Усыған исенесең бе? – деди. Марта Оған: – Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Қудайдың Улы екениңе исенемен, – деди. Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып: – Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады. Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти. Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди. Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын көрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди. Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны көрип, аяқларына жығылды да: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди, – деди. Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын көргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды. – Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады. – Ийем, келип көр, – деди олар. Ийса көзине жас алды. Сонда яҳудийлер: – Қараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди. Бирақ олардың айырымлары: – Соқырдың көзлерин ашқан бул Адам Лазарды өлимнен аман алып қалмас па еди? – деди. Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Қәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди. Ийса: – Тасты алып қойыңлар, – деди. Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға: – Ийем! Енди ийисленип баратыр. Өйткени оның қәбирге қойылғанына төрт күн болды, – деди. Ийса оған: – «Егер Маған исенсең, Қудайдың уллылығын көресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди. Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса көзлерин аспанға тигип, былай деди: – Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен. Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым. Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен: – Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды. Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға: – Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди. Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди. Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди. Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам көп кәраматлар ислемекте. Егер Оны Өз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди. Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер. Пүткил халық набыт болғанынан гөре, бир адамның халық ушын өлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди. Ол бул сөзлерди өзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Қудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын өлетуғынын болжап айтқан еди. Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны өлтириўге тил бириктирди. Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шөлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды. Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен көп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди. Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып: – Қалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады. Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди. Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти. Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот: – Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди. Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди. Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди. Көплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол өлимнен тирилткен Лазарды көриў ушын да келди. Ал бас руўханийлер Лазарды да өлтириўге тил бириктирген еди. Өйткени ол себепли, көп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди. Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: – Ҳосанна! «Ийемиздиң аты менен киятырған Израилдың Патшасы жарылқансын!» Мухаддес Жазыўда: «Қорқпа, Ерусалим халқы! Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр», – деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди. Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди. Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди. Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. Ал парисейлер бир-бирине: – Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди. Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди. Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип: – Мырза, бизлер Ийсаны көриўди қәлеймиз, – деп өтиниш етти. Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады. Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди. Өз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын жек көретуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды. Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди. Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. Әке, Өз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди. Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди. Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими қуўып шығарылады. Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди. Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты. Халық Оған былай деп жуўап берди: – Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Қалай Сен: «Адам Улы жоқарыға көтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким? Ийса былай деди: – Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Қараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди. Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар. Ийса усы сөзлерди айтып болып, олардың көзлеринен тасаланды. Ийса олардың көз алдында сонша кәраматлар ислесе де, олар Ийсаға исенбеди. Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сөзлери орынланды: «Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди? Ийемниң қүдирети кимге көринди?» Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди: «Қудай олардың көзлерин соқыр етти ҳәм жүреклерин тас қылды. Көзлери менен көрмейди, Жүреклери менен түсинбейди. Мен оларға шыпа бериўим ушын, Маған қайтып келмейди». Ийшая Ийсаның уллылығын көргенликтен, Ол ҳаққында сөйлеп, усы сөзлерди айтқан еди. Соған қарамастан, басшылар арасында да көбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады. Өйткени олар Қудайдың мақтаўынан гөре, адамның мақтаўын көбирек жақсы көрди. Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Маған исенген адам Мени Жиберген Қудайға исенген болады. Және де, Мени көрген адам Мени Жиберген Қудайды көрген болады. Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим. Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим. Мени тән алмай, сөзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сөйлеген сөзим ақырғы күни оны ҳүким етеди. Өйткени Мен Өзлигимнен сөйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Әкемниң Өзи не айтыўымды ҳәм қалай сөйлеўимди Маған буйырды. Оның буйрығының мәңгилик өмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Әкемниң Маған айтқанын айтып атырман. Қутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Өзиниң бул дүньядан Әкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Өзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди. Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди. Ийса Әкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Өзиниң Қудайдан келгенин ҳәм Қудайға қайтып баратырғанын билип, дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады. Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады. Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған: – Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди. Ийса оған жуўап берип: – Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди. – Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол. – Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса. Симон Петр Ийсаға: – Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гөр! – деди. Ийса оған: – Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди. Ийса Өзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди. Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди: – Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме? Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман. Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис. Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге өрнек көрсеттим. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де өзин жибергеннен уллы емес. Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар! – Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Өзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол көтерди», – деген сөзлер орынланыўы керек. Бул жүз бергенде, Мениң Сол екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сөйлеп былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди. Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты. Шәкиртлер арасында бири Оның көкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди. Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады. Ийсаның көкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан: – Ийем, ол ким? – деп сорады. Ийса жуўап берип: – Мен мына бир бөлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бөлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди. Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған: – Қылажақ исиңди тезирек қыл, – деди. Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сөзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди. Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери. Ал Яҳуда бир бөлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди. Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди: – Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Қудай да уллыланды. Қудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Қудайдың Өзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды. Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар. Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады. Симон Петр Ийсаға: – Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди. Ийса: – Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди. Петр Оған: – Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң. Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер. Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман. Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен. Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер. Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди. Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды. Егер Мени билсеңлер, Әкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны көрдиңлер. Филип Ийсаға: – Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли, – деди. Ийса оған былай деди: – Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени көрген Әкени көрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Әкени көрсет», – деп айтып атырсаң? Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сөзлеримди Өзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Әке Өз ислерин ислеп атыр. Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман. Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман. – Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар. Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады. Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен. Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып көрмейди. Бирақ сизлер Мени көресизлер. Өйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер. Сол күни сизлер Мениң Әкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер. Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен. Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға: – Ийем, бул қалай болғаны, Өзиңди дүньяға емес, бизлерге көрсетежақсаң ба? – деди. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сөзимди орынлайды. Әкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз. Мени сүймеген адам сөзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сөзлер Меники емес, ал Мени жиберген Әкемдики. Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым. Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди. Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Өз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар. Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Әкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Әкем Меннен уллы. Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым. Сизлер менен енди көп сөйлеспеймен. Өйткени бул дүньяның ҳәкими киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Бирақ бул дүнья Мениң Әкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Қәне турыңлар, бул жерден кетейик. – Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман. Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар. Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар. Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар. Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады. Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар. Әкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар. Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым. Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер. Дослары ушын өз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ. Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар. Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Өйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Әкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим. Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди. Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер! – Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди. Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сөзимди тыңласа, сизлердиң сөзлериңизди де тыңлайды. Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди. Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ. Мени жек көрген адам Мениң Әкемди де жек көрген болады. Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди көрсе де, Мени де, Әкемди де жек көрди. Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек көрди», – деген сөзлердиң орынланыўы ушын болды. Әкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Әкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди. Сизлер де гүўалық бересизлер. Өйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер. – Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым. Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди өлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Қудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди. Буларды Әкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди. Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Әўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим. – Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Қаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ. Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды. Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен. Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды. Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди. Ҳақлық соннан ибарат: Мен Әкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени көрмейсизлер. Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди. Сизлерге және де айтатуғынларым көп, бирақ ҳәзир сизлер көтере алмайсызлар. Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Өзлигинен сөйлемейди, тек нени еситсе, соны сөйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди. Ол Мени уллылайды. Өйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди. Әкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим. Бираздан соң, сизлер Мени қайтып көрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени көресизлер. Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине: – «Бираздан соң, сизлер Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер» ҳәм «Себеби Әкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши? «Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди. Ийса олардың Өзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди: – «Бираздан соң, Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма? Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады. Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, өйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди. Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және көремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды. Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Әкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди. Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады. Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сөйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Әкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман. Сол күни Мениң атым менен Әкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Әкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ. Әкемниң Өзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Әкемнен келгениме исендиңлер. Мен Әкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Әкеме қайтып баратырман. Шәкиртлери Ийсаға: – Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң. Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Қудайдан келгениңе исенемиз, – деди. Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Енди исенесизлер ме? Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, өйткени Әкем Мениң менен бирге. Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим! Ийса бул сөзлерди айтып болғаннан соң, көзлерин аспанға тигип былай деди: – Әке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла. Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик өмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң. Мәңгилик өмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Қудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў. Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым. Әке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Өзиңниң алдыңда уллыла. – Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сөзлериңди орынлады. Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды. Өйткени Маған берген сөзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди. Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники. Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым. Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Әке, Маған берген Өз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын. Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды. Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сөзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман. Мен оларға Сениң сөзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек көрди. Өйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман. Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сөзиң – ҳақыйқат. Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим. Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Өзимди олар ушын бағышлайман. – Мен тек олар ушын емес, ал олардың сөзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман: олардың ҳәммеси бир болсын. Әке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын. Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим. Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын. Әке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да көриўин қәлеймен. Әдил Әке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи. Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен. Ийса дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлери менен бирге Кидрон сайының арғы жағасына өтти. Ол жерде бир бағ бар еди. Ийса шәкиртлери менен сол бағқа кирди. Оған сатқынлық қылған Яҳуда да бул жерди билетуғын еди. Себеби Ийса шәкиртлери менен ол жерде тез-тез ушырасып туратуғын еди. Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди. Ийса Өзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар. – Мен – Солман, – деди Ийса. Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди. Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды. Сонда Ийса олардан және: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Насыралы Ийсаны, – дести олар. Ийса жуўап берип: – Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди. Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Өзи айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды. Сонда Симон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Қулдың аты Малкус еди. Ийса Петрге: – Қылышыңды қынабына салып қой! Әкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди. Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады. Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди. Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның өлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди. Симон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди. Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сөйлести де, Петрди ишке алып кирди. Қапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден: – Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады. – Яқ, – деп жуўап берди ол. Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар көмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды. Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлийматы ҳаққында сорады. Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен дүньяға ашық сөйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым. Неге Меннен сорап атырсаң? Сөйлегенлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи. Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири: – Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди. Ийса оған: – Егер Мен надурыс сөйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сөйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди. Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди. Симон Петр еле отқа жылынып тур еди. – Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар. Бирақ ол танып: – Яқ, – деди. Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден: – Сени бағда Оның менен бирге көрген жоқпан ба? – деп сорады. Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан Рим ҳәкимханасына алып барды. Олар Қутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын ҳәкимханаға кирмеди. Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул Адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Егер бул Адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди. Пилат оларға: – Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди. Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды. Сонда Пилат және ҳәкимханаға кирди ҳәм Ийсаны өзине шақыртып: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса былай деп жуўап берди: – Буны өзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма? Пилат: – Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Өз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди. Ийса жуўап берип: – Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди. – Демек, Сен Патша екенсең-дә? – деди Пилат. Ийса жуўап берип: – Өзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди. Пилат Ийсаға: – Ҳақыйқат деген не? – деди. Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға: – Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман. Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Қутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди. Бирақ олар және: – Яқ, Оны емес, Барабаны босат! – деп бақырысты. Ал Бараба қозғалаңшы еди. Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди. Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды. Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди. Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди. Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде: – Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди. Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди. Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. Қайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди. Пилат Оған: – Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди. Ийса жуўап берип: – Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди. Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Қайсардың досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Қайсарға қарсы болады, – деп бақырысты. Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди. Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Қайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер. Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды. Әскерлер Ийсаны алып кетти. Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди. Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди. Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди. Яҳудийлердиң көбиси бул жазыўды оқыды. Өйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди. Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди: – «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Өзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз. – Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат. Әскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны төрт бөлекке бөлип, ҳәр қайсысы бир бөлектен алды. Көйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди. Сонлықтан әскерлер бир-бирине: – Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди. Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сыртқы кийимимди өз ара бөлисти, Көйлегим ушын шек таслады». Әскерлер усы айтылғанды иследи. Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди. Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди. Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды. Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шөллеп турман! – деди. Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Әскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты. Ийса оны татып көрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды. Бул таярлық күни еди. Ертеңги күн Қутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады. Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады. Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады. Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты. Буны көрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол өзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди. Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды», – деген Мухаддес Жазыўдағы сөзлердиң орынланыўы ушын болды. Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Өзлери найза менен тескен Адамға қарайды», – делинген. Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти. Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди. Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады. Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди. Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды. Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын көрди. Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы көретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди. Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды. Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди. Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын көрди, бирақ ишке кирмеди. Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм Ийсаның басына оралған орамалды көрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бөлек жерде бүкленип турған еди. Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды көрип, исенди. Себеби олар Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди. Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти. Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады ҳәм ақ кийимли еки периштени көрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди. Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол. Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын көрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады. Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди. Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.) Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Әкемниң жанына көтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Әкемниң ҳәм сизлердиң Әкеңиздиң, Мениң Қудайымның ҳәм сизлердиң Қудайыңыздың алдына көтерилип баратырғанымды айт, – деди. Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди көрдим! – деди ҳәм Ийсаның өзине не айтқанларын оларға хабарлады. Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин көрсетти. Шәкиртлер Ийемизди көрип, қатты қуўанды. Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Әкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман. Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар. Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди. Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди. Сонлықтан басқа шәкиртлер оған: – Бизлер Ийемизди көрдик, – дести. Бирақ Томас оларға: – Оның қолларындағы шеге излерин көрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап көрмегенимше, исенбеймен, – деди. Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. Соңынан Томасқа: – Бармағыңды берман соз. Қолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап көр. Гүманланбай, исен, – деди. Томас Оған жуўап берип: – Ийем мениң, Қудайым мениң! – деди. Ийса оған: – Сен Мени көргенликтен исендиң. Бирақ, көрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди. Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да көп кәраматлар иследи. Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Қудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен өмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды. Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және көринди. Бул былай болды: Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди. Симон Петр оларға: – Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди. – Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар. Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады. Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди. Ийса олардан: – Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады. – Жоқ, – деп жуўап берди олар. – Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса. Олар аў салып, көп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады. Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге: – Бул Ийемиз! – деди. «Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, өзин теңизге атты. Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Өйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр узақлықта еди. Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған көмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды көрди. Ийса оларға: – Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди. Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли көп болса да, аў жыртылмады. Ийса оларға: – Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди. Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди. Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи. Солай етип, бул Ийсаның өлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте көриниўи еди. Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Қозыларымды отлат, – деди. Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Қойларымды бақ, – деди. Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады. Петр Оның өзинен үш мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Қозыларымды отлат. Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди өзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады. Ийса буны Петрдиң қандай өлим менен Қудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, – деди. Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын көрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның көкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди. Петр оны көрип, Ийсадан: – Ийем, оған не болады? – деп сорады. Ийса оған: – Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди. Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт өлмейди», – деген сөз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол өлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди. Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз. Ийса ислеген басқа да көп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман. Ҳүрметли Теофил! Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Өзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим. Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты. Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди: – Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер. Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер көп күн өтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар. Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба? Ийса оларға: – Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди. Ийса усыларды айтып болып, олардың көз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды. Ийса көтерилип баратырғанда, олар көзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып: – Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай көтерилгенин көргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди. Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай жерде жайласқан еди. Қалаға кирип, өзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына көтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди. Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди. Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди: – Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди. Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди. ( Бул адам өз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды. Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Қан жери» деген мәнисти аңлатады.) Өйткени Забурда: «Оның мәканы қаңырап қалсын, Онда жасаўшы болмасын». Және де: «Оның орнын басқа биреў ийелесин», – деп жазылған. Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис. Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды. Соңынан олар былай деп дуўа етти: – О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге көрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, өзине ылайықлы жерге кетти. Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды. Елиўинши күни байрамы келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды. Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди. Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға көринип, бөлинип-бөлинип ҳәр бириниң үстине түсти. Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сөйлей баслады. Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди. Бул сести еситип, көп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири өз тиллеринде айтылған сөзлерди еситкенликтен ҳайран болды. Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди: – Қараңлар, бул сөйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе? Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сөйлеп атырғанын еситип турмыз? Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда, Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар. Өзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине өткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Қудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз өз тиллеримизде еситип турмыз-ғо. Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен: – Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады. Ал гейбиреўлери мысқыллап: – Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести. Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сөйледи: – Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сөзлериме қулақ салыңлар. Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо. Бирақ бул көрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди: «Қудай былай дейди: Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды жаўдыраман. Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди. Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер көреди. Сол күнлерде Өзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де, Өз Руўхымды жаўдыраман, Олар да пайғамбаршылық етеди. Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер, Төменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер: қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди көрсетемен. Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын, күн қараңғыланады, ай қанға айланады. Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады». Израиллылар, мына сөзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Қудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Қудай тәрепинен дәлилленген Адам еди. Бул Ийса Қудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Қудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңлер. Ал Қудай өлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Өйткени Оны өлимниң услап турыўы мүмкин емес еди. Ол ҳаққында Даўыт былай деген: «Ийемди ҳәмме ўақыт көз алдымда көрдим, Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман. Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сөйлейди. Денем де үмит ишинде жасайды. Себеби Сен жанымды өлилер мәканына таслап кетпейсең, Өз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң. Маған өмир жолларын үйреттиң, Мени Өз жаныңда қуўанышқа бөлейсең». Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол өлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған. Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Қудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп өзине ант ишип, ўәде бергенин билди. Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын көрип, Масихтың қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди: «Ол өлилер мәканына таслап қалдырылмады, Денеси де ширимеди». Қудай усы Ийсаны өлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз. Ол Қудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге көтерилип, Әкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир көргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды. Даўыт аспанға көтерилмеген болса да былай деген еди: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр“». Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Қудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды. Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден: – Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Петр оларға былай деди: – Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип, ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар. Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Қудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген. Петр басқа да көп сөзлер менен оларға гүўалық берип: – Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп өтиниш етти. Оның сөзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды. Олар өзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып, дуўа ететуғын еди. Елшилер арқалы көп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи. Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди. Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Қуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды. Қудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бөленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды. Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди. Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын көтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди. Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды көрип, олардан садақа сорады. Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған: – Бизлерге қара! – деди. Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды. Петр оған: – Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған өзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масих аты менен айтаман, жүр! – деп оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди. Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Қудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди. Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Қудайды алғыслап атырғанын көрип, оның Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик еткен адам екенин таныды. Оның менен жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты. Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди. Буны көрген Петр халыққа қарата былай деди: – Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер өз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар? Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Қудайы Өз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Оннан Пилаттың алдында ўаз кештиңлер. Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам өлтириўшиниң өзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер. Сизлер Өмир Ийесин өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз. Сизлер көрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ҳәммеңиздиң көз алдыңызда оған толық шыпа берген Ийсаға деген исеним еди. Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен. Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды. Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди. Қудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң өз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек. Өйткени Муўса былай деген еди: «Қудай Ийемиз сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сөзин тыңлаңлар. Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Қудайдың халқы арасынан жоқ етиледи». Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сөйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди. Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Қудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Қудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады». Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Қудай Өзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди. Петр менен Юхан халыққа сөйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер олардың жанына топарласып келди. Өйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында өлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди. Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди. Бирақ, елшилердиң сөзин еситкен адамлардың көбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди. Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды. Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди. Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан: – Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады. Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди: – Халық басшылары ҳәм ақсақаллар! Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ, онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Қудай өлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур. Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып, Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас». Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Қутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ. Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын көргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди. Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын көрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады. Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан өз ара кеңесе баслап: – Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз. Бирақ, бул хабардың халық арасында және де көбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сөйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести. Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды. Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Өзлериңиз ойлап көриң: Қудайдың сөзлеринен гөре, сизлердиң сөзлериңизди тыңлаў Қудай алдында дурыс болар ма екен? Бизлер көргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди. Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Өйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Қудайға алғыслар айтып турған еди. Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди. Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың өзлерине айтқан сөзлериниң ҳәммесин хабарлады. Олар буны еситкенде, бир аўыздан Қудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди: – О, Қүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң. Өз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң: «Миллетлер неге қозғалаң көтерди? Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди? Жер жүзиниң патшалары бас көтерди, Ҳүкимдарлар бирге жыйналып, Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды». Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды. Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи. Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сөзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Өз қулларыңа күш-қуўат бере гөр! Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди көрсете гөр! Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Қудайдың сөзин мәртлик пенен айта баслады. Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да өз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Қудайдың уллы мийримине ийе еди. Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Өйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип, елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди. Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди. Ол өзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды. Ал Ханания атлы адам ҳаялы Сафира менен мал-мүлкин сатып, ақшаның бир бөлегин жасырып қалды да, қалған бөлегин елшилердиң қолына әкелип салды. Буннан оның ҳаялының да хабары бар еди. Сонда Петр оған былай деди: – Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бөлегин өзиңе алып қалдың? Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Қудайды алдадың-ғо. Ханания бул сөзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи. Жас жигитлер орынларынан турып, оның денесин кепинледи де, алып кетип жерледи. Арадан шама менен үш сааттай өткенде, болған ўақыядан хабарсыз Хананияның ҳаялы ишке кирип келди. Петр оған: – Маған айтшы, жерди усынша ақшаға саттыңлар ма? – деди. – Аўа, соған, – деди ҳаял. Петр оған былай деди: – Неге Ийемиздиң Руўхын сынап көриўге келистиңлер? Әнекей, күйеўиңди жерлегенлер есиктен кирип киятыр. Олар сени де алып кетеди. Ҳаял сол ўақытта-ақ Петрдиң аяғына жығылып, жан тапсырды. Ишке кирген жас жигитлер оның өлип қалғанын көрип, сыртқа алып кетти де, күйеўиниң қасына жерледи. Пүткил исениўшилер жәмәәтин ҳәм болған ўақыяларды еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи. Халық арасында елшилер арқалы көп кәраматлы белгилер көрсетилип, таң қаларлық ислер исленетуғын еди. Исениўшилердиң ҳәммеси Сулайманның айўанында жыйналып туратуғын еди. Сырттан оларға қосылыўға ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди, бирақ халық оларға көп алғыслар айтатуғын еди. Және де, Ийемизге исенип, исениўшилерге қосылған ер ҳәм ҳаяллардың саны барған сайын арта берди. Ҳәтте, Петр өтип баратырғанда, ҳеш болмаса оның саясы аўырыўлардың бириниң үстине түссин деп, оларды көшелерге шығарып, кәтлер ҳәм төсеклердиң үстилерине жатқызып қойды. Ерусалимниң дөгерегиндеги қалашалардан да көп адамлар жыйналып, аўырыўларды ҳәм жаўыз руўхлардан азап шеккенлерди алып келетуғын еди. Олардың ҳәммеси шыпа табатуғын еди. Сонда бас руўханий ҳәм оның тәрепдарларының ҳәммеси, яғный саддукей топарының ағзаларының қызғаныштан ишлери жанып, елшилерди услатты да, мәмлекет қамақханасына қаматып таслады. Бирақ түнде Ийемиздиң бир периштеси қамақхананың қапыларын ашып, оларды сыртқа шығарды да: – Барыңлар, Ибадатханада турып, бул жаңа өмир туўралы сөзлердиң барлығын халыққа айтыңлар, – деди. Елшилер айтылғанды тыңлап, таң сәҳәрде Ибадатханаға барды да, тәлим бере баслады. Сол ўақытта бас руўханий ҳәм оның тәрепдарлары келип, жоқарғы кеңестиң адамларын, яғный Израил халқының барлық ақсақалларын жыйналыўға шақырды ҳәм елшилерди алып келиў ушын қамақханаға адам жиберди. Бирақ, сақшылар қамақханаға барғанда елшилерди таппай, излерине қайтып келди де, мыналарды хабарлады: – Қамақхананың беккем етип жабылғанын, қапылардың аўзында қараўыллардың турғанын көрдик. Бирақ, қапыларды ашқанымызда, иштен ҳеш кимди таппадық. Бул сөзлерди еситкен Ибадатхана сақшыларының басшысы менен бас руўханийлер: «Бул не болғаны» десип, албырасып қалды. Сонда олардың қасына бир адам келип: – Әне, сизлер қамаққа салған адамлар Ибадатханада тәлим берип тур, – деп хабарлады. Солай етип, сақшылардың басшысы сақшылар менен бирге кетип, елшилерди алып келди. Бирақ халықтың өзлерин тас пенен урыўынан қорқып, оларға зорлық ислемеди. Олар елшилерди алып келип, жоқарғы кеңестиң алдында турғызып қойды. Бас руўханий елшилерди сораўға тутып: – Бул ат пенен тәлим бермең, деп қатаң буйырған едик-ғо. Бирақ сизлер өз тәлийматыңызды пүткил Ерусалим қаласына жайыпсызлар. Бул Адамның қанының төгилиўине де бизлерди жуўапкер қылмақшысызлар, – деди. Петр менен басқа елшилер былай деп жуўап берди: – Адамларға емес, Қудайға бойсыныў тийис! Ата-бабаларымыздың Қудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп өлтирген Ийсаны қайта тирилтти. Израилдың тәўбе етип, гүналарының кеширилиўи ушын, Қудай Оны Көсем ҳәм Қутқарыўшы қылып, Өзиниң оң тәрепине көтерди. Бизлер бул ислердиң гүўасымыз. Сондай-ақ, Қудайдың Өзине бойсынатуғынларға беретуғын Мухаддес Руўхы да буларға гүўа. Жоқарғы кеңес ағзалары буны еситкенде ашыўға минип, елшилерди өлтирмекши болды. Бирақ, пүткил халықтың ҳүрметине ийе болған нызам муғаллими Гамалиел атлы бир парисей кеңесте орнынан турып, елшилерди аз-маз ўақытқа сыртқа шығарып турыўды буйырды. Соңынан ол кеңес ағзаларына былай деди: – Израиллылар! Бул адамларға ислейжақ исиңизди абайлап ислеңлер. Себеби буннан бурын өзин уллы деп есаплаған Теудас атлы бир адам шыққан еди. Оған төрт жүзге шамалас адам қосылды. Бирақ ол өлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап, жоқ болып кетти. Оннан соң, халықтың есабы алынған күнлерде галилалы Яҳуда шығып, бир топар адамларды изине ертти. Ол да өлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап кетти. Сонлықтан енди сизлерге айтатуғыным мынаў: бул адамларға тиймеңлер, оларды тынышына қойыңлар. Өйткени бул ис-ҳәрекет адамлардан болса, ол иске аспайды. Бирақ Қудайдан болса, бул адамларды жоқ қыла алмайсызлар. Және де, Қудайға қарсы урысыўшы болып қалыўыңыз да мүмкин. Кеңес ағзалары Гамалиелдиң мәсләҳәтин қабыл етти де, елшилерди ишке шақыртып, оларды қамшылатты ҳәм Ийсаның аты менен ўаз айтпаўды буйырып, босатып жиберди. Елшилер Ийсаның аты себепли масқараланыўға миясар болғаны ушын жоқарғы кеңестен қуўанышлы түрде шығып кетти. Олар ҳәр күни Ибадатханада ҳәм үйме-үй тәлим бериўин, Ийсаның Масих екени ҳаққында Хош Хабарды жәриялаўын тоқтатқан жоқ. Масихтың шәкиртлериниң саны өсип атырған сол күнлерде грекше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бөлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди. Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап: – Қудайдың сөзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас. Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық. Ал бизлер өзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Қудайдың сөзин жәриялаўға бағышлайық, – деди. Бул сөз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине өткен антиохиялы Николасты сайлап, елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды. Солай етип, Қудайдың сөзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны көбейе берди. Руўханийлердиң көбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады. Қудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсететуғын еди. Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы» деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады. Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сөйлегенликтен, олар қарсы тура алмады. Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Қудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды. Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди өшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди. Олар әкелген жалған гүўалар: – Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сөйлеп жүр. Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин өзгертеди», – дегенин еситтик, – деди. Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин көрди. Сонда бас руўханий Степаннан: – Усы дурыс па? – деп сорады. Степан былай деп жуўап берди: – Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға көшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Қудай оған көринип: «Елиңди ҳәм ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар», – деген еди. Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Әкесиниң өлиминен кейин, Қудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге көширди. Деген менен, Қудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Қудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди. Және де, Қудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, төрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық көреди. Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады». Соңынан Қудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды. Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Қудай оның менен бирге болып, барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды. Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды. Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады. Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына өзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды. Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын өзине шақыртып алды. Солай етип, Яқып Мысырға көшип кетти. Оның өзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды. Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды. Қудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә көбейип қалған еди. Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды. Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи. Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды. Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, өз баласындай қылып тәрбиялап өсирди. Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сөзинде де, исинде де күшли болды. Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде өз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып көриў нийети пайда болды. Олардың бирине әдилсизлик исленгенин көрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны өлтирип, зулымлық көрген адам ушын өш алды. Ол: «Қудайдың мен арқалы өзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди. Ертеңине Муўса төбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып: – Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди. Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип: – Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? Кеше мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деди. Бул сөзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды. Қырық жыл өткеннен соң, Синай таўының дөгерегиндеги шөлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште көринди. Муўса бул көриниске таң қалды. Анықлап көриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң: «Мен сениң ата-бабаларыңның Қудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайыман», – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады. Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Өйткени сен турған жер мухаддес. Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын көрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен». Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Қудай оны путада көринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди. Мысырда, Қызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шөлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди. Израил улларына: «Қудай сизлерге өз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады», – деген де – усы Муўса еди. Синай таўында өзине сөйлеген периштениң сөзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шөлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Қудайдың тири сөзлерин алған еди. Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды. Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз», – деди. Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар өз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил көтеристи. Сонлықтан Қудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды: «Ҳәй, Израил халқы! Сизлер шөлде қырық жыл бойы, Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе? Өзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды: Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын көтерип жүрдиңлер-ғо. Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан». Ата-бабаларымыздың шөлде Гүўалық шатыры бар еди. Муўса оны өзине сөйлеген Қудайдың буйырғанындай, көрген үлги бойынша ислеген еди. Шатыр әўладтан-әўладқа өтип, ата-бабаларымыз Ешуаның басшылығында Қудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны өзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды. Қудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Қудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады. Бирақ, Қудай ушын үй салған Сулайман болды. Деген менен, Қүдиретли Қудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди: «Аспан – Мениң тахтым, Жер – аяқ басарым, Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар? Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен? Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?» Ҳәй, өжетлер, шын кеўилден Қудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сөзин тыңламайтуғынлар! Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар. Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да өлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны өлтирдиңлер. Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар! Кеңес ағзалары бул сөзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады. Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан көзлерин аспанға тигип, Қудайдың салтанатын ҳәм Қудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны көрди. Сонда ол: – Қараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының Қудайдың оң тәрепинде турғанын көрип турман, – деди. Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да, оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар өз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды. Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти. Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды. Степанның өлтирилиўин Саул да мақуллаған еди. Сол күнниң өзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти. Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады. Бирақ Саул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды. Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Қудайдың сөзин жәриялап жүрди. Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масих ҳаққында жәриялады. Филиптиң сөзин еситкен ҳәм ол көрсеткен кәраматлы белгилерди көрген халық оның сөзлерин дыққат пенен тыңлады. Өйткени жин урған көп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, көплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди. Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бөленди. Сол қалада көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм өзин уллы адам деп есаплайтуғын Симон атлы бир адам бар еди. Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Қудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди. Симон оларды көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди. Бирақ олар Қудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масихтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сөзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды. Симонның өзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Көрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды көрип, ол таң қалды. Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди. Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты алыўы ушын дуўа етти. Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди. Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, олар Мухаддес Руўхты алды. Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин көрген Симон оларға ақша усынып: – Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди. Бирақ Петр оған былай деди: – Қудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң өзиң менен бирге қурып кетсин. Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Өйткени кеўлиң Қудай алдында ҳақ емес. Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер. Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди көрип турман. Симон жуўап берип: – Мен ушын Ийеңизге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди. Петр менен Юхан Ийемиздиң сөзи ҳаққында гүўалық берип айтқаннан соң, Самарияның көп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты. Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди: – Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шөл жолына бар. Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта сыйыныў ушын Ерусалимге барып, сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди. Мухаддес Руўх Филипке: – Барып, сол арбаға жақынлас, – деди. Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип: – Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады. Эфиопиялы: – Биреў маған жол-жорық көрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды өтиниш етти. Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди: «Ол қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды, Жүн қырқыўшының алдында қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады. Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды. Оның урпақларын ким тилге алады? Өйткени Оның бул дүньядағы өмири таўсылды». Ўәзир Филиптен: – Өтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Өзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады. Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди. Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди. – Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир. [ ] Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды. Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип, ўәзир оны қайтып көрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти. Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, Дамасктағы мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди. Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. Саул жерге жығылып: – Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти. Саул: – Сен кимсең, Ийем? – деп сорады. – Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди. Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди көрмеген еди. Саул жерден турды. Бирақ көзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе көре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды. Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди. Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған көринип: – Ханания, – деди. – Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол. Ийемиз оған: – Орныңнан тур да, «Туўры көше» деген көшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр. Ол өзине көрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, көзлериниң қайтадан көриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин көрген еди, – деди. Ханания жуўап берип: – Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе қанша жаманлық ислегенин мен көп адамлардан еситкен едим. Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди. Ийемиз оған: – Бар! Өйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым. Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Өзим оған көрсетемен, – деди. Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып: – Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди. Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып, Саул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм аўқат жеп, күшке енди. Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды. Ол дәрҳал Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады. Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести. Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди. Арадан көп күнлер өткенде, яҳудийлер Саулды өлтириўге тил бириктирди. Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны өлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды. Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди. Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди. Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай көргенин, Ийемиздиң оның менен сөйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди. Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди. Ол грекше сөйлейтуғын яҳудийлер менен сөйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды өлтириўге ҳәрекет етти. Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди. Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны өсе берди. Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди көриўге келди. Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери төсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды көрди. Петр оған: – Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, төсегиңди жыйна, – деди. Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды. Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны көрип, Ийемиздиң жолына түсти. Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди. Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бөлмеге қойды. Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп өтиниш етти. Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бөлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың өзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен көйлеклерин оған көрсетти. Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан өлиге бурылып: – Тавита, орныңнан тур! – деди. Ҳаял көзлерин ашты да, Петрди көрип, тикейип отырды. Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға көрсетти. Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, көп адамлар Ийемизге исенди. Петр көп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды. Кесарияда «Италиян» деген әскерий бөлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди. Ол пүткил шаңарағы менен Қудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа көп жәрдем берип, Қудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди. Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Қудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық көрди. Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол көзлерин периштеге тикти де: – Неўе, Ийем? – деди. Периште оған жуўап берип: – Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Қудайға жетип барды. Қудай оларды есте сақлады. Енди Яффаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Симон деген бир адамды шақырт. Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Симон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта, – деди. Өзи менен сөйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм өз жәрдемшилериниң ишинен бир диншил әскерди шақырды. Оларға ҳәммесин түсиндирип, Яффаға жиберди. Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның төбесине шықты. Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти. Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң төрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын көрди. Оның ишинде ҳәр түрли төрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди. Бир даўыс оған: – Петр, тур. Сойып же, – деди. – Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса патас зат жеген емеспен, – деди Петр. Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге: – Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди. Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға көтерилип кетти. Көрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Симонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды. Олар даўыслап: – Петр деп аталатуғын Симон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады. Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған: – Әне, үш адам сени излеп жүр. Қәне, орныңнан турып, төменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди. Петр төменге түсип, адамларға: – Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Қандай жумыс пенен келдиңлер? – деди. Олар Петрге: – Корнелий деген ҳақ ҳәм Қудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сөзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди. Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды. Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Яффадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти. Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди. Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды. Бирақ Петр оны турғызып: – Тур, мен де адамман-ғо, – деди. Петр Корнелий менен сөйлесип ишке киргенде, көп адамлардың жыйналып отырғанын көрип, оларға былай деди: – Яҳудий адамның басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Қудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин көрсеткен еди. Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма? Корнелий былай деди: – Төрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып, маған: «Корнелий! Қудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады. Яффаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Симонның үйинде турып атыр», – деди. Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Қудай алдында отырмыз. Сонда Петр былай деп сөзин баслады: – Қудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Өзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман. Қудай Израил халқына Ийса Масих арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масих – ҳәр бир адамның Ийеси. Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар: Қудай Насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Өйткени Қудай Оның менен бирге еди. Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп өлтирген еди. Бирақ Қудай Ийсаны үшинши күни өлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға көриниўине жол қойды. Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Қудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, өлимнен қайта тирилгеннен кейин Өзи менен бирге ишип-жегенлерге көринди. Ол Өзиниң Қудай тәрепинен тирилерди ҳәм өлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды. Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди. Петр еле усы сөзлерди сөйлеп турғанда, Қудайдың сөзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти. Петр менен бирге келген исениўши яҳудийлер Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты. Себеби олардың басқа тиллерде сөйлеп, Қудайды алғыслап турғанын еситти. Сонда Петр: – Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўына ким қадаған ете алады? – деди. Солай етип, Петр олардың Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын өтиниш етти. Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситти. Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап: – Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге ас ишипсең! – деди. Сонда Петр сөз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди: – Мен Яффа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян көрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе төрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди. Көзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы төрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын көрдим. Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим. «Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса патас нәрсе алғаным жоқ», – дедим. Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди. Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды. Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди. Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Бул алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық. Ол бизлерге қалайынша бир периштени көргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, өзине: «Яффаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сөзлерди айтады», – депти. Мен сөйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти. Сонда Ийемиздиң мына сөзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар». Солай етип, Қудай Ийемиз Ийса Масихқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Қудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан? Бул сөзлерди еситип, олар тынышланды. Қудайды алғыслап былай деди: – Демек, Қудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик өмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти. Степан өлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Қудайдың сөзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди. Бирақ, олардың арасынан кипрлы ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиздиң қүдирети олар менен бирге болғанлықтан, көп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти. Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди. Барнаба сол жерге келгенде, Қудайдың мийримин көрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақыл-нәсият берди. Өйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, көп адамлар Ийемизге алып келинди. Сонда Барнаба Саулды излеў ушын Тарсусқа кетти. Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Саул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, көп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масихыйлар деп аталды. Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди. Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турып, пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын Мухаддес Руўхтан илҳамланып, болжап айтты. Бул ашлық Клавдий патшаның заманында болды. Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти. Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Саул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады. Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалаў ушын тутқынға алды. Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен өлтиртти. Буның яҳудий басшыларына жаққанын көрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы күнлери еди. Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири төрт әскерден ибарат болған төрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Қутқарылыў байрамынан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди. Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Қудайға бар жигери менен дуўа етти. Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдыңғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Қапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди. Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти. Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да: – Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти. Периште оған: – Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған: – Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди. Петр қамақхана бөлмесинен шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян көрип турман, деп ойлады. Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан өтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға өз-өзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир көше өткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды. Сонда өзине келген Петр: «Ийемиздиң Өз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түседи, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди. Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде көп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди. Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди. Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди. «Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сөзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди. Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны көргенде ҳайран қалысты. Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап көрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти. Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты. Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды өлтириўди буйырды. Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды. Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар өз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси Бластусты өз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Өйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди. Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сөз сөйледи. Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты. Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Қудайға бериў керек болған даңқты өзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды. Ал Қудайдың сөзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди. Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Саул Марк деп аталатуғын Юханды өзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди. Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Симон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Саул. Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Саулды ажыратып бериңлер». Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Саулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды. Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Саул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрға жүзип өтти. Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында Қудайдың сөзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди. Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып өтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты. Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгөйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Саулды шақыртып, Қудайдың сөзин тыңламақшы болды. Бирақ, грек тилинде аты Елимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық көрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты. Сонда Мухаддес Руўхқа толған Саул, яғный Павел көзлерин Елимасқа тигип: – Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па? Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын көтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын көре алмайтуғын боласаң, – деди. Сол ўақытта-ақ оның көзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап өзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын сыйпалай баслады. Ҳәким болған ўақыяны көрип, исенди. Өйткени Ийемиз туўралы тәлийматқа ҳайран қалған еди. Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти. Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Дем алыс күни мәжилисханаға кирип отырды. Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сөзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабар жиберди. Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди: – Ҳәй, израиллылар ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар! Бул Израил халқының Қудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Өзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты. Шөлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады. Канан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Өз халқына мийрас етип берди. Булардың ҳәммеси төрт жүз елиў жылдай даўам етти. Соңынан Қудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди. Буннан кейин халық патша сорағанда, Қудай оларға Бенамин урыўынан болған Кистиң улы Саулды берди. Саул қырық жыл патшалық етти. Қудай оны тахттан түсиргеннен соң, олардың үстилеринен Даўытты патша етип қойды. Қудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды». Қудай Өз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Қутқарыўшысы Ийсаны шығарды. Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады. Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масих емеспен. Бирақ Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен». Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сөзлери бизлерге жиберилген. Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр дем алыс күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сөзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сөзлерин әмелге асырды. Оннан өлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны өлтириўди сорады. Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды. Бирақ, Қудай Оны өлимнен тирилтти. Ийса Өзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге көп күнлер даўамында көринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды. Бизлер де сизлерге Қудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз. Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым». Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, өлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Қудай былай деген: «Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен». Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген: «Өз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң». Даўыт өз заманында Қудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң көз жумып, өз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти. Бирақ, Қудай тирилткен Адамның денеси ширимеди. Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр. Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады. Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сөзлери басыңызға түспесин: «Қараңлар, ҳәй, мазақ етиўшилер, Таң қалысып, набыт болыңлар! Себеби Мен сизлер жасаған күнлерде бир ис ислеймен, Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер». Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси дем алыс күни де усылар ҳаққында айтыўын өтиниш етти. Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине өткен Қудайға сыйынатуғынлардың көбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сөйлесип, Қудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти. Келеси дем алыс күни қала халқының дерлик ҳәммеси Қудайдың сөзин тыңлаў ушын жыйналды. Бирақ яҳудийлер сонша халықты көрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сөзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти. Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди: – Қудайдың сөзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм өзлериңизди мәңгилик өмирге ылайықлы көрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз. Өйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди: «Дүньяның ҳәмме жерине қутқарылыў әкелиўиң ушын, Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым». Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сөзин алғыслады. Мәңгилик өмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди. Солай етип, Ийемиздиң сөзи пүткил үлке бойлап жайылды. Бирақ яҳудийлер Қудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди. Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти. Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып-таса берди. Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де көп адам исенди. Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы өшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады. Сонлықтан ол жерде узақ ўақыт қалған Павел менен Барнаба Ийемизге сүйенип, Қудайдың сөзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрсетип, Өз мийрими ҳаққында сөзлерди тастыйықлады. Қала халқы екиге бөлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине өтти. Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары өз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас пенен урмақшы болды. Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра, Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып, сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти. Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди. Бул адам Павелдиң сөзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин көрди де, қатты даўыслап: – Аяқларыңда тик тур, – деди. Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады. Халық Павелдиң ислеген исин көргенде, ликаония тилинде: – Қудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты. Олар Барнабаны Зевс, Павелди сөз сөйлегени ушын Гермес деп атады. Қаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына өгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды. Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, көпшиликтиң арасына өзлерин урды да, былай деп бақырды: – Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз-ғо! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Қудайға қайтыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз. Қудай өткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди өз өмир жоллары менен жүриўге қалдырды. Соған қарамастан, Өзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады. Усы сөзлер менен, олар өзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде көндирди. Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты өз тәрепине аўдырып, Павелди тас пенен урды. Оны өлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады. Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел өзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти. Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, көп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди. Жол-жөнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Қудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, көп қыйыншылықлардан өтиўимиз тийис», – деди. Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды өзлери бурыннан исенетуғын Ийемиз Ийсаның қолына тапсырды. Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы өтип, Памфилия үлкесине келди. Пергияда Қудайдың сөзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти. Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада олар өзлерине тапсырылған ис ушын өзлерин Қудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады. Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Қудайдың өзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди. Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды. Яҳудиядан Антиохияға гейбир исениўшилер келип, туўысқанларға: «Егер Муўсаның үрп-әдети бойынша сүннет етилмесеңлер, қутқарыла алмайсызлар», – деп тәлим бере баслады. Павел ҳәм Барнаба олар менен айтысып, қатты тартысып қалды. Ақырында Павел ҳәм Барнабаға, және де олар менен бирге басқа бир неше туўысқанға Ерусалимдеги елшилер менен ақсақалларға барып, усы мәселени шешиў тапсырылды. Солай етип, олар исениўшилер жәмәәти тәрепинен жиберилип, Феникия ҳәм Самария үлкелеринен өтти. Жол-жөнекей басқа миллетлердиң Ийемиздиң жолына түскенин айтып, сол жердеги туўысқанларға үлкен қуўаныш бағышлады. Ерусалимге келгенде, олар исениўшилер жәмәәти, елшилер ҳәм ақсақаллар тәрепинен жақсы қабыл етилди. Қудайдың өзлери арқалы ислеген ҳәмме нәрсесин оларға билдирди. Бирақ, парисейлер арасынан шыққан айырым исениўшилер орынларынан турып: – Исениўши болған басқа миллет адамлары да сүннет етилип, оларға Муўсаның Нызамын орынлаўды буйырыў тийис, – деди. Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды. Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди: – Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Қудай көп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер. Адамның кеўлин билетуғын Қудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин көрсетти. Қудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады. Олай болса, енди не ушын ата-бабаларымыз да, өзлеримиз де көтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Қудайды сынап атырсызлар? Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де өзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз. Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар өзлери арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында көрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди. Олар сөзлерин таўысқаннан соң, Яқып сөз баслап былай деди: – Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар! Басқа миллетлерден Өзине тийисли бир халық шығарыў ушын, Қудай оларға дәслеп қалай мийримлилик көрсеткенин Симон Петр баян еткен еди. Пайғамбарлардың сөзлери де усыған туўры келеди. Былай деп жазылған: «Буннан кейин Мен қайтып келип, Даўыттың қулап қалған үйин қайта қураман. Қыйралғанларды дүзетип, қайта тиклеймен. Солай етип, қалған адамлар ҳәм Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер Ийесин – Мени излеп тапсын. Буларды әййемнен билдирген Ийемиз усылай дейди». Сонлықтан, мениң пикиримше, Қудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек. Бирақ, бутларға сойылып ҳарамланған қурбанлық гөшинен, бузықшылықтан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын жазып жибериўимиз тийис. Өйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр дем алыс күни мәжилисханаларда оқылмақта. Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар өзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсаба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди. Олар арқалы мына хатты жазып жиберди: «Ҳүрметли туўысқанларымыз! Туўысқанларыңыз болған биз, елшилер ҳәм ақсақаллардан, Антиохия, Сирия ҳәм Киликиядағы басқа миллет адамлары болған сиз, туўысқанларға сәлем! Арамыздағы айырым адамлардың сизлерге барғанын ҳәм өз сөзлери менен сизлерди тәшиўишке салып, ақылыңызды ҳайран қылғанын еситтик. Бизлер оларға ҳеш қандай жол-жорық бермеген едик. Сонлықтан арамыздан бир неше адамды сайлап, сүйикли туўысқанларымыз Барнаба ҳәм Павел менен бирликте сизлерге жибериўди бир аўыздан мақул таптық. Булар екеўи Ийемиз Ийса Масихтың аты ушын өмирлерин бағышлаған адамлар. Сизлерге және де Яҳуда менен Силаны жиберип атырмыз. Олар бул жазғанларымызды аўызша айтып береди. Себеби Мухаддес Руўх ҳәм бизлер әҳмийетли болған бул қағыйдалардан тысқары сизлерге ҳеш нәрсени жүклемеўди мақул таптық: сизлер бутларға сойылған қурбанлық гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыңлар. Усылардан сақлансаңлар, жақсы ис қылған боласызлар. Аман болыңлар!» Солай етип, жиберилгенлер жолға шығып, Антиохияға келди. Жәмәәтти бир жерге жыйнап, оларға хатты тапсырды. Исениўшилер хатты оқып, ондағы кеўил көтериўши сөзлерге қуўанды. Пайғамбаршылық сыйын алған Яҳуда менен Сила туўысқанларға көп сөзлер менен ақыл-нәсият айтып, руўхый күш-қуўат берди. Бир қанша ўақыт сол жерде болғаннан соң, туўысқанлар оларды аман-есен шығарып салып, жоллағанларға қайтарды. [ ] Ал Павел менен Барнаба Антиохияда болды. Олар көплеген адамлар менен бирликте Ийемиздиң сөзин үйретип, жәриялап жүрди. Бир қанша ўақыттан соң, Павел Барнабаға: – Енди изимизге қайтып, бизлер Ийемиздиң сөзин жәриялаған ҳәр бир қаладағы туўысқанларымызға барайық, олардың ҳал-жағдайын көрейик, – деди. Барнаба Марк деп аталатуғын Юханды бирге алып жүрмекши болды. Бирақ Павел Памфилияда өзлерин таслап кетип, бирликте баслаған исти даўам етпеген Маркты өзлери менен бирге алып жүриўди мақул көрмеди. Солай етип, олардың арасында кескин түсинбеўшилик болып, бир-биринен бөлинди. Барнаба Маркты алып, кеме менен Кипрға кетти. Ал Павел Силаны таңлады ҳәм туўысқанлар тәрепинен Ийемиздиң мийримине тапсырылғаннан соң, жолға шықты. Ол Сирия ҳәм Киликия үлкелерин аралап, исениўши жәмәәтлерди беккемлеп жүрди. Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди. Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди. Тимофейди өзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Өйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди. Олар қаладан-қалаға өтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды. Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди. Қудайдың сөзин Азия үлкесинде жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди. Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди. Сонлықтан олар Мисиядан өтип, Троас қаласына келди. Сол күни түнде Павел аян көрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп өтинди. Павел бул аянды көргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Қудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик. Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық. Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық. Бизлер бул жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлап, дем алыс күни қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сөйлей басладық. Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, қымбат баҳалы гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Қудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сөзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты. Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди көндирди. Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди. Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип: – Бул адамлар – Қүдиретли Қудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди. Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти. Шорының хожайынлары пайда көриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды. Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып: – Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте. Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести. Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди. Оларды көп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды. Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бөлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады. Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Қудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады. Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти. Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин көрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол өзин өлтирмекши болып, қылышын суўырып алды. Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып: – Өз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди. Қамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды. Оларды сыртқа шығарып: – Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. Олар: – Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди. Соңынан олар оның өзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сөзин айтты. Қамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў өзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды. Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Қудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды. Таң атқанда, ҳәкимлер: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады. Қамақхана хызметкери бул сөзлерди Павелге хабарлап: – Ҳәкимлер сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди. Бирақ Павел сақшыларға былай деди: – Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди өзлери келип шығарсын! Сақшылар бул сөзлерди ҳәкимлерге жеткизип барды. Ҳәкимлер Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти. Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин өтинди. Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды көрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты. Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан өтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди. Павел өз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады. Масихтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: – Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масих, – деди ол. Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Қудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм көплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи. Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң салды. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди. Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып: – Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти. Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим патшасы-Қайсардың пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды. Бул сөзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды. Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди. Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Верияға жиберди. Олар Верияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди. Вериядағы яҳудийлер Салоникадағылардан парасатлырақ еди. Олар Қудайдың сөзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сөзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди. Солай етип, яҳудийлердиң көбиси ҳәм көплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди. Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Верияда да Қудайдың сөзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды. Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Верияда қалды. Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты. Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин көргенде, қатты қапа болып ашыўланды. Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Қудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди. Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Өйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди. Олар Павелди Ареопаг кеңесине алып келип, оған: – Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлийматтың не екенин билиўимизге бола ма? Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди. Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен өткизетуғын еди. Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди: – Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди көрип турман. Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды көзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық шалынатуғын орынды да көрдим. Енди өзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Қудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан. Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Қудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды. Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Өйткени ҳәмме адамларға өмир, дем ҳәм барлықты Оның Өзи береди. Қудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген. Буны Қудай Өзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес. Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз. Бизлер енди Қудайдың урпағы болғанымыз себепли, Қудай адамның өнери ҳәм ақыл-ойы менен дөретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар. Өткен наданлық дәўирлерде Қудай дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта. Өйткени Ол бул дүньяны Өзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды өлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи. Өлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди. Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти. Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди. Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди. Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискила менен жақында Италиядан келген еди. Себеби Клавдий патша барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да, кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди. Павел ҳәр дем алыс күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти. Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел өзин Қудайдың сөзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масих екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады. Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып, оларға былай деди: – Өз обалыңыз өзиңизге! Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен. Павел сол жерден шығып, Қудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди. Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң көбиси де исенип, суўға шомылдырылды. Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян көрсетип: «Қорқпа, үнсиз қалмай, сөйлей бер! Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Өйткени бул қалада Мениң адамларым көп», – деди. Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Қудайдың сөзин үйретиўин даўам етти. Галио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып: – Мына адам халықты үгитлеп, Қудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди. Павел енди сөзин басламақшы болғанда, Галио яҳудийлерге былай деди: – Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим. Бирақ, сөзлерге, атларға ҳәм өзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, өзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди. Солай етип, Галио оларды қазыханадан қуўып жиберди. Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галио буларға кеўил де аўдарған жоқ. Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискила ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Қудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады. Ефеске келгенде, Прискила менен Акиланы сол жерде қалдырып, өзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен айтыса баслады. Олар көбирек ўақыт қалыўын өтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди. Бирақ олар менен хошласып атырып: – Қудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен, – деди. Соңынан кеме менен Ефестен жөнеп кетти. Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды. Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди. Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполос атлы бир яҳудий Ефеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сөзге шешен адам еди. Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сөйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди. Аполос мәжилисханада батыллық пенен сөйлей баслады. Буны Прискила менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Қудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди. Аполос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполос сол жерге жетип барып, Қудайдың мийрими менен исенгенлерге көп жәрдем берди. Себеби ол Ийсаның Масих екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады. Аполос Коринфте болғанда, Павел таўлы үлкелерден өтип, Ефеске келди. Ол жерде айырым шәкиртлер менен ушырасып, олардан: – Исенген ўақтыңызда Мухаддес Руўхты алдыңыз ба? – деп сорады. – Мухаддес Руўхтың бар екенин бизлер ҳеш еситпедик де, – деп жуўап берди олар. – Олай болса, қандай шомылдырыў менен шомылдырылдыңлар? – деп сорады Павел. – Яқыяның тәлимине тийкарланып, суўға шомылдырылдық, – деди олар. Павел былай деди: – Яқыя халықты тәўбе еттирип ҳәм суўға шомылдырып, оларға өзинен соң Келетуғынға, яғный Ийсаға исениўди айтқан еди. Олар буны еситкенде, Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылды. Павел олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, оларға Мухаддес Руўх түсти ҳәм олар басқа тиллерде сөйлеп, Қудайдың сөзлерин айта баслады. Олар барлығы болып шама менен он еки адам еди. Павел мәжилисханаға барды. Ол сол жерде үш ай даўамында Қудайдың Патшалығы туўралы тәлим берди ҳәм оларды исендириўге тырысып, батыллық пенен сөйледи. Бирақ, гейбиреўлери қасарысып исенбеди ҳәм Ийсаның жолын халық алдында жаманлай баслады. Сонлықтан Павел оларды қалдырып, шәкиртлерди өзи менен бирге алды да, ҳәр күни Тиранустың мектебинде тәлим бериўин даўам етти. Бул аўҳал еки жылға созылды. Солай етип, яҳудий болсын, грек болсын, Азия үлкесинде жасаған ҳәр бир адам Ийемиздиң сөзин еситти. Қудай Павел арқалы таң қаларлық кәраматлар иследи. Ҳәтте, Павелдиң денесине тийген бет орамаллар ямаса алжапқышлар наўқасларға қойылғанда, олар дәртлеринен азат болып, ишлеринен жаўыз руўхлар шығатуғын еди. Ел аралап, жаўыз руўхларды қуўып жүрген гейбир яҳудий дуўаханлар да жаўыз руўх урған адамларға Ийемиз Ийсаның атын қоллана баслады. Олар: «Павел жәриялап жүрген Ийсаның аты менен буйырамыз, шығып кет!» – дейтуғын еди. Бас руўханий Скева атлы бир яҳудийдиң жети улы да усылай ислеп жүрген еди. Бирақ жаўыз руўх оларға: – Ийсаны билемен, Павелди таныйман, ал сизлер кимсиз? – деп жуўап берди де, жаўыз руўх урған адам оларға тәп берип жығып, олардан үстин шықты. Олар үйден жарадар ҳәм жалаңаш болып қашып кетти. Бул хабар Ефесте жасайтуғын барлық яҳудийлер менен греклерге жетип барды. Ҳәммесин қорқыныш бийлеп, Ийемиз Ийсаның аты үлкен ҳүрметке еристи. Исенгенлердиң көбиси келип, ислеген жаман ислерин ашық мойынлады. Сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын көп адамлар да китапларын жыйнап, ҳәммениң көз алдында жағып жиберди. Китаплардың баҳасын есаплағанда, елиў мың драхма болды. Солай етип, Ийемиздиң сөзи қүдирет пенен жайылып, тәсири артып барды. Бул ўақыялардан соң, Павел Македония ҳәм Ахая үлкелеринен өтип, Ерусалимге барыўға қарар етти. «Ол жерге барғанымнан соң, Римди де көриўим керек», – деди ол. Сонлықтан өзи бир неше ўақыт Азия үлкесинде қалып, жәрдемшилеринен екеўин – Тимофей менен Ерастусты Македонияға жиберди. Сол ўақытлары Ийемиз Ийсаның жолына қарсы күшли көтерилис пайда болды. Димитрий атлы бир зергер гүмистен Артемида ибадатханасының кишкене үлгилерин соғып, өз өнерментшилерине көп пайда келтиретуғын еди. Димитрий өз өнерментшилери менен өзиндей зергерлерди бир жерге жыйнап, оларға былай деди: – Дослар, усы кәсибимиз арқалы көп пайда алатуғынымызды билесизлер. Бирақ Павел деген мына бир адамның қолдан соғылған қудайлардың ҳақыйқый қудайлар емес екенин айтып, тек Ефесте емес, ал пүткил Азияда көп санлы адамларды үгитлеп азғырғанын көрип ҳәм еситип атырсызлар. Бул бизлердиң өнеримиздиң қәдирине қәўип туўдырып қоймай, ал уллы ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасының арзымайтуғын нәрсеге айланып, пүткил Азия үлкеси менен пүткил дүнья сыйынатуғын ҳаял қудайды уллылығынан айырыў қәўпи бар. Олар буны еситкенде, қатты ғәзепленип: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақыра баслады. Пүткил қала тәртипсизликке толып кетти. Адамлар Павелдиң жолдаслары македониялы Гаюс пенен Аристархты услап алып, ҳәммеси бирликте тамаша майданына қарай умтылды. Павел халықтың арасына бармақшы болды, бирақ шәкиртлер оған жол қоймады. Павелдиң дослары болған Азия үлкесиниң айырым басшылары да оған хабар жоллап, тамаша майданында көринбеўин өтинди. Жыйналғанлардың бири анаў, бири мынаў деп бақырысып, жыйналыс бийтәртип болды. Көбиси не ушын жыйналғанын да билмейтуғын еди. Яҳудийлер Искендер атлы бир адамды ийтерип ортаға шығарғанлықтан, айырым адамлар болған ўақыя ушын оны айыпкер деп шешти. Искендер қолы менен ишарат етип, өзин халық алдында қорғамақшы болды. Бирақ халық оның яҳудий екенин билгенде, ҳәммеси бир аўыздан шама менен еки сааттай: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақырып турды. Қала хаткери халықты тынышландырып былай деди: – Ефеслилер! Уллы Артемиданың аспаннан түскен мүсининиң ҳәм оның ибадатханасының қорғаўшысы – Ефес қаласы екенин ким билмейди? Буларды ҳеш ким бийкарлай алмайды. Соның ушын тынышланып, ойланып ис тутыўыңыз керек. Сизлердиң бул жерге әкелген адамларыңыз ибадатхананы да тонамаған, ҳаял қудайымызға да тил тийгизбеген. Сонлықтан Димитрийдиң ҳәм оның өнерментши жолдасларының биреўге қарсы қандай да бир шағымы бар болса, қазыханалар ашық, қазылар да бар. Бир-бириниң үстинен сол жерде шағым етсин. Ал егер тағы басқа мәселе болса, ол рәсмий жыйналыста шешилиўи тийис. Бүгинги болған ўақыялар себепли айыпланыў қәўпиндемиз. Бундай топалаңды ақлай алыўға бизлерде себеп те жоқ. Ол усы сөзлерди айтып, жыйналғанларды тарқатып жиберди. Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты. Ол жол-жөнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди көп сөзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди. Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер өзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти. Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти. Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды. Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық. Ҳәптениң биринши күни нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сөз сөйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды. Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бөлмеде көп шыралар жанып турған еди. Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сөзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден көтерип алғанда, ол өлип қалған еди. Павел төменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен көтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди. Соңынан жоқарыға көтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша көп сөйлескеннен соң, жолға шықты. Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды. Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Өйткени оның өзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди. Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық. Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық. Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай өтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди. Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты. Олар жанына келгенде, Павел былай деди: – Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер. Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан өткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын көз жасларымды төгип хызмет еттим. Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым. Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым. Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен. Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр. Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны. Мен араңызда жүрип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып көрмейтуғынын билемен. Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен. Себеби сизлерге Қудайдың пүткил еркин толық жәрияладым. Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көз-қулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар! Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен. Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады. Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей көз жасларымды төгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар! Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди. Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим. Өзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер. Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гөре, берген адам бахытлырақ», – деген сөзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде көрсеттим. Павел усы сөзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти. Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди. Әсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып көрмейсиз», – деген сөзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды. Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик. Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик. Кипр көрингенде, оның қубла тәрепинен өтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық. Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды өтинди. Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик. Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты. Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен көрисип, олардың жанында бир күн қалдық. Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық. Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын, турмысқа шықпаған төрт қызы бар еди. Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди. Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен өзиниң аяқ-қолларын байлап: – Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди. Бул сөзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын өтиндик. Сонда Павел былай деп жуўап берди: – Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал өлиўге де таярман. Павелди көндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик. Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик. Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрлы Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық. Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды. Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты көриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди. Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, өз хызмети арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди. Олар буны еситип, Қудайды алғыслады да, Павелге былай деди: – Туўысқанымыз Павел! Өзиң көрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши көп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы. Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең. Енди не қылыў керек? Олар, әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди. Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Қудай алдында ант ишкен төрт адам бар. Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен өт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен төле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин. Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға сойылған қурбанлықтың гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик. Келеси күни Павел жанына сол төрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен өтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди. Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада көрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып: – Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты. Өйткени олар буннан алдын Павелди қалада ефесли Трофим менен бирге көргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди. Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды. Олар Павелди өлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң көтерди!» – деген хабар жетип барды. Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди көргенде, Павелди урыўды тоқтатты. Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан: – Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады. Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жөнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бөлимге алып кетиўди буйырды. Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны көтерип жүриўге мәжбүр болды. Халық оның изинен: – Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди. Әскерий бөлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға: – Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди. Мыңбасы: – Сен грекше билесең бе? Демек, сен буннан бурын қозғалаң көтерип, төрт мың қозғалаңшыны шөлге апарған мысырлы емес екенсең-ғо, – деди. Павел: – Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден өтиниш, халыққа сөз сөйлеўге рухсат етиң, – деди. Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сөйлей баслады. – Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, өзимди ақлаўшы сөзлеримди тыңлаңлар! Павелдиң өзлерине еврейше сөйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти: – Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында өстим. Гамалиелдиң қолы астында ата-бабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Қудайға инталы хызмет еттим. Ийсаның жолы менен жүриўшилерди өлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым. Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сөзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктағы яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди. Мен жолға шығып, Дамаскқа жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди. Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Саул, Саул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим. «Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған Насыралы Ийсаман» – деди. Мениң жанымдағылар нурды көрсе де, мениң менен Сөйлескенниң сөзлерин түсинбеди. «Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскқа бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди. Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан көзлерим көрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскқа жетеклеп апарды. Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди. Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Саул! Көзлериң көрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ көзлерим ашылып, оны көрдим. Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Қудайы Өзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды көрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады. Себеби сен көргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң. Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!» Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди көрдим. Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Өйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди. Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи. Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны төгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым». Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди. Адамлар Павелди усы сөзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сөзлерди еситкенде: – Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады. Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң көтерип турғанда, мыңбасы Павелди әскерий бөлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды. Қолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға: – Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди. Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де: – Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди. Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип: – Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады. – Аўа, – деди Павел. – Мен бул пуқаралыққа көп ақша менен еристим, – деди мыңбасы. – Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел. Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти. Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды. Павел жоқарғы кеңес ағзаларына дыққат пенен нәзер салып: – Туўысқанларым! Мен бүгинги күнге дейин Қудайдың алдында пәк ҳүждан менен жасадым, – дегенде, бас руўханий Ханания Павелдиң жанында турғанларға оның аўзына урыўды буйырды. Сонда Павел оған: – Ҳәй, еки жүзли! Сени Қудай урады! Сен мени Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиў ушын отырсаң, бирақ Мухаддес Нызамды бузып, мени урыўды буйырып атырсаң, – деди. Павелдиң қасында турғанлар: – Қудайдың бас руўханийин де мазақ етиўге бола ма? – деди. Павел былай деди: – Туўысқанларым, оның бас руўханий екенин билмейтуғын едим. Себеби: «Өз халқыңның басшысына жаман сөз айтпа», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо. Сонда олардың бир бөлегиниң саддукейлер, басқа бөлегиниң парисейлер екенин билген Павел жоқарғы кеңесте бәлент даўыс пенен: – Туўысқанларым! Мен парисеймен ҳәм парисейдиң улыман. Мен өлилердиң қайта тирилиўинен үмит еткеним ушын ҳүким етилип атырман, – деди. Павел буны айтқанда, парисейлер менен саддукейлер арасында жәнжел пайда болып, жыйналғанлар екиге бөлинди. Өйткени саддукейлер өлимнен қайта тирилиў де, периште де, руўх та жоқ, дейди. Ал парисейлер булардың ҳәммесин тән алады. Солай етип, жыйналыста күшли шаўқым басланды. Парисейлер топарынан айырым диний муғаллимлер орынларынан турып: – Бизлер бул адамнан ҳеш қандай айып таппай турмыз. Егер оған руўх ямаса периште сөйлеген болса ше? – деп қызып сөйледи. Жәнжел кем-кемнен күшейип баратырғанлықтан, олардың Павелди тилкимлеп таслаўынан қорққан мыңбасы әскерлерге төменге түсиўди ҳәм олардың арасынан оны күш пенен алып кетип, әскерий бөлимге апарыўды буйырды. Сол түни Ийемиз Павелге көринип: «Мәрт бол! Мен туўралы Ерусалимде қалай гүўалық берген болсаң, Римде де солай гүўалық бериўиң тийис», – деди. Ертеңине яҳудийлер тил бириктирип: «Павелди өлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын», – деп өз ара ант ишти. Бул тил бириктириўге қатнасқанлардың саны қырықтан аслам еди. Олар бас руўханийлер менен ақсақалларға барып былай деди: – «Павелди өлтирмегенимизше аўзымызға бир түйир нәрсе алсақ, бизлерге нәлет болсын», – деп қатал түрде ант иштик. Енди сизлер жоқарғы кеңес пенен бирликте мыңбасыға барың да, өзлериңизди Павелдиң мәселесин еле де анығырақ тексеретуғын қылып көрсетип, оны сизлерге алып келиўин өтиниш етиңлер. Ол кеңеске келместен бурын бизлер оны өлтириўге таяр турамыз. Бирақ Павелдиң жийени олардың тил бириктиргенин еситип қалып, әскерий бөлимге барды да, бул хабарды Павелге жеткизди. Павел жүзбасылардың бирин жанына шақырып: – Бул жигитти мыңбасыға алып барың, айтатуғын гәпи бар екен, – деди. Жүзбасы жигитти мыңбасыға алып келди де: – Тутқын Павел мени шақырып, мына жигитти сизге апарыўымды өтиниш еткен еди. Оның сизге айтажақ гәпи бар екен, – деди. Мыңбасы жигиттиң қолынан услады да, оны шетке шығарып: – Маған не айтпақшы едиң? – деп сорады. Жигит былай деп жуўап берди: – Яҳудийлер өз ара тил бириктирип, Павелдиң мәселесин анығырақ тексериў сылтаўы менен, оны ертең жоқарғы кеңеске алып келиўиңизди сизден өтиниш етпекши. Бирақ сиз оларға қулақ салмаң! Себеби олардың қырықтан асламы оны тасада күтпекте. Олар: «Павелди өлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын!» – деп ант ишти. Енди олар сизиң қайылшылығыңызды күтип, таяр болып турыпты. Мыңбасы жигитке: – Буларды маған хабарлағаныңды ҳеш кимге айтпа! – деп тапсырды да, оны қайтарып жиберди. Соңынан мыңбасы жүзбасылардың екеўин жанына шақырып алып былай деди: – Түнде, саат тоғызда Кесарияға кетиў ушын, еки жүз пияда әскер, жетпис атлы ҳәм еки жүз найзалы әскер таярлаңлар. Павелди миндирип, оны аман-есен ҳәким Феликске жеткизиў ушын, атлар менен тәмийинлеңлер. Соңынан мыңбасы төмендеги хатты жазды: «Ҳүрметли ҳәким Феликске Клавдий Лисястан сәлем! Яҳудийлер бул адамды услап алып өлтирейин деп атыр еди. Бирақ мен оның Рим пуқарасы екенин билгенимнен соң, әскерлерим менен жетип барып, қутқарып қалдым. Оны не ушын айыплап атырғанын билмекши болып, яҳудийлердиң жоқарғы кеңесине алып бардым. Сонда оның яҳудийлердиң нызамына байланыслы тартыслы нәрселер себепли айыпланып атырғанын анықладым. Бирақ онда өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш қандай айып жоқ. Бул адамға қарсы қастыяншылық исленежақ екенлиги маған хабар етилгенде, оны дәрҳал сизге жолладым. Оның айыплаўшыларына да оған қарсы шағымларын сизиң алдыңызда айтыўды буйырдым». Солай етип, әскерлер өзлерине берилген буйрық бойынша Павелди алып, түнде Антипатрис деген қалашаға барды. Ертеңине олар атлы әскерлерди Павел менен жолды даўам етиў ушын қалдырып, өзлери әскерий бөлимге қайтып келди. Атлы әскерлер Кесарияға барып, хатты ҳәкимге берди де, Павелди оның қолына тапсырды. Ҳәким хатты оқып, Павелден қайсы үлкеден екенин сорады. Киликиялы екенин билгенде, оған: «Сени айыплаўшыларың келгенде тыңлайман», – деди де, оның Ҳиродтың сарайында қараўылланыўын буйырды. Арадан бес күн өткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы нызам қәнийгеси болған бир шешен менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады. Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады: – Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти көре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта. Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз. Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сөзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен. Бизлер бул адамды обадай қәўипли, дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң көтериўши ҳәм «Насыралылар» деген азғын топардың жетекшилериниң бири деп таптық. Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық [ ]. Сиз де оны тергегениңизде, бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин өзинен билип аласыз. Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады. Ҳәким Павелдиң сөйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди: – Сизиң көп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, өзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман. Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен көп болмағанын өзиңиз билип алыўыңызға болады. Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди көрмеди. Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды. Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Қудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен. Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўин Қудайдан үмит етемен. Сонлықтан да, мен Қудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман. Миллетиме қайыр-садақа, Қудайға қурбанлықлар бериў ушын, көп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим. Мен тазаланыў рәсиминен өтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада көрди. Сонда мениң қасымда көп адам да, шаўқым да болған жоқ. Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек. Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын. Мен тек олардың алдында турғанымда: «Өлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим. Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен: – Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды. Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўын буйырды. Бир қанша күннен соң, Феликс өзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады. Павел ҳақлық, өзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди. Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң өзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди. Бирақ арадан еки жыл өткенде, Феликстиң орнына Порций Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти. Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн өткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды. Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады. Мийримлилик көрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал өзлери Павелди жолда өлтирмекши болып, тил бириктирген еди. Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм өзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да: – Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, бул адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди. Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды. Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған өзлери дәлиллеп бере алмайтуғын көп аўыр айыплар тақты. Павел өзин ақлап: – Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим патшасы-Қайсарға қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди. Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге: – Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди. Павел былай деди: – Мен Қайсардың ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди өзиңиз жүдә жақсы билесиз. Егер мен айыплы болсам ҳәм өлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, өлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен Қайсардың ҳүкимин талап етемен. Сонда Фест кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң: – Сен Қайсардың ҳүкимин талап еттиң, енди Қайсарға барасаң, – деп жуўап берди. Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Верника Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди. Олар сол жерде көп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди: – Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар. Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди. Мен оларға: «Айыпланыўшы өз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан өзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим. Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым. Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады. Тек олардың өз дини ҳәм бир Ийса атлы өлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған Адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен. Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей албырап, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым. Бирақ ол өз исин Қайсардың қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны Қайсарға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым. Сонда Агриппа Фестке: – Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди. – Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест. Ертеңине Агриппа менен Верника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди. Фест былай деди: – Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды көрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди. Бирақ мен оның өлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның өзи Қайсардың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Қайсарға жибериўге қарар еттим. Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым. Өйткени тутқынды Қайсарға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман. Агриппа Павелге: – Өзиңди ақлап сөйлеўиңе рухсат бериледи, – деди. Сонда Павел қолын көтерип ишарат етти де, өзин ақлап сөйлей баслады: – Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин өзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтиярман, деп есаплайман. Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен. Дәслеп өз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай өмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи. Олар мени көп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады. Енди болса, Қудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесинен үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман. Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Қудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. О, патшам! Мени яҳудийлер, мине, усы үмит себепли айыпламақта. Қудайдың өлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар? Ҳақыйқатында мен де Насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим. Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен исениўшилердиң көбисин қамаққа салдырдым. Оларға өлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим. Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым. Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскқа қарай жолға шықтым. О, патшам! Тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нур көрдим. Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сөйлегенин еситтим: «Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Қудайға қарсы турсаң, өзиңе зыян болады». «Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. Қәне, тикейип, орныңнан тур! Мени көргениң ҳәм Мениң саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Өз хызметиме тайынлаў ушын саған көриндим. Сен көргенлериң ҳәм саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең. Мен сени өз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман. Басқа миллетлердиң көзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Қудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын». Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым. Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим. Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, өлтирмекши болғанының себеби усы. Бирақ бүгинги күнге дейин маған Қудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес. Олар Масихтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып өлимнен тирилетуғынын, Өз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди. Павел усы тәризде өзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен: – Павел, сениң есиң дурыс емес! Көп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди. Павел былай деди: – Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сөзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай. Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сөйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Өйткени бул бир шетте болған жоқ. Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сөзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз. Сонда Агриппа Павелге: – Мени аз-маз ўақыттың ишинде көндирип, масихый қылмақшымысаң? – деди. – Аз болсын, көп болсын, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Қудайдан тилеймен, – деди Павел. Сонда патша, ҳәким, Верника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды. Олар сыртқа шығып, өз ара: «Бул адам өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести. Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим патшасы-Қайсардың ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди. Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар Август әскерий бөлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды. Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди. Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның өз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти. Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик. Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы теңизден өтип, Ликияның Мира қаласына келдик. Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди. Көп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан өттик. Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гөззал жағыс» деген жерге келдик. Бизлер көп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күнлери де өтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип: – Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўип-қәтерли болатуғынын көрип турман, – деди. Бирақ жүзбасы Павелдиң сөзлеринен гөре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сөзине қулақ асты. Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң көбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде өткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди. Қубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар өз мақсетимизге жеттик деп ойлап, көшкини көтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти. Бирақ көп өтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди. Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик. «Кавда» деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик. Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, желқомды түсирди де, ығып кете берди. Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады. Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да өз қоллары менен теңизге ылақтырды. Көп күн бойы қуяш та, жулдызлар да көринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик. Адамлар көп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди: – Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик. Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды. Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Қудайдың бир периштеси өткен түни жаныма келип, былай деди: «Қорқпа Павел! Сен Рим патшасы-Қайсардың алдына барыўың тийис. Және Қудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады». Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Қудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады. Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис. Даўылдың басланғанына он төрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады. Сонда олар теңиздиң тереңлигин өлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және өлшеп көргенде, он бес қулаш екенин көрди. Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен төрт көшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти. Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдыңғы тәрептен көшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады. Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге: – Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди. Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди. Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп: – Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он төрт күн болды. Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды өтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди. Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Қудайға шүкирлик билдирип, нанды бөлип жей баслады. Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди. Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик. Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге төгип, кемени жеңиллетти. Таң атқанда, кемешилер өзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты көрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды. Көшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, рульлерди байлаған арқанларды шешти. Алдыңғы желқомды самал тәрепке көтерип, жағаға қарай жүзип кетти. Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти. Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды өлтирмекши болды. Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып өзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды. Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бөлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты. Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик. Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик көрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти. Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты. Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын көрип, бир-бирине: – Бул адам, сөзсиз, адам өлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы оның тири қалыўына жол қоймады, – дести. Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян көрмеди. Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден өлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин көргенде, пикирлерин өзгертип: «Ол бир қудай», – дести. Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер-мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды. Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы көтерилип, иши өтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди. Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди. Олар бизлерге көп ҳүрмет көрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи. Үш айдан соң, сол атаўда қыслап қалған «Егиз қудайлар» деп аталатуғын Искендериядан келген бир кеме менен жолға шықтық. Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық. Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық. Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың өтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик. Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданы ҳәм «Үш мийманхана» ға дейин келди. Павел оларды көргенде Қудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды. Римге келгенимизде, Павелге өзин қараўыллайтуғын әскер менен өз алдына жасаўға рухсат етилди. Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин бирге жыйналыўға шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди: – Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым. Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Өйткени маған өлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди. Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим патшасы-Қайсардың ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен өз халқымды айыпламақшы болып ислемедим. Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сөйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман. Олар Павелге: – Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген өзимиздиң адамлардың ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады. Бирақ бизлер сениң пикириңди өзиңнен еситиўди қәлеймиз. Өйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди. Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни көп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Қудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти. Айырымлары Павелдиң сөзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды. Өз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сөзлерин айтып турғанда олар кете баслады: – Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сөйлеп, дурыс айтқан: «Бул халыққа барып, мыналарды айт: Тыңлап еситесизлер, бирақ ҳеш түсинбейсизлер, Қарайсызлар, бирақ ҳеш көрмейсизлер. Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар көзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди, қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим». Мынаны билип қойыңлар: Қудай Өзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады. [ ] Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, өзин көриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти. Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Қудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масих ҳаққында тәлим берди. Ийса Масихтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Қудайдың Хош Хабарын жәриялаў ушын таңланған мен, Павелден сәлем! Усы Хош Хабарды Қудай Өз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда әўелден ўәде еткен еди. Бул Хош Хабар Қудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳәм Оның Мухаддес Руўх тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди. Қудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих. Масихтың аты ушын, ҳәмме миллетлерден болған адамлар исенсин ҳәм сөзге бойсынсын деп, Ол арқалы бизлер Қудайдың мийримине ҳәм елшилик хызметине ийе болдық. Ийса Масихқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳәр түрли миллетлерденсиз. Қудай сүйип, Өз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳәммеңизге Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих мийрим ҳәм тынышлық берсин! Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳәммеңиз ушын Ийса Масих арқалы Қудайыма шүкирлик билдиремен. Улының Хош Хабарын жәриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Қудайдың Өзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа. Және де, енди сизлерге барыўым ушын Қудайдың қәлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман. Өйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты көргим келип атыр. Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен. Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға келиўди көп мәртебе мақсет етсем де, бирақ ҳәзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қәлемеймен. Мениң парызым ҳәммеге: греклерге ҳәм грек емеслерге, билимли ҳәм билимсиз адамларға Хош Хабарды жәриялаўдан ибарат. Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жәриялаўға таярман. Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳәр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Қудайдың күши. Қудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық көрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исенимди беккемлеп барады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ақланған адам исеними менен жасайды». Ҳақыйқатқа өз наҳақлығы менен бөгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳәм наҳақ ислерине аспаннан Қудайдың ғәзеби төгиледи. Өйткени Қудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нәрселер оларға белгили. Қудайдың Өзи оларға усыларды мәлим еткен. Дүнья жаратылғаннан бери Қудайдың көзге көринбейтуғын қәсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳәм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳәм ашық көринеди. Солай етип, олар өзлерин ақлай алмайды. Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳәм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады. Өзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты: мәңги тири Қудайдың уллылығын басында өлим бар адамның, қуслардың, төрт аяқлы ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың көринисиндеги бутларға алмастырды. Сол себептен Қудай оларды жүреклериндеги ҳарам қәлеўлерине ҳәм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады. Олар Қудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нәрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Қудай шексиз алғыс-мақтаўларға ылайықлы. Аўмийин. Сонлықтан Қудай оларды уятсыз қәлеўлерине тапсырды. Ҳәтте, ҳаяллар да ер адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, өз ара тәбийғый емес қатнас жасады. Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳәўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, өз бузықшылығына ылайық жазасын алды. Қудайды билиўди қәлемегенликтен, Қудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳәм ислеўге болмайтуғын ис-ҳәрекетлерди ислеўге тапсырды. Олардың кеўиллери ҳәр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нәпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жәнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳәм жаман нийетке толы. Олар және өсекши, жалахор, Қудайды жек көриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сөзин тыңламайтуғын, ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳәм реҳимсиз адамлар. Бундай ислерди ислеўшилер өлимге ылайық, деген Қудайдың әдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек өзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды. Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳәй адам, өзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, өзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳәй ҳүким етиўши адам, өзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо. Сол ислерди ислеўшилерди Қудай әдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз. Сондай нәрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ өзи де солай ислеўши, ҳәй адам, сен Қудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба? Я болмаса, Қудайдың кең пейиллилигиниң сени тәўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳәм шыдамлылығын писент етпейсең бе? Сен өзиңниң өжетлигиң ҳәм тәўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Қудайдың әдил ҳүкими шығарылатуғын ғәзеп күни ушын, өзиңе қарсы ғәзеп топламақтасаң. Қудай ҳәр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады: үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳәм мәңгиликти излегенлерге Қудай мәңгилик өмир береди. Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғәзеп ҳәм қәҳәрин төгеди. Жаманлық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Қудай қыйыншылық ҳәм қайғы жибереди. Керисинше, жақсылық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳәм тынышлық береди. Өйткени Қудай адамларды айырмайды. Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи. Себеби Қудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады. Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, өзлери ушын өзлери нызам. Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын көрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳәм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды. Мен жәриялап атырған Хош Хабар бойынша Қудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады. Минекей, сен өзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳәм Қудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң. Сен Қудайдың еркин билесең ҳәм Мухаддес Нызамнан тәлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң. Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳәм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, өзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры, ақылсыз адамлардың тәрбияшысы ҳәм гөдеклердиң устазы деп есаплайсаң. Олай болса, басқа биреўге тәлим берип турып, өзиңе неге тәлим бермейсең? Урлық ислемеўди жәриялап, өзиң неге урлық ислейсең? «Бузықшылық ислеме» деп, өзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң? Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Қудайды ҳүрмет етпейсең? Өйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Қудайдың атына тил тийеди». Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес. Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Қудай тәрепинен сүннетлилер, яғный Өзиниң халқы деп есапланбай ма? Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳәм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен? Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳәм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес. Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Және де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тәрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Қудайдың мақтаўын алады. Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашылығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма? Әлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳәр тәреплеме артықмашылыққа ийе. Өйткени ең алды менен Қудайдың сөзлери оларға исенип тапсырылған. Егер олардың айырымлары Қудайдың сөзлерине садықсыз болып шыққан болса не болыпты? Олардың садықсызлығы Қудайдың садықлығын бийкарлай ала ма? Ҳеш қашан! Ҳәмме адамлар өтирикши болса да, Қудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Қудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сөзлериң менен көрсетесең, Сени айыплағанда, жеңиске ерисесең». Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Қудайдың ҳақлығын ашып көрсетсе, онда не деймиз? Қудай бизлерди ғәзеп пенен жазаласа, әдилсиз болғаны ма? (Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.) Ҳеш қашан! Егер Қудай әдилсиз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди? Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Қудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?» Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сөзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Қудайдың жазасына ылайықлы. Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Әлбетте, яқ! Өйткени әлле қашан дәлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳәр бир адам гүнаның бийлиги астында. Мухаддес Жазыўларда айтылғандай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ, бирде бири жоқ. Саналы ҳеш бири жоқ. Қудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ. Ҳәмме жолдан адасқан, барлығы жарамсыз болған. Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ. Бирде бири жоқ». «Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығар». «Тиллери менен алдайды, еринлеринде жылан зәҳәри». «Аўызлары толы нәлет-ғарғыс сөзлерге». «Аяқлары шаққан қан төгиўге. Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле. Билмес олар тынышлық жолын». «Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде ». Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳәммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳәр бир тил байланып, пүткил дүнья Қудайдың алдында есап береди. Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Қудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам өзиниң гүнакар екенин билип алады. Енди болса, Қудайдың адамды ақлайтуғын әдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық көрсетилди. Таўрат та, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди. Қудайдың әдиллиги адамларды олардың Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳәр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳәмме гүна ислеген ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылған. Бирақ, адамлар Қудайдың мийрими менен, Ийса Масихтың қаны арқалы ешейин ақланады. Масихқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Қудай Масихты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Қудай бул арқалы Өз әдиллигин көрсетти. Себеби Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди. Және де, ҳәзирги ўақытта Ол әдиллигин дәлиллеп, Өзиниң ҳақ екенин ҳәм Ийсаға исенген ҳәр бир адамды ақлайтуғынын көрсетти. Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нәрсе менен. Қандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен. Өйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз. Расында да, Қудай тек яҳудийлердиң Қудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Қудайы емес пе? Әлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Қудайы. Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Қудай – жалғыз. Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, Оны тастыйықлаймыз. Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи? Егер ол ислеген саўап ислери себепли ақланған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Қудайдың алдында мақтана алмайды. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ақланған деп санады». Мийнет еткенге төленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады. Бирақ ким де ким өзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Қудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады. Минекей, саўап ислерине қарамай, Қудай тәрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген: «Наҳақ ислери кеширилип, гүналары жуўылған адамлар қандай бахытлы! Қудай гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!» Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым өз исеними себепли ақланған деп саналды», – деген едик. Ол қашан ақланған деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын. Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рәсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳәммесиниң руўхый бабасы болды. Бабамыз Ибрайым сүннетли яҳудийлердиң де руўхый бабасы. Бул олардың тек сүннетленгени себепли емес, ал Ибрайымда сүннетленбесинен алдын болған исеним менен жасағаны себепли болды. Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўәде етти. Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳәм ўәде де бос болар еди. Өйткени Мухаддес Нызам Қудайдың ғәзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ. Усылай етип, Қудайдың ўәдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Қудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Қудайдың Ибрайымға: «Сени көп миллетлердиң бабасы қыламан», – деп айтқанындай, Ибрайым өзи исенетуғын Қудайдың, яғный өлилерди тирилтетуғын ҳәм жоқтан бар пайда қылатуғын Қудайдың алдында ҳәммемиздиң бабамыз. Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Қудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады», – деп Қудайдың оған айтқанындай, ол көп миллетлердиң бабасы болды. Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳәм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады. Исенимсизлик етип, Қудайдың ўәдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Қудайды алғыслады. Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди. Әне, усы исеними себепли, Ибрайым ақланған деп саналды. «Ақланған деп саналды», – деген сөзлер тек Ибрайымға емес, ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз. Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын өлимге тапсырылып, Қудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди. Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Қудай менен жарастық. Ийса Масих арқалы Қудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Және де, Қудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз. Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды. Аўа, өзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масих белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын өлди. Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын өлимге қыймайды. Ҳәтте, өзине қәўендер болған адам ушын да жанын өлимге қыйыўды қәлейтуғын адамлар аз. Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масих бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи. Сонлықтан енди Масихтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Қудайдың ғәзебинен қутқарылатуғынымыз да анық. Себеби бизлер Қудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының өлими арқалы Қудай менен жарастық. Енди Қудай менен жарасып, Оның Улының өмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық. Және де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Қудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масих арқалы Қудай менен қатнаста болып қуўанамыз. Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли өлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам өлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Өйткени ҳәмме гүна ислеген еди. Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады. Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, өлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масихтың тымсалы. Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Қудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли көп адамлар өлген болса да, Қудайдың мийрими ҳәм басқа бир адамның, яғный Ийса Масихтың мийрими менен берилген сыйды көп адамлар мол-молақай етип алды. Қудайдың сыйының нәтийжеси менен бир адамның гүнасының нәтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Қудайдың сыйы себепли, көп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди. Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен өлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масих арқалы Қудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен өмир бийлик етеди. Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, өмирге еристи. Бир адамның бойсынбағаны себепли көп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли көп адамлар ақланады. Адамлар өзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна көбейген сайын, Қудайдың мийрими оннан да артып барды. Солай етип, гүна өлим арқалы бийлик еткендей, Қудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масих себепли мәңгилик өмирге еристиреди. Олай болса, не деймиз? Қудайдың мийрими көбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе? Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын өлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз? Бизлер Масих Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳәммемиз де Оның өлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме? Масихқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирликте өлип, көмилдик. Солай етип, Қудай Әкемиздиң қүдирети менен Масих өлимнен қайта тирилип, өмирге ерискендей, бизлер де жаңа өмирге ерисемиз. Егер бизлер Масихтың өлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз. Гүнакар тәбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар өзлигимиздиң Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз. Өйткени өлген адам гүнаның бийлигинен азат. Егер бизлер Масих пенен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз. Себеби Масихтың өлимнен тирилип, қайтып өлмейтуғынын ҳәм енди өлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын бизлер билемиз. Масих гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳәм соңғы мәрте өлди. Ал енди болса, Ол Қудай ушын жасап атыр. Сонлықтан сизлер де өзлериңизди гүна ушын өли деп, ал Масих Ийса менен қатнаста болып, Қудай ушын тири деп есаплаңлар. Солай етип, денеңиздиң жаман қәлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның өткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар. Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, өлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, өзлериңизди Қудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Қудайға арнаңлар. Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Өйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз. Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан! Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, өзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я өлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар. Бирақ, Қудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди өзлериңизге тапсырылған тәлийматқа шын жүректен бойсындыңлар ҳәм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар. Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын, әпиўайы сөзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳәм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар. Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер. Бурын ислеген ислериңизден ҳәзир өзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры өлим еди-ғо. Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Қудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мәңгилик өмир аласыз. Себеби гүнаның төлеми – өлим, ал Қудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мәңгилик өмир. Ҳәй, Мухаддес Нызамды билиўши туўысқанларым, мен сизлерге қарата айтып атырман: Мухаддес Нызамның адам үстинен тек тири ўақтында ғана бийлик жүргизетуғынын билмейсизлер ме? Мысалы: күйеўи бар ҳаял күйеўиниң көзиниң тирисинде оған нызам бойынша байланған болады. Бирақ, күйеўи қайтыс болса, ҳаял неке нызамынан азат болады. Солай етип, ҳаял күйеўиниң көзиниң тирисинде басқа бир еркек пенен жасаса, неке ҳадаллығын бузған болып есапланады. Бирақ, күйеўи өлсе, ҳаял нызам бойынша азат болады. Ол басқа бир еркекке турмысқа шықса да, неке ҳадаллығын бузған болмайды. Сол сыяқлы, туўысқанларым, сизлер де Басқаға, яғный өлимнен қайта тирилген Масихқа тийисли болыўыңыз ушын, Масихтың денесиниң атанақ ағашта өлгени арқалы Мухаддес Нызам алдында өлгенсиз. Бул ҳәммемиздиң Қудайға хызмет етип, жемис бериўимиз ушын болды. Өйткени бурын бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып жасағанымызда, Мухаддес Нызам себепли пайда болған гүнакар қәлеўлер денемиздиң мүшелеринде ҳәрекет ететуғын еди. Соның нәтийжесинде, бизлер өлимге жетелеўши жемислер беретуғын едик. Енди болса, бизлер бурын өзлеримизди байлап қойған Мухаддес Нызам ушын өлип, Мухаддес Нызамнан азат болдық. Солай етип, жазылған Мухаддес Нызам бойынша басқарылатуғын ески жол менен емес, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын жаңа жол менен Қудайға хызмет етпектемиз. Олай болса, не дейик? Мухаддес Нызам жаман болғаны ма? Ҳеш қашан! Бирақ, егер Мухаддес Нызам болмағанда, мен гүнаның не екенин билмеген болар едим. Егер Мухаддес Нызам: «Басқа биреўдиң нәрсесин күсеме», – демегенде, мен күсеўдиң гүна екенин билмеген болар едим. Деген менен, гүна усы буйрықтан пайдаланып, менде ҳәр түрли күсеўлерди пайда етти. Себеби Мухаддес Нызам болмаса, гүна өли болады. Мен бир ўақытлары Мухаддес Нызамды билмей жасағанымда тири едим. Бирақ, Қудайдың буйрықларын билгенимнен соң, менде гүна тирилип, ҳәрекет ете баслады, ал мен өлдим. Солай етип, өмирге ийе болыў ушын берилген бул буйрықлар мениң өлимиме себепши болды. Өйткени гүна буйрықтан пайдаланып, мени алдады ҳәм усы буйрық арқалы мени өлтирди. Солай болса да, Мухаддес Нызам – мухаддес, Қудайдың буйрықлары да мухаддес, ҳақ ҳәм жақсы. Солай екен, жақсы нәрсе маған өлим алып келди ме? Ҳеш қашан! Гүна маған жақсы нәрсе арқалы өлим алып келди. Бул гүнаның гүна болып ашық билиниўи ушын болды. Солай етип, буйрық арқалы гүнаның қаншелли жаман екени белгили болады. Бизлер Мухаддес Нызамның Қудайдан келгенин билемиз. Ал мен гүнаға қул болып сатылған, өткинши денеге ийе адамман. Мен не ислеп атырғанымды өзим түсинбеймен. Себеби мен қәлеген нәрсемди емес, ал жек көретуғын нәрсемди ислеймен. Егер мен қәлемеген нәрсемди ислеп атырғанымда исимниң жаман екенин мойынласам, онда Мухаддес Нызамның жақсы екенин мақуллаған боламан. Олай болса, бул исти мениң өзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеп атырған болады. Мениң ишимде, яғный гүнакар тәбиятымда ҳеш бир жақсы нәрсениң жоқ екенин билемен. Ишимде жақсылық ислеўге қәлеў болса да, күшим жетпейди. Өйткени өзим ислеўди қәлейтуғын жақсы исти емес, ал керисинше, ислеўди қәлемейтуғын жаман исти ислеймен. Егер мен өзим қәлемейтуғын нәрсени ислесем, онда оны мениң өзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеген болады. Солай етип, мен өзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нәрсени ислеўди қәлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳәрекет етиўге таяр турады. Мен руўхым менен Қудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман. Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди. Ўаҳ, сорлы басым! Өлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады? Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Қудай ғана қутқарады! Қудайға шүкирлер болсын! Солай етип, мен өз сана-сезимим менен Қудайдың Нызамына, ал гүнакар тәбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман. Солай етип, Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ. Себеби Масих Ийса арқалы өмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳәм өлимниң нызамынан азат қылды. Адамның гүнакар тәбияты күшсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Қудайдың Өзи қутқарды: Қудай Өз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын төленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳәм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Өз Улының денесин ҳүким етти. Солай етип, Қудай буны гүнакар тәбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң өмиримизде Мухаддес Нызамның әдил талаплары орынлансын деп иследи. Өйткени гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар өз гүнакар тәбиятының қәлейтуғын нәрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қәлейтуғын нәрселерин ойлайды. Гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳәм тынышлыққа еристиреди. Себеби гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Қудайға душпан. Ол Қудайдың Нызамына бойсынбайды ҳәм бойсына алмайды да. Ким де ким гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Қудайға унай алмайды. Бирақ, ишиңизде Қудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тәбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес. Ал егер ишиңизде Масих жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли өлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады. Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масих Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудай ишиңизде жасап атырған Өз Руўхы арқалы өлетуғын денеңизди де тирилтеди. Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз. Өйткени егер гүнакар тәбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, өлесиз. Ал гүнакар тәбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз. Қудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳәммеси – Қудайдың балалары. Себеби сизлер өзлериңизди және қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал Қудайдың баласы қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырасыз. Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди. Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз. Мениң ойымша, ҳәзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нәрсе емес. Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Қудайдың Өз балаларын ашық көрсететуғын күнди интизарлық пенен күтпекте. Өйткени пүткил жаратылыс бул өткинши өмирге тутқын етилген. Бул олардың өзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Қудайдың ерки менен болған. Олар өзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳәм Қудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди. Бизлерге мәлим, пүткил жаратылыс ҳәзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте. Тек жаратылыс емес, ал Қудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз. Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер өзлеримиз үмит ететуғын нәрсени көрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Көзге көринип турған нәрсени ким үмит етеди? Бирақ, еле көрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз. Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳәлсиз болған бизлерге жәрдем береди. Өйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Өзи сөз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Қудайдан өтиниш етеди. Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Қудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх исениўшилер ушын Қудайдың ерки бойынша өтиниш етеди. Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз. Өйткени Қудай Өзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Қудай Өз Улының көп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи. Қудай Өзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди. Олай болса, буған не деймиз? Егер Қудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады? Қудай, ҳәтте, Өз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳәммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳәмме нәрсени бермес пе екен? Қудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Қудайдың Өзи бизлерди ақлайды-ғо. Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби өлип, өлимнен қайта тирилген Масих Ийса Қудайдың оң жағында турып, бизлер ушын өтинбекте. Масихтың сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Қыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қәўип те, қылыш та айыра алмайды. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Бизлер Сениң ушын ҳәр күни өлтирилмектемиз, Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды». Бирақ, булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз. Өйткени мен исенемен: өлим де, өмир де, периштелер де, ҳәкимшиликлер де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, күшлер де, бәлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды. Масихқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, өтирик сөйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа: жүрегимде үлкен бир қайғым ҳәм таўсылмас бир дәртим бар. Қанымыз бир болған туўысқанларым, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мениң Қудайдың ғарғысына ушырап, Масихтан аласлатылыўым керек болса, мен қайыл болар едим. Қудай оларды балалары қылып асырап алған, оларға Өз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳәм Қудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўәделерин де берген. Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳәм Масих та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масих – ҳәммениң үстинен ҳүкимдар болған, шексиз алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың Өзи. Аўмийин. Мен Қудайдың сөзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳәммеси де ҳақыйқый израиллылар емес. Және де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Қудай Ибрайымға: «Балаң Ысақтан туўылғанларды ғана сениң ҳақыйқый урпақларың деп есаплайман», – деген еди. Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Қудайдың балалары емес. Ал Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады. Өйткени Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта келгенимде, Сара уллы болады». Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳәмледар болып, егиз улларды туўды. Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳәм олар еле жақсы ямаса жаман бир нәрсе ислеместен бурын Қудай Ребеккаға: «Үлкени кишкенесине хызмет етеди», – деген еди. Солай етип, Қудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Өз ерки менен таңлап алды. Ҳәтте, Қудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Исабты жек көрдим», – деген. Олай болса, не деймиз? Қудай әдилсиз болғаны ма? Ҳеш қашан! Себеби Қудай Муўсаға былай деген: «Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, Соған мийрим-шәпәәтимди беремен, Кимге реҳим етиўди қәлесем, Соған реҳим етемен». Солай етип, таңланыў адамның қәлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Қудайдың мийрим-шәпәәтине байланыслы. Өйткени Қудай Мухаддес Жазыўда Фараонға былай деген: «Қүдиретимди сен арқалы көрсетиў ушын, Атым пүткил жер жүзине жәрияланыўы ушын, Сени мәртебели қылдым». Солай етип, Қудай қәлеген адамына мийрим-шәпәәтин береди ҳәм қәлеген адамын тас баўыр қылады. Енди сен меннен: «Егер Қудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин. Бирақ, ҳәй адам, Қудайға қарсылық көрсететуғындай, сен кимсең? Дөретилген нәрсе өзин дөреткенге: «Мени неге бундай қылып дөреттиң?» – дей ме? Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин әпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе? Қудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳәм Өзиниң ғәзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғәзебин төгип, күшин көрсетиўди қәлесе де, оларға үлкен сабырлылық көрсетти. Және де, Қудай мәртебеге еристириў ушын Өзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳмин берип, Өзиниң шексиз уллылығын көрсетти. Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Қудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз. Осия пайғамбардың китабында Қудай былай деген: «Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп, Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман». «„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде, Тири Қудайдың балалары деп аталасыз». Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бәлент даўыс пенен былай дейди: «Израил халқының саны теңиз қумындай көп болса да, Олардан тек аз ғанасы қутқарылады. Себеби Ийемиз шығарған ҳүкимин, Жер жүзинде тез ҳәм толық әмелге асырады». Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай: «Егер Қүдиретли Ийемиз, Бизлерден нәсил қалдырмағанда, Бизлер Содом қаласы сыяқлы болып, Гомора қаласына уқсап қалар едик». Олай болса, не деймиз? Қудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары өз исеними арқалы ақланды. Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады. Не ушын? Өйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады. Мухаддес Жазыўда: «Минекей, Мен Ерусалимде бир тасты, Сүрниктиретуғын ҳәм қулататуғын жартасты орнатаман. Бирақ, Оған исенген адам уятқа қалмайды», – делинген. Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги әрманым ҳәм Қудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы. Олардың Қудайға инталы екенине өзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған. Себеби олар Қудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Қудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди. Масих Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан, Оған исенген ҳәр бир адам Қудай алдында ақланады. Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды». Ал исеним арқалы ақланыў ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кеўлиңде: „Масихты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“ ямаса: „Масихты өлимнен тирилтиў ушын ким түпсиз туңғыйыққа түседи?“ – деме». Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте? «Қудайдың сөзи саған жақын, Ол сениң аўзыңда ҳәм жүрегиңде». Бизлер жәриялап атырған исеним ҳаққында сөзлер – усылар болады. Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тән алсаң ҳәм Қудайдың Оны өлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң. Өйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳәм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тән алғаны арқалы қутқарылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды». Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳәммесиниң Ийеси бир. Ол Өзин шақырғанлардың ҳәммесине сақый. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады». Бирақ, Қудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Қудай ҳаққында сөзди жәриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады? Сөзди жәриялаўға жиберилмесе, оны қалай жәриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жәриялаўшылардың аяқлары қандай әжайып!» Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳәммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?» Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сөздиң жәрияланыўы арқалы болады. Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Әлбетте, еситти. «Аспан денелериниң даўыслары пүткил жер жүзине, Сөзлери дүньяның төрт мүйешине жетип барды». Мен және бир нәрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дәслеп Муўса арқалы Қудай былай деген еди: «Мен сизлерде халқым болмаған халық арқалы қызғаныш пайда етемен, Түсиниги аз болған халық арқалы ғәзебиңизди келтиремен». Соңынан Ийшая пайғамбар Қудайдың сөзлерин батырлық пенен айтып: «Мени излемегенлер тапты, Мени сорамағанларға Өзимди көрсеттим», – деген еди. Ал, Израил халқы ҳаққында Қудай былай дейди: «Сөзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым». Олай болса, мен мына нәрсени сорап атырман: Қудай Өз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман. Қудай Өзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Қудайға шағым жасап былай деген еди: «Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды өлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де өлтириўге ҳәрекет етпекте». Оған Қудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Өзим ушын ажыратып алдым». Сол сыяқлы, ҳәзирги ўақытта да израиллылар арасында Қудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар. Олар саўап ислери себепли емес, ал Қудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди. Солай етип, не жүз берди? Израил халқының көпшилик бөлеги излеген нәрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Қудай оларға Өзиниң сөзин түсинбеўи ушын бийпәрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин, Қөзлери болса да, көрмейди, Қулақлары болса да, еситпейди». Даўыт былай дейди: «Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип, Қақпанға алынсын ҳәм қулап, жазалансын. Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын. Беллери аўырманлықтан мәңгиге бүгилип қалсын!» Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Қудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳәм бул арқалы оларда қызғаныш оятты. Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли көп байлық алып келеди! Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен өз хызметимди мәртебели деп есаплайман. Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳәм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен. Өйткени олардың Қудай тәрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Қудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Қудай тәрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, өлимнен өмирге өтиўине себепши болмай ма? Егер қамырдың биринши бөлеги Қудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес. Бирақ, егер зәйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зәйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нәр алсаң, кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нәр берип турыпты. Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин. Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ! Себеби Қудай тәбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды. Солай етип, сен Қудайдың мийрим-шәпәәтин ҳәм қаталлығын көрип қой: Қудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шәпәәтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шәпәәтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң! Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа және қайта жалғанады. Өйткени Қудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли. Жабайы зәйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тәбиятқа қарсы түрде жақсы зәйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тәбийғый шақалардың өз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ! Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бөлегиниң жүреги тас болып қала береди. Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Қудай Ийемиз былай дейди: „Қутқарыўшы Ерусалимнен келеди, Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады. Олардың гүналарын кеширгенимде, Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“». Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Қудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Қудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди. Себеби Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды. Сизлер бир ўақытлары Қудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Қудайдың мийрим-шәпәәтине еристиңлер. Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳәзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерискениңиз себепли, олар да Қудайдың мийрим-шәпәәтине ериседи. Өйткени Қудай ҳәмме адамларды олардың бойсынбайтуғын тәбиятына тутқын қылып, оларға Өз мийрим-шәпәәтин көрсетти. О, Қудайдың байлығы, даналығы ҳәм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды! «Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мәсләҳәтши болған?» «Қудайдан қайтарып алыў ушын, Ким Оған алдын ала бир нәрсе берген?» Себеби Қудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳәммеси Ол арқалы ҳәм Ол ушын бар болған. Оған мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин. Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман: өзлериңизди Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады. Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер. Қудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳәммеңизге айтып атырман: өзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳәр бир адам Қудайдың өзине берген исенимине қарай, өзин ылайықлы баҳаласын. Өйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз көп ҳәм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳәр түрли. Сол сыяқлы, бизлер көп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳәм өз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз. Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳәр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин. Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тәлим бериў тийсе, тәлим берсин. Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шәпәәт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шәпәәт көрсетсин. Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар. Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге өз ара ҳүрмет көрсетиўге тырысыңлар. Интаңыз пәсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер. Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Қыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер. Мүтәжликте жасап атырған исениўшилер менен барыңызды бөлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар. Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Қудайдан жақсылық тилеңлер. Ғарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер. Қуўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар. Өз ара аўызбиришиликли болыңлар: менменликке берилмей, басқалар пәс көретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Өзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар. Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳәммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар. Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар. Сүйикли туўысқанларым! Өзиңиз ушын өш алмаңлар. Ал буны Қудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен». Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр, Шөллеген болса, суў бер. Сен усылай ислесең, Оны уятқа қалдырасаң». Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең. Ҳәр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Өйткени Қудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳәммеси де Қудай тәрепинен орнатылған. Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Қудай орнатқан тәртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды. Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қәлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең. Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Қудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Өйткени ол қылышты бийкарға көтерип жүрген жоқ. Ол Қудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Қудайдың ғәзеби менен жазалайды. Сонлықтан тек Қудайдың ғәзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис. Сизлердиң салық төлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да өз иси менен бәрқулла бәнт болып, Қудайға хызмет етеди. Солай етип, ҳәр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳәм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет көрсетиңлер. Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық өтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Өйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады. «Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, басқаның мүлкин күсеме», – деген буйрықлар ҳәм қалған барлық буйрықлар мына сөзлерде жәмленген: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек. Ҳәзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дәслепки ўақытларға қарағанда, ҳәзир жақынырақ. Түн өтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық. Айшы-әширетке ҳәм мәскүнемликке, ҳарамылыққа ҳәм бузықшылыққа, жәнжел ҳәм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын әдепли өмир сүрейик. Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине бойсынбаңлар. Исеними ҳәлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер. Мысалы: биреў ҳәмме нәрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳәлсиз болған тек палыз өнимлерин ғана жейди. Ҳәмме нәрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пәс көрмесин. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Өйткени Қудай екеўин де қабыл еткен. Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши өз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди. Және де, биреў бир күнди басқа күннен әҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳәмме күн бирдей. Ҳәр бир адам өз көз қарасында толық исенимге ийе болсын. Күнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди. Ал ҳәмме нәрсени жейтуғын адам Қудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳәм Қудайға шүкирлик етеди. Өйткени ҳеш биримиз тек өзимиз ушын жасамаймыз ҳәм ҳеш биримиз де тек өзимиз ушын өлмеймиз. Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Өлсек те, Ийемиз ушын өлемиз. Солай етип, жасасақ та, өлсек те Ийемизге тийислимиз. Усы мақсетте Масих өлип, өлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол өлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды. Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пәс көресең? Ҳәммемиз де Қудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо. Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Ҳәр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди. Ҳәр бир адам Мениң Қудай екенимди ашық тән алады». Солай етип, ҳәр бир адам өзи ушын өзи Қудай алдында жуўап береди. Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳәм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар. Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳәм анық исенемен: ҳеш бир нәрсе өзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нәрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нәрсе ҳарам болады. Егер туўысқаның сен жейтуғын нәрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нәрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масих бул адам ушын да өлген-ғо. Сизлер жақсы деп есаплаған нәрсеге сөз келмесин. Өйткени Қудайдың Патшалығы жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳәм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат. Масихқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Қудайға унайды ҳәм ол адамлардың мақтаўына ылайық. Солай етип, өзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳәм өз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық. Жейтуғын нәрсе себепли, Қудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳәмме нәрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нәрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады. Гөш жеўиң, арақ-шарап ишиўиң ямаса басқа бир нәрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс. Булар бойынша исенимиңди өзиң менен Қудайдың арасында сақла. Өзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, өзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы! Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳәр бир ис – гүна. Исеними күшли болған бизлер тек өзимиздиң мәпимизди ойламай, исеними ҳәлсиз болғанлардың ҳәлсизликлерин көтерисиўге парызлымыз. Ҳәр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нәрсени гөзлеп, оның мәпин ойлайық. Өйткени Масих та Өзиниң мәпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сөзлери Маған тийди». Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳәммеси де бизлерге тәлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳәм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз. Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масих Ийсадан өрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин. Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар. Сонлықтан Қудайдың алғысланыўы ушын Масих сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер. Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Қудайдың яҳудийлердиң ата-бабаларына берген ўәдесин әмелге асырып, Оның садық екенин көрсетиў ушын, Масих яҳудийлердиң хызметшиси болды. Масих буны Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳәм Сениң атыңды жырлайман», – деп айтылғандай, басқа миллетлердиң де Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерисип, Қудайды алғыслаўы ушын иследи. Мухаддес Жазыўда және де: «Ҳәй, басқа миллетлер, Қудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» – делинген. Тағы да былай делинген: «Ҳәй, барлық басқа миллетлер, Қудай Ийемизди алғыслаңлар! Ҳәмме халықлар Оны мақтаңлар!» Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдың урпағынан бири келип, Басқа миллетлерди басқарады. Олар Оннан үмит етип жасайды». Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын. Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳәм ҳәр түрли билимге бай екениңизге, әсиресе бир-бириңизге ақыл-нәсият бере алатуғыныңызға мен толық исенемен. Бирақ, Қудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым. Мен Қудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масих Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Қудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Қудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жәриялап атырман. Сонлықтан мен Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайға деген хызметим менен мақтана аламан. Масих мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Қудайға бойсыныўы ушын, сөзлерим ҳәм ис-ҳәрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нәрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди: бул ислер кәраматлы белгилердиң ҳәм таң қаларлық нәрселердиң күши менен, және де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине дейин аралап, Масихтың Хош Хабарын ҳәмме жерге жәрияладым. Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масихтың атын еле еситпеген жерлерде жәриялаўға тырыстым. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар көреди, Еситпегенлер түсинеди». Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған көп мәртебе иркиниш жасады. Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нәрсе қалмады. Және де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли, Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Өтип баратырғанымда алды менен сизлерди көрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жәрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен. Ал ҳәзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги исениўшилерге жәрдем бермекшимен. Өйткени Македония менен Ахаядағы исениўшилер Ерусалимдеги исениўшилер арасындағы мүтәжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жәрдем етиўди мақул көрди. Аўа, мақул көрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби өзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бөлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жәрдем берип, хызмет етиўге парызлы. Солай етип, жыйналған ғәрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жөнекей сизлер менен дийдар көрисип, Испанияға кетемен. Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масихтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен. Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Қудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар. Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳәм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги исениўшилер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер. Және де, Қудай қәлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар. Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин. Кенхреядағы исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман. Оны мухаддеслерге минәсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Және де, оның қандай мүтәжлиги болса да, жәрдем етиңлер. Өйткени ол да көп адамларға, соның ишинде маған жәрдемши болды. Мениң менен бирге Масих Ийсаға хызмет етиўши Прискила ҳәм Акилаға сәлем айтыңлар. Олар мениң жаным ушын өз өмирин қәўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳәмме исениўши жәмәәтлери де оларға миннетдар. Олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем айтыңлар. Азия үлкесинен биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Епенетусқа сәлем айтыңлар. Сизлер ушын көп мийнет еткен Мәриямға сәлем айтыңлар. Масихтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масихқа исенген ағайинлерим ҳәм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сәлем айтыңлар. Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сәлем айтыңлар. Бизлер менен бирге Масихқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳәм сүйикли туўысқаным Стахияға сәлем айтыңлар. Сынақтан өтип, Масихқа ылайықлы деп табылған Апелисқа сәлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сәлем айтыңлар. Ағайиним Иродионға сәлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сәлем айтыңлар. Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳәм Трифосқа сәлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында көп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сәлем айтыңлар. Ийемиз тәрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳәм мен ушын анамдай болған оның анасына сәлем айтыңлар. Асинкрит, Флегон, Гермес, Патровас, Гермас ҳәм олардың жанындағы туўысқанларға сәлем айтыңлар. Филологус ҳәм Юлияға, Нирей ҳәм оның қарындасына, Олимпасқа ҳәм олардың жанындағы барлық исениўшилерге сәлем айтыңлар. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сәлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған ҳәмме жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, өзлериңизге үйретилген тәлийматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳәм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер. Себеби бундай адамлар Ийемиз Масихқа емес, ал өз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳәм жағымпазлық сөзлери менен алдайды. Сизлердиң Қудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳәммеге мәлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳәм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қәлеймен. Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, ағайинлерим Лукий, Ясон ҳәм Сосипатер сизлерге сәлем айтып атыр. Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сәлем жоллайман. Мен ушын ҳәм пүткил исениўшилер жәмәәти ушын өз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сәлем айтып атыр. Және де, қала қазнашысы Ерастус ҳәм туўысқанымыз Куартус сизлерге сәлем айтып атыр. [ ] Мен жәриялап жүрген Ийса Масих ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Өзи әййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Қудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе. Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳәзир ашылып, мәңги жасайтуғын Қудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мәлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Қудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды. Жалғыз ҳәм дана Қудайға Ийса Масих арқалы мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин. Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Состенистен, Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине сәлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳәмме жерде айтып шақырыўшылардың ҳәммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳәм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз. Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Қудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. Өйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар. Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды. Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик көрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер. Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Қудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады. Сизлерди Өз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Қудай – садық. Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер. Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим. Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз. Масих бөлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз? Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Қудайға шүкирлик етемен. Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды. Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа және кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман. Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы өлими әҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сөзлерге тийкарланбай жәрияладым. Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети. Өйткени Мухаддес Жазыўда Қудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман». Олай болса, дана адам қәне? Алым қәне? Ҳәзирги заманның ойшылы қәне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма? Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди. Яҳудийлер кәраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди. Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жәриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди. Қудай тәрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм Оның даналығы. Өйткени Қудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Қудайдың «ҳәлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек. Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди. Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады. Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады. Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи. Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды. Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын». Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Қудайдың сырын жәриялағанымда, шешен сөзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым. Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳәм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим. Мен сизлерге ҳәлсизлик, қорқыныш ҳәм қатты дирилди менен бардым. Сөйлеген сөзим ҳәм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сөзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың Өз қүдирети менен көрсеткен дәлилине тийкарланған еди. Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Қудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди. Деген менен, бизлер руўхый жетискен адамлар арасында дана сөзлер сөйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳәм оның өткинши ҳүкимдарларының даналығы емес. Бизлер Қудайдың жасырын ҳәм сырлы болған даналығы ҳаққында сөз етип атырмыз. Қудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди. Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Көз көрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди, Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты». Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Өйткени Мухаддес Руўх ҳәмме нәрсени, ҳәтте, Қудайдың терең ой-пикирлерин де биледи. Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Қудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды. Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик. Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сөзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сөзлер менен сөйлеймиз. Яғный, руўхый нәрселерди руўхый сөзлер менен түсиндиремиз. Өз тәбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нәрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жәрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тәрепинен берилген ҳәмме нәрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды. «Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады? Оған ким ақыл бере алады?» Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз. Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сөйлегендей, сөйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тәбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гөдеклик дәрежесинде болғанларға сөйлегендей, сөйледим. Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Өйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге әззилик қылатуғын едиңиз. Ҳәтте, ҳәзир де оны жеўге әззилик қыласызлар. Себеби сизлер еле де гүнакар тәбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳәм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тәбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме? Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма? Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳәм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Қудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳәр биримизге хызмет тапсырған. Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Қудай өсирди. Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да әҳмийетли емес, ал егинди өсирген Қудай әҳмийетли. Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳәр бири өз мийнетиниң ҳақысын алады. Бизлер Қудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Қудайдың атызы ҳәм имаратысыз. Қудайдың өзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳәр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын. Өйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды. Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады. Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди. Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады. Ал шыдамай жанып кетсе, зыян көреди. Оның өзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады. Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме? Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз. Ҳеш бир адам өзин өзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз өзин бул дүньяның көз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Қудай нәзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның көз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын. Себеби бул дүньяның даналығы Қудай нәзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди». Және де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи», – деп жазылған. Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Өйткени ҳәммеси сизлерге тийисли: Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, өмир ҳәм өлим де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, ҳәммеси сизлерге тийисли. Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Қудайға тийисли. Солай етип, адамлар Масихтың елшилери болған бизлерди Масихтың хызметшилери ҳәм Қудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын. Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нәрсе – садықлық. Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын әҳмийетли емес. Ҳәтте, мен өзим де өзимди ҳүким етпеймен. Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Өзи. Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нәрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нәрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып көрсетеди. Сонда ҳәр бир адам Қудайдан өзине ылайық мақтаў алады. Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен өзимди ҳәм Аполосты мысал етип көрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳәм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим. Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны? Сизлер енди керекли ҳәмме нәрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Қәне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик! Мениң ойымша, Қудай биз елшилерди ең әҳмийетсиз адамлар қылып, ҳәммениң көз алдына шығарды. Бизлер өлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық. Дүньяның пикири бойынша, бизлер Масих ушын ақылсыз, бирақ сизлер Масих пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳәлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз! Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳәм шөлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз. Өз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерди нәлетлегенлерге жақсы тилек тилеймиз. Қуўдалансақ, шыдаймыз. Масқаралағанда, мүләйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық. Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман. Өйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, әкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жәриялаўым арқалы мен сизлердиң әкеңиз болдым. Сол себептен сизлерден өтиниш етемен: меннен өрнек алыңлар. Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳәмме жерде, исениўшилердиң ҳәр бир жәмәәтинде берген тәлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып өткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди. Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти. Бирақ, Ийемиз қәлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сөзлерин емес, ал оларда Қудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап көремен. Себеби Қудайдың Патшалығы сөзден емес, ал Қудайдың күшинен ибарат. Сизлер нени қәлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳәм мүләйимлилик пенен бе? Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳәтте, Қудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз әкесиниң ҳаялы, яғный өгей анасы менен жасайтуғын қусайды. Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди? Мениң өзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан өзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым. Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады. Сонда бул адамның гүнакар тәбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жәмәәттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың. Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме? Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Өйткени Қутқарылыў байрамының Қозысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди. Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳәм жаманлық пенен емес, ал пәклик ҳәм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық. Мен өз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим. Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нәпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нәзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мәжбүр болар едиңлер! Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нәпсиқаў, бутпараз, жалахор, мәскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳәтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим. Исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жәмәәтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек. Ал исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды Қудайдың Өзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар». Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады? Келешекте биз исениўшилердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме? Бизлер, ҳәтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сөзсиз-ғо. Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жәмәәтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды төреши қыласызлар ма? Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма? Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады! Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының өзи сизлер ушын қатты уят нәрсе. Оннан гөре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди? Сизлер оның орнына өзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, өзиңиздиң туўысқаныңыз. Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз. Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нәрсе де мени қул қылмаўы керек. «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады. Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди. Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан! Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо. Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады. Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам өз денесине қарсы гүна ислейди. Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз. Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар. Енди сизлер жазған нәрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы. Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳәр бир ер адамның өз ҳаялы ҳәм ҳәр бир ҳаялдың өз күйеўи болсын. Ер адам өз ҳаялына деген, ҳаял да өз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын. Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек өз ара келискеннен соң, өзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бөлек болыңлар. Өзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин және бирге болыңлар. Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман. Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қәлеймен. Бирақ, ҳәр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды. Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳәм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, өзлери ушын жақсы болады. Бирақ, өзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Өйткени жынысый қәлеўлер себепли күйип-жанғаннан гөре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ. Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын. Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я өз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын. Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын. Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын. Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Қудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Қудайдың панасында. Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Қудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды. Ҳәй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳәй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳәр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жәмәәтлерге буйыраман. Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин. Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес. Ал әҳмийетлиси – Қудайдың буйрықларын орынлаў. Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын. Қул болып шақырылдың ба? Қапа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан! Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады. Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар. Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Қудай алдында сол жағдайда қалсын. Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шәпәәтин алған исенимли адам сыпатында мен өз пикиримди айтаман. Мениң ойым бойынша, ҳәзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы. Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда өзиңе ҳаял излеме. Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар өмирде қыйыншылық көреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қәлеймен. Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қәлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын. Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай, дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Өйткени бул дүнья өткинши. Мен сизлердиң ғам-тәшиўишсиз болғаныңызды қәлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳәм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нәрсеге алаң болмай, Ийемизге өзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳәм ылайықлы түрде жасаўыңызды қәлеймен. Егер ким де ким өз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да өтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қәлегенин ислесин. Қызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды. Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳәм усы нийетинде беккем турып, буны мәжбүрий түрде емес, ал өз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады. Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады. Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи өлсе, ҳаял қәлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын. Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳәм менде де Қудайдың Руўхы бар деп ойлайман. Енди бутларға берилген қурбанлықтың гөшине тоқтайық. Дурыс, ҳәммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди. Адам бир нәрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нәрсени билмегени болады. Бирақ, Қудайды сүйген адамды Қудай биледи. Ал, бутларға берилген қурбанлық гөшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес ҳәм жалғыз Қудайдан басқа қудай жоқ. Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, көп «қудайлар» ҳәм «ийелер» бар деп есаплайды. Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Қудай Әкемиз бар. Ол ҳәмме нәрсениң тийкары ҳәм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Және де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз. Деген менен, исениўшилердиң ҳәммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гөшти жегенде, өзлериниң бурынғы бутпаразлық әдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гөши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, өзлерин ипласландық деп ойлайды. Аўқат бизлерди Қудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нәрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нәрсе арттырмаймыз. Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳәлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын. Егер исеними ҳәлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды көрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гөшин жеўге қәлеўи туўылмай ма? Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳәлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо. Сизлер усы тәризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳәм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар. Сонлықтан мениң жеп атырған нәрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гөш жемеймен. Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны көрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе? Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Өйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дәлилисизлер. Мени сынға алып атырғанлардан өзимди былай қорғайман: сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишип-жеўимизге ҳақымыз бар-ғо. Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳәм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо. Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳәм Барнаба да күн көриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо. Ким өз есабынан әскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди? Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па? Онда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма», – деп жазылған-ғо. Қудай тек өгизлерди қайғырады ма? Қудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, әлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да өз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди. Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба? Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да көбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳәмме нәрсеге шыдап атырмыз. Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мәлим, қурбанлық шалынатуғын орын әтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нәрселерден өз үлесин алады. Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жәриялаўшылар усы хызмети арқалы күн көрсин деп буйырған. Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гөре, өлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман! Деген менен, Хош Хабарды жәриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жәрияламасам, мен ҳәсирет шегемен! Егер мен Хош Хабарды өз ықтыярым менен жәриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны өз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам, онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жәриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жәриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады. Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, көп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳәммениң қулы болдым. Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, өзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Қудайдың Нызамына жат адам емеспен, өйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман. Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳәммеге ҳәмме нәрсе болдым. Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳәммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман. Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар. Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз. Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман. Ал, басқаларға Хош Хабарды жәриялап, өзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, өзимди тыйып, денемди бағындырып атырман. Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: Қудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳәммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип өткизди. Олардың ҳәммеси булт астында ҳәм теңизде суўға шомылдырыў рәсиминен өткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды. Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди. Және де, олардың ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти. Себеби олар өзлери менен бирге болған кәраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди. Деген менен, олардың көбисине Қудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шөлде қалды. Израиллылар сыяқлы жаман нәрселерди қәлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди. Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти». Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды. Олардың базылары сыяқлы Ийемизди сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып өлтирген еди. Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште өлтирген еди. Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳәм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды. Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын! Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди. Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар! Мен сизлерге ақыллы адамларға сөйлегендей, сөйлеп атырман. Сөзлеримди өзлериңиз ақылға салып көриңлер. Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба? Нан бир болғанлықтан, бизлер көп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳәммемиз бир нанды бөлисемиз. Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма? Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир әҳмийети бар ма? Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Қудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қәлемеймен. Сизлер ҳәм Ийемиздиң кесесинен, ҳәм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Және де, ҳәм Ийемиздиң дастурханына, ҳәм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар. Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе? Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де исенимди жетилистирмейди. Ҳәр бир адам өзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гөзлесин. Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳәр қандай гөштиң қандай гөш екенин сорамастан жеңлер. Өйткени: «Жер жүзи ҳәм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли». Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳәм сен де барыўды қәлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳәр бир нәрсени сорамастан же. Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гөши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳәм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме. Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нәзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек? Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек? Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер. Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Қудайдың жәмәәтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар. Мен де өзимниң пайдамды емес, ал көплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гөзлеп, ҳәр бир исте ҳәр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман. Мениң Масихтан өрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен өрнек алыңлар. Мени ҳәр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дәстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман. Бирақ, мен мына нәрсени де билиўиңизди қәлеймен: ҳәр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масихтың басы Қудай. Жәмәәт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ер адам өз басын бийабырай қылады. Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ҳаял өз басын бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды. Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек. Ер адам басын жаппасын. Өйткени ер адам Қудайға усатып жаратылған ҳәм Оның даңқын көрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын көрсетеди. Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды. Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды. Сонлықтан ҳәм периштелер себепли, ҳаял өзиниң бийлик астында екенин көрсетиў ушын басын жабыўы керек. Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың өмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғәрезли. Өйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳәммесин Қудай жаратқан. Өзлериңиз ақыл жуўыртып көриңлер: ҳаялдың Қудайға басын жаппай дуўа етиўи әдепке жата ма? Мәдениятыңыздың өзи узын шаш ер адам ушын уят екенин, бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген. Бул ҳаққында тартысыўды қәлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Қудайдың жәмәәтлеринде де буннан басқа әдет жоқ. Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: өйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гөре, зыяны көп. Бириншиден, жәмәәтте жыйналғаныңызда араңызда бөлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен. Себеби, әлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳәр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис. Сизлер бөлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мәнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды. Өйткени ҳәр ким өзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мәс болады. Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Қудайдың жәмәәтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман! Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да, шүкирлик билдирди ҳәм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳәр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». Себеби бул наннан ҳәр жегениңизде ҳәм бул кеседен ҳәр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның өлими ҳаққында жәриялаған боласызлар. Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳәм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады. Ҳәр бир адам өзин тексерип көрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин. Өйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, өз-өзин Қудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады. Сол себептен араңыздағы көплериңиз ҳәлсиз ҳәм аўырыўсыз, өлип қалған адамлар да көп болды. Егер бизлер өз-өзимизди тексерип көргенимизде, Қудай тәрепинен ҳүким етилмеген болар едик. Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тәрбиялайды. Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер. Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Қудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мәселелерге келсек, олар бойынша өзим барғанымда жол-жорық беремен. Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен. Сизлерге мәлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер. Сонлықтан мына нәрсени билиўиңизди қәлеймен: Қудайдың Руўхының басқарыўында сөйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нәлет жаўсын», – деп айтпайды. Және де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады. Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў. Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз. Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз. Пүткил исениўшилер жәмәәтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди. Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин, сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын, биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сөйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди. Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди. Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң көп мүшелери бар ҳәм мүшелер көп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жәмәәти де сондай. Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳәммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң ҳәммемизге бир Мухаддес Руўхты берди. Дене бир емес, ал көп мүшелерге ийе. Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. Егер қулақ: «Көз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. Егер пүткил дене көз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады? Сонлықтан Қудай ҳәр бир мүшени денеге Өз қәлеўи бойынша жайластырып қойыпты. Егер мүшелердиң ҳәммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди? Ал ҳақыйқатында, мүшелер көп болса да, дене биреў. Көз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды. Керисинше, денениң ҳәлсизирек көринген мүшелери анағурлым әҳмийетлирек болады. Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине көбирек ғамхорлық көрсетемиз. Көриксиз мүшелеримизге көбирек сән беремиз. Ал көрикли мүшелеримиз буған мүтәж емес. Солай етип, Қудай әҳмийетсиз болған мүшелеримизге әҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады. Буны Ол денеде бөлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық көрсетсин деп иследи. Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мәртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады. Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳәр бириңиз өз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз. Қудай исениўшилер жәмәәтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кәрамат көрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жәрдем бериўшилерди, жақсы шөлкемлестириўшилерди ҳәм басқа тиллерде сөйлейтуғынларды тайынлады. Ҳәммеси елши ме? Ҳәммеси пайғамбар ма? Ҳәммеси муғаллим бе? Ҳәммеси кәрамат көрсетиўши ме? Ҳәммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳәммеси басқа тиллерде сөйлей ме? Ҳәммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес! Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды көрсетемен: Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады. Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен. Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ. Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды. Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды. Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады. Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды. Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады. Өйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес. Бирақ, минсиз болған толық нәрсе келгенде, толық емес нәрсе жоқ болады. Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым. Ҳәзир бизлер ҳәммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳәзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан. Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик. Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳәм руўхый сыйларды, әсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар. Себеби басқа тилде сөйлеген адам адамларға емес, ал Қудайға сөйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады. Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳәм руўхландырыў ушын сөйлейди. Басқа тилде сөйлеген адам өзин өзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жәмәәтин беккемлейди. Мен сизлердиң ҳәммеңиздиң басқа тиллерде сөйлеўиңизди қәлеймен. Бирақ оннан гөре, пайғамбаршылық айтыўыңызды көбирек қәлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сөйлеген адамнан артығырақ. Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сөйлесем, бирақ сизлерге я Қудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сөзин, я тәлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди? Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нәрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди? Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады? Сол сыяқлы, сизлер де басқа тилде сөйлеп, түсиниксиз сөзлерди айтсаңыз, сөйлеген сөзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сөйлегендей боласызлар-ғо! Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳәм олардың ҳәр бир сөзи өз мәнисине ийе. Деген менен, егер мен өзиме айтылған сөзди түсинбесем, сөйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сөйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады. Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жәмәәтин беккемлейтуғын сыйларды көбирек алыўға тырысыңлар. Сонлықтан ким де ким басқа тилде сөйлейтуғын болса, ол өзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин. Өйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен. Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек. Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди? Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды. Қудайға шүкир, мен ҳәммеңизден гөре, басқа тиллерде көбирек сөйлеймен. Деген менен, исениўшилер жәмәәтинде басқа тилде он мың сөз айтқанымнан гөре, басқаларға тәлим бериўим ушын түсиникли бес сөз айтқаным абзалырақ. Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гөдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сөйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сөйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“». Солай етип, басқа тиллерде сөйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады. Егер пүткил исениўшилер жәмәәти бир жерге жыйналып, ҳәммеси бирликте басқа тиллерде сөйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме? Бирақ, ҳәмме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳәмме тәрепинен оның гүнасы әшкара етилип, ол ҳәмме тәрепинен ҳүким қылынады. Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нәрселер ашылып қалады ҳәм ол жерге жығылып: «Қудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Қудайға сыйынады. Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тәлим бересиз, бириңиз Қудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сөйлейсиз ҳәм және бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын исленсин. Басқа тилде сөйлегениңизде, еки ямаса ең көп дегенде үш адам сөйлесин, бирақ олар гезек пенен сөйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин. Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сөйлейтуғын адам жәмәәтте үндемесин, ал өзи жалғыз қалғанда өзи ушын Қудайға сөйлесин. Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сөйлесин, ал басқалар олардың айтқан сөзлерин тексерип көрсин. Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Қудайдан аян берилсе, сөйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын. Жәмәәттеги ҳәр бир адамды үйретип, ҳәр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳәммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады. Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тәрепинен басқарылады. Себеби Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы. Барлық исениўшилердиң жәмәәтлеринде болғаны сыяқлы, сизлердиң жәмәәтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сөйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек. Егер олар бир нәрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Өйткени ҳаялдың жәмәәт жыйналысында сөйлегени айып болады. Қудайдың сөзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма? Егер ким де ким өзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сөзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин. Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның өзи де қабыл алынбайды. Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сөйлеўге тосқынлық жасамаңлар. Бирақ, ҳәммеси де әдеп ҳәм тәртип пенен исленсин. Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳәм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар. Егер сизлер мен өзлериңизге жәриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар. Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди. Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди. Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди. Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды. Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди. Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди. Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен. Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти. Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз. Масих өлимнен қайта тирилди, деп жәриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар өлимнен тирилиў жоқ дейди? Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады. Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жәриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады. Ҳәтте, бизлер Қудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Өйткени бизлер Қудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер өлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Қудай да Масихты тирилтпеген болады. Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады. Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар. Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан өткен адамлар да набыт болған болады. Егер бизлер тек бул дүньядағы өмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳәмме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз. Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да өлимнен қайта тирилди! Ол өлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы өлилердиң тирилетуғынын дәлилледи. Бир адам арқалы өлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы өлимнен тирилиў келди. Яғный, Адам-ата менен қатнасы болған пүткил адамзат өлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, өмирге ериседи. Бирақ, ҳәр бири өз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи. Буннан кейин, Масих ҳәр бир ҳәкимшиликти, ҳәр бир бийликти ҳәм қүдиретти сапластырып, патшалықты Әкемиз Қудайға тапсырғанда, ақырзаман болады. Себеби Қудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис. Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – өлим болады. Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Қудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген. Бирақ, бул «барлығын» деген сөздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Қудай нәзерде тутылмағаны анық. Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Өзине бойсындырған Қудайға бойсынады. Усылай етип, Қудай ҳәмме нәрсе үстинен толық бийлик жүргизеди. Егер қайта тирилиў жоқ болса, өлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Өлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен өлилер ушын суўға шомылдырылады? Және де, бизлер не ушын ҳәр саат сайын өзимизди қәўип астына қоямыз? Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳәр күни өлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман. Егер адамлардың ойы бойынша өлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар менен гүресип, өлим қәўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер өлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең өлемиз-ғо!» Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады. Есиңизди жыйып, өзиңизге келиңлер ҳәм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Қудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Бирақ, биреў: «Өлилер қалай тириледи? Қандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин. Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың өлмесе, көгерип шықпайды-ғо. Сен еккениңде, көгерип турған өсимликти емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир өсимликтиң туқымын егесең. Қудай туқымға Өз қәлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳәр бирине өз алдына бир дене береди. Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳәм балықлардың денеси басқа болады. Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа. Қуяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады. Өлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене көмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи. Дене хорлық пенен көмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳәлсиз болып көмиледи, күшли болып тириледи. Тәбийғый дене көмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тәбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды». Ал соңғы Адам – Ийса Масих өмир бериўши руўх болды. Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тәбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди. Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам аспаннан келди. Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады. Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз. Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тәбийғый денемиз Қудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мәңгилик өмирге ерисе алмайды. Енди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳәммемиз шетимизден өлмеймиз, бирақ ҳәммемиз өзгеремиз. Бирден көзди ашып-жумғанша, соңғы кәрнай шалынғанда, өзгерип кетемиз. Аўа, кәрнай шалынғанда, өлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де өзгерип кетемиз. Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын дене болып өзгериўи тийис. Ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын болып өзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сөзлер иске асады: «Өлим жоқ етилди, ол жеңилди!» «Ҳәй өлим, жеңисиң қәне? Ҳәй өлим, уўлы ийнең қәне?» Өлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна өз күшин Мухаддес Нызамнан алады. Бирақ, Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди. Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер. Енди исениўшилерге берилетуғын ақшалай жәрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге тапсырғанымдай ислеңлер. Ҳәр екшемби күни ҳәр бириңиз өз жағдайына қарап, ақшаны бөлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зәрүрлиги болмайды. Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы көрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен. Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди. Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен. Қасыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳәтте, сизлер менен қысты да бирге өткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жәрдем етерсиз. Мен бул сапары сизлерди жол-жөнекей көрип кетиўди қәлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен. Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына дейин қалажақпан. Өйткени бул жерде өнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да көп. Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қәўипсиз жүриўи ушын көз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди. Сонлықтан оны ҳеш ким пәс көрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Өйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман. Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан көп өтинген едим. Бирақ, ол ҳәзир сизлерге барыўды ҳеш қәлемей атыр. Қолайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады. Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мәрт ҳәм жигерли болыңлар. Ҳәр бир нәрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер. Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳәм өзлерин исениўшилердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден өтиниш, туўысқанларым: сизлер де усындай адамларға ҳәм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳәммесине бойсыныңлар. Мен Степанның, Фортунатустың ҳәм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды. Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да көтерди. Бундай адамлардың қәдирин билиңлер. Азия үлкесиндеги жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳәм олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге көп-көп сәлем айтып атыр. Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сәлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер. Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. Ийемизди сүймейтуғын адамға нәлет болсын! О Ийемиз, келе-гөр! Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! Мен сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин. Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине ҳәм пүткил Ахая үлкесиндеги барлық мухаддеслерге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Әкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай. Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз. Себеби Масих шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли көп шексек, Қудай бизлерге Масих арқалы соншелли үлкен жубаныш береди. Бизлер көрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳәм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер өзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азап-ақыретлерге шыдай аласызлар. Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Өйткени сизлердиң тек азап-ақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз. Туўысқанларым, Азия үлкесинде көрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик. Ишимизден өзимизди өлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул өзлеримизге емес, ал өлилерди тирилтетуғын Қудайға сүйениўимиз ушын болды. Қудай бизлерди усындай үлкен өлим қәўпинен қутқарды ҳәм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўаларыңыздың жәрдеминде Қудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Көп адамлардың еткен дуўаларына Қудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, көплер бизлер ушын Қудайға шүкирлик билдиреди. Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳәм пәк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нәрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, әсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Қудайдың мийрими менен, Қудайдан келген ҳадаллық ҳәм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық. Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нәрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳәзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз. Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бөленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим. Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим. Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қәлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма? Мен Қудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сөйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық. Бизлер тәрепимизден, яғный мен тәрепимнен, Сила ҳәм Тимофей тәрепинен сизлерге жәрияланған Қудайдың Улы Ийса Масих ҳәм «аўа», ҳәм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар. Қудайдың барлық ўәделери Масих арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Қудайдың даңққа бөлениўи ушын, Масих арқалы Қудайға «аўмийин» деймиз. Бизлер менен сизлердиң Масих пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳәм бизлерди хызметке тайынлаған Қудайдың Өзи болады. Ол бизлерди мөрлеп тамға басты ҳәм буның дәлили сыпатында Мухаддес Руўхты жүрегимизге жайластырды. Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Қудайдың Өзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим. Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар. Солай етип, сизлерди және қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим. Өйткени егер мен сизлерди және қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Өзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди көтереди? Әлбетте, ҳеш ким! Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳәммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим. Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, көз жасларымды төгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди. Егер араңызда бир адам басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дәрежеде сизлердиң ҳәммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан. Бул адамға сизлердеги көпшилик тәрепинен берилген жаза жетерли болады. Солай етип, ол ҳәдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады. Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеўиңизди өтиниш етемен. Ҳәр бир исте сөзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим. Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масих алдында кеширдим. Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пәнт бериўине жол қоймайық. Өйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз. Мен Масихтың Хош Хабарын жәриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған көп мүмкиншилик берген еди. Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим. Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бәрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳәм бизлер арқалы ҳәмме жерде Масих ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады. Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масихтың Қудайға бағышлаған хош ийисимиз. Бизлер Хош Хабарды жәриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын өлимге апаратуғын өлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын өмир беретуғын өмир ийисимиз. Бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ! Өйткени өз пайдасы ушын Қудайдың сөзин сатып беретуғын көп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Қудай тәрепинен жиберилген ҳәм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Қудай алдында ҳақ кеўил менен жәриялаймыз. Бизлерди және өзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге көрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға көрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға бизлер мүтәжбиз бе? Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳәм оқыйды. Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масихтың хаты екениңизди анық көрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Қудайдың Руўхы менен жазылды ҳәм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды. Бизлер Масих арқалы Қудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз. Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып өзимизден шықпаған, ал Қудайдан берилген. Қудай бизлерди Жаңа Келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа Келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам өлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх өмир береди. Тасқа ойып жазылған ҳәриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан өткинши нурға қарай алмаған еди. Өлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса, онда өмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым көп уллылыққа ийе емес пе? Адамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын Жаңа Келисимге хызмет етиў оннан гөре қаншелли уллырақ болады! Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған Жаңа Келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам өз уллылығын жойтты. Солай етип, өткинши болған нәрсе уллы болса, мәңги қалатуғын нәрсе оннан да уллырақ. Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сөйлей аламыз. Бизлер жүзиндеги өшип баратырған нурды Израил халқына көрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз. Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳәтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Өйткени бул перде тек Масих арқалы алып тасланады. Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди. Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады. Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар. Бизлердиң ҳәммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын көремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын өзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жәрдеминде иске асады. Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Қудайдың мийрим-шәпәәти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз. Бизлер жасырын ҳәм уят ислеримизди тасладық, ҳийлекерлик пенен ҳәрекет қылмаймыз. Қудайдың сөзин бурмаламай, ҳақыйқатты ашық айтыўымыз арқалы өзимизди Қудай алдында ҳәр бир адамның ҳүжданына тапсырамыз. Егер бизлер жәриялап атырған Хош Хабар жабық болса, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады. Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масихтың даңқын билдиреди. Бизлер өзлеримиз ҳаққында жәриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жәриялап атырмыз. Себеби «Қараңғылықтан нур жарқырасын», – деп буйырған Қудай Масихтың жүзинде жарқыраған Өзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды. Биз елшилер усы ғәзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Қудайдан екенлиги көринип тур. Бизлер ҳәр тәреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз. Қуўдаланамыз, бирақ Қудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз. Ийсаның өмири денемизде ашық көринсин деп, бизлер бәрқулла азап шегип, Ийсаның өлимине шерик боламыз. Өйткени Ийсаның өмири бизиң өлетуғын денемизде ашық көринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын өлим қәўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз. Солай етип, бизлердиң өлим қәўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мәңгилик өмирге ерисип атырсызлар. Забурда: «Мен исендим ҳәм соның ушын сөйледим», – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳәм сонлықтан сөйлеймиз. Себеби Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳәм сизлер менен бирликте Өзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз. Булардың ҳәммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Қудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де көп адамларға жетип барыўы арқалы Қудайға көп шүкирликлер айтылады ҳәм Ол даңққа бөленеди. Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң көринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр. Өйткени ҳәзирги өткинши ҳәм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳәдден тыс уллы ҳәм мәңгилик даңқ алып келеди. Бизлер көзге көринетуғын қыйыншылықларға емес, ал көзге көринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби көзге көринетуғын нәрселер өткинши, ал көзге көринбейтуғын нәрселер мәңги болады. Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Қудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мәңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз. Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳәзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз. Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз. Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қәлеймиз. Солай етип, өлетуғын дене мәңгилик өмир тәрепинен жутып жибериледи. Бизлерди усы ушын таярлаған ҳәм буның гиреўи сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Қудайдың Өзи болады. Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мәканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бәрқулла батырлыққа ийемиз. Өйткени бизлер көзге көринетуғын нәрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз. Аўа, батырлыққа ийемиз ҳәм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз. Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз. Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳәр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек. Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳәрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Қудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен. Бизлер және сизлерге өзлеримизди усыныўға ҳәрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы көриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз. Егер бизлер ақылымыздан азғандай болып көринсек, онда бул Қудай ушын. Егер есимиз дурыс болып көринсе, онда бул сизлер ушын. Усылай ислеўге бизлерди Масихтың сүйиспеншилиги мәжбүр етеди. Өйткени бир Адам, яғный Масих ҳәмме ушын өлгенликтен, ҳәмме Оның өлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик. Аўа, Масих ҳәмме ушын өлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди өзлери ушын емес, ал өзлери ушын өлген ҳәм қайта тирилген Масих ушын жасаўы шәрт. Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның көз қарасы менен қарамаймыз. Масихқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз. Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды. Буның ҳәммеси Қудайдан. Қудай Масих арқалы бизлерди Өзи менен жарастырды ҳәм адамларды Өзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды. Яғный, Қудай Масих арқалы дүньяны Өзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳәм усы жарастырыўшы сөзлерди бизлерге берди. Солай етип, бизлер Масихтың елшилеримиз. Қудайдың Өзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нәсият берип атыр. Масихтың атынан жалбарынамыз: Қудай менен жарасыңлар! Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық. Қудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер өзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаўыңызды сизлерден өтиниш етемиз. Себеби Қудай былай дейди: «Мениң мийримим берилетуғын ўақытта сени еситтим, Қутқарылыў күнинде саған жәрдем бердим». Минекей, ҳәзир Қудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳәзир қутқарылыў күни келди! Хызметимизге сөз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нәрседе тосқынлық жасамаймыз. Ал ҳәмме нәрседе Қудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық көрсек те, мүтәжликте ҳәм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық. Және де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз өткиздик, аш қалдық. Солай болса да, бизлер пәк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳәм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық. Ҳақыйқат сөзин айтып, Қудайдың қүдиретин көрсеттик. Оң ҳәм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик. Бизлерди ҳүрмет етеди ҳәм масқаралайды да, бизлерге сөгис айтады ҳәм мақтайды да. Бизлерди өтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз. Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ бизлер ҳәммеге белгилимиз. Бизлерди өлген деп есаплайды, бирақ, мине, бизлер тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, өлмей атырмыз. Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бәрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ көп адамларды байытамыз. Ҳеш нәрсемиз болмаса да, ҳәмме нәрсеге ийемиз. Ҳәй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сөйлеп, жүрегимизди кең аштық. Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден өз мийримиңизди аядыңыз. Сизлерге балаларыма сөйлегендей, сөйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар? Масих пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин? Қудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Қудайдың ибадатханасымыз. Қудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап, Олар арасында жүретуғын боламан». «Мен олардың Қудайы боламан, Олар Мениң халқым болады». Сол себептен Қудай Ийемиз былай дейди: «Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бөлеклениңлер. Ҳарам нәрсеге қол тийгизбеңлер, Сонда Мен сизлерди қабыл етемен». Және де, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен сизлерге Әке боламан, Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар». Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўәделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳәм руўхымызды ипласлайтуғын ҳәр бир нәрседен өзлеримизди тазалайық. Қудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық. Бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Бизлер ҳеш кимге жаманлық ислемедик, ҳеш кимди жолдан азғырмадық, ҳеш кимди алдап, ҳақысын жемедик. Буны сизлерди айыплаў ушын айтып атырған жоқпан. Өйткени бурын айтқанымдай, сизлер бизлердиң жүрегимиздесиз. Сизлер менен бирге өлиўге де, жасаўға да қайылмыз. Мениң сизлерге деген исенимим күшли ҳәм мен сизлер менен көп мақтанаман. Қыйыншылықларымыз көп болса да, мен сизлер себепли шексиз қуўаныш алып, жубанышқа бөлендим. Бизлер Македонияға келгенимизден кейин де денемиз ҳеш тыныш таппай, ҳәр тәреплеме қыйыншылық көрдик: сыртта жәнжел, жүрегимизде қорқыныш бар еди. Бирақ, руўхы түскен адамларға жубаныш бериўши Қудай Титустың сизлер беттен қайтып келгени арқалы бизлерге жубаныш берди. Бизлер тек оның қайтып келгени арқалы емес, ал сизлердиң оған берген жубанышыңыз арқалы да жубаныш алдық. Титус бизлерге сизлердиң мени қаншелли сағынғаныңызды, қылған ис-ҳәрекетлериңиз себепли өкинип атырғаныңызды ҳәм мени жақлаўға урынып атырғаныңызды айтып бергенде, мен оннан бетер қуўанып кеттим. Мен жазған хатым менен сизлерди қапа қылған болсам да, өкинбеймен. Сол хатымның сизлерди аз-маз ўақытқа қапа қылғанын билгенимде, мен өкинген едим. Бирақ, енди қуўанып атырман. Мен сизлердиң қапа болғаныңызға емес, ал бул қапашылықтың сизлерди тәўбеге әкелгенине қуўанып атырман. Бул қапашылық Қудайдың қәлеўи бойынша болғанлықтан, сизлер бизлер себепли ҳеш қандай зыян көрмедиңлер. Себеби Қудайдың қәлеўи менен берилген қапашылық адамды тәўбеге алып келеди ҳәм адам бул арқалы қутқарылыў алады. Бундай қапашылық өкиниў алып келмейди. Бирақ, дүньяның қапашылығы өлимге алып барады. Қараңлар, Қудайдың қәлеўи менен болған бул қапашылық сизлерде қаншелли инта, өз пәклигиңизди дәлиллеўге қатты умтылыў, наҳақлыққа деген күшли ғәзеп, қаншелли қорқыныш, маған деген соншелли сағыныш, қаншелли талпыныў ҳәм айыпкер адамды жазалаўға күшли тилек оятты. Сизлер сол исте өзлериңиздиң ҳәр тәреплеме пәк екениңизди көрсеттиңиз. Сизлерге буннан алдыңғы хатты жазғанымда, наҳақлық ислеген адам ямаса наҳақлықтан жәбир көрген адам себепли жазған жоқпан. Ал, сизлердиң бизлерге деген ықласыңыздың Қудай алдында аян болыўы ушын жазған едим. Бизлер булардың ҳәммеси арқалы жубаныш таптық. Жубанышымызға қосымша Титустың қуўанышы бизлерди оннан да көбирек қуўандырды. Өйткени сизлердиң ҳәммеңиз оның руўхын көтерипсиз. Мен сизлерди оның алдында мақтаған едим, сизлер мени уятқа қалдырмадыңлар. Сизлерге айтқан ҳәр бир сөзимиз ҳақыйқат болғаны сыяқлы, сизлерди Титусқа айтып мақтаған сөзлеримиз де ҳақыйқат болып шықты. Ол ҳәммеңиздиң сөзге бойсынатуғыныңызды, өзин ҳүрмет ҳәм иззет пенен қабыл алғаныңызды еске алып, оның сизлерге деген сүйиспеншилиги және де артып атыр. Солай етип, мен сизлерге ҳәр бир исте исене алатуғыным себепли қуўанаман. Туўысқанлар, бизлер сизлерге Қудайдың Македониядағы исениўши жәмәәтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди. Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдә кәмбағал болса да, шексиз сақыйлық көрсетти. Жағдайлары көтергенше, ҳәтте, жағдайларынан артық дәрежеде олардың өз қәлеўи менен сақыйлық көрсеткенине мен өзим гүўалық беремен. Олар Яҳудиядағы исениўшилерге берилетуғын жәрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды өтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди. Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Қудайдың қәлеўи менен өзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады. Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын өтиндик. Сизлер Масихқа деген исенимде, Қудайдың сөзин сөйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте, улыўма ҳәмме нәрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қәлеймиз. Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жәмәәтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап көрип атырман. Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масихтың мийримин билесизлер: Ол Өзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз. Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер өткен жылы өз қәлеўиңиз бенен жәрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер. Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис. Егер сизлер өзлериңизде бар нәрсени инта менен берсеңиз, Қудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нәрсени талап етпейди. Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен. Ҳәзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нәрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нәрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады. Мухаддес Жазыўда: «Көп жыйнаған адамның артық нәрсеси, аз жыйнаған адамның кем нәрсеси болмады», – деп айтылғандай болады. Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Қудайға шүкирлер болсын! Өйткени ол тек бизлердиң өтинишимиз бойынша емес, ал өзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, өз қәлеўи менен сизлерге баратыр. Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жәриялаў бойынша барлық исениўши жәмәәтлер тәрепинен мақтаўға ерискен адам. Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жәмәәтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳәм жәрдем бериўге инталы екенимизди көрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз. Көп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз. Себеби бизлер тек Ийемиздиң нәзеринде емес, ал адамлардың нәзеринде де дурыс болған нәрсени ислеўге тырысып атырмыз. Бизлер жаңағы туўысқанларымыз бенен бирликте және бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мәртебе ҳәм ҳәр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин көрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр. Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳәм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жәмәәтлердиң ўәкиллери ҳәм Масихқа даңқ келтиретуғын адамлар. Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жәмәәтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин көрсетиңлер. Яҳудиядағы исениўшилерге жиберилетуғын бул жәрдемге байланыслы сизлерге жазыўдың ҳәжети жоқ. Өйткени сизлердиң жәрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер өткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың көбисин ҳәрекетке келтирди. Бул нәрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳәм өзим айтқанымдай, сизлерди таяр турасыз деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман. Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди көрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сөзсиз уятқа қаласыз. Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан өзимнен бурын сизлерге барыўды ҳәм сизлердиң ўәде еткен жәрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды өтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жәрдем мәжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын. Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам көп орады. Ҳәр бир адам қыйналып ямаса мәжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Өйткени Қудай ыразы болып берген адамды сүйеди. Және де, Қудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳәмме нәрсеңиз жетерли болып, ҳәр қандай жақсы иске бай боласызлар. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол өзиникин сақыйлық пенен тарқатып, жарлыларға берди, Оның ҳақлығы мәңгиге бар болады». Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Қудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрәәтин мол қылып береди ҳәм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады. Аўа, Қудай сизлерди ҳәр тәреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳәм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Қудайға шүкирлик билдиреди. Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы исениўшилердиң мүтәжликлерин толықтырып қоймай, көп адамлардың Қудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады. Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Қудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз өзлериңиз мойынлаған Масихтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳәм көп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бөлисип атырғаныңызды дәлиллейди. Және де, Қудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди көриўди әрман етип, сизлер ушын дуўа етеди. Сөз бенен тәрийиплеп жеткизиў қыйын болған Қудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Қудайға шүкирлер болсын! «Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сөз қылатуғын мен, Павел, Масихтың мүләйимлилиги ҳәм сабырлылығы менен сизлерден өтинемен: сизлерге барғанымда, өзимди қатал тутыўға мәжбүр қылмаңлар. Өйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қәлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар. Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз. Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. Сол қураллар менен сандырақ сөзлерди ҳәм Қудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳәр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳәр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз. Сизлер Масихқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳәр бир адамды жазалаўға таярмыз. Сизлер тек сыртқы көриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким өзиниң Масихқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масихқа тийисли екенимизди билсин. Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен бираз көбирек мақтансам да, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген. Мен хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып көрингим келмейди. Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳәм күшли, бирақ жүзбе-жүз көрискенимизде ҳәлсиз ҳәм сөзге де шебер емес», – дейди екен. Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз. Өзлерин әҳмийетли етип көрсетип атырған айырым адамлар менен өзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар өзлерин өз өлшемлери менен баҳалайды ҳәм өзлерин өзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз! Бирақ, бизлер ҳәдден тыс дәрежеде мақтанбаймыз. Ал, Қудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди. Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масихтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик. Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳәддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң өсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң көлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз. Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жәриялай аламыз. Өйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қәлемеймиз. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын». Себеби өзин өзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қәдирлениўге ылайықлы. Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сөзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қәлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны өтиниш етемен! Сизлерди Қудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Өйткени мен сизлерди бир пәк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масихқа усынып, Оған некеледим. Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай, сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масихқа деген ҳақыйқый ҳәм пәк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман. Себеби биреў келип, бизлер жәриялаған Ийсаны басқаша қылып жәриялағанда, сизлер исенесизлер. Және де, өзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳәм өзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер. Сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен өзимди ҳеш бир нәрседе кем санамайман! Мен сөзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳәр қандай жағдайда ҳәм ҳәр тәреплеме ашық көрсеттик. Сизлердиң мәртебели болыўыңыз ушын, мен өзимди пәс қойып, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жәрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма? Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жәмәәтлерден ақшалай жәрдем алып, оларды тонағандай болдым. Араңызда болған ўақтымда мүтәжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Өйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтәжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нәрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳәм буннан былай да тырыса беремен. Өзимдеги Масихтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды. Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Қудай биледи. Өзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳәм солай ислеўди даўам ете беремен. Себеби жалған елшилер ҳәм өтирик жумысшылар болған бундай адамлар өзлерин Масихтың елшилери қылып көрсетеди. Бирақ, бул таң қаларлық нәрсе емес. Шайтан да өзин нур периштеси қылып көрсетеди-ғо. Сонлықтан оның хызметшилериниң өзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып көрсетиўи де таң қаларлық нәрсе емес. Қудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди. Мен және тәкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын. Сөйлеп атырған сөзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал өзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман. Көплер өзлери менен дүньяның көз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан. Сизлер өзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар! Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, өзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар. Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳәлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз! Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы барса, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман. Сол жалған елшилер яҳудиймиз дей ме? Мен де яҳудиймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман. Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. Үш мәртебе таяқ жедим, бир мәртебе тас пенен урды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. Булардың ҳәммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жәмәәтлердиң ғам-тәшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады. Қайсы дәрменсизлер менен, мен бирге дәрменсизленбедим? Қайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым? Сизлер мени мақтаныўға мәжбүр еткениңиз себепли, мен ҳәлсизлигимди көрсеткен нәрселер менен мақтанаман. Ийемиз Ийсаның Әкеси, мәңгиге алғысланатуғын Қудай биледи: мен өтирик сөйлеп атырған жоқпан. Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳәким қала дәрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды. Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳәм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым. Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз көрсеткен көринислер ҳәм аянлар ҳаққында айтпақшыман. Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он төрт жыл бурын үшинши аспанға көтерилип әкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Қудай биледи. Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жәннетке көтерилип апарылды. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳәм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сөзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Қудай биледи. Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, өзиме келсем, тек өзимдеги ҳәлсизликтен басқа ҳеш нәрсем менен мақтанбайман. Мақтаныўды қәлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Өйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳәдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса көргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен өзимди мақтаныўдан тыйып атырман. Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр. Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мәртебе жалбарынған едим. Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. Сол себептен Масих ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен. Мен мақтанып, ақылсыз адам болып көриндим. Бирақ мени буған сизлер мәжбүр еттиңиз-ғо. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ. Мениң Қудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дәлиллейтуғын көп белгилер, таң қаларлық ислер ҳәм кәраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен көрсетилди. Сизлерден ақшалай жәрдем сорап, өз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жәмәәтлерден сизлерди кем көргендей болдым ба? Егер мени қәте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң! Минекей, мен сизлерге үшинши мәртебе келиўге таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң мал-мүлкиңиз емес, ал сизлердиң өзлериңиз керексиз. Өйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис. Сол сыяқлы мен де сизлер ушын өзимде бар ҳәмме нәрсени, ҳәтте, өз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды. Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман. Деген менен, өзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба? Мен Титустан сизлерге барыўды өтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Әлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен ис-ҳәрекет етип, бир жол менен жүремиз-ғо. Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масихқа тийисли адамлар сыпатында Қудай алдында сөйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳәр бир нәрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз. Өйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди өзим қәлегендей емес аўҳалда көремен бе деп ҳәм сизлер де мени өзлериңиз күтпеген аўҳалда көресиз бе деп қәўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жәнжел, күншиллик, ғәзеп, даў, жала, өсек, менменлик ҳәм тәртипсизлик бар екенин көриўден қорқаман. Тағы да, сизлерге және барғанымда, Қудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, өзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳәм жүўенсизлиги ушын тәўбе етпеген көп адамлар ушын көз жасымды төгиўден қорқаман. Мен сизлерге үшинши мәртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳәр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады». Буннан алдын араңызда екинши мәртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳәзир сизлерден узақта болғанымда да тәкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге және барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳәмме адамлардың да ҳеш бирин аямайман! Себеби сизлер Масихтың мен арқалы сөйлейтуғынына дәлил излейсизлер. Масих сизлерге деген ис-ҳәрекетинде ҳәлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Өз қүдиретин көрсетеди. Ол ҳәлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳәзир Қудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масих пенен қатнаста болған бизлер де ҳәлсиз болсақ та, Оның менен бирге Қудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз. Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, өз-өзиңизди сынап көриңлер. Ийса Масихтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан өте алмай жығылған болар едиңиз. Бизлердиң сынаўдан өткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен. Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Қудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз өзлеримиздиң сынаўдан өткенимизди көрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан өтпеген болып көринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат. Өйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нәрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳәрекет етемиз. Өзлеримиз ҳәлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз. Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қаталлық қолланыўға мәжбүр болмаўым ушын, бул нәрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман. Қулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар, бир ой-пикирли болыңлар ҳәм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳәм тынышлық тийкары болған Қудай сизлер менен бирге болады. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер. Барлық исениўшилер сизлерге сәлем айтып атыр. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳәммеңизге яр болсын! Адамлар тәрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масих ҳәм Оны өлимнен тирилткен Әкемиз Қудай тәрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳәм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Әкемиз Қудайдың ерки бойынша, Ийса Масих бизлерди ҳәзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти. Қудайымызға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин. Сизлерди Масихтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман. Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масихтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар. Бирақ егер де бизлер ямаса аспаннан бир периште келип, өзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын! Бурын айтқанымызды және қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын! Енди мен адамлардың мақтаўын қәлеп атырман ба ямаса Қудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масихтың хызметшиси бола алмас едим. Туўысқанларым, мен жәриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қәлеймен. Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳәм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масихтың Өзи аян арқалы билдирди. Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай өмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Қудайдың жәмәәтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим. Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим. Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Өз мийрими менен шақырған Қудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жәриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мәсләҳәтлесип отырмадым. Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дәрҳал Арабстанға кетип, кейин және Дамаскқа қайтып келдим. Соңынан үш жыл кейин Петр менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым. Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин көрмедим, тек Ийемиз Ийсаның иниси Яқыпты ғана көрдим. Сизлерге жазып атырғанларымның өтирик емес екенлигин Қудайдың алдында билдирип атырман. Буннан соң, мен Сирия ҳәм Киликия үлкелерине кеттим. Ал Яҳудиядағы Масихқа тийисли жәмәәтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди. Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын өзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди өзи жәриялап жүр», – дегенди еситип, мен ушын Қудайды алғыслаған еди. Арадан он төрт жыл өткеннен соң, Барнаба менен бирликте және Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым. Ол жерге Қудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жәмәәт жетекшилери менен жеке сөйлесип, басқа миллетлер арасында өзим жәриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳәм ҳәзир ислеп атырған ис-ҳәрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим. Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мәжбүрлемеди. Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масих берген азатлықты көре алмай, бизлерди яҳудийлердиң нызамының қулы қылмақшы еди. Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бәрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тәслим болмадық. Ерусалим жәмәәтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бәри бир: Қудай адамларды айырмайды. Олар мениң жәриялаў исиме қосымша ҳеш нәрсе жүклемеди. Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жәриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жәриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди. Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Қудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады. Жәмәәтлердиң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳәм Юхан Қудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳәм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал өзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул көрди. Тек еле де жарлыларға жәрдем бериўди естен шығармаўымызды өтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим. Кифа Антиохияға келгенде, оның қәтесин бетине айтып әшкара еттим. Өйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен өзин шетке алды ҳәм олар менен байланысты үзди. Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳәтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди. Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын көргенимде, ҳәммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мәжбүрлейсең? Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз. Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масихқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масихқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды». Егер Ийса Масих арқалы ақланыўды излеп, өзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масих бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан! Егер мен өзим бузған яҳудий үрп-әдетлерин қайтадан тиклесем, онда мен өзимниң нызам бузыўшы екенимди дәлиллеген боламан. Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен. Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман. Мен Қудайдың мийримин қәдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға өлген болар еди. Ҳәй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады? Ийса Масихтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны көз алдыңыздан кетпестей етип сүўретленип берилген жоқ па еди? Сизлерден бир нәрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе? Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳәрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар? Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?! Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳәм араңызда кәраматлар көрсеткен Қудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба? Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ақланған деп санады». Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳәммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады. Мухаддес Жазыў Қудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын болжап, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди. Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады. Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳәммесине нәлет жаўады. Өйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳәмме нәрсени бәрқулла орынлап жасамайтуғын ҳәр бир адам нәлетий болады». Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Қудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Исеними менен ақланған жасайды», – деп жазылған. Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамда буйырылғанларды орынлаған олар арқалы жасайды», – деп жазылған. Масих бизлер ушын нәлетленгенликтен, Қудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳәм бизлер ўәде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен қутқарды. Өйткени: «Ағашқа асылған ҳәр бир адам нәлетий», – деп жазылған. Туўысқанларым! Адамлар өмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нәрсе қосыўға болмайды. Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпағына ўәде бергенде: «сениң урпағыңнан болғанларға» деп көп адамларды нәзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңнан болғанға» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масихты нәзерде тутып айтқан еди. Мениң айтажағым мынаў: төрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Қудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўәдесиниң күшин жоқ қылмайды. Себеби егер Қудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўәде бойынша болмайды. Бирақ Қудай мийрасты Ибрайымға ўәде бойынша берди. Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып көрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Өзи Қудайдың ўәдеси ҳәм Ибрайымның урпағы болған Масих келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳәрекет етеди. Ол периштелер арқалы тәўеллешиниң қолы менен берилген еди. Ал тәўеллеши тек бир тәрепке тийисли емес. Бирақ Қудай – жалғыз. Олай болса, Мухаддес Нызам Қудайдың ўәделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Өйткени егер де өмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, әлбетте, нызам арқалы ақланар еди. Бирақ, Ийса Масихқа деген исенимге тийкарланған ўәде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жәриялады. Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешек исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик. Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масих келиўге дейин Мухаддес Нызам тәрбияшымыз болды. Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тәрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз. Себеби Масих Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳәммеңиз Қудайдың балаларысыз. Суўға шомылдырылғанда Масих пенен бирлесип, ҳәр бириңиз Масих сыяқлы болдыңлар. Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳәммеңиз Масих Ийсада бирсиз. Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Қудайдың ўәдеси бойынша мийрасхорларсыз. Және айтажағым мынаў: мийрасхор ҳәмме нәрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ. Ол әкесиниң белгилеген ўақтына дейин тәрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады. Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мәниссиз қағыйдаларының қулы едик. Бирақ ўақты келгенде, Қудай Өз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳәм бизлердиң Қудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады. Сизлер енди Қудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Өз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырыўыңызға болады. Сол себептен сен енди қул емессең, ал Қудайдың перзентисең. Қудайдың перзенти болғаның ушын, Қудай сени мийрасхор етти. Бурын сизлер Қудайды билмей, негизи Қудай болмаған нәрселерге қул болдыңлар. Енди болса, Қудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Қудай таныйды. Солай екен, неге енди және дүньяның ҳәлсиз ҳәм қәдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Қайтадан және олардың қуллары болмақшымысызлар? Күнлер, айлар, мәўсимлер ҳәм жылларды белгилейсизлер. Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе, деп тәшиўиштемен. Туўысқанларым! Сизлерден өтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер. Хош Хабарды сизлерге биринши мәрте ден-саўлығымның ҳәлсизлиги себепли жәриялағанымнан хабарыңыз бар. Мениң ден-саўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, менменсип, маған тәкаббирлик етпедиңлер. Керисинше, мени Қудайдың бир периштесиндей, ҳәтте, Ийса Масихтай қабыл еттиңлер. Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге өзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, көзлериңизди ойып, маған берер едиңлер. Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба? Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди өз тәрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Өзлерине бағыныўға тырысыўыңыз ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы. Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нәрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бәрқулла усылай болса жақсы. Балаларым! Масих сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен. Ҳәзир жаныңызда болып, даўысымды мүләйим қылып өзгертсем еди. Өйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман. Мухаддес Нызам астында жасаўды қәлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме? Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған. Шоры ҳаялдан болған улы әпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўәде бойынша туўылды. Бунда тымсал мәниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы. Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳәзирги Ерусалимди аңлатады. Өйткени бул қала өз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында. Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат, ол бизлердиң анамыз. Себеби былай деп жазылған: «Ҳәй, бала туўмайтуғын нәсилсиз ҳаял шад бол! Толғақ азабын билмейтуғын ҳаял, Даўысыңды көтерип, бақыр! Өйткени жалғыз баслы ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдың балаларынан көп». Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўәде бойынша туўылған балаларсыз. Әпиўайы жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўәдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳәзир де солай болып атыр. Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди? «Шорыны ҳәм оның баласын қуўып жибер, Себеби шорының улы, Азат ҳаялдың улы менен бирликте, Мийрасқа шерик бола алмайды». Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз. Масих бизлерди еркин өмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар. Қараңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масихтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ. Сүннет етилген ҳәр бир адамды және ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы. Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масихтан айырылдыңлар. Қудайдың мийриминен алысладыңлар. Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз. Ийса Масихқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай әҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳәрекет еткен исеним ғана әҳмийетли. Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты? Бундай айнытыў сизлерди шақырған Қудай тәрепинен болмады. Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады. Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кәмил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады. Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жәриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди. Қәне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳәммеси өзлерин ақта етсе! Туўысқанлар! Қудай сизлерди азат болыўға шақырған. Тек азатлығыңызды өз тәбиятыңыздың қәлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер. Пүткил Мухаддес Нызам бир сөзде жәмленген: «Өзиңди қалай сүйсең, жаныңдағы адамды да солай сүй». Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар! Және айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда өз тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар. Өйткени адам тәбиятының жаман қәлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тәбиятының жаман қәлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қәлеген нәрселериңизди ислей алмайсызлар. Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер. Адамның гүнакар тәбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жәнжелкешлик, күншиллик, ғәзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў, қызғаншақлық, мәскүнемшилик, айшы-әширет ҳәм усыларға уқсаған нәрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, және ескертип атырман: усындай ис-ҳәрекетти ислеўшилер Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық, мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ. Ийса Масихқа тийисли болғанлар өз тәбиятын қәлеўлери ҳәм нәпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған. Мухаддес Руўх өмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик. Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик. Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мәлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүләйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар. Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды көтериңлер. Сонда Масихтың Нызамын орынлайсызлар. Егер ким де ким ҳеш нәрсе болмаса да, өзин әҳмийетли адам деп есапласа, өз-өзин алдаған болады. Ҳәр бир адам өз ис-ҳәрекетин тексерип көрсин. Сонда өзин басқалар менен салыстырмай, өз табыслары менен мақтана алады. Себеби ҳәр бир адам өз аўырманлығын өзи көтериўи тийис. Қудайдың сөзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нәрселерди бөлиссин. Өз-өзиңизди алдамаңлар, Қудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады. Өзиниң гүнакар тәбиятына бойсыныўшы сол тәбиятқа тән өлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тән мәңгилик өмирди алады. Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳәлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳәмме адамға, әсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик. Қараңлар, өз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳәриплер менен жазып атырман! Сыртқы көриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масихтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мәжбүрлемекте. Бирақ, сүннет етилгенлердиң өзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қәлеп атыр. Ал мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нәрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын өлген, мен де дүнья ушын өлгенмен. Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес, әҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў. Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳәммесине, яғный Қудайдың халқына тынышлық ҳәм мийрим-шәпәәт болсын! Ендигиден былай, ҳеш ким маған жәбир бермесин. Өйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар. Ҳәй, туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин. Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады. Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип, Ийса Масих арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды. Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи. Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Қудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди. Қудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып, Өз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған әжайып мақсети бойынша болды. Белгиленген ўақыт болғанда әмелге асатуғын Қудайдың жобасы – жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат. Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық. Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды. Ҳақыйқат сөзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўәде етилген Мухаддес Руўх пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдыңлар. Қудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Қудайдың бизлерге ўәде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳәммеси бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды. Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери, мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан. Ийемиз Ийса Масихтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳәм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Қудайдан сорап атырман. Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳәм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң көзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман. Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман. Қудай усы күш пенен Масихта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды. Қудай Масихты барлық ҳәкимшилик ҳәм бийликтен, пүткил қүдирет ҳәм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дәўирде де аталатуғын ҳәмме атлардан жоқары қойды. Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды. Исениўшилер жәмәәти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе. Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер. Сонда сизлер бул дүньяның әдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким – шайтанға, яғный ҳәзир Қудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳәрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер. Бир ўақытлары бизлердиң ҳәммемиз де усындай адамлардың арасында өз гүнакар тәбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳәм ой-нийетимиздиң жаман қәлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тәбиятымыз бойынша Қудайдың ғәзебине ылайықлы адамлар едик. Бирақ, мийрим-шәпәәтке бай болған Қудай бизлерди соншелли сүйгенликтен, гүналарымыз себепли өли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз. Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Қудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында отырғызды. Қудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Өз мийриминиң шексиз байлығын келешек дәўирлерде көрсетиў ушын усылай иследи. Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды. Себеби бизлер Қудайдың дөретпесимиз. Өзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты. Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тәрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз. Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳәм Қудайдың оларға берген ўәдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳәм қудайсыз болып жасадыңлар. Бирақ бурын Қудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Қудайға жақын болдыңлар. Өйткени Масихтың Өзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Өз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды. Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Өзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳәм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып, душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Қудай менен жарастырыў ушын иследи. Масих келип, Қудайдан узақ болған сизлерге ҳәм Қудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жәриялады. Ол арқалы бизлер ҳәммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Әкемиз Қудайдың алдына бара аламыз. Солай етип, енди сизлер жат ҳәм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз. Сизлер елшилер ҳәм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Өзи болады. Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын өсип барады. Масих пенен қатнаста болған сизлер де Қудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мәкан болыўыңыз ушын, ҳәммеңиз бирликте қуралып барасызлар. Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым. Сизлер ушын Қудайдың Өз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, әлбетте, еситкенсизлер. Жоқарыда қысқаша жазып өткенимдей, Қудай маған Өз сырын аян арқалы билдирди. Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин. Адамзаттың әўелги әўладларынан қупыя тутылып, енди Қудайдың мухаддес елшилерине ҳәм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат: басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳәм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўәдеге де шерик. Қудайдың ҳәрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жәриялаў ушын хызметке тайынландым. Мен барлық исениўшилер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жәриялаў ушын, Қудай маған усы мийримин берди. Және де, ҳәмме нәрсени жаратқан Қудай Өзинде әўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳәммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди. Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў. Қудай усы мәңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы әмелге асырды. Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Қудайға батырлық ҳәм толық исеним менен жақынласа аламыз. Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды өтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди. Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен. Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген. Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин. Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып, барлық исениўшилер менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз. Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз. Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе. Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жәмәәтинде, әўладтан-әўладқа, мәңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин. Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың өзлериңизди шақырған өмирине ылайықлы түрде жасаңлар. Толық кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар. Өзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар. Қудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳәммемиз бир денемиз ҳәм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз. Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рәсимимиз бир. Қудай да бир. Ол ҳәммениң үстинен ҳүкимдар, ҳәмме арқалы ҳәрекет етиўши, ҳәммемизде бар болған, ҳәммемиздиң Әкемиз. Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып, Тутқынларды тутқын етти. Адамларға сыйлар берди». Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сөзлер нени аңлатады? Масих бурын төменге, жерге түсти дегенди аңлатады. Түскен Адам да, ҳәр бир нәрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў. Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды. Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳәм Өзиниң денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи. Нәтийжеде бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың Улына исениўде ҳәм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин өсип барамыз. Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық. Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳәр тәреплеме өсип барайық. Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери өз ара биригип, ҳәр бир мүше өз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жәрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен өсип, өзин беккемлеп барады. Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар. Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳәм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған. Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳәр түрли ҳарамылықты нәпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген. Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз. Әлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер. Сол себептен бурынғы өмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қәлеўлери себепли шириген ески тәбиятыңыздан ўаз кешиңлер. Ой-пикирлериңизди ҳәм руўхыңызды жаңалап, шын ҳақлық ҳәм мухаддеслик пенен, Қудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар. Сонлықтан өтириктен ўаз кешип, ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳәммемиз бир денениң мүшелеримиз. Ғәзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Қуяш батқанша, ғәзептен қайтыңлар. Шайтанға жол бермеңлер. Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтәж адамларға үлестиретуғын бир нәрсеси болыўы ушын, ол өз қоллары менен ҳадал мийнет етсин. Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың. Қудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Қутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мөрленгенсизлер. Жек көриўшилик пенен бирликте ҳәр бир жаман нийет, ашыў, ғәзеп, бақырыс ҳәм өсек сизлерден узақ болсын. Ал бир-бириңизге мийирман ҳәм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер. Солай етип, Қудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер! Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Қудайға унайтуғын садақа ҳәм қурбанлық болып, Өзин Қудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге минәсип емес. Араңызда уят ҳәм пәтиўасыз гәплер, турпайы ҳәзил де болмасын. Бул сизлерге минәсип емес. Буның орнына, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Өзине бойсынбайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди. Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар. Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар. Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси – ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат. Қудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер. Қараңғылықтағы өмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды әшкара етиңлер. Қараңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың өзи қатты уят. Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳәмме нәрсе анық көринеди. Себеби Қудайдың нурында көринген ҳәр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳәй уйқыда жатқан, Өлилер ишинен тирил! Масих саған нур шашар». Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар. Жақсылық ислеўге ҳәр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Өйткени ҳәзирги күнлер жаўызлыққа толы. Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеўиниң не екенин түсиниңлер. Арақ-шарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар. Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сөзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар. Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер. Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар. Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар! Себеби Масих исениўшилер жәмәәтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Өз денесиниң, яғный исениўшилер жәмәәтиниң Қутқарыўшысы. Исениўшилер жәмәәти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳәмме исте күйеўлерине бойсынсын. Ҳәй күйеўлер, Масих исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер. Масих исениўшилер жәмәәтин суў менен жуўып ҳәм Қудайдың сөзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Өзин қурбан етти. Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи. Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады. Ҳеш ким ҳеш қашан өз денесин жек көрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жәмәәтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам өз денесин азықландырып, оны күтеди. Өйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз. «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады». Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман. Солай етип, ҳәр бириңиз өз ҳаялын өзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин. Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады. «Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген баслы буйрық. Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады». Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер. Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сөзин Масихтың сөзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳәм пәк жүрек пенен тыңлаңлар. Буны адамларға жақсы көрингиси келетуғынлар сыяқлы, көзабаға ислемеңлер. Қудайдың қәлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар. Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер. Өйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳәр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер. Ҳәй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳәм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер. Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар. Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар. Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы. Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар. Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер. Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар. Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳәр ашқанымда маған керекли сөз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын. Және де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳәзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мәртлик пенен жәриялаўым ушын да дуўа етиңлер. Аўҳалымның қалай екенин ҳәм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳәм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳәммесин билдиреди. Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди. Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳәм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин. Ийемиз Ийса Масихты өшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳәммесине Қудайдың мийрими яр болсын! Масих Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳәм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масихқа тийисли болған барлық мухаддеслерге, әсиресе жәмәәт жетекшилери менен хызметшилерине сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Сизлерди ҳәр сапар еске алғанымда, Қудайға шүкирлик билдирип атырман. Мен Қудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳәр қашан қуўаныш пенен сорайман. Себеби сизлер бастан баслап ҳәзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жәриялаўға үлес қосып келмектесизлер. Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Қудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен. Ҳәммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, өйткени сизлер ҳәмме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болсам да, Хош Хабарды жақласам да ҳәм оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дәлиллесем де, ҳәммеңиз мениң менен бирликте Қудайдың мийримин бөлисип келмектесиз. Сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Қудайдың Өзи гүўа. Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳәм терең түсимпазлық пенен өсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман. Солай етип, сизлер Масихтың келетуғын күнинде пәк ҳәм минсиз болыўыңыз ушын, ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра аласызлар. Және де, Қудайды уллылап, алғыс-мақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масих арқалы ҳақыйқатлық жемисине бай боласызлар. Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қәлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың және де көбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жәрдем етти. Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳәм қалған ҳәмме адамларға мәлим болды. Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, көпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Қудайдың сөзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да көбирек батырлық көрсетпекте. Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жәрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жәрияламақта. Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр. Ал алдыңғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында өзлериниң атақ-абырайлары ушын напәк нийет пенен жәрияламақта. Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жәрияланса да, мен буған қуўанаман. Аўа, мен қуўана беремен де. Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳәм Ийса Масихтың Руўхының жәрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен. Қандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қәлеймен. Тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық көрсетиўден беккем үмит етемен. Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масих, ал өлим утыс демек. Бирақ, егер бул дүньяда өмир сүриўим арқалы өнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен. Мени еки тәреп те өзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масих пенен бирге болыўды қәлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ. Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек. Буған көзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде өсип қуўаныўыңыз ушын, ҳәммеңиз бенен бирге боламан. Солай етип, және жаныңызға келгенимде, Масих Ийса алдында мениң менен еле де көбирек мақтана аласызлар. Тек жасап атырған өмириңиз Масихтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сонда келип сизлерди көрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тән болып гүресип атырғаныңызды билейин. Және де, өзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳәм Қудайдың иси. Өйткени Қудай Масих ушын, сизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген. Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер көрдиңлер ҳәм ҳәзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер. Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳәм реҳимлилик бар болса, онда бир пикир ҳәм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳәм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың. Ҳеш бир нәрсени өз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳәр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды өзиңизден үстин деп есаплаңлар. Тек өзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гөзлеңлер. Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: Масих қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди. Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди. Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды. Сонлықтан да, Қудай Оны ең бийик мәртебеге еристирди ҳәм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳәм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип, Қудай Әкениң уллыланыўы ушын, ҳәмме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды. Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бәрқулла Қудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳәзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан көбирек бойсынып, қорқыныш ҳәм сақлық пенен, қутқарылыўыңызға сай ис-ҳәрекетлерди әмелге асыра бериңлер. Себеби Өзине унаған ислерди қәлеўиңиз ҳәм ислеўиңиз ушын, Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады. Ҳәр бир нәрсени тоңқылдамай ҳәм тартыспай ислеңлер! Сонда сизлер адасқан ҳәм бузылған әўлад арасында Қудайдың кемшиликсиз, таза ҳәм минсиз балалары боласызлар. Қудайдың өмир беретуғын сөзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тәним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масихтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан. Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳәм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным қурбанлық шарабы сыяқлы төгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳәм ҳәммеңиздиң қуўанышыңызды бөлисемен. Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳәм мениң қуўанышымды бөлисиңлер. Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қәлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен. Өйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ. Ҳәмме Масих Ийсаның емес, ал өз мәпин ойлайды. Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мәлим. Себеби ол әкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жәрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти. Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дәрриў жибериўден үмит етемен. Ийемизге исенимим кәмил, мениң өзим де жақын арада барып қаламан. Бирақ, мүтәж болғанымда маған жәрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳәм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Епафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул көрдим. Өйткени ол ҳәммеңизди сағынып атыр ҳәм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады. Ол ҳақыйқаттан да, өлим төсегинде жатты. Деген менен, Қудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти. Сонлықтан оны және көрип қуўаныўыңыз ушын ҳәм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман. Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳәм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер. Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол өз жанын қәўип астына қойып, Масихтың иси ушын бир өлимнен қалды. Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нәрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, және де бул сизлер ушын зыянсыз. Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар! Өйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Қудайдың халқымыз. Бизлер Қудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масих Ийса менен мақтанып, өз шығысымызға ҳәм ерискен нәрселеримизге сүйенбеймиз. Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў өз шығысыма ҳәм ерискен нәрселериме сүйениўге дәлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де көбирек: мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенамин урыўынан болған нағыз яҳудиймен. Диний нызам бойынша парисеймен. Диний инта бойынша исениўшилер жәмәәтин қуўдалаған ҳәм диний нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим. Бирақ, бир ўақытлары әҳмийетли деп билген бул нәрселеримди енди Масих ушын пайдасыз деп есаплайман. Аўа, мен ҳәмме нәрсени Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп санайман. Және де, мен Масих ушын ҳәмме нәрседен бас тарттым ҳәм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳәммесин сыпырынды деп есаплайман. Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын өз ҳақлығыма емес, ал Масихқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Қудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен. Қәне енди, Масихтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам. Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем. Мен буларға әлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масих мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман. Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. Қудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы өмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман. Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳәммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Қудай сизлерге буны да ашып береди. Тек ерискен ҳақыйқатымыз бойынша өмир сүрейик. Туўысқанларым, ҳәммеңиз бирликте меннен өрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге көрсеткен өрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар. Сизлерге көп мәрте айтқанымдай, ҳәзир де көз жасларымды төгип тәкирарлап атырман: көп адамлар Масихтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта. Бундайлардың тәғдирине набыт болыў жазылған болып, олардың қудайы – өз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды. Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Қутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масихтың келиўин күтпектемиз. Ҳәмме нәрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳәлсиз ҳәм өткинши денемизди өзгертип, Өзиниң уллы денесине уқсатады. Сонлықтан ҳәй жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳәм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қәдирданларым! Еводияға өтиниш етемен, Синтихияға да өтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар! Аўа, садық Сизигус саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жәрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳәм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жәриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳәммесиниң атлары Өмир китабында жазылған. Ийемиз бенен қатнаста болып, бәрқулла қуўаныңлар. Тәкирарлап айтаман: қуўаныңлар. Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳәмме адамларға мәлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды. Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пәк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, және де, нениң жақсы ҳәм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаңлар. Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳәм көрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады. Маған енди және ғамхорлық көрсетип атырғаныңыз ушын, мен Ийемизге алғыс айтып, қатты қуўанаман. Әлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди. Мен бул сөзлерди мениң бир мүтәжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен. Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳәр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳәм ашлықта, молшылықта ҳәм мүтәжликте жасаўдың сырын үйрендим. Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан. Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бөлисип, жақсы иследиңлер. Ҳәй филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жәриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жәмәәтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды өзлериңиз де билесизлер. Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мәртебе маған мүтәж нәрселеримди жеткиздиңлер. Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис көбейсин деп айтып атырман. Менде ҳәмме нәрсе бар, ҳәтте, артып та атыр. Епафродит арқалы жиберген нәрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтәжлигим қалмады. Бул нәрселер – хош ийисли түтетки ҳәм Қудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық. Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масих Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады. Әкемиз Қудайға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин. Масих Ийсаға тийисли болған барлық исениўшилерге сәлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сәлем айтып атыр. Барлық исениўшилер, әсиресе Рим патшасы-Қайсардың сарайындағылар сизлерге сәлем айтып атыр. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, Колоса қаласындағы исениўшилерге, яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға бәрқулла шүкирлик билдиремиз. Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик. Сизлердиң бул исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сөзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер. Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Қудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тәлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси. Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди. Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз. Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз. Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳәмме нәрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳәм Қудай Әкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Қудай Әкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды. Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди. Бизлер Қудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық. Қудайдың Улы болған Масих көзге көринбейтуғын Қудайдың қандай екенин көрсетеди ҳәм Ол жаратылған ҳәмме нәрседен бурын бар болған. Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масих тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды. Масих ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты. Масих – исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди. Себеби Қудай Өзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул көрди. Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳәм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қәледи. Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳәрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Қудайға жат ҳәм душпан едиңлер. Енди болса, Қудай сизлерди Өзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳәм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң өлими арқалы сизлерди Өзи менен жарастырды. Тек ғана исенимде бәрқулла турақлы ҳәм беккем болып, өзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жәрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым. Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масихтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман. Қудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сөзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болдым. Қудайдың Хош Хабары өткен әсирлер менен әўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды. Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳәм бай екенин Қудай Өз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих. Бизлер усы Масих ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз. Масихтың қүдирети менен менде ҳәрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен. Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳәм мени жүзбе-жүз көрмегенлердиң ҳәммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қәлеймен. Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кәмил исеним менен, Қудайдың сыры болған Масихты билип аласызлар. Масихта ақыл-даналықтың пүткил ғәзийнеси жасырылған. Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман. Себеби мениң өзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тәртипти ҳәм Масихқа деген исенимиңиздиң беккемлигин көрип, қуўанып атырман. Сонлықтан Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар. Онда тамыр жайып ҳәм тикленип, өзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳәм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер. Сақ болыңлар! Масихқа емес, ал адамлардың үрп-әдетлерине ҳәм бул дүньядағы мәниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳәм өтирик сөзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин. Өйткени қудайлық тәбияттың пүткил толылығы Масихтың денесинде жасайды. Сизлер де ҳәр қандай ҳәкимшилик ҳәм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз. Сизлер Масих пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масих тәрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тәбиятыңыз кесип тасланады. Суўға шомылдырылғаныңызда Масих пенен бирге көмилдиңлер ҳәм Оны өлимнен тирилткен Қудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер. Сизлер гүналарыңыз ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли өли едиңлер, бирақ Қудай сизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди. Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжетти Қудай өширди ҳәм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды. Ол руўхый ҳәкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы өлими арқалы жеңип, көпшиликтиң көз алдында масқара етти. Солай етип, жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса дем алыс күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин. Булар тек келиўи тийис нәрсениң көлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масихта. Жалған кишипейилликтен ҳәм периштелерге сыйыныўдан ләззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек өзлери көрген аянларға ғана берилип, өз гүнакар тәбиятының ақылы менен себепсиз көкирек көтереди. Бундайлар исениўшилер жәмәәтиниң басы болған Масих пенен байланысты үзген. Әне усы бастан пүткил дене буўын ҳәм сиңирдиң жәрдеми менен күш алып ҳәм бирлесип, Қудайдың қәлеген жолы менен өсип барады. Егер сизлер Масих пенен бирге бул дүньяның мәниссиз қағыйдалары ушын өлген болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы: «Услама», «Жеме» ҳәм «Қол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз? Бундай қағыйдалардың ҳәммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нәрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳәм тәлийматларына тийкарланған. Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳәм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып көринеди. Бирақ гүнакар тәбияттың қәлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ. Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нәрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Қудайдың оң жағында отырыпты. Жердеги емес, ал аспандағы нәрселерди ойлаңлар. Себеби сизлер дүнья ушын өлгенсизлер ҳәм жаңа өмириңиз Масих пенен бирге Қудайда жасырылған. Өмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен көринесиз. Сонлықтан өзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман әдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нәпсиқумарлық, жаман қәлеўлер ҳәм нәпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар. Булар себепли, сөзге қулақ аспайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди. Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳәрекетлерди иследиңлер. Бирақ енди ҳәммесин: ашыў, ғәзеп ҳәм жек көриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай өсек ҳәм сөгис сөз шықпасын. Бир-бириңизге өтирик сөйлемеңлер. Өйткени сизлер ески тәбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап, жаңа тәбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тәбиятқа ийе адам Қудайды толық билиў ушын, өз Жаратыўшысына уқсап барады. Солай етип, жаңа тәбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳәм яҳудий, сүннетли ҳәм сүннетсиз, варвар ҳәм скиф, қул ҳәм азат адам болып бөлиниў жоқ. Ал ең әҳмийетлиси, ҳәмме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар. Қудайдың таңлап алған мухаддес ҳәм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизге шыдамлы ҳәм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден өкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер. Булардың ҳәммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди. Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Және де, шүкирлик билдириңлер. Масихтың сөзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тәлим берип, ақыл-нәсият етиңлер. Қудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар. Сөзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳәр бир нәрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Әкемиз Қудайға шүкирлик етип ислеңлер. Ҳәй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минәсип. Ҳәй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар. Ҳәй балалар, ҳәмме нәрседе ата-аналарыңыздың сөзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды. Ҳәй әкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳәмме нәрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын көзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер. Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес, ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Өйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар. Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Қудай ҳеш кимди айырмайды. Ҳәй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға әдиллик ҳәм теңлик пенен қатнас жасаңлар. Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар. Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Өз сөзин жәриялай алыўымыз ушын, Қудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман. Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер. Ўақыттан жақсы пайдаланып, жәмәәттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар. Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар. Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳәмме хабарды сизлерге билдиреди. Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди. Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳәм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди. Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳәм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер. Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сәлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Қудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды. Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлерди Қудайдың ҳәр бир еркине толық исенсин ҳәм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр. Сизлер ушын ҳәм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның көп мийнет еткенине мен гүўаман. Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сәлем айтып атыр. Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳәм оның үйиндеги жәмәәтке сәлем айтыңлар. Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жәмәәтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар. Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!» Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын! Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем! Сизлерге Қудайдың мийрими ҳәм тынышлығы яр болсын! Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз. Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз. Қудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын бизлер билемиз. Себеби сизлерге жәрияланған Хош Хабар тек сөз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳәм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер. Көп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Қудайдың сөзин қабыл етип, бизлерге ҳәм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар. Солай етип, Македония ҳәм Ахаядағы пүткил исениўшилерге сизлер үлги болдыңлар. Өйткени Ийемиздиң сөзи сизлерден тарқап, Қудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳәм Ахаяға емес, ал ҳәмме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нәрсе айтыўымызға ҳәжет қалмады. Себеби олардың өзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳәм ҳақыйқый тири Қудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Қудайға қайтқаныңызды айтып берди. Және бизлерди келешектеги қәҳәрли жазадан қутқаратуғын Қудайдың Өзи өлимнен тирилткен Улы Ийсаның аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да олар сөз етти. Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин өзлериңиз де билесиз. Бирақ өзлериңизге мәлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге жәриялаў ушын, бизлер Қудайымыздан мәртлик алып туратуғын едик. Өйткени бизлердиң ақыл-нәсиятымыз өтирик ямаса напәк нийет ҳәм ҳийлеге негизленбеген еди. Керисинше, Қудай бизлерди минәсип көрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Қудайға унаў ушын Хош Хабарды жәриялап жүрмиз. Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазлық сөзлери ямаса пайдакүнемлик нықабы менен келмедик. Қудай буған гүўа. Және бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз. Масихтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүләйим болдық. Сизлерди усылай жақсы көрип, сизлерге тек Қудайдың Хош Хабарын емес, ал өз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қәдирли едиңиз. Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳәм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Қудайдың Хош Хабарын жәрияладық. Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳәм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Қудай да гүўа. Хабарыңыз бар, бир әке өз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳәр бириңизге сондай қатнас жасадық. Сизлерге ақыл-нәсият ҳәм жубаныш берип, Өз Патшалығына ҳәм салтанатына шақырған Қудайға ылайықлы жасаўды өтиниш еттик. Бизлер Қудайға және бир нәрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Өйткени сизлер Қудайдың сөзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сөзи сыпатында емес, ал Қудайдың сөзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сөз ҳақыйқаттан Қудайдың сөзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳәрекет етпекте. Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Қудайдың жәмәәтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет көрген болса, сизлер де өз миллетиңизден сондай азап-ақырет көрдиңлер. Ийемиз Ийсаны ҳәм пайғамбарларды өлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳәм олар Қудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр. Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сөйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳәр қашан өз гүналарының мөлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Қудайдың ғәзебине ушырайды. Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, өзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдә сағынып, дийдар көрисиўге қатты тырыстық. Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, әсиресе мен, Павел, бир неше мәрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти. Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳәм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе? Аўа, мақтанышымыз ҳәм қуўанышымыз сизлерсиз. Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық. Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жәриялайтуғын Қудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик. Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тәғдиримизге жазылғаны өзлериңизге мәлим. Өйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да. Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим. Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бәрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди. Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлы ҳәм азап-ақыретли жағдайда сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық. Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады. Қудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз. Сизлер менен жүзбе-жүз көрисиў ушын ҳәм исенимиңиздеги жетиспеген нәрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз. Әкемиз Қудайдың Өзи ҳәм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын! Ийемиз бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы көбейтип арттырсын! Солай етип, Ийемиз Ийса Өзиниң пүткил мухаддеслери менен келгенде, Әкемиз Қудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин. Енди болса, туўысқанлар, Қудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳәзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте және де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден өтиниш етип сораймыз. Өйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди өзлериңиз билесизлер. Қудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди, ҳәр бириңиздиң өз денесин қәдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын ҳәм Қудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қәлеўлерге берилмеўин қәлейди. Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳәм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды. Себеби Қудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды. Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Қудайды қабыл алмаған болады. Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нәрсе жазыўына ҳәжет жоқ. Өйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Қудайдан үйрендиңлер. Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳәммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте және де алға илгерилеўиңизди сизлерден өтиниш етемиз. Және де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш өмир сүриўди, өз исиңизге кеўил бөлиўди ҳәм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар. Солай етип, сизлер жәмәәттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетли өмир сүресизлер ҳәм ҳеш кимнен ғәрезли болмайсызлар. Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан көз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. Себеби бизлер Ийсаның өлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан көз жумғанларды Қудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз. Ийемиздиң сөзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳәзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан көз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз. Өйткени Ийемиздиң Өзи буйырған бәлент даўыс, бас периштениң сести ҳәм Қудайдың кәрнайы менен аспаннан келгенде, дәслеп Масихқа исенген өлилер тириледи. Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып көтерилемиз. Солай етип, ҳәмме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз. Мине, усы сөзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар. Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳәм мәўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ. Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер. Адамлар: «Ҳәммеси тыныш ҳәм қәўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды. Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды. Сизлердиң ҳәммеңиз нурдың ҳәм күндиздиң балаларысыз. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз. Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ояў ҳәм сергек болайық. Өйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мәс болатуғынлар да түнде мәс болады. Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳәм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик. Себеби Қудай бизлерди Өзиниң ғәзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масих арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады. Тири болсақ та, өли болсақ та, бизлерди Өзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масих бизлер ушын өлди. Сонлықтан ҳәзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер. Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нәсият бергенлердиң қәдирин билиўиңизди сизлерден өтиниш етемиз. Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Өз ара татыў жасаңлар. Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жәрдем берип, ҳәммеге сабырлы болыңлар. Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳәмме ўақытта бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар. Бәрқулла қуўаныңлар. Тынбай дуўа етиңлер. Қандай аўҳал болса да, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Өйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар. Мухаддес Руўхтың исин тоқтатпаңлар. Пайғамбаршылық сөзлерин кемситпеңлер. Бирақ, ҳәмме нәрсени сынап көриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар. Ҳәр қандай жаманлықтан қашыңлар. Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳәм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын. Сизлерди шақырған Қудай садық, Ол усыны әмелге асырады. Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер. Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сәлем айтыңлар. Бул хаттың ҳәмме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын! Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем! Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәм тынышлығы сизлерге яр болсын! Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта. Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳәм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳәм исенимиңиз ушын Қудайдың жәмәәтлеринде сизлер менен мақтанамыз. Булардың ҳәммеси Қудайдың әдил жазасының белгиси. Нәтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Қудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар. Қудай әдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады. Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳәммеси Ийемиз Ийса Өзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда көрингенде жүз береди. Сонда Ийемиз Ийса Қудайды билмейтуғынларды ҳәм Өзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды. Олар мәңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳәм қүдиретли салтанатынан алыслатылады. Ийемиз келген күни Өз мухаддеслери тәрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тәрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Өйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер. Сонлықтан сизлер ушын бәрқулла дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Өзи шақырған өмирге ылайықлы қылсын, ҳәр түрли жақсы арзыў-әрманыңызды ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр бир исиңизди Өз қүдирети менен әмелге асырсын. Солай етип, Қудайымыздың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳәм сизлер де Ол тәрепинен мәртебели болыңлар. Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳәм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды өтинемиз. Ийемиздиң күниниң әлле қашан келгенин айтқан ҳәр қандай пайғамбаршылық, сөз ямаса бизлер жибергендей етип көрсетилген хат себепли ақылдан дәрҳал азып, тәшиўишленбеңлер. Өзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дәслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тәғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады. Сол адам – Қудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳәр бир нәрсеге қарсы шығып, өзин ҳәммеден жоқары қояды, ҳәтте, ол Қудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, өзин «қудайман» деп жәриялайды. Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па? Сол адамның өз ўақтында пайда болыўына дейин ҳәзир оны не услап турғанын билесизлер. Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери әлле қашан ҳәрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол өз исин даўам ете береди. Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен өлтиреди ҳәм Өзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады. Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады. Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Қудай оларға алдаўшы бир күш жибереди. Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рәҳәтленетуғынлардың ҳәммеси ҳүким етиледи. Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди. Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жәриялаған Хош Хабар арқалы Қудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды. Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сөз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тәлийматымыз бойынша ис тутыңлар. Ийемиз Ийса Масихтың Өзи ҳәм бизлерди сүйип, мийрим-шәпәәти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳәм жақсы үмит берген Әкемиз Қудай сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳәр қандай жақсы исте де, сөзде де күш-қуўат берсин. Қулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сөзи сизлердиң араңызда қалай жайылған болса, еле де солай тезлик пенен жайылып, ҳүрметке бөлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер. Жаман ҳәм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Өйткени адамлардың ҳәммеси исениўши емес. Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды. Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳәм ислейтуғыныңызға исенемиз. Ийемиз жүреклериңизди Қудайдың сүйиспеншилигине ҳәм Масихтың сабырлылығына қарай жетелесин. Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тәлийматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер! Бизлерден қалай өрнек алыўыңыз керек екенлигин өзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз. Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик. Жәрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, өрнек болыўымыз ушын усылай иследик. Ҳәтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қәлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген еди. Өйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз. Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масихтың аты менен жалбарынамыз ҳәм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, өз нанын өзи таўып жесин. Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар. Егер бул хаттағы сөзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер. Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер. Тынышлық бериўши Ийемиздиң Өзи сизлерге ҳәмме ўақытта, ҳәр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳәммеңизге яр болсын! Мен, Павел, бул сәлемди өз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳәр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Қутқарыўшымыз Қудайдың ҳәм үмитимиз Масих Ийсаның буйрығы менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин! Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған өтиниш еткенимдей, Ефесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тәлийматларды үйретпеўди, аңызлар ҳәм шексиз шежирелер менен бәнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Қудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады. Ал бул буйрықтың мақсети болса – пәк жүректен, таза ҳүжданнан ҳәм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў. Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гәплерге ерип адасты. Олар нызам муғаллими болыўды қәлейди, бирақ нени сөйлеп ҳәм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди. Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин бизлер билемиз. Және де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳәм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳәм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳәм мухаддес нәрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын өлтиретуғынлар, адам өлтириўшилер, бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлийматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз. Дурыс тәлиймат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Қудай маған исенип тапсырды. Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады. Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳәм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шәпәәтин берди. Өйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим. Бирақ Ийемиздиң мийрими Масих Ийсадағы исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып төгилди. «Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сөзлер исенимли ҳәм ҳәмме адамлар тәрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер. Мен өзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман. Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масих Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Өзине исенип, мәңгилик өмирге ерисетуғынларға өрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын көрсетти. Мәңгилик Патшаға, өлмейтуғын ҳәм көринбейтуғын жалғыз Қудайға мәңгиге ҳүрмет ҳәм даңқ болсын! Аўмийин. Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сөзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сөзлер бойынша жақсы әскер сыяқлы ис-ҳәрекет ет. Исенимиңди ҳәм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды. Олардың арасында Гименей ҳәм Искендер де бар. Қудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жәмәәттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым. Ең алды менен исениўшилерге мынаны үйретиўиңди өтиниш етемен: олар Қудай алдында ҳәмме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин. Патшалар ҳәм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Қудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳәм тыныш өмир сүремиз. Бул ис жақсы болып, Қутқарыўшымыз Қудайға унайды. Себеби Ол ҳәмме адамлардың қутқарылыўын ҳәм ҳақыйқатлықты билиўин қәлейди. Қудай жалғыз ҳәм Қудай менен адамлардың арасындағы Тәўеллеши, Өзи адам болған Масих Ийса да жалғыз. Ол Өзин ҳәмме адамлар ушын қурбан қылды. Бул арқалы Ол Қудайдың ҳәмме адамларды қутқарыўды қәлейтуғынын белгиленген ўақытта дәлилледи. Мен усы ушын Масих Ийса тәрепинен хабаршы ҳәм елши болып тайынланып, басқа миллетлерге исеним ҳәм ҳақыйқатлық ҳаққында үйрететуғын муғаллим болдым. Мен алдап атырған жоқпан, ҳақыйқатын айтып турман. Жәмәәтдеги ер адамларға ашыўланбаўды ҳәм тартыспаўды, ал ҳәмме жерде мухаддес қолларын көтерип дуўа етиў кереклигин үйретиўиңди қәлеймен. Ҳаяллар да шашларына артықша сән бермей, өзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, әдеп ҳәм ийбе менен безесин. Керисинше, олар Қудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен өзлерин көркем қылсын. Ҳаял тыныш ҳәм толық бойсынған ҳалда тәлим алсын. Ҳаялдың тәлим берип, ер адамды басқарыўына рухсат етпеймен. Ҳаял тыныш болсын. Өйткени дәслеп Адам-ата, соңынан Ҳаўа-ене жаратылды. Және де, Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи. Бирақ, ҳаял исеним, сүйиспеншилик ҳәм мухаддеслик пенен, әдепли болып жасаса, бала туўыўы арқалы қутқарылады. «Егер ким де ким жәмәәт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сөзлер ҳақыйқат. Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт. Және де, ол мәскүнемликке берилген, қызба, жәнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүләйим, өз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сөзин тыңлатып, өзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым. Себеби өз үйин басқара алмайтуғын адам Қудайдың жәмәәтине қалай ғамхорлық қыла алады? Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин. Және де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жәмәәттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек. Сол сыяқлы, жәмәәт хызметшилери де мәскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гөзлейтуғын адам болмай, бир сөзли ҳәм ҳүрметли адамлар болыўы шәрт. Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳәрекет етиўи тийис. Бул хызметшилер де дәслеп сынақтан өтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын. Сондай-ақ, олардың ҳаяллары да өсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳәм ҳәмме исте исенимли болсын. Жәмәәт хызметшилери бир ҳаяллы, балаларын ҳәм өз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын. Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мәртебеге ериседи ҳәм Масих Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады. Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем, Қудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман. Қудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳәм тийкары болған тири Қудайдың жәмәәти. Қудайдың жолының сыры уллы екени сөзсиз. Келди Масих адам денесинде, Мухаддес Руўх тәрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол, Периштелерге көринди, Ол ҳаққында жәрияланды миллетлерге, Дүньяда Оған исенди, Ол жоқарыға алынды салтанат пенен. Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳәм жинлердиң тәлийматларына қулақ асып, исенимнен қайтады. Бундай тәлийматлар ҳүждансыз болған еки жүзли өтирикшилер тәрепинен тарқалады. Бул өтирикшилер үйлениўди ҳәм турмысқа шығыўды қадаған етеди, және де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын, Қудай бул нәрселерди жаратқан-ғо. Қудай жаратқан ҳәр бир нәрсе жақсы ҳәм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нәрсеге тыйым салынбаўы керек. Өйткени бизлер ҳәр бир нәрсени Қудайдың сөзи бойынша ҳәм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз. Егер буларды туўысқанларға нәсиятласаң, онда сен исенимниң ҳәм өзиң тутынған жақсы тәлийматтың сөзлери менен азықланған, Масих Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң. Жарамас ҳәм мәниссиз гәплерден аўлақ болып, өзиңди Қудай жолында шынықтырып бар. Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Қудайдың жолында шынығыў ҳәр тәреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳәзир ҳәм келешекте өмир бериледи. Бул сөзлер исенимли ҳәм ҳәр тәреплеме қабыл етилиўге ылайықлы. Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Өйткени ҳәмме адамлардың, әсиресе исениўшилердиң Қутқарыўшысы болған тири Қудайдан үмит етемиз. Сен усыларды буйыр ҳәм үйрет. Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол. Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жәмәәтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нәсият етиўге ҳәм үйретиўге өзиңди бағышла. Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде, өзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйды пәс көрме. Усыны ис жүзинде қоллан ҳәм табысларыңды ҳәмме көриўи ушын, өзиңди буған толық бағышла. Өзиңе ҳәм берип атырған тәлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, өзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң. Ғарры адамға урыспа, ал оны әкеңдей көрип, нәсият бер. Жас жигитлерди иниңдей, жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды әжапаң ҳәм қарындасыңдай көрип, толық пәклик пенен ақыл-нәсият бер. Ҳақыйқаттан қәўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет. Бирақ, егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Қудайдың жолы менен жүрип, өз үй-ишине ғамхорлық көрсетиўди, әке-шешеси менен кемпир апа ҳәм атасының алдында парызын өтеўди үйренсин. Себеби бул Қудайға унайды. Ҳақыйқаттан қәўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Қудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди. Бирақ тек кәйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири өлик. Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой. Егер ким де ким өз ағайин-туўғанларына, әсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны. Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мәртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек. Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тәрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен, қыйыншылықта болғанларға жәрдем берген ҳәм ийгиликли ислерге өзин бағышлаған болыўы тийис. Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Өйткени олардың Масихқа деген садықлығынан дене қәлеўлери үстин болып, және турмысқа шығыўды ойлайды. Солай етип, олар алдын берген ўәделерин бузып, жазаға дуўшар болады. Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар өткизиўди әдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, өсек те айтады ҳәм керек емес нәрселерди сөйлеп, басқалардың исине араласады. Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳәм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың өсек қылыўына себеп туўдырмаўын қәлеймен. Себеби олардың гейбиреўлери әлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти. Егер исениўши бир ҳаялдың жесир қалған жақынлары болса, оларға жәрдем етсин, исениўшилер жәмәәтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жәмәәти ҳақыйқаттан қәўендерсиз қалған жесирлерге жәрдем ете алады. Жәмәәтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, әсиресе Қудайдың сөзин жәриялап ҳәм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын. Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма» ҳәм «Жумысшы өз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген. Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыпламаны қабыл етпе. Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳәммениң алдында әшкара қыл. Қудайдың, Масих Ийсаның ҳәм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тәрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла. Биреўди хызметке алыў ушын, оның үстине қол қойып дуўа еткениңде, асығыслық қылма. Басқалардың гүналарына шерик болма: өзиңди таза тут. Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳәм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш. Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мәлим болады. Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳәзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды. Қудайдың атына ҳәм тәлийматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳәммеси өз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын. Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға және де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда көретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нәсиятла. Ким де ким өзге тәлийматты үйретип, Ийемиз Ийса Масихтың ҳақыйқат сөзлерин ҳәм Қудайдың жолына тийкарланған тәлийматты мақулламаса, ол менмен ҳәм ҳеш нәрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳәм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гәплери күншиллик, алаўызлық, өсек ҳәм жаман гүманларды келтирип шығарады. Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Қудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бәрқулла тартыслар болады. Өзиңде барға қанаат етип, Қудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик. Өйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нәрсе алып келмедик ҳәм оннан ҳеш нәрсе де алып кете алмаймыз. Жейтуғын ҳәм кийетуғын нәрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик. Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бәлеге жолықтырып набыт қылатуғын көп мәниссиз ҳәм зыянлы ҳәўеслердиң дузағына илинеди. Себеби ҳәр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳәм өзлерин көп азапларға дуўшар етти. Ҳәй, Қудайдың адамы, сен бул нәрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Қудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлыққа ҳәм мүләйимликке умтылып жаса. Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тәниң менен ҳәрекет етип, мәңгилик өмирди жеңип ал. Өйткени Қудай сени усы мәңгилик өмир ушын шақырған ҳәм сен көплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тән алғансаң. Ҳәммеге өмир беретуғын Қудайдың ҳәм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген Масих Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман: Ийемиз Ийса Масих келгенше, өзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳәм айыпсыз бол. Қудай Өзи белгилеген ўақытта Ийса Масихтың қайта келиўин көрсетеди. Қудай – алғыс-мақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳәким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары. Жалғыз Қудайдың ғана басында өлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким көрмеген ҳәм көриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳәм мәңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин. Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳәм өткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рәҳәт көриўимиз ушын бизлерге ҳәмме нәрсени мол-мол етип беретуғын Қудайдан үмит етсин. Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳәм өзинде барын басқалар менен бөлисип, сақый болыўды да тапсыр. Сонда олар ҳақыйқый өмирге ийе болыўы ушын, өзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғәзийне топлайды. Ҳәй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сөзлерден, өтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тәлийматлардан аўлақ бол. Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын! Масих Ийсадағы ўәде етилген өмир ҳаққында жәриялаў ушын, Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, сүйикли улым Тимофейге сәлем! Қудай Әкемиз ҳәм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин! Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен. Сениң көз жасларың ядымда. Және дийдарласып, қуўанышқа бөлениўим ушын, сени көриўди аңсап атырман. Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын мама кемпириң Лоидада ҳәм анаң Евникада болған усы исенимниң ҳәзир сенде бар екенине толық исенемен. Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман. Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди. Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр. Қудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳәм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген еди. Ал енди болса, бул мийримди Қутқарыўшымыз Масих Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық көрсетти. Масих Ийса өлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мәңгилик өмирди аян қылды. Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым. Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳәм Оның маған тапсырғанын Өзи сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен. Меннен өзиң еситкен дурыс тәлийматты өрнек қылып, Масих Ийсаға деген исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен жаса. Саған тапсырылған ийгиликли тәлийматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жәрдеминде сақла. Азия үлкесиндегилердиң ҳәммесиниң, солар арасында Фигел ҳәм Ермогенниң мени таслап кеткенин билесең. Ийемиз Онисифордың үй-ишине Өз реҳмин берсин. Өйткени ол көп мәрте маған жубаныш берди ҳәм тутқынлығымнан арланбады. Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи. Сол күни Ийемиз оған Өз реҳмин берсин! Оның Ефесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдә жақсы билесең. Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар. Көплеген гүўалар алдында меннен өзиң еситкен сөзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады. Масих Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда. Хызметдеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды. Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди. Аўыр мийнет еткен дийхан зүрәәттен биринши болып үлес алыўы тийис. Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап көр. Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндиреди. Даўыттың урпағынан шыққан ҳәм өлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жәриялап атырған Хош Хабар – усы. Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳәтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Қудайдың сөзи байлаўлы емес. Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман. Бул сөз исенимли: «Егер Оның менен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасаймыз да. Егер сабырлылық қылсақ, Оның менен бирге патшалық етемиз. Егер Оннан ўаз кешсек, Ол да бизден ўаз кешеди. Биз садық болып қалмасақ та, Ол садық болып қалады. Себеби Ол Өзинен Өзи ўаз кеше алмайды». Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сөзлер туўралы тартыспаўды оларға Қудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нәрсеге жарамайды. Ҳақыйқат сөзлерин дурыс үйрететуғын ҳәм өз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Қудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тәниң менен тырыс. Жарамас ҳәм бос сөзлерден аўлақ бол. Өйткени бундай сөзлер Қудайдан барған сайын узақластырады ҳәм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сөзлерди айтыўшылар арасында Гименей ҳәм Филит те бар. Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳәм өлимнен қайта тирилиў әлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта. Бирақ Қудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Ийемиз Өзине тийисли болғанларды биледи» ҳәм «Ийемизге тийислимен, деген ҳәр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин», – деген сөзлер менен тастыйықланған. Үлкен бир үйде тек алтын ҳәм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳәм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады. Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳәм ҳәр бир жақсы иске тайын ыдыс болады. Ал сен жаслықтың жаман ҳәўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳәм тынышлыққа умтылып жаса. Ақылсыз ҳәм мәниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жәнжел туўдыратуғынын сен билесең. Ийемиздиң хызметшиси жәнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳәмме менен мүләйим, тәлим бериўге қәбилетли ҳәм сабырлы болыўы тийис. Және ол өзине қарсы болғанларға әлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Қудай сол адамлардың да тәўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар. Солай етип, олардың ақылы киреди ҳәм қәлегенин ислетиў ушын өзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады. Мынаны билип қой: дүньяның соңғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди. Адамлар өзин жақсы көретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Қудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз, мийримсиз, кекшил, жалахор, өзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны, сатқын, қызба ҳәм шыррық болады. Олар Қудайдан гөре, кәйип-сапаны көбирек жақсы көреди. Өзлерин Қудайдың жолы менен жүрген қылып көрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тән алмайды. Бундайлардан аўлақ бол. Өйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳәм ҳәр түрли жаман ҳәўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди. Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бәрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды. Янис ҳәм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳәм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар. Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Янис ҳәм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳәммеге әшкара болады. Ал сен мениң тәлийматымды, өмир тәризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм турақлылығымды өрнек туттың. Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳәм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳәммесинен қутқарды. Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады. Бирақ, жаман ҳәм жалатай адамлар алдап ҳәм алданып, еле де бетер жаман болып бара береди. Ал сен өзиң үйренген ҳәм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Өйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең. Және де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масих Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады. Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы. Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады. Қудайдың алдында ҳәм тирилер менен өлилерди ҳүким ететуғын Масих Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳәм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман: Қудайдың сөзин жәрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тәлим берип, әшкарала, жолға сал ҳәм ақыл-нәсият ет. Себеби адамлар дурыс тәлийматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қәлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сөзлерди сөйлейтуғын көп муғаллимлерди әтирапларына жыйнайды. Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады. Бирақ сен ҳәр қандай жағдайда сергек бол. Қыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, өз хызметиңди орынла. Өйткени мениң қаным төгилип, қурбан болмақтаман ҳәм дүньядан өтетуғын ўақтым да жақынласты. Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳәм исенимимди сақлап қалдым. Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Әдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳәммесине де береди. Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс. Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти. Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, өзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жәрдем береди. Мен Тихикти Ефеске жибердим. Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Және де китапларымды, әсиресе оралған тери китапларды алып кел. Темир устасы Искендер маған көп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын. Сен де оннан абайлы бол. Өйткени ол бизлердиң сөзлеримизге қатты қарсы болды. Биринши мәрте өзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳәмме мени таслап кетти. Буның ушын Қудай оларды кеширсин. Бирақ, Қудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жәрияланыўы ушын ҳәм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жәрдемге келип, күш-қуўат берди. Ол мени сол тәризде өлимнен қутқарып қалды. Ийемиз мени ҳәр қандай жаманлықтан қутқарады ҳәм Өзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мәңгиге алғыс-мақтаўлар болсын! Аўмийин. Прискила менен Акилаға ҳәм Онисифордың үй-ишине сәлем айт. Ерастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым. Қыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Ебул, Пуд, Лин, Клавдия ҳәм барлық исениўши туўысқанлар саған сәлем айтып атыр. Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Қудайдың мийрими сизлерге яр болғай! Қудайдың қулы ҳәм Ийса Масихтың елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сәлем! Қудайдың таңлаған адамларының исеними беккем болыўы ушын ҳәм өзлерин Қудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын мен тайынландым. Усы исеним ҳәм ҳақыйқатлықты билиў өтирик сөйлемейтуғын Қудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўәде еткен мәңгилик өмирин алыў үмитине тийкарланған. Ўақты келгенде, Қудай Өз сөзин жәриялаў арқалы ашып берди. Ал мен усы сөзди жәриялаў ушын Қутқарыўшымыз Қудайдың буйрығы менен тапсырма алдым. Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Әкемиз Қудай ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масих мийрим ҳәм тынышлық берсин! Жуўмақланбай қалған ислерди тәртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳәр бир қалада жәмәәт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим. Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы болсын. Оның балалары да исениўши болып, әдепсиз ҳәм тәрбия көрмеген, деп айыпланбаўы тийис. Себеби жәмәәт жетекшиси Қудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мәскүнемликке берилген, жәнжелкеш, ҳарам пайданы гөзлейтуғын болмаўы тийис. Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳәм өзин тутып билетуғын болыўы керек. Және де, жәмәәт жетекшиси басқаларды дурыс тәлиймат пенен жигерлендириўи ушын ҳәм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды әшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сөзи бойынша ис тутыўы тийис. Өйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пәтиўасыз ҳәм өтирикши көп адамлар бар. Ондай адамлар әсиресе яҳудий топарлары арасында көп. Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар өз ҳарам нәпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нәрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр. Ҳәтте, критлилердиң өз шайыры: «Критлилер бәрқулла өтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳәм жалқаў ашкөзлер болған», – деген еди. Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой ҳәм оларды яҳудийлердиң мәниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма. Пәк адамлар ушын ҳәмме нәрсе пәк. Бирақ, напәк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нәрсе пәк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған. Қудайды билемиз, десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Қудайдың сөзине қулақ аспайтуғын ҳәм ҳәр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар. Ал саған келсек, сен дурыс тәлиймат бойынша тәлим бер. Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳәм ҳүрметке миясар болыўды, өзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳәм сабырлылықта беккем болыўды үйрет. Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы өмир сүриўди, өсекши ҳәм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет. Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нәсият бере алады. Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады. Жас ер адамларға да өзлерин тыйып билиўди нәсият ет. Жақсы ислер ислеп, оларға ҳәр бир нәрседе өрнек бол. Тәлим бергениңде ҳадал ҳәм салдамлы болып, ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сөзлерди сөйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нәрсе айта алмағанлықтан уялып қалады. Қулларға хожайынларына ҳәр бир нәрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сөйлемей ҳәм урлық ислемей, толық садықлық көрсетиўди үйрет. Сонда олар Қутқарыўшымыз Қудайдың тәлийматына ҳәр тәреплеме жақсы ат келтиреди. Өйткени Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди. Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳәм дүньяның жаман ҳәўеслеринен ўаз кешип, ҳәзирги дәўирде өзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳәм Қудайдың жолына ылайықлы өмир сүриўди үйретеди. Және де, ол бизлерге ҳәзирше, мүбәрек үмитимиздиң, яғный уллы Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди. Ийса Масих ҳәр бир гүнамыздың төлемин өтеп қутқарыў ушын ҳәм бизлерди тазалап, Өзине тийисли ҳәм жақсылық ислеўге инталы бир халық жаратыў ушын, Өзин бизлер ушын қурбан етти. Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳәм кейи. Өзиңди ҳеш кимге кемситпе. Басшыларға ҳәм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳәр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды, ҳеш кимди өсек қылмай ҳәм жәнжелкеш болмай, мүләйим болып, ҳәмме адамларға ҳәр тәреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой. Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳәр түрли жаман ҳәўеслер менен ҳәзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳәм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳәм бизлер де бир-биримизди жек көрген адамлар едик. Бирақ, Қутқарыўшымыз Қудай Өз мийримин ҳәм адамға деген сүйиспеншилигин ашық көрсеткенде, Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады. Оның мийрими менен ақланып, өзлеримиз үмит еткен мәңгилик өмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Қутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды. Бул сөз – ҳақыйқат. Қудайға исенгенлердиң өзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қәлеймен. Булар – адамлар ушын жақсы ҳәм пайдалы. Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сөзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳәм жәнжеллерден қаш. Өйткени булар пайдасыз ҳәм бийкар нәрселер. Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз. Бундай адамның бузылғанын ҳәм өз-өзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең. Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дәрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде өткизиўге қарар еттим. Нызам хызметкери Зенас пенен Аполосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нәрсеге мүтәж болмаўы ушын ғамхорлық жаса. Мүтәж адамларға жәрдем бериў ушын ҳәм жемиссиз өмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге өзлерин бағышлаўды үйренсин. Мениң жанымдағылардың ҳәммеси саған сәлем айтып атыр. Ортақ исенимдеги бизлерди сүйетуғынларға сәлем айт. Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Ийса Масих ушын тутқын болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сәлем! Және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз. Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман. Исенимиңди басқалар менен бөлисиўде тәсирли болыўың ушын, қулласы, Масих арқалы бизлер ийе болатуғын ҳәр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман. Өйткени туўысқаным, сен себепли исениўшилердиң кеўиллери көтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳәм тәселле берди. Сонлықтан Масихтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да, ҳәзир Ийса Масих ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен өтинип сорайман. Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдә пайдалы болып қалды. Оны, яғный өз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман. Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қәлер едим. Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мәжбүрий түрде емес, ал өз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нәрсе ислегим келмеди. Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мәңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар. Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Әсиресе мен ушын ол жүдә қәдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳәм қул сыпатында, ҳәм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында және де қәдирлирек болады. Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет. Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой. Мен, Павел, буны өз қолым менен жазып атырман: мен төлеймен. Ал сениң маған өз өмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын. Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жәрдем алайын. Масих алдында кеўлимди көтер. Қулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен. Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Өйткени Қудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен. Ийса Масих ушын мениң менен бирге тутқын болған Епафрас саған сәлем айтып атыр. Және де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳәм Лука да саған сәлем жоллап атыр. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын! Қудай әййемги заманларда пайғамбарлар арқалы көп мәртебе ҳәм ҳәр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сөйлеген еди. Ал бул соңғы ўақытларда болса, Қудай бизлерге Өз Улы Ийса арқалы сөйледи. Қудай Өз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди. Қудайдың Улы – Қудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Қудайдың тәбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин көрсетеди. Ул Өзиниң қүдиретли сөзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Өзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Қудайдың оң тәрепине отырды. Қудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады. Өйткени Қудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым». Және де: «Мен Оған Әке боламан, Ол Маған Ул болады», – деген еди? Және де, Қудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған табынсын». Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Қудай Өз периштелерин самалдай, Хызметшилерин оттың жалынындай қылады». Бирақ, Қудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «О Қудай, Сениң тахтың мәңги турады, Патшалық бийлигиң – әдил бийлик. Сен ҳақлықты сүйип, нызамсызлықты жек көрдиң. Сонлықтан Қудай, Сениң Қудайың, Сени хызметке тайынлап, Саған жолдасларыңа қарағанда, Даңқ ҳәм қуўанышты көбирек берди». Және де, былай дейди: «О Ийемиз, Әўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң. Аспанды да Сениң қолларың жаратқан. Жер ҳәм аспан жоқ болып кетеди, бирақ Сен мәңгиге барсаң. Олардың ҳәммеси де кийимдей тозып қалады. Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң, Олар кийим сыяқлы өзгертиледи. Бирақ, Сен ҳеш қашан өзгермейсең, Өмир жылларың да тамам болмайды». Қудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяқларыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр», – демеген. Ақыры периштелердиң ҳәммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар-ғо. Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек. Себеби периштелер арқалы айтылған сөз күшке ийе болып, ҳәр қандай жынаят ҳәм бойсынбаўшылық ушын әдил жаза берилетуғын еди. Солай екен, дәслеп Ийемиз Ийса тәрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тәрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз? Қудай да бул ҳаққында кәраматлы белгилер, таң қаларлық нәрселер ҳәм ҳәр түрли кәраматлы ислер арқалы, және де, Өз қәлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди. Қудай бизлер сөз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ. Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «О Ийем, Сен еске алғандай адам ким өзи? Сен оған ғамхорлық көрсететуғындай, адам улы ким болыпты? Оны периштелерден аз ўақытқа төменирек қойдың, Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип, Ҳәмме нәрсени оның аяқларына бас урғыздың». Қудай ҳәмме нәрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нәрсе қалдырмады. Деген менен, ҳәмме нәрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин көрмей атырмыз. Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа төменирек қойылған Ийсаның өлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин көрип турмыз. Аўа, Ол Қудайдың мийрими менен ҳәмме адамлар ушын өлимди басынан кеширген еди. Ҳәмме нәрсе Қудай ушын ҳәм Қудай арқалы бар болған. Усы Қудай көп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул көрди. Өйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳәм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳәммеси бир Әкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды. Ийса былай дейди: «Қудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жәрия етемен, Олардың жыйынында Сени алғыслайман». Және басқа жерде былай делинген: «Мен Қудайға сүйенемен» тағы да: «Минекей, Мен Қудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен». Бул балалар ет ҳәм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Өзи де оларға теңлесип, ет ҳәм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол өлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Өз өлими арқалы набыт қылыў ушын ҳәм өмир бойы өлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳәммесин азат қылыў ушын иследи. Себеби, әлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жәрдем етеди. Сол себептен Қудайдың хызметинде мийрим-шәпәәтли ҳәм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳәр тәреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди. Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жәрдем ете алады. Солай етип, бизлер менен бирге Қудай тәрепинен шақырылған, ҳәй мухаддес туўысқанларым, Қудайдың елшиси ҳәм бас руўханийи, деп өзлеримиз ашық тән алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар! Муўса Қудайдың пүткил шаңарағында Қудайға садық болғанындай, Ийса да Өзин хызметке қойған Қудайға садық болды. Үйди салған үйдиң өзинен гөре көбирек ҳүрмет көргени сыяқлы, Ийса да Муўсадан гөре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды. Ҳәр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Қудай пүткил барлықтың жаратыўшысы. Муўса келешекте айтылатуғын сөзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Қудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды. Бирақ, Масих Қудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер өзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳәм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз. Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңиз, Шөлдеги сынақ ўақтында қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай, Қайсарлық етпеңлер. Олар сол жерде қырық жыл бойы Мениң ислеримди көрген болса да, Мени сынай берди. Сонлықтан Мен сол әўладқа ғәзепленип былай дедим: „Олардың жүрек қәлеўлери бәрқулла туўры емес, Олар Мениң жолларымды билмеди“. Және де, Мен қәҳәрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим». Ҳәй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Қудайдан безип кетиўден сақ болыңлар! Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳәр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар. Өйткени егер бизлер дәслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масихқа тийисли болған ҳәмме нәрсеге шериклес боламыз. Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер, Оған қарсы қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай, Қайсарлық етпеңлер». Қудайдың сөзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң көтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси емес пе еди? Қудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шөлде қалғанларға емес пе? Қудай кимлерге: «Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Өзине бойсынбағанларға емес пе? Солай етип, көрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады. Сонлықтан Қудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыў ҳаққында ўәде еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳәр бириңиз усы ўәдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар. Себеби бизлерге жәрияланған Хош Хабарды ата-бабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сөзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сөзлердиң оларға пайдасы тиймеди. Қудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, дем алыў ушын беретуғын мәканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген: «Мен қәҳәрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим». Бирақ, исенетуғын бизлер сол мәканға киремиз. Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн ҳаққында былай делинген: «Қудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды». Және де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай былай деген: «Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди». Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сөзге қулақ аспағанлықтан, дем алатуғын мәканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар. Сол себептен Қудай «бүгин» деп аталатуғын және бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, көп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер, Қайсарлық етпеңлер». Егер Ешуа израиллыларды Қудайдың дем алыў ушын беретуғын мәканына еристиргенде, Қудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди. Демек, Қудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди. Қудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, Ол беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алған ҳәр бир адам да өз ислеринен солай дем алады. Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, Қудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыўға тырысайық. Қудайдың сөзи тири ҳәм тәсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бөлетуғын дәрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳәм нийетлерди әшкара қылады. Жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудай алдында жасырын емес. Оның көз алдында ҳәр бир нәрсе ашық ҳәм аян. Бизлер усы Қудайға есап беремиз. Бирақ, бизлерде аспанға көтерилген уллы бас руўханийимиз – Қудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан өзлеримиз ашық тән алған исенимимизди беккем сақлайық. Ол – бизлердиң ҳәлсизликлеримизди бөлисе алатуғын бас руўханий. Оның Өзи ҳәр тәреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди. Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳәм керек ўақтында өзлеримизге жәрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Қудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық. Ҳәр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳәм ол Қудайға байланыслы ислерде адамлардың ўәкили болып, олардың гүналары ушын Қудайға садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүләйимлилик пенен қатнас жасай алады. Өйткени оның өзиниң де ҳәлсиз жерлери бар. Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал өзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шәрт. Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мәртебесине өзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Қудай тәрепинен шақырылса ғана ерисе алады. Сол сыяқлы, Масих та бас руўханий болыў мәртебесине ийе болыў ушын, Өзин Өзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым», – деген Қудайдың Өзи Оны усы мәртебеге еристирди. Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай Оған былай деген: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханийсең». Масих жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Өзин өлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Қудайға бәлент даўыс пенен нала етип, көз жасларын төгип, дуўа етип жалбарынды. Ол Қудайға бойсынғанлықтан, Қудай Оны еситти. Ол Қудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди. Масих усы тәризде минсизликке ерисип, Өзине бойсынатуғынлардың ҳәммеси ушын мәңгилик қутқарылыўға жол ашты ҳәм Ол Қудай тәрепинен Мелхиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды. Мелхиседек ҳаққында айтажақ көп сөзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады. Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Қудайдың сөзлериниң дәслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтәжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек! Сүт пенен азықланатуғын ҳәр бир адам гөдек, яғный ҳақыйқатлық сөзи бойынша жасаўда тәжирийбесиз адам болғаны. Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный өмирдеги тәжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған. Сонлықтан Масих ҳаққында басланғыш тәлийматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетисип барайық. Өлимге жетелеўши ислер ушын тәўбе етиўден, Қудайға исениўден, суўға шомылдырыў ҳаққында қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, өлилердиң тирилиўинен ҳәм мәңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тәлийматтың тийкарларын қайтадан салмайық. Егер Қудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетисип барамыз. Бир мәртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Қудайдың сыйының дәмин татқан ҳәм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды, Қудайдың сөзиниң жақсы екенин ҳәм келешектиң қүдиретли ислерин өмирлеринде көрип болып, исенимнен қайтқанларды дүзетип тәўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Қудайдың Улын өзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады. Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳәм өзинде ислегенлерге пайдалы зүрәәт берген жерди Қудай жарылқайды. Бирақ, шеңгел ҳәм жантақ өсирген жер жарамсыз болып, көп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳәм ақыры жандырылып жибериледи. Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де көбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кәмил. Өйткени Қудай әдалатсыз емес: Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳәм исениўшилерге қылған ҳәм қылып атырған хызметиңиз арқалы Өзине көрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды. Ҳәр бириңиздиң үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды әрман етемиз. Және де ериншек болмай, Қудай тәрепинен ўәде етилгенлерди исеним ҳәм сабырлылық пенен алғанлардан өрнек алыўыңызды қәлеймиз. Қудай Ибрайымға ўәде бергенде, Өзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Өзиниң аты менен ант ишип, былай деген еди: «Сени үсти-үстине жарылқайман, Урпақларыңды сансыз қылып көбейтемен». Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўәде етилгенди алды. Адамлар өзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сөзлерди тастыйықлап, ҳәр бир тартысты тоқтатады. Сол сыяқлы, Қудай да Өз еркиниң өзгермейтуғынын ўәдени алғанларға ашық көрсетпекши болып, ўәдесин ант пенен тастыйықлады. Солай етип, усы еки нәрсе, яғный ўәде ҳәм ант өзгермейди. Себеби Қудай оларды айтқанда өтирик сөйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан өзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Қудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз. Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң көшкиси сыяқлы исенимли ҳәм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тәрепине өткизеди. Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелхиседек сыяқлы мәңгиге бас руўханий болды. Бул Мелхиседек Сәлем патшасы ҳәм Қүдиретли Қудайдың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пәтиясын берген еди. Ал Ибрайым оған ҳәмме нәрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелхиседек болып, бул аттың мәниси «әдиллик патшасы», ал екиншиси Сәлем патшасы болып, бул аттың мәниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады. Оның әкеси, анасы ҳәм шежиреси белгисиз. Өмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Қудайдың Улына уқсайды ҳәм мәңгиге руўханий болып қалады. Қараңлар, ол қаншелли уллы! Ҳәтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди. Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша өз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳәммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди. Мелхиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Қудайдың ўәдесине ийе болған оған пәтиясын берген еди. Пәтия берген адам пәтия алған адамнан уллы екени сөзсиз. Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында өлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелхиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар. Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң өзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады. Өйткени Мелхиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди. Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон әўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелхиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳәжет бар ма еди? Себеби руўханийлик хызмети өзгертилсе, Мухаддес Нызам да өзгертилиўи тийис. Алдын сөз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық шалынатуғын орында хызмет етпеген. Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нәрсе айтпаған еди. Мелхиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанынан бул сөзлеримиз еле де анығырақ болады. Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўсылмайтуғын өмир қүдирети менен руўханий болды. Өйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханийсең», – деген гүўалық бар. Руўханийлик ҳаққында әўелги қағыйдалар ҳәлсиз ҳәм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди. Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нәрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Қудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди. Ийса Қудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Қудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ. Ийса Өзине: «Қудай Ийемиз ант ишти, Ол антынан таймайды: „Сен мәңгиге руўханийсең“», – деген Қудайдың анты бойынша руўханий болды. Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң гиреўи болды. Және бир айырмашылығы мынадай: әпиўайы руўханийлердиң саны көп еди. Өйткени өлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди. Бирақ Ийса мәңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мәңги. Сонлықтан Ол Өзи арқалы Қудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мәңгиге тири болып, Қудайдан олар ушын өтинип сорайды. Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Өзи болады. Өйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пәк, гүнакарлардан ажыратылған ҳәм аспаннан да жоқары көтерилип, уллы абырайға ийе болған. Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳәр күни әўели Өз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳәжети жоқ. Себеби Ол Өзин қурбан етип, бул исти бир мәртебе ҳәм биротала орынлады. Муўсаның Нызамы адам болғанлықтан минсиз емес болғанларды бас руўханий қылып қояды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Қудайдың ант етип берген ўәдеси Оның мәңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды. Айтқанларымыздың тоқ етери мынадан ибарат: бизлердиң аспанда қүдиретли Қудайдың оң жағында отырған бас руўханийимиз Ийса бар. Ол сол жерде адам тәрепинен емес, ал Қудай тәрепинен қурылған ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырда хызмет қылады. Ҳәр бир бас руўханий садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нәрсеси болыўы тийис еди. Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Өйткени әлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар. Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырдың үлгиси ҳәм көлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Қудай тәрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайла, ҳәр бир нәрсени таўда өзиңе көрсетилген үлги бойынша исле». Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўәделерге тийкарланып дүзилген, Қудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тәўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды. Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди. Ал, халқын айыплы деп тапқан Қудайдың сөзлери мынадай: «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Мен Израил халқы ҳәм Яҳудия халқы менен, Жаңа келисим дүзетуғын күнлер жақынлады. Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда, Олар менен дүзген келисим сыяқлы болмайды. Өйткени олар Мениң келисимиме садық болмады. Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым. Сол күнлерден соң, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың сана-сезимлерине салып, Жүреклерине ойып жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, Олар Мениң халқым болады. Ҳеш кимниң жанындағы адамға, Я болмаса, өз туўысқанына, Ийемизди бил, деп үйретиўине ҳәжет жоқ. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин, Олардың ҳәммеси Мени билетуғын болады. Мен олардың наҳақ ислерин реҳимлилик пенен кеширемен, Гүналарын қайтып есиме алмайман“». Қудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гөнерген көрсетти. Гөнерген нәрсе көп өтпей жоқ болады. Биринши келисим дәўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳәм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди. Қурылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бөлме» деп аталатуғын биринши бөлмеде шыра қойғыш, стол ҳәм столдың үстинде Қудайға усынылған нанлар болатуғын еди. Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бөлме» деп аталатуғын екинши, ишки бөлме бар еди. Бул бөлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳәм ҳәмме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бөрткен ҳасасы ҳәм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди. Сандықтың үстинде керуб атлы уллы периштелердиң мүсини бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүналар кеширилетуғын жерди қанатлары менен жаўып туратуғын еди. Бирақ, ҳәзир бул нәрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз. Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бөлмесине руўханийлер ҳәр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди. Ал екинши, ишки бөлмеге болса, бир жылда бир мәртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол өзи менен бирге сол жерге өзиниң гүналарының ҳәм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди. Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бөлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бөлмеге баратуғын жол жабық болады. Бул ҳәзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳәм қурбанлықлардың Қудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пәклей алмайтуғынын көрсетеди. Булар тек жеўге, ишиўге ҳәм ҳәр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нәрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана. Бирақ Масих пайда болған жақсы нәрселердиң бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳәм минсиз Мухаддес шатырға кирди. Масих теке ҳәм баспақлардың қаны менен емес, ал Өз қаны менен Ең мухаддес бөлмеге биринши ҳәм соңғы мәртебе кирип, бизлерге мәңгилик қутқарылыў алып келди. Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пәк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен өгизлердиң қаны ҳәм қашарлардың күли себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди. Ал енди болса, мәңгилик Мухаддес Руўх арқалы Өзин минсиз қурбанлық қылып Қудайға бағышлаған Масихтың қаны бизлердиң тири Қудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды өлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сөзсиз. Солай етип, Қудай тәрепинен шақырылғанлардың ўәде етилген мәңгилик мийрасты алыўы ушын, Масих Қудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тәўеллешиси болды. Өйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Өзин қурбан етти. Ўәсият бар жерде ўәсият еткен адамның өлимин тастыйықлаў да керек болады. Ўәсият тек адамның өлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўәсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес. Сонлықтан биринши келисим де қан төгилгеннен кейин күшке енди. Муўса Мухаддес Нызамның ҳәр бир буйрығын халыққа жәриялағаннан соң, баспақ ҳәм текелердиң суў қосылған қанына қызыл жүн ҳәм иссоп шөбин малып алып, келисим китабының да, пүткил халықтың да үстине септи де: «Бул – Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан», – деди. Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳәм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи. Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳәмме нәрсе қан менен тазаланады. Қан төгилмесе, гүна кеширилмейди. Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нәрселердиң үлгиси болған бул нәрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нәрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис. Себеби Масих аспандағы ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳәзир бизлер ушын Қудайдың алдында тур. Малдың қаны менен Ең мухаддес бөлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масихқа Өзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ. Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масихтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масих Өзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мәртебе жерге келди. Бир мәртебе өлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тәғдирине жазылған. Сол сыяқлы, Масих та көплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан болды. Екинши мәртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Өзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди. Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нәрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал көлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳәр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Қудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пәклей алмайды. Егер толық пәклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Өйткени сыйыныўшылар бир мәртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди. Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди. Себеби өгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды. Сол себептен Масих дүньяға келип, Қудайға былай деген еди: «Қурбанлық пенен садақаны Сен қәлемедиң, Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың. Жағылған садақаларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен хош көрмедиң. Сонда Мен былай дедим: „Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай, О Қудай, Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мине, Мен келдим“». Төмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Қурбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қәлемедиң ҳәм оларды хош көрмедиң», – деген еди. Соңынан Масих: «Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти. Қудайдың усы қәлеўи бойынша, Ийса Масих Өз денесин биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық. Ҳәр бир руўханий ҳәр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды. Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мәңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Қудайдың оң тәрепине отырды. Ол сол ўақытлардан бери, Өз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте. Өйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мәңгиликке минсиз қылды. Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Әўели Ол былай деген: «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң, Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың жүреклерине салып, Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“». Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳәм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман». Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ. Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бөлмеге кириўге бизлерде батыллық бар. Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Өз денеси арқалы сол Ең мухаддес бөлмеге кириўге жаңа ҳәм тири жол ашып берди. Усы Ийса – Қудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз. Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳәм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Қудайға жақынлайық. Өзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўәде берген Қудай садық. Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳәм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық. Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де көбирек жигерлендирип барайық. Өйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ. Тек ҳүкимди ҳәм Қудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады. Муўсаның Нызамын тән алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде өлтирилетуғын еди. Енди бир ойланып көриңлер, Қудайдың Улын аяқ асты етип, өзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қәдирсиз көрген ҳәм Қудайдың мийиримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма? Себеби бизлер «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен» ҳәм және де «Жаратқан Ийемиз Өз халқын ҳүким етеди», – деген Қудайды билемиз. Тири Қудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы! Ал сизлер өзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дәслепки күнлериңизди еске түсириңлер. Гейбир ўақытлары өзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жәбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳәсиретин бөлисетуғын едиңлер. Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дәртлерине шерик болдыңлар. Өзлериңизди еле де жақсырақ ҳәм мәңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер. Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Өйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен. Қудайдың қәлеўин орынлап, ўәде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады. Себеби Қудай бир пайғамбары арқалы былай деген: «Енди аз-маз ўақыттан кейин, Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди. Маған тийисли ақланған адам исеними менен жасайды, Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды». Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз. Исеним – бул үмит етилген нәрселердиң әмелге асатуғынына ҳәм көринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў. Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Қудай тәрепинен хошаметленди. Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Қудайдың сөзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, көринбейтуғын нәрселерден көринетуғын нәрселер пайда болған. Исеними себепли, Абыл Қудайға Каиннан гөре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ақланған адам деп саналып, Қудай тәрепинен хошаметленди. Өйткени Қудай оның берген садақаларын қабыл етти. Абыл өлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте. Исеними себепли, Енок өлим көрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Қудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Қудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди. Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис. Исеними себепли, Нух еле болмаған нәрселер туўралы Қудай тәрепинен ескертилгенде, Қудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳәм исеними себепли ақланыўға еристи. Исеними себепли, Ибрайым ўәде етилген елге кетиў ушын шақырылғанда, Қудайдың сөзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты. Ибрайым ўәде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Өзи менен бирдей ўәдеге шерик болған Ысақ ҳәм Яқып пенен, ол шатырларда өмир кеширди. Себеби ол дөретиўшиси де, қурыўшысы да Қудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди. Исеними себепли, Сараның нәсилсиз болыўына ҳәм өзиниң жасы өткенине қарамай, Ибрайым әке болыў мүмкиншилигине еристи. Өйткени ол ўәде еткен Қудайдың садық екенине исенди. Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нәсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әўладлар пайда болды. Алдын айтылған бул адамлардың ҳәммеси де өмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўәде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан көрип қуўанды. Олар өзлериниң жер жүзинде жат ҳәм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады. Усылай сөйлеген адамлар өз ўатанын излеп жүргенин көрсетеди. Егер олар өзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди. Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды әрман ететуғын еди. Сол себептен Қудай олардың Қудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты. Ибрайым сыналғанда, исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Қудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди», – деген ўәдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды. Өйткени Ибрайым Қудай өлилерди де тирилте алады, деп исенди. Астарлап айтқанда, ол Ысақты өлимнен қайтарып алды. Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нәрселерди болжап, уллары Яқып ҳәм Исабқа пәтиясын берди. Яқып өлеринен алдын исеними себепли, Юсуптың еки улына бирме-бир пәтиясын берди ҳәм ҳасасының ушына сүйенип, Қудайға сыйынды. Юсуп өлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳәм оларға кетеринде өзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды. Муўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың айрықша екенин көрди ҳәм патшаның пәрманынан қорқпады. Муўса ержеткенде, исеними себепли, Фараонның қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти. Ол ўақытша гүнакар өмирдиң кәйип-сапасын сүриўдиң орнына, Қудайдың халқы менен бирге жәбир шегиўди таңлады. Масих себепли хорланыўды Мысырдың ғәзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Өйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди. Исеними себепли, ол патшаның қәҳәринен қорқпай, Мысырды таслап кетти. Көринбейтуғын Қудайды көргендей, ол мәрт еди. Туңғышларды набыт қылған периште израиллыларға қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Қутқарылыў байрамының қурбанлығының шалыныўын ҳәм оның қанының қапыларға себилиўин буйырды. Исеними себепли, израиллылар Қызыл теңизди қурғақ жерден өткендей кешип өтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳәрекет еткенде, суўға батып кетти. Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының әтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады. Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Раҳаб та Қудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге өлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлик пенен қабыл алған еди. Және не айтайын? Гедеон, Барак, Самсон, Еффа, Даўыт, Самуел ҳәм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди. Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, әдиллик орнатты, ўәде етилген нәрселерди алды ҳәм арысланлардың аўызларын тосып қойды. Лаўлаған отты сөндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳәлсирегенде Қудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳәм жаў әскерлерин қыйратты. Исеними себепли, ҳаяллар өз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳәм азапланып өлтирилди. Және гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳәтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды. Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бөлинди, қылыштан өткерилип өлтирилди. Қой ҳәм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳәм хорлық көрди. Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шөллерди, таўларды, үңгирлерди ҳәм төлелерди гезип себил болды. Олардың ҳәммеси де исеними себепли Қудай тәрепинен хошаметленген болса да, ўәде етилгенди алмады. Өйткени Қудай бизлер ушын буннан да жақсырақ нәрсени таярлап қойғанлықтан, олар бизлерсиз минсизликке ериспеди. Минекей, бизлерди қоршаған усындай көп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳәр бир жүкти ҳәм өзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Қудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық. Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳәм оны минсизликке еристириўши Ийсаға көз тигейик. Ол Өзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей өлимге барып, Қудайдың тахтының оң тәрепине отырды. Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер. Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз төгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо. Қудайдың Өз улларына сөйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нәсиятын умыттыңыз: «Улым! Жаратқан Ийемиздиң тәрбиясына итибарсыз қарама, Ол сени әшкаралағанда, руўхыңды түсирме. Себеби Ол сүйген адамын тәрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳәр бир адамын жазалайды». Тәрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Қудай сизлерге Өз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Әкеси тәрепинен тәрбияланбайтуғын ул бола ма? Ҳәр бир адам алатуғын тәрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз. Сондай-ақ, бизлерди тәрбиялаған дүньядағы әкелеримизди бизлер ҳүрмет ететуғын едик. Ондай болса, руўхый Әкемиз болған Қудайға еле де көбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе? Әкелеримиз бизлерди өзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тәрбиялады. Бирақ Қудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тәрбиялайды. Тәрбиялаў ушын берилген ҳәр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тәрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди. Солай етип, түскен еңсеңизди көтерип, аяқларыңызда тик турыңлар. Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер. Ҳәмме менен татыў болып жасаўға ҳәм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Ийемизди көрмейди. Араңыздағы ҳеш бириңиз Қудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳәм араңызда сизлерге зыян тийгизип, көплерди зәҳәрлейтуғын ашшы тамыр көгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар. Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Исаб сыяқлы қудайсыз болмасын. Хабарыңыз бар, Исаб соңынан әкесиниң пәтиясын алыўды қәлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол көз жасларын төгип жалбарынса да, өзи ислеп қойған исти өзгерте алмады. Сизлер жақынлаған таў – көзге көринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шөккен, даўыл басқан, кәрнай сести ҳәм Қудайдың сөзи жаңлаған Синай таўы емес. Қудайдың сол даўысын еситкенлер бизлерге қайтып айтылмасын, деп жалбарынған еди. Өйткени олар: «Егер таўға, ҳәтте, малдың туяғы тийсе де, тас пенен урып өлтирилсин», – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады. Бул көринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдә қорқып, дирилдеп баратырман», – деген еди. Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Қудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына ҳәм атлары аспанда жазылған, Қудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер және де ҳәмме адамды ҳүким етиўши Қудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына, жаңа келисимниң тәўеллешиси Ийсаға ҳәм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар. Абайлы болыңлар, сөйлеп турған Қудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде ескертип сөйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан өзлеримизге ескертип сөйлеп турған Қудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз? Қудай Синай таўында сөйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Және бир мәртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен», – деп ўәде берген еди. «Және бир мәртебе» деген сөзлер силкинбейтуғын нәрселердиң мәңгиге қалыўы ушын, силкинетуғын нәрселердиң, яғный жаратылған нәрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады. Солай етип, бизлер силкинбес патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Қудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳәм қорқыныш пенен сыйынайық. Себеби бизиң Қудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер. Миймандослықты умытпаңлар. Өйткени айырымлар усылай ислеп, өзлери билмей, периштелерди қонақ қылған. Қамақта болғанларды өзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Және де, азап шегип атырғанларды да өзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар. Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди. Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Өзлериңизде барға қанаат етиңлер. Өйткени Қудай былай деген: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, Ҳеш қашан қалдырмайман». Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийем маған жәрдем береди, мен қорқпайман, Адам маған не ислей алады?» Сизлерге Қудайдың сөзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳәм өмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен өрнек алыңлар. Ийса Масих кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей. Ҳәр түрли жат тәлийматларға берилип, азғырылмаңлар. Кеўилдиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Қудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда көрмеди. Бизлердиң қурбанлық шалынатуғын орнымыз бар. Оның үстинде Ийса Масих бизлер ушын қурбан болды. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын яҳудий руўханийлериниң сол қурбанлықтан пайда көриўге ҳақысы жоқ. Яҳудий бас руўханийи гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бөлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси елаттың сыртында өртеп жибериледи. Сол сыяқлы Ийса да Өз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дәрўазасының сыртында азап шекти. Олай болса, бизлер де Оның көрген хорлығын бөлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық. Себеби бул жерде бизлердиң мәңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы әрман етемиз. Сонлықтан Ийса арқалы Қудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин. Жақсылық ислеўди ҳәм өзлериңизде болған нәрсени басқалар менен бөлисиўди умытпаңлар. Өйткени бундай қурбанлықлар Қудайға унайды. Жетекшилериңиздиң сөзлерин тыңлаңлар ҳәм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Қудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, өзлериңиз зыян көресизлер. Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер өзлеримиздиң пәк ҳүжданға ийе екенимизге ҳәм ҳәр тәреплеме ҳадал өмир сүриўди қәлейтуғынымызға исенемиз. Әсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди өтиниш етемен. Өз қанын төгип, мәңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Қудай өлимнен тирилтти. Усы Қудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳәр бир жақсы нәрсени жеткизсин. Өзине унайтуғын нәрсени Ол Ийса Масих арқалы бизлерде әмелге асырсын. Масихқа мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин. Туўысқанларым, сизлерге өтиниш етемен, усы нәсият сөзлеримди қабыл етиңлер. Өйткени мен сизлерге қысқаша жаздым. Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қәлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди көриўге бараман. Жетекшилериңиздиң ҳәммесине ҳәм пүткил исениўшилерге сәлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сәлем айтып атыр. Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Мен, Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Қудайдың халқына сәлем! Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер. Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер. Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди. Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Өйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды. Өзиниң пүткил жолларында турақсыз болған, бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын. Төмен жасайтуғын туўысқан Қудайдың өзине берген мәртебеси менен мақтансын. Ал бай туўысқан өз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады. Қуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шөпти қуўратып таслайды. Оның гүли төгилип, көркиниң гөззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай өз ислери менен солып жоқ болады. Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўәде еткен өмир тажын алады. Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Қудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Қудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Өзи де ҳеш кимди азғырмайды. Бирақ ҳәр ким өзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады. Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, өлимди туўады. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар! Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Әкеси болған Қудайдан келеди. Онда ҳеш қандай өзгерис ямаса өзгериўши көлеңке жоқ. Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Өз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сөзи менен өмирге еристирди. Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сөйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын. Өйткени адамның ғәзеби Қудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды. Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм ҳәмме жерди жайлап кеткен жаманлықты таслап, өзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Қудайдың сөзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер. Сөзди тек тыңлаўшылар болып, өз-өзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар. Егер ким де ким сөзди тыңлап, оны орынламаса, ол өз тәбийғый келбетин айнада көрген адамға уқсайды. Себеби ол өзин көрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады. Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам өз ислери менен бахытлы болады. Өзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам өзин өзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос. Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў. Ҳәй, туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масихқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар. Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе, сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет көрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер, араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма? Қулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Қудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Өзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма? Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди ҳүкимханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе? Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе? Мухаддес Жазыўдағы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй», – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар. Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар. Өйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады. Себеби «Неке ҳадаллығын бузба», – деген Қудай, «Адам өлтирме», – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам өлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң. Азатлық бериўши нызам бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сөйлеңлер ҳәм ис тутыңлар. Өйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин. Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма? Бир ер ямаса ҳаял туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса, араңыздағы бириңиз оларға: «Аман-есен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда? Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де өз-өзинен өли. Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди көрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы көрсетейин», – дейди. Сен Қудайдың жалғыз екенине исенесең бе? Жақсы қыласаң. Жинлер де буған исенип, қалтырасады. Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе? Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлап, ислери менен ақланбады ма? Көрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты. Солай етип, «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себепли ақланды», – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Қудайдың досты деп аталды. Көрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады. Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Раҳаб та өз ислери менен ақланбады ма? Руўхсыз дене өли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де өли. Ҳәй, туўысқанларым! Көплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң аўырырақ ҳүким алатуғынымызды билесизлер. Ҳәммемиз көп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сөйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны. Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз. Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады. Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, көп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады. Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм өмиримизди жандырады. Оның өзи де дозақ отында жанады. Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте. Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, өлтириўши зәҳәрге толы. Тилимиз бенен Ийемизди, Әкемизди алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Қудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да. Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек. Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма? Туўысқанларым! Әнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды. Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам өз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы көрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис. Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сөйлемеңлер. Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан. Өйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады. Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес. Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады. Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе? Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам өлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Қудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар. Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, өз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар. Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Қудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам өзин Қудайға душпан қылады. Мухаддес Жазыўда: «Қудайдың бизлерге салған Мухаддес Руўхы бизлердиң Қудайға садық болыўымызды қатты қәлейди», – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма? Деген менен, Қудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда: «Қудай менменлерге қарсы турады, бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди», – делинген. Солай етип, Қудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди. Қудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер! Қайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын. Ийемиздиң алдында өзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады. Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Өз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сөйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң. Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Қудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң? Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда көремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар! Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер-ғо. Өмириңиздиң өзи не? Ол аз ўақыт көринип, кейин жоқ болатуғын пуў. Оның орнына: «Егер Ийемиз қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис. Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық. Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады. Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли өкирип жылаңлар! Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген. Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар. Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Қүдиретли Ийемиздиң қулағына жетти. Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйип-сапа шектиңлер. Баўызланатуғын күнде өзлериңизди семирттиңлер. Сизлер өзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип өлтирдиңлер. Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Әне, дийхан сабырлық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр. Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Өйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур. Ҳәй, туўысқанлар, Қудайдың атынан сөйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлық еткенинен өрнек алыңлар. Сабырлық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Ийемиздиң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли. Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер. Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы көтериңки адам бар ма? Ол Қудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын. Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи. Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе. Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады. Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер өним берди. Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса, билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды өлимнен қутқарған ҳәм көп гүналарды жуўған болады. Ийса Масихтың елшиси Петрден, Понт, Галатия, Кападокия, Азия ҳәм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасаған, Қудай тәрепинен таңлап алынғанларға сәлем! Ийса Масихқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Қудай Әке сизлерди әзелден-ақ таңлап алды ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин! Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Өзиниң шексиз мийрим-шәпәәти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит берди ҳәм ширимейтуғын, пәк ҳәм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур. Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз. Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳәзир қысқа бир ўақыт ҳәр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де, бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Өйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан өтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар боласызлар. Сизлер Масихты көрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳәзир Оны көре алмасаңыз да, Оған исенип, сөз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир әжайып ҳәм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар. Себеби исенимиңиздиң нәтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер. Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи. Олардың ишинде болған Масихтың Руўхы Масихтың шегетуғын азаплары ҳәм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳәм қалай болатуғынын изертледи. Олардың изертлеп айтқанларының өзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Қудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жәриялаўшылар сизлерге ҳәзир жәриялады. Ҳәтте, периштелер де буларды билиўди қатты қәлейди. Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳәрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масих келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер. Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Қудайды билмеген өткен өмириңиздеги жаман қәлеўлериңиз бойынша жасамаңлар. Керисинше, сизлерди шақырған Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳәр бир ис-ҳәрекетиңизде мухаддес болыңлар. Өйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен». Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳәр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Қудайды «Әке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы өмириңизде Қудайдан қорқып жасаңлар. Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз өмир тәризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы өткинши нәрселер менен сатып алынбадыңлар. Ал Қудайдың минсиз ҳәм кемшиликсиз Қозысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар. Қудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масихты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди. Оны өлимнен тирилтип, даңққа еристирген Қудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳәм үмитиңиз Қудайға қаратылған. Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы өз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Сизлер өлетуғын нәсил арқалы емес, ал өлмейтуғын нәсил арқалы, яғный Қудайдың тири ҳәм мәңгилик сөзи арқалы жаңадан туўылдыңыз. Өйткени: «Пүткил адамзат шөпке уқсайды, Оның барлық сән-салтанаты да дала гүлиндей, Шөп қуўрап қалар, гүллер төгилер. Бирақ, Қудайдың сөзи мәңги сақланар». Усы сөз – сизлерге жәрияланған Хош Хабар. Сонлықтан ҳәр қандай жаманлықты, ҳәр қыйлы өтирикти ҳәм еки жүзлиликти, күншилликти ҳәм ҳәр қандай өсекти қойыңлар! Жаңа туўылған нәрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Қудайдың сөзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып өсип, қутқарыласызлар. Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып көрдиңлер. Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Қудай тәрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер. Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Қудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Өзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Мине, Мен Өзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Ерусалимде орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды». Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол: «Қурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды». Және де, «сүрниктиретуғын ҳәм қулататуғын жартас болды». Исенбейтуғынлар Қудайдың сөзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тәғдирине жазылған. Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң әжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жәриялаў ушын таңландыңлар. Бир ўақытлары Қудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Қудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Қудайдың мийрим-шәпәәтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шәпәәтин алдыңлар. Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар. Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды. Ийемиз Ийса ушын, адамлар орнатқан ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳәм жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тәрепинен жиберилген ҳәкимлерге бойсыныңлар. Себеби Қудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың өсек сөзлериниң тоқтаўын қәлейди. Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Қудайдың қуллары болып жасаңлар. Ҳәмме адамларға ҳүрмет көрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Қудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар. Ҳәй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳәм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар. Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Қудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Қудайға унайды. Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай әперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Қудайға унайды. Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти. «Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сөз де шықпады». Масқараланғанда ҳеш кимге масқаралаў менен жуўап қайтармады. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Өзин әдиллик пенен ҳүким етиўши Қудайдың қолына тапсырды. Бизлердиң гүна ушын өлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз. Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳәм Бағыўшысына қайтып келдиңлер. Ҳәй ҳаяллар, Масих Қудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Қудайдың сөзине қулақ аспаса да, сизлердиң Қудайдан қорқып, пәк өмир сүрип атырғаныңызды көрип, сөзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили өмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады. Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: әшекөйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳәм сәнли кийимлерден ғана ибарат болмасын. Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳәм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гөззаллықтан ибарат болсын. Бул Қудай алдында жүдә қымбатлы. Өтмиште Қудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да өз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген. Солардың бири Сара да өз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап, оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар. Ҳәй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нәзик екенин ҳәм мәңгилик өмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды. Жуўмақластырып айтқанда, ҳәммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Қайырқом ҳәм кишипейил болыңлар. Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Қудай сизлерди бул ушын шақырған. «Ким де ким өмирди сүйип, жақсы күнлер келиўин қәлесе, тилин жаман сөзден, аўзын өтирик сөз айтыўдан тыйсын. Жаманлықтан қашып, жақсылық ислесин. Тынышлық излеп, оны орнатыўға умтылсын. Өйткени Қудайдың көзлери ҳақ адамларда, Оның қулағы олардың жалбарыныўларын еситеди. Бирақ Қудай жаманлық ислейтуғынларға қарсы турады». Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди? Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер. Масихты «Ийемиз» деп, кеўиллериңизде айрықша қәстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳәр бир адамға жуўап бериўге ҳәмме ўақыт таяр болыңлар. Деген менен, буны мүләйимлилик пенен, ҳүрмет көрсетип ислеңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар. Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қәлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ. Масихтың Өзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Қудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мәртебе қурбан болды. Денеси өлтирилсе де, Ол руўхта тирилди. Ол, ҳәтте, қамақта болған руўхларға да барып, Өз жеңисин жәриялады. Әййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Қудай адамлардың тәўбе етиўин сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды. Бул – Ийса Масихтың қайта тирилиўи арқалы ҳәзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Қудайдан пәк ҳүждан сораў дегенди билдиреди. Масих аспанға көтерилип, Қудайдың оң жағында отыр. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳәм күш ийелери бойсынды. Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады. Буннан былай, дүньядағы өмириңиздиң қалған бөлегинде адамның жаман қәлеўлери бойынша емес, ал Қудайдың ерки бойынша жасаңлар. Сизлердиң өткен өмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын әдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қәлеўлерге, мәскүнемликке, айшы-әширетке, нәпсиқаўлыққа ҳәм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, өмир сүрген едиңлер. Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нәпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр. Бирақ олар буның ушын тирилер менен өлилерди ҳүким етиўге таяр турған Қудай алдында жуўап береди. Сол себепли, өлилердиң денеси басқалар қатары өлип жазаланса да, руўхы Қудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар өлилерге де жәрияланды. Ҳәмме нәрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар! Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Өйткени сүйиспеншилик көп гүналарды жуўады. Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар. Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер. Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Масихтики. Аўмийин. Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар. Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар. Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады. Және ҳеш бириңиз адам өлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин. Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар. Өйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Қудай Өз шаңарағынан баслайды. Егер бул Қудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Қудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады? «Егер ҳақ адам зорға қутқарылса, Қудайсыз ҳәм гүнакар адамға не болады?» Сонлықтан Қудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын. Араңыздағы жәмәәт ақсақалларына олардай жәмәәт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳәм Ол қайтып келгенде ашық көринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды өтиниш етемен: Қудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мәжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Қудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал өз қәлеўиңиз бенен ислеңлер. Өзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар. Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, мәңги уллылықтың тажын аласызлар. Ҳәй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳәммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби: «Қудай менменлерге қарсы турады, Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди». Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пәс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мәртебели етеди. Барлық ғам-тәшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Өйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады. Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар. Пүткил мийримниң тийкары болған Қудай сизлерди Ийса Масих арқалы Өзиниң мәңгилик салтанатына шақырды. Қысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Өзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳәм тыянақлы қылады. Қүдирет мәңгиге Оныки болсын! Аўмийин. Мен сизлерге усы қысқаша хатымды өзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Қудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар. Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы исениўшилер жәмәәти ҳәм тутынған улым Марк сизлерге сәлем айтып атыр. Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сәлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳәммеңизге тынышлық яр болсын! Ийса Масихтың қулы ҳәм елшиси Симон Петрден, Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сәлем! Қудайды ҳәм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин! Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳәм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳәмме нәрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳәм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды. Қудай Өз уллылығы ҳәм ийгилиги арқалы бизлерге жүдә үлкен ҳәм қымбатлы ўәделер берди. Солай етип, бул ўәделер себепли сизлер дүньядағы жаман қәлеўлерден қутылып, қудайлық тәбиятқа шерик боласызлар. Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди, билимге нәпсини тыйыўды, нәпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Қудайға бағышланыўды, Қудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар. Егер бул жақсы қәсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масихты билиўде табыссыз ҳәм жемиссиз болмайсыз. Бул жақсы қәсийетлерге ийе болмаған адам узақты көре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек. Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳәм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз. Солай етип, Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың мәңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады. Сол себептен сизлер буларды билип, өзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳәмме ўақыт еслетип турыўға таярман. Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нәрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым. Өйткени Ийемиз Ийса Масихтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен. Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳәмме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тәним менен тырысаман. Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик. Себеби қүдиретли ҳәм уллы Қудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Қудай Әкеден даңқ ҳәм салтанат алды. Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик. Және бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сөзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сөзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар. Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды. Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан. Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тәлийматлар киргизип, ҳәтте, өзлерин Өз қанын төлеп сатып алған Ийесин де тән алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳәрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди. Көп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди. Олар нәпсиқаўлық пенен, өзлери ойлап тапқан жалған сөзлер айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими әўелден-ақ таяр турған болып, олар көп кешикпей набыт етиледи. Себеби Қудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты. Қудай қудайсызлардың дүньясына суў тасқынын жибергенде, әййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳәм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды. Содом ҳәм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип көрсетти. Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Қудай қутқарды. Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның олардың наҳақ ислерин көрип ҳәм еситип турып, пәк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди. Солай етип, Қудай Өз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳәм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи. Әсиресе өзиниң гүнакар тәбиятының бузық қәлеўлерине берилип, Қудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тәғдири усылай болады. Сол сыяқлы, уятсыз ҳәм өжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды. Периштелердиң күш ҳәм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Қудай алдында оларды масқаралап айыпламайды. Бирақ бул жалған устазлар өзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳәм тәбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады. Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-әширетке берилиўди өмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, өз өтиригинен рәҳәтленеди. Олардың көзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳәлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нәпсиқаў ҳәм ғарғыс урған адамлар. Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда көриўди жақсы көрген Босор улы Балаамның жолын тутты. Бирақ ол ислеген гүнасы ушын әшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сөйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди. Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур. Өйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан жаңа ғана қутылғанларды бос ҳәм лап сөзлер менен алдап, гүнакар тәбияттың бузық қәлеўлерине баслайды. Өзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўәде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады-ғо. Адамлар Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихты билип, дүньяның напәкликлеринен қутылғаннан соң, және сол нәрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да бетер болады. Өйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гөре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди. Олардың өмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сөзлер туўры келеди: «Ийт өз қусығына қайтады, Шошқа жуўындырылғаннан соң, Барып батпаққа аўнайды». Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым. Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сөзлери ҳәм Қутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пәк ой-пикирлерди оятыўға ҳәрекет еттим. Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде өз жаман қәлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып: «Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўәдеси қәне? Ата-бабаларымыз дүньядан өткеннен бери, ҳәмме нәрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди. Себеби олар Қудайдың сөзи менен аспанның жүдә әййемги ўақытларда бар болғанын ҳәм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады. Сол ески дүнья да усы суў тасқынынан набыт болған еди. Ал ҳәзирги аспан ҳәм жер болса, отта жаныў ушын Қудайдың сол сөзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты. Сүйикли туўысқанларым, бирақ тек мынаны естен шығармаңлар: Ийемиздиң нәзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей. Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўәдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қәлемей, ҳәр бир адам тәўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты. Деген менен, Ийемиздиң қайтып келетуғын күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери жанып кетеди, жер ҳәм жер бетиндеги ҳәр бир нәрсе жанып күлге айланады. Ҳәмме нәрсе усы тәризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зәрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Қудайдың жолы менен жүриўиңиз керек. Қудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Өйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери де күшли ыссыдан ерип кетеди. Бирақ бизлер Қудайдың ўәдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз. Сонлықтан, ҳәй сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Қудайдың алдында кемшиликсиз ҳәм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳәрекет етип, тыныш жасаңлар. Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де өзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар. Павел барлық хатларында усы ҳаққында сөз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳәм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы ис-ҳәрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди. Солай етип, ҳәй сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, өзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар. Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың мийримине бөленип, Оны билиўде өсип барыңлар. Ҳәзир ҳәм мәңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин. Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳәм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Өмир ашық көринди, бизлер Оны көрдик ҳәм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Әке менен бирге болып, бизлерге көринген мәңгилик Өмирди сизлерге жәриялап атырмыз. Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масих пенен болады. Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз. Ийса Масихтан еситип, сизлерге жәриялап атырған хабарымыз бул: Қудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ. Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сөйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз. Бирақ Қудайдың Өзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳәм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳәр қандай гүнадан тазалайды. Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз ҳәм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды. Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды. Егер гүна ислемедик десек, Қудайды өтирикши қылып қоямыз ҳәм бизлерде Оның сөзи болмайды. Ҳәй, балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар. Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды. Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз. «Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ. Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кәмал табады. Қудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз. «Қудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, әзелден өзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Қудайдың сөзи. Бирақ сизлерге және жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масих ҳәм сизлер арқалы көринип атыр. Себеби қараңғылық өтип баратыр, ал ҳақыйқый нур әлле қашан жарқырап тур. «Нурдаман» деп, туўысқанын жек көретуғын адам еле қараңғылықта болады. Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳәм онда сүрнигиўге себеп болмайды. Бирақ, туўысқанын жек көриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Өйткени қараңғылық оның көзлерин соқыр еткен. Балаларым, сизлерге жазып атырман. Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди. Әкелер, сизлерге жазып атырман. Өйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жазып атырман. Себеби сизлер шайтанды жеңдиңиз. Балаларым, сизлерге жаздым. Өйткени сизлер Әкени билесизлер. Әкелер, сизлерге жаздым. Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жаздым. Өйткени сизлер күшлисиз ҳәм сизлерде Қудайдың сөзи болып, сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңиз. Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан. Дүнья ҳәм оның қәлеўлери өтип кетеди, бирақ Қудайдың еркин орынлаған адам мәңги жасайды. Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масихқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, әлле қашан көп Масихқа қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз. Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мәлим болды. Ал сизлер мухаддес болған Масихтан Мухаддес Руўхты алғанлықтан, ҳәммеңиз ҳақыйқатты билесизлер. Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳәм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман. Ийсаның Масих екенин тән алмаған адам өтирикши болмаса, онда ким өтирикши? Әкени ҳәм Улды тән алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы. Улды тән алмаған адамда Әке де жоқ. Ал Улды тән алған адамда Әке де бар. Әўел бастан еситкен сөзиңизди өзлериңизде сақлаңлар. Егер әўел бастан еситкен сөзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳәм Әке менен бирге боласызлар. Масихтың Өзи бизлерге ўәде еткен мәңгилик өмир – усы. Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман. Бирақ сизлер Масихтың Мухаддес Руўхына ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳәжети жоқ. Масихтың Мухаддес Руўхы сизлерге ҳәммесин үйретеди. Оның тәлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масих пенен жасаңлар. Аўа, балаларым, енди Масих пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мәрт боламыз. Қудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳәр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң. Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Дүнья Әкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Қудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге көрсетилмеди. Масих келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Өйткени Оның қандай екенин көремиз. Масихтан усылай үмит еткен ҳәр бир адам Ол пәк болғаны сыяқлы, өзин пәклейди. Гүна ислеген ҳәр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның өзи – нызамсызлық. Ал Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Өзинде гүна жоқ. Оның менен жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны көрмеген де, билмеген де. Перзентлерим! Ҳеш кимге өзлериңизди алдатпаңлар. Масихтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ. Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди. Қудайдан туўылған ҳәр бир адам гүна ислемейди, себеби Қудайдың туқымы онда болады. Ол Қудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды. Қудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳәм туўысқанын сүймеген адам Қудайдан емес. Сизлер әзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик! Шайтанға тийисли болып, өз туўысқанын өлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын өлтирди? Өйткени өзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди. Ҳәй, туўысқанларым, дүнья сизлерди жек көрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар. Бизлер өзлеримиздиң өлимнен өмирге өткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол өли болып қала береди. Туўысқанын жек көрген ҳәр бир адам – адам өлтириўши. Ҳеш бир адам өлтириўшиниң мәңгилик өмирге ийе емес екенин билесизлер. Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шәрт. Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын көрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Қудайдың сүйиспеншилиги болады? Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Қудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Өйткени Қудай кеўлимизден уллы ҳәм Ол ҳәмме нәрсени биледи. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нәрселерди ислеп атырмыз. Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масихтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис. Қудайдың буйрықларын орынлаған адам Қудайда, Қудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, ҳәр қандай руўхқа исенбеңлер. Бирақ руўхлардың Қудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап көриңлер. Өйткени дүньяда көп жалған пайғамбарлар пайда болды. Қудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алған ҳәр қандай руўх Қудайдан. Ийсаны тән алмаған ҳәр бир руўх Қудайдан емес. Бул – Масихқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол әлле қашан дүньяда. Ҳәй, перзентлерим, сизлер Қудайдансызлар ҳәм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы. Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сөзлерди сөйлейди ҳәм дүнья оларды тыңлайды. Ал бизлер Қудайданбыз. Ким де ким Қудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Қудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан билемиз. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Өйткени сүйиспеншилик Қудайдан. Ҳәр бир сүйиўши адам Қудайдан туўылған ҳәм Қудайды биледи. Сүймейтуғын адам Қудайды билмейди. Себеби Қудай – сүйиспеншилик. Қудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай көрсетти: Қудай Өзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы өмир берди. Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Қудайды емес, ал Қудай бизлерди сүйип, Өз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым! Қудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз. Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Қудай бизлерде болады ҳәм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады. Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз. Әке Өз Улын дүньяның Қутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер көрдик ҳәм бул туўралы гүўалық беремиз. Ким де ким Ийсаны Қудайдың Улы деп тән алса, Қудай онда, ол да Қудайда болады. Бизлер Қудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳәм оған исенемиз. Қудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Қудайда, Қудай да онда болады. Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мәрт болыўымыз ушын, Қудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады. Өйткени бизлер бул дүньяда Масих сыяқлы боламыз. Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген. Бизлер бир-биримизди сүйемиз, өйткени дәслеп Қудай бизлерди сүйди. Егер ким де ким: «Қудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек көрсе, ол өтирикши. Себеби көзге көринетуғын туўысқанын сүймеген адам көзге көринбейтуғын Қудайды қалай сүйе алады? «Қудайды сүйетуғын адам өз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз. Ийсаның Масих екенине исенетуғын ҳәр бир адам Қудайдан туўылған. Әкени сүйген ҳәр бир адам Оның балаларын да сүйеди. Қудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Қудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз. Өйткени Қудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес. Себеби Қудайдан туўылған ҳәр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады. Ийсаның Қудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады? Бул – суў ҳәм қан менен келген Ийса Масих. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳәм қан менен келди. Және де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Өйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат. Гүўалық беретуғынлар үшеў: Мухаддес Руўх, суў ҳәм қан. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир. Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Қудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығы. Қудайдың Улына исенетуғын адамның өзинде усы гүўалық бар. Ал Қудайға исенбейтуғын адам Қудайды өтирикши қылған болады. Өйткени Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди. Сол гүўалық мынаў: Қудай бизлерге мәңгилик өмир берди ҳәм бул өмир Оның Улында. Қудайдың Улына ийе болған адам өмирге ийе болады, Қудайдың Улына ийе болмаған адам өмирге ийе емес. Мен буларды Қудайдың Улына исенген сизлерге мәңгилик өмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман. Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Қудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди. Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз. Егер ким де ким туўысқанының өлимге апармайтуғын гүна ислегенин көрсе, дуўа етсин. Қудай оған өмир береди. Буны өлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Өлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ. Ҳәр қандай жаманлық – гүна, бирақ өлимге апармайтуғын гүна да бар. Қудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби оны Қудайдың Улы сақлайды ҳәм шайтан оған қол тийгизе алмайды. Өзлеримиздиң Қудайға тийисли екенимизди ҳәм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз. Және де, Қудайдың Улы келип, ҳақыйқый Қудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Қудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол – ҳақыйқый Қудай ҳәм мәңгилик өмир. Перзентлерим, өзлериңизди бутлардан сақлаңлар! Мен, Юхан ақсақалдан, Қудай тәрепинен таңланған ханымға ҳәм оның балаларына сәлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳәммеси де сизлерди сүйеди. Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳәм ол бизлер менен мәңги бирге болады. Әкемиз Қудайдан ҳәм Әкениң Улы Ийса Масихтан келген мийрим, реҳим ҳәм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳәм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын. Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым. Енди сеннен өтинемен, қымбатлы ханым, ҳәммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер әўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман. Сүйиспеншилик – бул Қудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Әўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат. Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алмайтуғын көплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳәм Масихқа қарсы турыўшы. Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар. Масихтың тәлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Қудай жоқ. Оның тәлийматы менен жасайтуғын адамда ҳәм Әке, ҳәм Ул бар. Егер ким де ким сизлерге келип, бул тәлийматты әкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сәлем де бермеңлер. Өйткени оған сәлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады. Сизлерге жазатуғын көп нәрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қәлемеймен. Қуўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға келип, жүзбе-жүз сөйлесемен деген үмиттемен. Қудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сәлем айтып атыр. Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сәлем! Сүйикли туўысқаным! Руўхый өмириң саў болғандай, ҳәмме нәрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман. Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳәм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым. Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ. Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жәрдем берип атырсаң. Олар исениўшилер жәмәәти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Қудайға минәсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң. Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жәрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди. Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек. Мен исениўшилер жәмәәтине базы нәрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы көретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр. Сонлықтан егер барсам, оның ислерин әшкара етемен. Ол бизлерди жаман сөзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳәтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жәмәәттен қуўып атыр. Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы өрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Қудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Қудайды көрген емес. Димитрий ҳаққында ҳәмме адам, ҳақыйқаттың өзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең. Саған жазажақ көп нәрселерим бар еди, бирақ сыя ҳәм қәлем менен жазыўды қәлемеймен. Сени тез арада көриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сөйлесемиз. Аман бол! Дослар саған сәлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сәлем айтып қой. Мен, Ийса Масихтың қулы ҳәм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Әкемиз Қудай тәрепинен шақырылғанларға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерди сүйеди ҳәм Ийса Масихтың Өзи сизлерди сақлап келмекте. Сизлерге мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин! Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдә қәлеген едим. Енди исениўшилерге бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нәсият етип жазыўға мәжбүр болдым. Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Қудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳәм Ийемиз болған Ийса Масихты тән алмайды. Ондайлардың жазасы әзелден-ақ жазылып қойылған. Булардың ҳәммесинен хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Қудай Өз халқын Мысыр елиндеги қулшылықтан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти. Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей, мәканын таслап кеткен периштелерди де Қудай уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты. Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳәм олардың әтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳәм тәбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мәңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды. Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, өз денелерин ипласлайды ҳәм Қудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди. Ҳәтте, бас периште Михаил де Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Қудайдың Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди. Бирақ бул адамлар өзлери түсинбейтуғын нәрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тәбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады. Олар ҳәсирет шегеди! Өйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Балаам сыяқлы дәмегөйшиликке берилген олар Корей сыяқлы қозғалаң көтерип, набыт болады. Тек ғана өзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар ишекке түскен қурт сыяқлы қәўипли. Олар самал менен көшип жүретуғын жамғырсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып өлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды. Олар көбигин шашыратқан теңиздиң қәҳәрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын әтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мәңгиге таяр тур. Адам-атаның жетинши әўлады болған Енок усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди: «Мине, Ийемиз ҳәр бир адамды ҳүким қылыў ушын, қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳәрекетлерин, Өзине қарсы айтылған барлық жаман сөзлерин әшкара етиў ушын, Өзиниң мың-мыңлаған мухаддеслери менен келеди». Бул адамлар ҳәмме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нәпсиқаўлық пенен ис тутады ҳәм лапгөйлик етип, өз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады. Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың елшилери тәрепинен алдын айтылған сөзлерди еске түсириңлер. Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде өз нәпсине берилген, Қудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады», – деген еди. Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳәм Мухаддес Руўхтан бос қалып, өзиниң гүнакар тәбиятының қулы болған адамлар. Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди өмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер. Өзлериңизди мәңгилик өмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масихтың мийрим-шәпәәтин күтип, Қудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер. Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар. Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Және басқаларға сақлық пенен реҳимлилик көрсетиңлер. Ал олардың гүналарынан болса, жеркениңлер. Қутқарыўшымыз болған жалғыз Қудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Өзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масих арқалы әзелден, ҳәзир ҳәм мәңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм ҳүкимдарлық Қудайдики болсын! Аўмийин. Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Өз хызметшилерине билдириў ушын Қудайдың Ийса Масихқа берген аяны. Ал Ол Өз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди. Юхан Қудайдың сөзин ҳәм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный өзи көрген нәрселериниң ҳәммесин баян етти. Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын. Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жәмәәтке сәлем! Ҳәзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын Қудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан, исенимли гүўа болған, өлилер арасынан биринши болып тирилген ҳәм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳәм тынышлық сизлерге берилсин! Ийса Масих бизлерди сүйип, Өз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды ҳәм бизлерди Өз Патшалығына еристирип, Әкеси Қудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Оныки болсын! Аўмийин. «Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳәр бир көз Оны көреди, Оның денесин тескенлер де көреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли өкирип жылайды». Аўа, усылай болады, аўмийин. Ҳәзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳәм Омегаман ». Мен, Ийсаның қайғы-ҳәсиретине, патшалығына ҳәм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Қудайдың сөзин ҳәм Ийса ҳаққында жәриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим. Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кәрнайдың даўысына уқсаған бәлент бир даўысты еситтим. «Көрип турғанларыңды китапқа жаз ҳәм жети жәмәәтке, яғный Ефес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳәм Лаодикияға жибер», – деди даўыс. Сөйлеп турғанды көриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты көрдим. Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, көкирегине алтын өңирше байлаған Адам Улына уқсаған биреў тур еди. Оның басы ҳәм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Көзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди. Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди. Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли өткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди. Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Қорқпа! Мен – биринши ҳәм соңғыман. Мен тиримен. Өлген едим, бирақ, мине, мәңгиге тиримен. Өлимниң ҳәм өлилер мәканының гилтлери Мениң қолымда. Сонлықтан көргенлериңди, ҳәзир жүз берип атырған нәрселерди ҳәм буннан соң болатуғынларды жаз. Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жәмәәттиң жетекшилери, жети шыра қойғыш – жети жәмәәт. – Ефес жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди: «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, өзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳәм олардың өтирикши екенин билип алдың. Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳәм шаршамадың. Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың. Солай етип, не нәрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тәўбе қылып, дәслепки ислериңди даўам ет. Егер тәўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман. Деген менен, сенде бир унамлы қәсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек көресең. Оларды Мен де жек көремен. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Қудайдың жәннетиндеги өмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен». – Смирна жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Өлип, өлимнен қайта тирилген, биринши ҳәм соңғы болған былай дейди: «Сениң қайғы-ҳәсиретиңди ҳәм кәмбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Өзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сөзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны. Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Өлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған өмир тажын беремен. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши өлимнен ҳеш қандай зәлел көрмейди». – Пергам жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Еки жүзли өткир қылышқа ийе болған былай дейди: «Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳәтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде өлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың. Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Балаам тәлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гөшин жеўге ҳәм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Балаам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди. Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тәлийматын тутыўшылар да бар. Бул ушын тәўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ҳәм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди». – Тиатира жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Көзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Қудайдың Улы былай дейди: «Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен көбирек екенин де билемен. Деген менен, саған бир қарсылығым бар: өзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳәм бутларға сойылған қурбанлық гөшин жеўге үйретпекте. Тәўбе етиўи ушын оған мәўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тәўбе етиўди қәлемейди. Мине, Мен оны кеселлик төсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳәсиретке дуўшар етемен. Оның изине ергенлерди де өлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жәмәәтлер Мениң кеўил ҳәм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳәр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман. Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тәлийматын тутпай, „шайтанның тәлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў: „Мен келемен дегенше, өзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман. Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен. „Ол оларды темир таяқ пенен басқарып, Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“. Әкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады. Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин». – Сардис жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Қудайдың жети руўхына ҳәм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жәмәәт деген атың бар, бирақ сен өлисең. Сергек бол! Еле өлмей қалған, енди өлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Қудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин көрдим. Сонлықтан өзиң қабыл алып еситкен тәлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тәўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң. Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Өйткени олар усыған ылайықлы. Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Өмир китабынан ҳеш қашан өширмеймен. Әкемниң ҳәм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тән аламан. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин». – Филадельфия жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Мухаддес ҳәм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сөзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң. Қара, шайтанның жыйынынан болғанларды, өзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған өтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳәм сениң аяғыңа бас урыўға мәжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды көрсетемен. Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман. Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, өзиңде бар нәрсеге беккем бол. Жеңип шыққанды Қудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Қудайымның атын, Қудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Қудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳәм Өзимниң жаңа атымды жазаман. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин». – Лаодикия жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Аўмийин, садық ҳәм ҳақыйқый гүўа, Қудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Қәне енди, я суўық, я ыссы болсаң! Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен. Байман, байыдым, ҳеш нәрсеге мүтәж емеспен, дейсең. Бирақ өзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳәм жалаңаш екенлигиңди билмейсең. Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мәсләҳәтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы көринбеў ушын ақ кийимлер, көриўиң ушын көзлериңе сүртетуғын дәри сатып ал. Мен сүйгенлеримниң ҳәммесин әшкара етип, тәрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тәўбе ет. Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз. Мен жеңип шығып, Әкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин». Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны көрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кәрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге көтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды көрсетемен». Сонда мен дәрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳәм онда Отырғанды көрдим. Тахтта Отырғанның көриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың әтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга қоршап турған еди. Тахтың дөгерегинде басқа жигирма төрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма төрт ақсақал отырған еди. Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Қудайдың жети руўхы. Және тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың төрт тәрепинде, яғный дөгерегинде алды-арты көзге толған төрт мақлуқ турған еди. Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, төртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди. Ҳәр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған көз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳәзир бар ҳәм келешекте бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди. Төрт мақлуқ мәңги өмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет көрсетип шүкирлик билдирген сайын, жигирма төрт ақсақал тахтың үстинде отырған мәңги өмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди: «Қудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳәм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳәмме нәрсени Сен жаратқансаң. Ҳәммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳәм бар болды». Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мөр басылып бекитилген бир китапты көрдим. Және мен бәлент даўыс пенен жәриялап бақырған бир күшли периштени де көрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мөрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди. Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады. Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым. Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Қара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мөрлерди бузып, китапты аша алады, – деди. Сол ўақытта мен төрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Қозыны көрдим. Қозының жети мүйизи ҳәм жети көзи бар еди. Бул көзлер – Қудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы. Қозы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды. Қозы китапты алғанда, төрт мақлуқ ҳәм жигирма төрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳәр бириниң қолында тарлы әсбап ҳәм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди. Олар жаңа алғыс-мақтаў қосығын айтып былай деди: «Сен китапты алыўға ҳәм бекитилген мөрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Өйткени Сен Өзиңди қурбан еттиң ҳәм ҳәр бир урыў, тил, халық ҳәм миллеттен шыққан адамларды Қудайға арнаў ушын, Өз қаныңды төгип, олардың төлемлерин өтедиң. Оларды патшалығыңа еристирип, Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде ҳәкимлик етеди». Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳәм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди көрдим ҳәм олардың даўысларын еситтим. Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет, ҳүрмет, даңқ ҳәм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы». Және мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳәм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта отырған ҳәм Қозы алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа ҳәм қүдиретке мәңгиге ийе болсын!» Төрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма төрт ақсақал жерге жығылып табынды. Соңынан мен Қозының бекитилген жети мөрдиң бириншисин бузып ашқанын көрдим. Сонда төрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир ақ атты көрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, және жеңиске ерисиўге атланды. Қозы бекитилген екинши мөрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин өлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди. Қозы бекитилген үшинши мөрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты көрдим. Атқа мингенниң қолында пәлле тәрези бар еди. Төрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зәйтүн майына ҳәм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим. Қозы бекитилген төртинши мөрди бузып ашқанда, төртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим. Мен қарап, ақшыл сур атты көрдим. Атқа мингенниң аты өлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – өлилер мәканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды өлтириў ушын, дүньяның төрттен бир бөлегиниң үстинен бийлик берилди. Қозы бекитилген бесинши мөрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Қудайдың сөзи ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары ушын өлтирилгенлердиң жанларын көрдим. Олар бәлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳәм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан төгилген қанымыз ушын өш аласаң?» Сонда олардың ҳәр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы өлтирилетуғын өзлериңиздей хызметшилердиң ҳәм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди. Қозы бекитилген алтыншы мөрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти. Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған әнжир ағашынан төгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти. Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳәр бир таў ҳәм атаў орнынан көширилди. Сонда дүньяның патшалары, ҳәмелдарлары, әскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳәм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды. Олар таўлар ҳәм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳәм Қозының ғәзебинен бизлерди жасыра гөриң! Себеби олардың қәҳәрли ғәзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди. Буннан соң, мен жер жүзиниң төрт мүйешинде турған төрт периштени көрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳәм ҳәр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң төрт самалын услап турған еди. Мен және шығыстан көтерилип киятырған, тири Қудайдың мөрине ийе басқа бир периштени көрдим. Ол жерге ҳәм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген төрт периштеге бәлент даўыс пенен бақырып: «Бизлер Қудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мөр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳәм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди. Сонда мен маңлайларына мөр басылғанлардың саны бир жүз қырық төрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди. Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың, Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың, Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың, Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мөр басылды. Буннан соң қарасам, ҳәр түрли миллеттен, ҳәр түрли урыўдан, ҳәр түрли халықтан ҳәм ҳәр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳәм Қозының алдында тур еди. Ҳәммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди. Олар бәлент даўыс пенен: «Қутқарыў тахт үстинде отырған Қудайымыздың ҳәм Қозының қолында», – деп бақырып турған еди. Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳәм төрт мақлуқтың дөгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Қудайға табынып былай деди: «Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет мәңгиге Қудайымыздики болсын. Аўмийин». Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады. – Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар. Сонлықтан олар Қудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Өз панасында сақлайды. Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳәм шөллемейди, қуяш ямаса жәзийрама ыссы оларды күйдирмейди. Өйткени тахтың ортасында болған Қозы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Қозы бекитилген жетинши мөрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады. Сонда мен Қудайдың алдында турған жети периштени көрдим. Оларға жети кәрнай берилди. Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, көп муғдарда хош ийисли затлар берилди. Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан көтерилип, Қудайдың алдына жетип барды. Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди. Жети периште қолларындағы жети кәрнайды шертиўге таярланды. Биринши периште кәрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳәм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳәм жасыл шөплердиң ҳәммеси жанып кетти. Екинши периште кәрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нәрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды. Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири өлди ҳәм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды. Үшинши периште кәрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дәрьялардың үштен бир бөлегине ҳәм суў булақларының үстине түсти. Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бөлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың көбиси өлип қалды. Төртинши периште кәрнайын шертти. Қуяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳәм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳәм түнниң үштен бир бөлеги жақтысыз қалды. Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бәлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳәсирет, ҳәсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳәсирет шегеди! Себеби кәрнайларын шертетуғын қалған үш периште кәрнай шертиўге таяр тур!» Бесинши периште кәрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды көрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди. Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳәм ҳаўа қараңғыланып кетти. Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди. Шегирткелерге жердеги көк шөплерге, өсимликлерге ҳәм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Қудайдың мөри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды. Оларға бул адамларды өлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды. Сол күнлери адамлар өлим излейди, бирақ таба алмайды. Өлиўди аңсайды, бирақ өлим олардан қашып кетеди. Шегирткелердиң көриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди. Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди. Көкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди. Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳәм ийнелери бар еди. Қуйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди. Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди. Биринши ҳәсирет өтти, мине, буннан соң және еки ҳәсирет келмекте. Алтыншы периште кәрнайын шертти. Сонда мен Қудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның төрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим. Даўыс қолында кәрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дәрьясының жанында байлаўлы турған төрт периштени босатып жибер», – деди. Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳәм сол жыл ушын таяр турған төрт периште адамлардың үштен бирин өлтириў ушын босатылып жиберилди. Олардың атлы әскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим. Аянымда көрген атлар менен атлылардың көриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара көкшил ҳәм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳәм күкирт шығып турған еди. Адамзаттың үштен бири усы үш бәледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳәм күкирттен өлди. Өйткени атлардың күши аўызларында ҳәм қуйрықларында еди. Қуйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди. Усы бәлелерден өлмей қалған адамлар өз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпеди. Олар я көре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳәм ағаштан исленген бутларға ҳәм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди. Және де адам өлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳәм урлық ислеўди қойып, тәўбе етпеди. Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени көрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди. Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып, арысланның ақырғанына уқсаған бәлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди. Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим. Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын өзим көрген сол периште оң қолын аспанға көтерди. Ол аспанды ҳәм аспандағылардың ҳәммесин, жерди ҳәм жердегилердиң ҳәммесин, теңизди ҳәм теңиздегилердиң ҳәммесин жаратқан мәңги тири Қудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады. Бирақ, жетинши периште кәрнайын шертетуғын күнлерде Қудайдың Өз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы әмелге асады», – деди. Өзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен және сөйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳәм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди. Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди. Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты. Соңынан маған былай делинди: «Сен және көп халықлар, миллетлер, тиллер ҳәм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис». Соннан кейин, маған өлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди: – Бар да, Қудайдың Ибадатханасын ҳәм қурбанлық шалынатуғын орынды өлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық. Ал Ибадатхананың сыртқы ҳәўлисин өлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады. Мен Өзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады. Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Қудай алдында турған еки зәйтүн ағашын ҳәм еки шыра қойғышты билдиреди. Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай өлтириледи. Бул еки гүўа өзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Және олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қәлесе, жер жүзин сонша ҳәр түрли бәлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар. Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳәм оларды жеңип өлтиреди. Олардың өлиги тымсалый түрде Содом ҳәм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың көшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди. Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳәм миллетлердиң адамлары олардың өлигине қарап, денелерин қәбирге қойыўға рухсат етпейди. Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳәм бир-бирине саўғалар жибереди. Өйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди. Бирақ үш ярым күннен соң, Қудайдан келген өмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны көргенлерди күшли қорқыныш бийледи. Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың өзлерине: «Бул жерге көтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының көз алдында бир булт үстинде аспанға көтерилип кетти. Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳәм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Қудайды алғыслады. Екинши ҳәсирет өтти. Мине, үшинши ҳәсирет жақынлап келмекте. Жетинши периште кәрнайын шертти. Аспаннан бәлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Қудай Ийемиздики ҳәм Оның Масихыники болды. Ол мәңгиге патшалық етеди», – деди. Қудайдың алдында өз тахтларында отырған жигирма төрт ақсақал жерге бас урып, Қудайға табынды ҳәм былай деди: «Ҳәмме нәрсеге қүдиретли, бар болған ҳәм ҳәзир де бар Қудай Ийемиз! Саған шүкирлик етемиз. Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың. Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди. Енди болса, Сениң ғәзебиң олар үстине жаўды. Өлилерди ҳүким етиў, Хызметшилериң болған пайғамбарларға, мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың Сонда Қудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳәм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы көринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳәм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды. Аспанда бир уллы кәраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял көринди. Ҳаял ҳәмледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди. Соңынан аспанда басқа бир кәраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа көринди. Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды. Ҳаял ул туўды. Бул бала барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқарады. Бала дәрҳал Қудайға, Қудайдың тахтына алып келинди. Ал ҳаял шөлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Қудай тәрепинен таярланған бир орын бар еди. Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳәм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да өз периштелери менен оларға қарсы урысса да, күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды. Үлкен айдарҳа, әзәзүл ямаса шайтан деп аталған, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды. Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы ҳәм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады. Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни айыплаған шайтан жерге ылақтырылды. Туўысқанларымыз Қозының қаны менен ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди. Бул ушын олар өз жанларын өлимге қыйды. Сонлықтан, ҳәй, аспан ҳәм онда жасаўшылар шадланыңлар! Ал жер ҳәм теңиз сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби шайтан қәҳәрли түрде үстилериңизге түсти. Ол өз ўақтының аз қалғанын биледи». Айдарҳа өзиниң жерге ылақтырылғанын көргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти. Ҳаялдың жыланнан шөлдеги өзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, оған үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде үш ярым жыл бағылыўы лазым еди. Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дәрьядай суў ағызды. Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жәрдем етти. Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қәҳәрленди. Ол ҳаял нәсилинен болған басқалар менен, яғный Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийса Масихтың гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды. Айдарҳа теңиз жағасында турып алды. Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын көрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Қудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди. Мен көрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған өз қүдирети ҳәм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди. Жыртқыш ҳайўанның басларының бири өлимши ҳалда жарақатланғандай болып көринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти. Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди. Өзин мақтап, Қудайға тил тийгизетуғын сөзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол және қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды. Қудайға, Оның аты менен мәканына ҳәм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сөйлей баслады. Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды. Дүньяға тийисли адамлардың ҳәммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Қозының Өмир китабында аты жазылмаған ҳәр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды. Қулағы бар мыналарды еситип алсын: «Кимниң тәғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тәғдирине қылыш пенен өлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен өлтириледи». Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады. Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды көрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сөйлейтуғын еди. Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳәрекет етти. Жер жүзин ҳәм онда жасайтуғынларды өлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мәжбүрледи. Ол үлкен кәраматлар ислеп, ҳәтте, адамлардың көз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды. Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлар арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды. Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, өзине табынбағанлардың ҳәммесин өлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди. Ол ҳәр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мәжбүрледи. Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нәрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да. Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Өйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты. Соңынан қарап, Қозының Сион таўының үстинде турғанын көрдим. Қозы менен бирликте маңлайларында Қозының ҳәм Оның Әкесиниң аты жазылған бир жүз қырық төрт мың адам бар еди. Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы әсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди. Усы бир жүз қырық төрт мың адам тахтың, төрт мақлуқтың ҳәм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны өтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди. Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пәк адамлар еди. Қозы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Қудайдың ҳәм Қозының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар. Аўызларынан жалған сөз шықпаған олар – минсиз адамлар. Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени көрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳәр бир миллет ҳәм урыўға, ҳәр бир тил ҳәм халыққа жәрияланатуғын мәңги Хош Хабарға ийе еди. Ол бәлент даўыс пенен: «Қудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳәм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди. Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Қулады! Өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!» Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бәлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе, ол Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесесинде таярланған Қудайдың ғәзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳәм Қозының алдында от ҳәм жанып турған күкирттен азап шегеди. Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық көрмейди. Сол ўақытта Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң сабырлығы керек болады». Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рәҳәтин көреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх. Соңынан мен қарап, бир ақ бултты көрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында өткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди. Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бәлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Өйткени жердиң зүрәәти писип жетилисти», – деди. Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳәм жердиң зүрәәти орылды. Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да өткир орағы бар еди. Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, өткир орақлыға бәлент даўыс пенен: «Өткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди. Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрәәтин жыйнап алды. Оны Қудайдың ғәзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды. Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳәм атлардың жүўенлерине шекем көтерилди. Мен аспанда және уллы ҳәм таң қаларлық басқа бир белги көрдим. Бул – қолында соңғы жети бәле бар жети периште еди. Өйткени усы бәлелер менен Қудайдың ғәзеби жуўмақланатуғын еди. Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нәрсени көрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳәм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Қудайдың берген тарлы әсбапларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди. Олар Қудайдың хызметшиси Муўсаның ҳәм Қозының қосығын айтып турған еди: «Ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийе, Сениң ислериң уллы ҳәм әжайып, О, миллетлер Патшасы! Сениң жолларың ҳақыйқат ҳәм әдил. Ийем, Сеннен қорқпайтуғын, атыңды алғысламайтуғын ким бар? Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең. Пүткил миллетлер келип, Сениң алдыңда табынады. Өйткени Сениң әдил ислериң аян болды». Буннан соң мен қарап, аспандағы Ибадатхананың, яғный Гүўалық шатырының ашылғанын көрдим. Қолында жети бәле бар жети периште жарқыраған аппақ кийим кийип, көкиреклерине алтын өңирше байлап, Ибадатханадан шықты. Төрт мақлуқтың бири жети периштеге мәңгиге жасаўшы Қудайдың қәҳәрли ғәзебине толы жети алтын кесе берди. Ибадатхана Қудайдың уллылығының ҳәм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бәлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады. Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бәлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Қудайдың ғәзебине толы жети кесени жерге төгиңлер!» – дегенин еситтим. Сонда биринши периште барып, кесени жерге төкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды. Екинши периште кесесин теңизге төкти. Теңиз өлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды. Үшинши периште кесесин дәрьяларға ҳәм суў булақларына төкти. Олар да қанға айланды. Суўлар үстинен ҳәкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳәзир бар ҳәм бурыннан бар болған мухаддес Қудайымыз! Сениң шығарған бул ҳүкимлериң әдил. Мухаддеслердиң ҳәм пайғамбарлардың қанын төккени ушын, Сен оларға қан ишкиздиң. Буған олар ылайықлы». Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз, Сениң ҳүкимлериң туўры ҳәм әдил». Төртинши периште кесесин қуяшқа төкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди. Адамларды күшли ҳәўир күйдирип жиберди. Олар тәўбе етпеди ҳәм усы бәлелердиң үстинен бийликке ийе болған Қудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди. Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине төкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи. Бирақ олар жаман ис-ҳәрекетлери ушын тәўбе етпей, көрип атырған азаплары ҳәм жаралары себепли, аспандағы Қудайға тил тийгизди. Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дәрьясына төкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дәрьяның суўы қурып қалды. Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳәм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты көрдим. Бул руўхлар – кәраматлар ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды. «Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса). Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады. Жетинши периште кесесин ҳаўаға төкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бәлент бир даўыс: «Орынланды», – деди. Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес. Уллы қала үшке бөлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Қудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Өзиниң қәҳәрли ғәзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди. Барлық атаўлар орнынан көшип, таўлар жоқ болып кетти. Аспаннан адамлардың үстине ҳәр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бәле ушын Қудайға тил тийгизди. Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сөйлесе баслап былай деди: – Берман кел, мен саған көп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын көрсетемен. Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мәс болған еди. Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шөлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Қудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды көрдим. Ҳаял қызғылт көк ҳәм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нәрселерге ҳәм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди. Ал маңлайына болса: «УЛЛЫ БАБИЛОН, ДҮНЬЯНЫҢ БУЗЫҚЛАРЫНЫҢ ҲӘМ ЖЕРКЕНИШЛИ НӘРСЕЛЕРИНИҢ АНАСЫ», – деген сырлы ат жазылған еди. Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳәм Ийса ҳаққында гүўалық берип өлгенлердиң қанына мәс екенин көрдим. Буны көрип, мен қатты таң қалдым. Периште маған былай деди: – Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳәм оны көтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен. Сен көрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳәзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Өмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды көргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ және келеди. Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳәм жети патшаны билдиреди. Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды. Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның өзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады. Сен көрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады. Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳәм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди. Олар Қозыға қарсы урысады, бирақ Қозы оларды жеңеди. Өйткени Қозы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳәм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳәм Оған садық қалғанлар. Соңынан периште маған былай деди: – Мына сен көрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳәм тиллер. Сен көрген он шақ ҳәм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек көрип, оның ҳәмме нәрсесин талан-тараж етеди ҳәм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, өзин отқа жандырады. Себеби Қудай Өзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Қудайдың сөзлери орынланыўға дейин олар өз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди. Сен көрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳәкимлик ететуғын уллы қала. Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти. Периште қатты даўыслап былай деди: «Қулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мәканы, Ҳәр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳәр қыйлы ҳарам ҳәм жеркенишли қуслардың уясы болды. Өйткени барлық миллетлер оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти». Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳәй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бәлелерге дуўшар болмаўың ушын, оннан шығып кет! Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, Қудай оның жаман ислерин ядында сақлады. Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Өзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, Ол қаншама сән-салтанатқа ҳәм молшылыққа бөленген болса, оған соншама қайғы-ҳәсирет бериңлер. Өйткени ол өз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы көрмеймен“, – дейди. Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийемиз қүдиретли». Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бөлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин көргенде, оны азалап жылайды. Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди. Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Өйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ. Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт көк ҳәм қырмызы гезлемелерди, ҳәр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нәрселерди, қола, темир ҳәм мәрмерден исленген ҳәр қыйлы буйымларды, дәмли қабық, мазалы дәм беретуғын нәрселерди, хош ийисли түтеткилерди, әтир май, әтир, шарап, зәйтүн майы, сапалы ун ҳәм бийдай, ири қара мал ҳәм қойлар, атлар ҳәм арбалар, қулларды, және де адам жанын сататуғын ҳәм сатып алатуғын еди. Олар және: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳәм көзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди. Бабилонда усы нәрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳәм узақта турып, жылап аза тутады. Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт көк ҳәм қырмызы липаслар кийген, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген уллы қала! Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳәм теңизден күн көретуғынлардың ҳәммеси узақта турып, ол жанған оттың түтинин көргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды. Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳәммеси ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды. Қуўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳәй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳәм пайғамбарлар! Себеби Қудай оны ҳүким етип, сизлер ушын өш алды». Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты көтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, мәңгиге жоқ болады. Ендигиден былай, сенде тарлы әсбап шертиўшилердиң, қосықшылардың, сырнай ҳәм кәрнай шертиўшилердиң ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир өнердиң устасы табылмайды, дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди. Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Өйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен Және де, пайғамбарлардың, мухаддеслердиң ҳәм жер жүзинде өлтирилгенлердиң ҳәммесиниң қаны сеннен табылған еди». Буннан соң, мен аспанда көп санлы аламанның даўысына уқсаған бәлент даўысларды еситтим. Олар былай деди: «Ҳалилуйя! Қутқарыў, уллылық ҳәм қүдирет Қудайымызға тийисли. Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳәм әдил. Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған уллы бузық ҳаялды ҳүким етип, Өз хызметшилериниң қаны ушын оннан өш алды». Олар және даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя! Бузық ҳаялдың жанған отының түтини мәңгиге бурқырап турады». Сонда жигирма төрт ақсақал ҳәм төрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Қудайға табынды. Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳәй, Қудайымыздың барлық хызметшилери! Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳәммеңиз, Оны алғыслаңлар!» Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз патшалық етеди. Шадланып, кеўил көтерейик! Оны даңққа бөлейик! Себеби Қозының неке тойы басланажақ, Оның қалыңлығы өзин таярлады. Оған кийиў ушын, Таза, жарқыраған аппақ көйлек берилди». Таза, аппақ көйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди. Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Қозының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол және: – Бул сөзлер – Қудайдың ҳақыйқат сөзлери, – деди. Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен ҳәм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын! Өйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тәрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сөзлериниң тийкары, – деди. Буннан соң, мен аспанның ашылғанын көрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң аты Садық ҳәм Ҳақыйқат еди. Ол әдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди. Оның көзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса көп санлы таж бар еди. Онда Өзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди. Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Қудайдың Сөзи еди. Таза ҳәм аппақ кийим кийген аспан ләшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди. Оның аўзынан өткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди өлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳәм ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың қәҳәрли ғәзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Өзи басады. Оның кийиминде ҳәм санында: «ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲӘМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ», деген ат жазылған еди. Соңынан мен қуяшта турған бир периштени көрдим. Ол бәлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди: «Патшалардың, әскербасылардың ҳәм күшли адамлардың, атлардың ҳәм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳәммениң өлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Қудайдың уллы зыяпатына келиңлер». Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳәм олардың ләшкерлерин көрдим. Олар атта Отырған менен ҳәм Оның ләшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди. Жыртқыш ҳайўан ҳәм оның алдында кәраматлар ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды өз кәраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от көлине тирилей ылақтырылды. Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен өлтирилди. Барлық қуслар олардың өлигиниң етин жеп тойды. Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳәм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. Периште айдарҳаны, яғный әзәзүл ҳәм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады. Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мөрлеп таслады. Мың жыл өткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис. Соңынан мен тахтларды ҳәм оларда отырғанларды көрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳәм Қудайдың сөзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да көрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳәм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти. Бул – биринши қайта тирилиў. Қалған өлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди. Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳәм мухаддес. Екинши өлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Қудайдың ҳәм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди. Мың жыл өткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи. Жер жүзиниң төрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳәм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады. Олар жер жүзин басып өтип, мухаддеслердиң мәканы болған Қудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди. Ал оларды азғырған шайтан от ҳәм күкирт көлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳәм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мәңгиге азап шегеди. Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳәм тахтта Отырғанды көрдим. Жер ҳәм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти. Тахттың алдында турған үлкен-киши өлилерди де көрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Өмир китабы еди. Өлилер китапларда жазылғанлар бойынша, өз ислерине қарай ҳүким етилди. Теңиз өзинде болған өлилерди, өлим ҳәм өлилер мәканы да өзлеринде болған өлилерди шығарып берди. Ҳәр бири өз ислерине қарай ҳүким етилди. Өлим ҳәм өлилер мәканы от көлине ылақтырылды. Бул от көли – екинши өлим. Атлары Өмир китабында жазылмағанлардың ҳәммеси от көлине ылақтырылды. Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди көрдим. Себеби бурынғы аспан ҳәм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди. Және мен аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди көрдим. Ол өз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди. Сонда тахттан шыққан бир бәлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайдың мәканы адамлар арасында. Қудай да олардың арасында жасайды. Олар Қудайдың халқы болады, Қудайдың Өзи де олардың Қудайы болып, олар менен бирге жасайды. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти». Тахтта Отырған: – Енди ҳәммесин жаңалайман, – деди. Ол және маған: – Мынаны жаз: себеби бул сөзлер исенимли ҳәм ҳақыйқат, – деди. Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман. Шөллеген адамға өмир суўының булақларынан ешейин суў беремен. Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Қудайы боламан, ол Маған перзент болады. Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам өлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳәм барлық өтирикшилердиң орны – күкирт жанған от көли болады. Бул – екинши өлим. Соңынан ақырғы жети бәлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Қозының қалыңлығын көрсетемен. Ол Қозының болажақ келиншеги, – деди. Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳәм бийик бир таўға көтерди. Ол жерден маған аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди көрсетти. Қала Қудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мөлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди. Қаланың үлкен ҳәм бийик дийўаллары болып, он еки дәрўазасы бар еди. Дәрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дәрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди. Шығыста үш дәрўаза, арқада үш дәрўаза, қублада үш дәрўаза, батыста үш дәрўаза бар еди. Қаланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Қозының он еки елшисиниң атлары жазылған еди. Мениң менен сөйлескен периштениң қолында қаланы ҳәм қаланың дәрўазалары менен дийўалларын өлшеў ушын, өлшейтуғын алтын таяқ бар еди. Қала төрт мүйеш тәризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы өлшейтуғын таяқ пенен өлшегенде, узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бирдей болып, ҳәр бир тәрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты. Периште дийўалларды да өлшеп шықты. Адамның өлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты. Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мөлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди. Қала дийўалларының тийкар таслары ҳәр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси көк сапфир, үшиншиси халкидон, төртиншиси жасыл зумрат, бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси көк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси көк яқыт, он екиншиси қызғылт көк аметист. Он еки дәрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳәр бир дәрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Қаланың көшеси мөлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди. Мен қалада Ибадатхана көрмедим. Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз ҳәм Қозы қаланың Ибадатханасы еди. Қаланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Қудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Қозы оның шырасы еди. Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары өз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди. Қаланың дәрўазалары ҳәр қашан ашық турады, өйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды. Адамлар өз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳәм абырайын ол жерге алып келеди. Оған ҳеш қандай ҳарам нәрсе, жеркенишли ҳәм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Қозының Өмир китабында жазылғанлар ғана киреди. Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған өмир суўының дәрьясын көрсетти. Бул дәрья Қудайдың ҳәм Қозының тахтынан шығып, қаланың кең көшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын өмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди. Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Қудайдың ҳәм Қозының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди. Олар Қудайдың жүзин көреди, маңлайларына Оның аты жазылады. Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Қудай Ийемиздиң Өзи оларға жақты болады ҳәм олар мәңгиге патшалық етеди. Соңынан периште маған былай деди: – Бул сөзлер – исенимли ҳәм ҳақыйқат. Өз пайғамбарларына Руўхын берген Қудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Өз периштесин жиберди. «Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса. Мен – усыларды еситкен ҳәм көрген Юханман. Буларды еситип ҳәм көргенимде, усыларды маған көрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳәм бул китаптың сөзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын, – деди. Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин мөрлеп таслама. Өйткени ўақыт жақын қалды. Жаманлық қылатуғын адам және де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам және де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын. Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Өзим менен бирге. Ҳәр бир адамға ислерине қарай қайтараман. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман, басы ҳәм ақырыман. Өмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳәм қалаға дәрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы! Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам өлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, өтирикти жақсы көрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳәммеси сыртта қалады. Мен, Ийса, исениўши жәмәәтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Өз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳәм урпағы, жақты таң жулдызыман». Мухаддес Руўх ҳәм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳәр бир адам: «Кел!» десин. Шөллеген адам келсин, қәлеген адам өмир суўынан ешейин алсын. Бул китаптағы пайғамбаршылық сөзлерин еситкен ҳәр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сөзлерге бир нәрсе қосса, Қудай да оны бул китапларда жазылған бәлелерге дуўшар етеди. Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сөзлеринен бир нәрсе алып тасласа, Қудай да оны бул китапта жазылған өмир терегинен ҳәм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады. Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гөр, Ийем Ийса! Ийемиз Ийсаның мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.